Журналистлер ушын оқыў семинары өткерилди

Медиа майдан бүгинги күнде жедел раўажланып атырған дәўирде халықты исенимли ҳәм кепилленген информация менен тәмийинлеў әҳмийетли. Сонлықтанда, барлық тараўлар сыяқлы суд-ҳуқық тараўында да ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен бирге ислесиўди күшейтиў, суд искерлигиниң ашық айдынлығын тәмийинлеў, пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин суд арқалы исенимли қорғаў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Қарақалпақстан Республикасы судлары тәрепинен 2022-жыл даўамында әдил судлаўды әмелге асырыўдың сапасын жақсылаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин суд арқалы толық тәмийинлеў бойынша тастыйықланған ҳәрекетлер бағдарламасының 5-бәнтине муўапық жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер ушын шөлкемлестирилген нәўбеттеги оқыў семинары да буның айқын мысалы. Семинарда Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жуўапкер қәнигелери баянат жасады.

 

Көпшиликке белгили, соңғы ўақытлары журналистика искерлиги текғана информация тарқатыў емес, ал халықтың санасына тәсир көрсетиў қуралына айланды. Бирақ бул процессте айырым натуўры мағлыўматлар, нызамсыз ис-ҳәрекетлер, жуўапкершиликсиз мүнәсибетте болыў жағдайлары ушырасып атыр, нәтийжеде бул информацияның ҳақыйқатлығы ҳәм объективлигин тәмийинлеў мәселесиниң итибардан шетте қалыўына алып келмекте. Әсиресе, айырым журналистлер ҳәм блогерлер тәрепинен инсан қәдир-қымбаты, абыройын сақлаў мәселесине жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атыр.

                         

Семинарда мине усы мәселелер сөз етилер екен, биринши нәўбетте қандай ўақыя яки ҳәдийсе бойынша материал яки мағлыўмат таярлап, оны ғалаба хабар қураллары ямаса социаллық тармақлар арқалы жәриялағанда тек бир тәреплеме емес, ал объектив ҳәм қалыс түрде оның дурыслығы ҳәм исенимлилигин тексерип кейин жәриялаў зәрүрлиги атап өтилди. Себеби, ҳәр қандай материал ямаса мақала артында бир инсан тәғдири, оның абыройы, қәдир-қымбаты, шаңарағы ҳәм жақынлары турғанлығын умытпаў лазым. Және қатаң түрде нызам шеңберинде ҳәрекет етиў керек.

              

Журналистлер менен ашық сәўбет көринисинде өткерилген илаж барысында коррупция жынаяты түсиниги ҳәм оған қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары жөнинде де кең түрде мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, журналистлер де тараў ўәкиллерине алдағы ўақытлары бирге ислесиў бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

 

Гүлайым Ғаниева,

Қарақалпақстан Республикасы суды бас консультанты