Коррупцияға қарсы гүресиў – миллий нызамшылығымызда сәўлелендирилиўи
Айырым алымлардың пикиринше, “коррупция” түсиниги қәдимги Римде пайда болған. Нәтийжеде жәмийетти басқарыў процессиниң нормаларын бузыў, зыян жеткериў, өзгертириў мақсетинде шахслардың қандай да бир тараўда қатнасыў ушын келисиўин көрсетиўши “corrumpire” термини пайда болған. Кейиншелик болса “коррупция” термини менен ислетилип, усы түсиник ҳалық аралық ҳуқық системасына кирип келген ҳәм ўақыт өтиўи менен трансформация процесси себепли дүнья мәмлекетлерине тарқалған.
Ҳәзирги әдебиятларда коррупцияның төмендеги формалары бар екенлиги ҳаққында пикирлер бар:
- парахорлық пенен байланыслы жынаятлар;
- жеке байланысларға қәўендерлик қылыў;
- жынайый лоббизм;
- әмелдардың нызамсыз рәўиште яки қандай да бир жақын адамы арқалы исбилерменлик искерлиги менен шуғылланыўы;
- мәмлекет қаржылары ҳәм мүлкин өзиниң корррупцион топары менен өзлестирип алыў;
- лаўазымлы шахстың өз мәпи яки топар мәпи жолында хызметке тийисли мағлыўматлардан пайдаланыў;
- инвестиция ҳәм кредитлерди нызамсыз бөлистириў;
- нызамсыз конкурслар ҳәм тендерлерди шөлкемлестириў ҳәмде аукционлар өткериў арқалы меншиклестириўди әмелге асырыў;
- бажыхана ҳәм салық төлемлеринен толық яки қысман азат етиў ҳәм соған уқсас нызамсыз ҳәрекетлер ҳәм басқалар.
Италиялық сыясатшы ҳәм мәмлекет ғайраткери Н.Макиавелли коррупцияға ғалабалық имканиятлардан жеке мәпи жолында пайдаланыў деп тәрийп берген.
“Коррупция, … ең аўеле уйымласқан жынайый структураларға жәрдемши болыў яки туўрыдан-туўры жәрдем бериў ушын мәмлекет хызметиниң имканыятларынан пайдаланады” – деп айтып өткен Өзбекстан Республикасы биринши Президенти И.А.Каримов.
Ҳәзирги ўақытқа дейин, Өзбекстан Республикасы ҳуқық қорғаў органлары тәрепинен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша бир қанша үлкен ислер әмелге асырылды. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында жынаятшылық кескин көбейген еди. Бул тәбиий жағдай, себеби арнаўлы бир басқарыў принципинен жаңа мәмлекетшилик формасына өтиўде бундай унамсыз жағдайлар көбейеди. Бирақ, жынаятлардың санын кемейттириў бойынша әмелге асырылған кескин илажлар нәтийжесинде ҳәзирде жынайый қылмыслардың кемейиўине ерисилди.
Бул бағдарда Өзбекстан Республикасының Коррупцияға қарсы гүрес ҳаққындағы нызамы айрықша орын тутады. Нызамның 4-статьясында тийкарғы принциплер көрсетилген, оларға:
нызамшылық;
пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги;
ашықлық-айдынлық;
системалылық;
мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийеттиң шериклиги;
коррупцияның алдын алыўға қаратылған ис-иләжлардың үстинлиги;
жуўапкершиликтиң анық екенлиги.
Қоррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарларына:
– халықтың ҳуқықый аңын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыў;
– мәмлекет ҳәм жәмийеттиң барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға қаратылған ис-иләжларды әмелге асырыў;
коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имканыят жаратыўшы себеплер ҳәм шәрт-шараятлардың алдын алыў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислегени ушын жуўапкершиликтиң анық екенлиги принципин тәмийинлеў киреди.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша искерлигин әмелге асырыўшы мәмлекет органлары төмендегилерден ибарат:
Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги;
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекет қәўипсизлик хызмети;
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги;
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги;
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти.
Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислеген шахслар судты қарарына көре арнаўлы ҳуқықлардан, соның менен бирге арнаўлы лаўазымларды ийелеў ҳуқықынан нызамға муўапық айырылыўы мүмкин.
Коррупция әлбетте бүгин пайда болған иллет емес, ол әййемнен бар болып келмекте. Француз алымы Шарл Монтескье болса бул барада “Асирлер тәжирийбесинен бизге белгили, ҳәр қандай ҳәкимият ўәкиллигине ийе болған шахс, оннан пайдаланыўға бейим болады ҳәм белгили бир мақсетке ериспегенше усы бағдарда жүреди” деген пикирлер билдирген.
Бизге белгили, коррупция ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң сиясый-эконмикалық раўажланыўына аўыр зыян жеткереди, мәмлекеттиң конституциялық тийкарлары нызам үстинлигин күшсизлентиреди, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң аяқ асты болыўына алып келеди. Сондай екен, коррупцияға қарсы гүресиўге тийисли халық аралық ҳәм миллий ҳуқықый тийкарларын үйрениў, анализ етиў, жаңалап барыў дәўирдиң талабы болып қалады.
Елиўбай Абибуллаев,
Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы