«ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН – ЖАҢА СУД ПРИНЦИПИ»: ИНСАН ҲУҚЫҚ ҲӘМ ЕРКИНЛИКЛЕРИН ҚОРҒАЎДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ ТИЙКАРЛАРЫ

Жәмийетимизде «Нызам – үстинлиги, жаза – шәртлиги» принципин тәмийнлеў, суд системасы искерлигин жеделлестириў, оларды инсан ҳуқық ҳәм мәплери қорғаўына айлантырыў бойынша салмақлы жумыслар алып барылмақта.

 

Усындай өзгерислер себепли жәмийет өмиринде нызам-қағыйда, тәртип-интизам адамлардың ҳақылы талаплары менен есапласыў сыяқлы ең әҳмийетли принциплер барған сайын терең орын ийелемекте.

 

Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев айтқанындай «Суд уйымына қәдем қойған ҳәр бир инсан Өзбекстанда әдалат ҳүким сүретуғынлығына толық исеним алыўы лазым».

Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясында усы тараўда ең баслы ўазыйпамыз – Өзбекстанның дүньядағы «нызам үстинлиги индекси» жоқары дәрежеде болған мәмлекетлер қатарына кириўин тәмийнлеў ҳәм халықтың әдалатлы судлаўға исенимин асырыўдан ибарат.

 

Соңғы жылларда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде  «бир суд – бир инстанция» принципи ен жайдырылып, оған көре, районлық (қалалық) судларда ислер тек биринши басқышта, ўәлаят ҳәм оған теӊлестирилген судларда – апелляцияда, Жоқарғы судта болса – ислер кассация тәртибинде көрилди. Нәтийжеде судлар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыўдың сапасы жаңа басқышқа көтерилди. Лекин, суд инстанцияларының қысқарыўы, ақырғы шешимлерди кассация инстанциясы ретинде тек Жоқарғы судтың өзи қабыл етиўи лазымлығы пуқаралардың суд арқалы өз ҳуқықларын қорғаўында қолайсызлықлар жаратты. Себеби, айырым ислер бойынша қабыл етилген суд қарарынан наразы болған шахслар биринши ҳәм апелляция инстанциясынан кейин тиккелей Жоқарғы судқа мүрәжат етиўи, әсиресе жынаят ислери бойынша судларда, кассация инстанциясы судының ис көлемин асырып жиберди, бул болса жоқары инстанция судында ислердиң көрилиўи мүддети ҳәм сыпатына өзиниң кери тәсирин тийгизди.

 

Сонлықтан, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-январь күнги “Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы 11-санлы ҳәмде “Әдил судлаў искерлигин әмелге асырыўды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы 12-санлы пәрманларына көре Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық, сондай-ақ, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў, судлар жумысының нәтийжелилиги ҳәм әдил судлаўдың сапасын арттырыў мақсетинде 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы тастыйықланды.

 

Сондай-ақ, Пәрман талапларынан келип шыққан ҳалда әмелдеги  процессуаллық кодекслерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, 2024-жылдың  1-январынан баслап күшке кирди.

 

Бул өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық ендиликте суд ислерин қайта  көриўдиң орайластырылыўына шек қойылып, ислерди ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация ҳәм ревизия тәртибинде көриў басқышлары енгизилди. Сондай-ақ, жоқары инстанция судлары тәрепинен биринши инстанция судларының бийкар етилген қарарларын жаңадан көриў ушын қайтадан сол судларға жибериў тәртиби шығарып тасланып, ҳәр бир суд инстанциясына ис бойынша ақырғы қарар шығарыў миннетлемеси жүклетилди.

 

Соның менен бирге, бул нызамлар менен алдын судларда болмаған ревизия инстанциясы шөлкемлестирилип, бул арқалы орта буўын судлары, яғный ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, пуқаралардың Конституцияда нәзерде тутылған суд арқалы қорғалыў ҳәм судқа шағым етиў  ҳуқықларының кепилликлерин және де асырыў мақсет етип қойылды.

 

Жуўмақластырып айтқанда, елимизде суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың бәршеси пуқаралардың әдил судлаўдан пайдаланыў дәрежесин асырыўға, суд ислериниң сыпатлы ҳәм өз ўақтында көрилиўине, судлардың шын мәнисте бийғәрез ҳәкимият тараўына айланыўына хызмет етеди.

 

 

Саодат КАИПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судьясы                                  

 

ПРОЦЕССУАЛЛЫҚ НЫЗАМШЫЛЫҚҚА ЖАҢА ИНСТИТУТ ЕНГИЗИЛДИ

2023-жыл 25-декабрь күни «Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуаллық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы ӨРН-887-санлы Нызамы қабыл етилди ҳәм бул нызам усы жылдыӊ 1-январьдан баслап күшке кирди.

 

Усы Нызам менен әмелдеги Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуаллық кодексинде белгиленген, яғный суд ислерин көриўдиң ҳәдден тыс орайластырылыўына шек қойылды, яғный әпиўайы тил менен айтатуғын болсам усы күнге шекем пуқаралық ислери бойынша районлараралық, район судларында ислер биринши инстанцияда, ўәлаят судларында ҳәм оларға теңлестирилген судларда апелляция инстанциясында, ал Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында кассация инстанциясында ҳәм тәкрар кассацияда көрилип келинди.

 

Бул әлбетте пуқараларымыздыӊ ҳәм исбилерменлердиӊ ҳуқықлары ҳәмде нызамлы мәплерин исенимли қорғаўда қолайсызлықлар пайда етти, сонлықтан да олардыӊ мәплерин исенимли қорғаў иләжларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў бойынша  жумыслар алып барылды.

 

Алып барылған жумыслар нәтийжесинде әдил судлаўды әмелге асырыў даўамында шахслардыӊ ҳуқықлары ҳәмда нызамлы мәплерин қорғаў дәрежеси жаӊа басқышқа шықты.

 

Солай етип, суд қарарларын қайта көриў институтыныӊ анализи әмелдеги тәртипти  қайта көрип шығыў  зәрүрлигин көрсетти, ислерди ўәлаят судларында ҳәм оларға теңлестирилген судларда апелляция инстанциясынан басқа кассация ҳәм ревизия тәртибинде көриў басқышлары енгизилди.

 

 Кассациялық шағымы (протести) биринши инстанция судыныӊ шешиўши қарары нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде берилиўи мүмкин болса, биринши инстанция судының апелляция яки кассация тәртибинде көрилген шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары ҳәмде апелляция ямаса кассация инстанциясы судының уйғарыўы үстинен ревизия тәртибинде шағым (протест) берилиўи мүмкин.

 

Ревизия тәртибиндеги шағым (протест) биринши инстанция судыныӊ шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары нызамлы күшке кирген күннен баслап бир жыл ишинде бериледи.

 

Жаӊадан енгизилген ревизия тәртибинде шағым (протест) бериў институты ҳаққында тоқтап өтетуғын болсам, Қарақалпақстан Республикасы судының, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, судларының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясында, Өзбекстан Республикасы Әскерий судында ревизия   тәртибинде көрилиўи лазым болған шағым (протест) усы судлар атына жолланады, бирақ шешиўши қарарды қабыл еткен судқа бериледи.

 

Шешиўши қарарды қабыл еткен суд шағым (протест) келип түскен күннен баслап бес күнлик мүддет ишинде шағымды (протестти) исти ревизия   тәртибинде көретуғын судқа ис пенен бирге жибериўи шәрт.

 

  Ревизия   тәртибиндеги шағымды (протестти) қайтарыў, ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартыў ямаса қабыл етиў ҳаққындағы мәселе судья тәрепинен жеке тәртипте шағым (протест) судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей шешиледи.

 

  Ревизия   инстанциясы ревизия   тәртибиндеги шағымды (протестти) көрместен қалдырыў, ревизия   тәртибиндеги шағым бойынша ис жүритиўди тамамлаў ўәкиллигине ийе.

 

  Ревизия   тәртибинде шағым берген шахс ревизия   инстанциясы мәсләҳәтханаға киргенге шекем шағымды толықтырыўға, өзгертиўге ямаса оннан ўаз кешиўге ҳақылы.

 

  Ревизия   тәртибинде шағым берилгеннен соң даўагердиң шағым етилген талапларынан ўаз кешиўи, жуўапкердиң даўагер талапларын тән алыўы ҳәм тәреплердиң келисим питимин дүзиўи жазба формада ревизия   инстанциясына тапсырылыўы керек.

 

 Бул шағымлар  ис жүритиўге қабыл етиў ҳаққындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир айдан артық болмаған мүддет ишинде көрип шығылады.

 

Айрықша жағдайларда шағымды (протестти) көрип шығыў мүддети исти көрип атырған судлаў коллегиясы тәрепинен көби менен бир айға узайтырылыўы мүмкин.

 

Ревизия  инстанциясы шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша төмендеги ўәкилликлерге ийе, яғный шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды өзгериссиз қалдырыўға, шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды толық ямаса қысман бийкар етиўге ҳәм жаңа шешиўши қарар, уйғарыў ямаса қарар қабыл етиўге, шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды толық ямаса қысман өзгертиўге, усы Кодекстиң 3722-статьясы биринши бөлиминиң 4-бәнтинде ҳәм 3724-статьясы екинши бөлиминиң 4-бәнтинде нәзерде тутылған тийкарлар бар болған жағдайда шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды бийкар етиўге ҳәм исти жаңадан көриў ушын апелляция ямаса кассация инстанциясы судына жибериўге, шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды толық ямаса қысман бийкар етиўге ҳәм арзаны көрместен қалдырыўға ямаса ис жүритиўди толық ямаса қысман тамамлаўға ҳәм айрым суд ҳүжжетлерин бийкар етиўге ҳәм ис бойынша алдын қабыл етилген суд ҳүжжетлеринен бирин өз күшинде қалдырыў ўәкиллигине ийе.

 

Ревизия  инстанциясы судының уйғарыўында, қарарында баян етилген көрсетпелер исти жаңадан көрип атырған суд ушын мәжбүрий есапланады.

 

Жуўмақлап айтқанда, бул киргизилген өзгерислер  әдил судлаўға ерисиў имканиятларын жәнеде кеӊейтиў, инсан қәдир-қымбаты үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли реформалар болып есапланады.

 

 

Зульфия БАБАДЖАНОВА,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                                                                                          

«ӨЗБЕКСТАН – 2030» СТРАТЕГИЯСЫНЫҢ БАҒДАРЛАРЫ ҲӘМ БАСЛЫ МАҚСЕТЛЕРИ

Соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалардың баслы ўазыйпасы инсан мәплерине қаратылған болып, олардың түп негизинде анық ҳәм режели мақсетлер, терең ойланған ой-пикирлер бар екенлигин көриўимиз мүмкин.

 

Бул бағдарда қабыл етилген әҳмийетли ҳүжжетлерден бири сыпатында, сөзсиз Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2023-жыл 11-сентябрь күни қабыл етилген ««Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳаққында»ғы ПФ-158-санлы Пәрманын айрықша атап өтиў орынлы.

 

Себеби бул ҳүжжетте жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша халқымыздың арзыў-тилеклерин жүзеге шығарыў, саламат, билимли ҳәм руўхый жетик әўладты тәрбиялаў, күшли экономиканы қәлиплестириў, әдиллик, нызам үстемлиги ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған баслы 5 бағдар ҳәм 100 әҳмийетли мақсет белгиленип берилген.

Атап айтқанда, булар:

  1. Ҳәр бир инсанға өз потенциалын иске асырыўы ушын минәсип шәраятларды жаратыў;
  2. Турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданшылығын тәмийинлеў;

III. Суў ресурсларын тежеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў;

  1. Нызам үстемлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекет басқарыўын шөлкемлестириў;
  2. «Қәўипсиз ҳәм парахатшылықты сүйиўши мәмлекет» принципине тийкарланған сиясатты изли даўам еттириў.

Стратегиядағы баслы 5 бағдардың бири есапланған «Нызам үстемлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекет басқарыўын шөлкемлестириў» бағдары өз ишине 16 мақсет (74-89-мақсетлер) шеңберинде 51 әмелий ис-илажларды ҳәм 21 ўазыйпаны қамтыйды.

Бунда мәҳәлле, жергиликли мәмлекетлик органлар, ўәкиллик органлары, мәмлекетлик хызмет, пуқаралық жәмийети институтлары, суд-ҳуқық, инсан ҳуқықлары, адвокатура, коррупция мәселелерине байланыслы 41 мақсетли көрсеткишти ислеп шығыў ҳәм 25 норматив-ҳуқықый ҳүжжет жойбарларын таярлаў нәзерде тутылған.

Бул бағдарда белгилеп берилген реформалар 2 жөнелис бойынша әмелге асырылады, яғный:

1) халық хызметиндеги мәмлекет басқарыўын шөлкемлестириў ҳәм жәмийетшилик басқарыўын жетилистириў бойынша реформалар.

Бул реформалар ҳаққында қысқаша тоқталатуғын болсақ:

– мәҳәллелерде 100 ден артық мәмлекетлик хызметлерди «бир қәдем»де көрсетиўди жолға қойыў;

– ҳәкимлердиң жергиликли кеңеске басшылық етиў әмелиятын толық бийкар етип, кеңес баслығының ҳуқықый статусын, тийкарғы ўазыйпа ҳәм функциялары ҳәмде жуўапкершилик шеңберин анық белгилеў;

– мәмлекетлик хызметлерди «3 қәдем», «пайдаланыўшы ушын бейимлестириў», «бәршеси бир мобил қосымшада» принциплери тийкарында рақамластырыў ҳ.т.б.

2) Нызам үстемлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасындағы реформалар.

Бул реформалар ҳаққында да қысқаша тоқталатуғын болсақ:

– еркинен айырыў жазасын тайынлаў әмелиятын 30 пайыздан
20 пайызға түсириў;

– судқа шекемги басқышта даўларды шешиў нәтийжелилигин
50 пайызға асырыў;

– Жәҳән әдил судлаў жойбарының Ҳуқық үстемлиги индекси бойынша 0,64 баллды топлаўға ерисиў;

– Басқарыў сыпаты индикаторларының Ҳуқық үстемлиги жөнелиси бойынша 61,5 баллды топлаўға ерисиў;

– Бирден-бир электрон реестр жаратыў арқалы жынаят иси қозғатылғанынан баслап ис бойынша ҳүким шығарылғанға шекем болған басқышты индивидуал рақам ҳәм QR коды арқалы гүзетип барыў имканиятын енгизиў;

– суд ҳәм басқа органлар ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислер категориясының кеминде 30 пайызын жеке сектор жәрдеминде орынланыўын жолға қойыў;

– адвокатлар санын кеминде 2000 ға көбейтиў;

– «Transparency International» халық аралық шөлкеми тәрепинен жәрияланатуғын Коррупцияны қабыл қылыў индексинде кеминде
50 орынға көтерилиўге ерисиў;

– 100 пайыз норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң «коррупциядан жырақ нызамшылық» принципи тийкарында ислеп шығылыўын тәмийинлеў ҳ.т.б.

Жуўмақлап айтқанда, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы тек ғана халқымыздың келешектеги жети жыллық раўажланыўын емес, ал оның узақ жыллық раўажланыў стратегиясын белгилеп бериўши әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады. Онда белгиленген мақсетлердиң орынланыўының өз ўақтында тәмийинлениўи болса мәмлекет ҳәм жәмийеттиң тез пәт пенен раўажланыўына баслы себеп болып хызмет қылады.

 

 

Қуўанышбай ХОЖАМУРАТОВ,

Қоңырат районлар аралық экономикалық судының баслығы                                   

 

СУД ҚАРАРЛАРЫН ҚАЙТА КӨРИП ШЫҒЫЎ ТӘРТИПЛЕРИ ӨЗГЕРМЕКТЕ

Елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўда әҳмийетли бағдарлардан бири болған бийғәрез суд ҳәкимиятын қәлиплестириў жолында избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, соңғы 6 жылда суд системасында жүдә көп өзгерислер, жаңалықлар жүз берди ҳәм олардың нәтийжесинде пуқаралардың ҳуқықларының әдил судлаў арқалы қорғалыўы имканиятлары бираз артқанлығын көриўимиз мүмкин.

 

Көпшиликке мәлим болғанындай, 2021 жылда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде суд системасында кең көлемли институционал өзгерислер жүз берген еди. Солардан ең тийкарғыларын атап өтетуғын болсақ:

 

– ўәлаят ҳәм оған теӊлестирилген пуқаралық, жынаят ҳәм экономикалық судлардыӊ негизинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары дүзилди;

– «бир суд – бир инстанция» принципи ен жайдырылып, оған көре, районлық (қалалық) судларда ислер тек биринши басқышта, ўәлаят ҳәм оған теӊлестирилген судларда – апелляцияда, Жоқарғы судта болса – ислер кассация тәртибинде көрилди.

Әлбетте, бул реформалар нәтийжесинде судлар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыўдың сыпаты жаңа басқышқа көтерилди. Лекин, соның менен бирге, айырым өзгерислерге еле таяр емес екенлигимиз, бундай өзгерислерди әмелге асырыў ушын ўақыт кереклиги, сонлықтан суд қарарларын қайта көрип шығыў институтын жетилистириў арқалы әмелдеги тәртипти қайта көрип шығыў зәрүр екенлиги анық болып қалды.

Атап айтқанда, суд инстанцияларының қысқарыўы, ақырғы шешимлерди касссация инстанциясы ретинде тек Жоқарғы судтың өзи қабыл етиўи лазымлығы пуқаралардың суд арқалы өз ҳуқықларын қорғаўында қолайсызлықлар жаратты. Себеби, айырым ислер бойынша қабыл етилген суд қарарынан наразы болған шахслар биринши ҳәм апелляция инстанциясынан кейин тиккелей Жоқарғы судқа мүрәжат етиўи, әсиресе жынаят ислери бойынша судларда, кассация инстанциясы судының ис көлемин асырып жиберди, бул болса жоқары инстанция судында ислердиң көрилиўи мүддети ҳәм сыпатына өзиниң кери тәсирин тийгизди.

 

Бул мәселелерди шешиў жоллары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 16 январь күнги “Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы 11-санлы ҳәмде “Әдил судлаў искерлигин әмелге асырыўды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы 12-санлы пәрманларында белгилеп берилди. Усы Пәрманға көре Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық, сондай-ақ, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў, судлар жумысының нәтийжелилиги ҳәм әдил судлаўдың сапасын арттырыў мақсетинде 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы тастыйықланды.

 

Сондай-ақ, Пәрман талапларынан келип шыққан ҳалда әмелдеги бес процессуаллық кодекслерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарлары таярланып, олар 2023 жылдың  сентябрь-декабрь айларында қабыл етилди ҳәм 2024 жылдың 1 январынан баслап күшке кирди.

 

Бул өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық ендиликте суд ислерин қайта  көриўдиң орайластырылыўына шек қойылып, ислерди ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация ҳәм ревизия тәртибинде көриў басқышлары ен жайдырылды, ислер Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында ревизия тәртибинде ҳәмде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумында қайта көрилетуғын болды. Буннан тысқары, жоқары инстанция судлары тәрепинен биринши инстанция судларының бийкар етилген қарарларын жаңадан көриў ушын қайтадан сол судларға жибериў тәртиби шығарып тасланып, ҳәр бир суд инстанциясына ис бойынша ақырғы қарар шығарыў миннетлемеси жүклетилди.

 

Соның менен бирге, бул нызамлар менен алдын судларда болмаған ревизия инстанциясы шөлкемлестирилип, бул арқалы орта буўын судлары, яғный ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, пуқаралардың Конституцияда нәзерде тутылған суд арқалы қорғалыў ҳәм судқа шағым етиў  ҳуқықларының кепилликлерин және де асырыў мақсет етип қойылды.

 

Жуўмақластырып айтқанда, елимизде суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың бәршеси пуқаралардың әдил судлаўдан пайдаланыў дәрежесин асырыўға, суд ислериниң сыпатлы ҳәм өз ўақтында көрилиўине, судлардың шын мәнисте бийғәрез ҳәкимият тараўына айланыўына хызмет етеди.

 

Камал ТАРИХОВ, 

Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы

     «ӨЗБЕКСТАН-2030» СТРАТЕГИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА

2023 жыл 11 сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПФ-158-санлы  Пәрманына тийкар «Өзбекстан 2030» стратегиясы  тастыйықланды.

«Өзбекстан 2030» стратегиясында төмендеги тийкарғы идеялар итибарға алынды:

Турақлы экономикалық өсиў арқалы дәрамады орташадан жоқары болған мәмлекетлердиң қатарынан орын алыў;

халықтың талапларына ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын тәлим, медицина ҳәм социаллық қорғаў дизимин шөлкемлестириў;

халық ушын қолайлы болған экологиялық шараятлар жаратыў;

халық хызметиндеги әдил ҳәм заманагөй мәмлекетти қурыў;

мәмлекеттиң суверенитети ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў.

Стратегияның нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекет басқарыўын шөлкемлестириў деп аталыўшы бәнтинде туўрыдан-туўры әмел қылатуғын нызамларды қабыл қылыў әмелиятын кеңейтиў, олардың үлесин кеминде 60 пайызға жеткериў, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўының нәтийжели мониторингин қамрап алыўды 100 пайызға жеткериў, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын қолайлы болған әпиўайы ҳәм ықшам нызамшылық системасын жаратыў ҳ.т.б илажларды әмелге асырыў белгиленген болса, ал нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасындағы реформалар деп аталатуғын бәнтинде халық пунктлеринде еки ҳәм оннан артық полосалы тәртипке салынбаған пиядалар өтиў жолларын (кнопкалы) светофорлар менен толық тәмийинлеў, азатлықтан айырыў жазасын тайынлаў әмелиятын 30 пайыздан 20 пайызға түсириў, судлар ҳәмде тергеў органларының жумысында  айырым процессуал ҳәрекетлерди қашықтан турып әмелге асырыў имканиятларын кеминде 2 есеге асырыў, ҳәкимшилик судларына тиккелей мүрәжат етиўге тосқынлық қылынып атырған тосықларды толық сапластырыў, судқа шекемги басқышта даўларды шешиў нәтийжелилигин 50 пайызға асырыў ҳәм бул арқалы судқа шекем шешилиўи мүмкин болған даўлар жүзесинен судларға келип түсетуғын ислердиң санын 50 пайызға кемейтириў, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларға байланыслы ислерди көрип шығыў нәтийжелери үстинен судларға жиберилип атырған шағымлардың 50 пайызының электрон түринде келип түсиўине ерисиў, исбилерменлик субъектлериниң қарсысына қозғатылған жынаят ислери көрилгенде 100 пайыз қорғаўшы яки жәмәәт қорғаўшысынның қатнасыўын тәмийинлеўге ерисиў,  жәҳән әдил судлаў проектиниң Ҳуқық үстинлиги индекси бойынша 0,64 балл топлаўға ерисиў, бирден-бир электрон реестр жаратыў арқалы жынаят иси қозғатылғанынан баслап ис бойынша ҳүким шығарылғанға шекемги процессти индивидуал сан ҳәм QR коды арқалы бақлап барыў имканиятын енгизиў, дәлиллерди топлаў ҳәм беккемлеў искерлигин заманагөй технологиялар ҳәм соңғы илимий жетикенликлерди енгизиў арқалы толық санластырыў, суд ҳәм басқа органлардың ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислердиң тайпасының кеминде 30 пайызын жеке сектор жәрдеминде орынлаўды жолға қойыў, 100 пайыз жынаят ислери ҳәм материаллардың электрон түриндеги нусқасын жүргизиў ҳәм усы ислер бойынша электрон ҳүжжет алмасыўын тәмийинлеў, сондай-ақ адвокатура институтын өзин-өзи басқарыў системасына өткериў ҳәмде оның мәмлекетлик органлар ҳәм басқа дүзилмелерден шын мәнисиндеги ғәрезсизлигин тәмийинлеў, адвокатлар дәрежесин асырыўдың заманагөй ҳәм халықаралық стандартларға сай келиўши ҳәм альтернатив принципине тийкарланған системасын енгизиў, адвокатлардың санын кеминде 2000 ге көбейтиў, пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық ислер бойынша адвокатлар ҳәмде судлар, ҳуқықты қорғаўшы органлар ҳәм басқа мәмлекетлик органлардың ортасында электрон ҳүжжетлер алмасыўы дәрежесин кеминде 50 пайызға жеткериў бойынша илажлар белгиленди.

 

 

Гаўхар ЗАРИПОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының  судьясы

 

 

КƟШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ

Хожели районы кǝсип-ɵнер мектеби имаратында жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязовтың басшылығында, Хожели районы прокуроры жǝрдемшиси Г.Машарипованың қатнасында транспорт қуралларын пайдаланыў қәўипсизлигин бузыў менен байланыслы жынаятты ислеген 2 шахсқа қарата топланған жынаят иси кɵшпели суд мǝжилисинде кɵрип шығылып, онда жǝбирлениўшилер айыпланыўшыларға кеширим бергени себепли жынаят иси тǝреплердиң жарасқанлығы мунǝсибети менен ɵндиристен қысқартылды.

Сондай-ақ, майда бийзарылық ислеп пуқаралардың тынышлығын бузған 2 шахстың қарсысына топланған ҳǝкимшилик ис материалы кɵрип шығылып, оларға ҳǝкимшилик қамақ жазасы тайынланды. Буннан тысқары, транспорт қуралын мǝс ҳалда басқарған 1 шахстың қарсысына топланған ҳǝкимшилик ис материалы кɵрип шығылып, оны 1 жыл 6 ай мүддетке барлық автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырып, базалық есаплаў муғдарының 25 есеси яғный 8.500.000 сўм жǝрийма жазасы тайынланды.

Соның менен бирге кɵшпели суд мǝжилиси қатнасыўшыларына жынаятшылық, оның алдын алыў ҳǝм келип шығыў себеплери бағдарында ҳуқықый түсиниклер берип ɵтилди.

ҚАНЛЫКӨЛДЕ АШЫҚ ҲӘМ КƟШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районы суды баслығы М.Бекимбетов тәрепинен райондағы Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратында ашық ҳәм кɵшпели суд мәжилиси өткерилди. Онда 34 шахсқа қарата 33 ҳәкимшилик ис материаллары көрилип, 14 ҳәкимшилик иси бойынша 15 шахсқа қарата ҳәкимшилик қамақ жазасы, 19 ис бойынша 19 шахсқа жәрийма жазасы тайынланып, ескертилди. Сондай-ақ, пробация есабында жаза өтеп атырған 2 шахсқа қарата топланған ис материаллары көрип шығылып, 2 шахс өтеп атырған жазасынан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.

 

Суд мәжилиси жуўмақланғаннан соң, судья тәрепинен нызамшылықтағы өзгерис ҳәм жаңалықлар бойынша қатнасыўшыларға кең түрде түсиниклер берилди. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2023-жыл 11-сентябрьдеги «Өзбекстан-2030» стратегиясы ҳаққында”ғы ПФ-155-санлы Пәрманының мазмуны, сондай-ақ коррупция жынаяты түсиниги, оған қарсы гүресиў ҳәмде адам саўдасы менен байланыслы жынаятлардың ҳуқықый ақыбетлери бойынша мағлыўмат берди.

 

СУД ӘДИЛЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎГЕ ИТИБАР ҚАРАТЫЛМАҚТА

Қарақалпақстан Республикасы судында республикамыз судларында өткен 2023-жыл даўамында әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша әмелге асырылған жумыслардың жуўмағына бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы, оның орынбасарлары, судьялар ҳәм республикамызда жумыс ислеп атырған ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Әнжуманды Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов кирис сөз бенен ашып, суд қарарларын қайта көрип шығыў тәртиплери өзгертилгенлиги мүнәсибети менен елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўда әҳмийетли бағдарлардан бири болған бийғәрез суд ҳәкимиятын қәлиплестириў жолында әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетине тоқтап өтти. Әсиресе, соңғы 6 жыл ишинде суд системасында оғада көп өзгерислер, жаңалықлар жүз берип, оның нәтийжесинде пуқаралардың ҳуқықларының әдил судлаў арқалы қорғалыўы имканиятлары бираз артқанлығын айрықша атап өтти.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы А.Нурлипесов, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары, жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы А. Адилов, Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы А.Керимбаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы Б.Қтайбековлар өз тараўлары бойынша 2023-жылы әмелге асырылған жумыслар туўралы мағлыўматлар берип, пикир-усынысларын билдирди.


Әнжуманда журналистлер суд баслықларына суд-ҳуқық тараўына байланыслы бүгинги күни жәмийетшиликти ойландырып жүрген бир қатар мәселелер  бойынша сораўлар берип, оларға тийисли жуўаплар алды.



Соңынан Қарақалпақстан Республикасы суды имаратына пресс-тур шөлкемлестирилип, онда әнжуман қатнасыўшылары Қарақалпақстан Республикасы судында соңғы жыллары жүз берип атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар менен жақыннан танысты.

-Бүгинги әнжуманда өзимди қызықтырып жүрген бир қанша мәселелерге тийисли жуўап алдым,-дейди «Еркин Қарақалпақстан» газетасының журналисти Гүлнара Жүгинисова.-Бундай илажды шөлкемлестиргени ушын Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы Камал Тариховқа өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен ҳәм журналистлер менен усындай ашық сәўбетлесиўлер тез-тез өткерилип турса мақсетке муўапық болар еди, деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы

ҲӘКИМШИЛИК СУДЛАР ТӘРЕПИНЕН РАЙОН ҲӘМ ҚАЛА ҲӘКИМЛЕРИНИӉ ҮШ ҚАРАРЫ ҲАҚЫЙҚЫЙ ЕМЕС ДЕП ТАБЫЛДЫ

Ҳәр ким өзиниӊ бузылған ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын ҳәкимшилик судларына мүрәжат етиўге ҳақылы.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен мәмлекетимизде жеке мүлктиң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, ҳәр қандай мүлктиң қол қатылмаслығын ҳәм жер қатнасықларын тәртипке салыўға қаратылған социаллық-экономикалық реформаларды жедел әмелге асырыў, халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетке болған исенимин еледе беккемлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында бир қанша кең көлемли ислер ҳәм илажлер әмелге асырылып келинбекте.

 

Атап айтқанда, 2024-жылдыӊ январь айында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлар тәрепинен жәми 64 ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер көрилип, соннан 34 ис бойынша яғный 53,1 пайыз арза бериўшилердиң мүрәжатлери қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқықлары тикленген болса, 26 ис бойынша яғный 40,6 пайыз мүрәжат етиўшилердиң арзалары қанаатлантырылмастан қалдырылған ҳәм 4 ис бойынша яғный   6,2 пайызы өндиристен қысқартылған.

 

Усы дәўир даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен көрип шығылған 64 ислерден 25 яғный 39,1 пайызын мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери, олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ нызамға қайшы шығарылған қарарларын ҳақыйқый емес табыў менен байланыслы ислерди қурап, соннан 13 ис бойынша киритилген талаплар қанаатлантырылған.

 

Соннан, район ҳәм қала ҳәкимлериниӊ қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў менен байланыслы жәми 6 ис көрилип, солардан 3 ис бойынша яғный 50 пайызы физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлери қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқық ҳәм мәплери тикленген болса,  3 ис бойынша яғный 50 пайыз усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған.

 

Яғный, физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ судларға ҳәкимлердиӊ шығарған қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққында кириткен арзаларын қанаатлантырылған жағдайлары:

Хожели районы ҳәкиминиӊ – 2;

Шымбай районы ҳәкиминиӊ – 1 дана қарарына қарата қолланылған.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен район ҳәм қала ҳәкимлери тәрепинен қарарлар қабыл қылыўда нызам талапларына жетерли дәрежеде әмел етпегенликлери ушын усы түрдеги арзаларды көриў барысында анықланған нызам бузылыў жағдайлары жүзесинен район ҳәм қала ҳәкимликлерине жәми 3 айрықша уйғарыўлар шығарылды.

 

Улыўма алғанда, мәмлекетимизде пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтириў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар белгиленген мақсетлердиң әмелге асырылыўы ҳәмде инсан мәплериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

АМИР НУРЛИПЕСОВ,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судыныӊ баслығы                                            

Судлар тəрепинен салық нызамшылығын қоллаўдың айырым мəселелери бойынша семинар шɵлкемлестирилди

 

 

Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасы мəжлислер залында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы А.Нурлипесов, усы суд судьялары Ж.Аймаганбетова, Р.Жумабаев ҳəм Нɵкис районлар аралық ҳəкимшилик суды судьясы К.Кыпшакбаев тəрепинен салық уйымы хызметкерлери қатнасында семинар ɵткерилди.

 

 

 

 

 

Семинарда Өзбекстан Республикасының Жоқарғы суды Пленумының “Судлар тəрепинен салық нызамшылығын қоллаўдың айырым мəселелери ҳаққында”ғы қарары, “Судлар тəрепинен 2023 жыл даўамында салық уйымы тəрепинен кɵшпели салық тексериўин ɵткериў менен байланыслы даўларды судта кɵриў ǝмелияты” бойынша баянатлар тыңланды.

Ɵзбекстан Республикасы «Судлар ҳаққында»ғы нызамының 25-статьясына муўапық, нызамшылықты қоллаў мəселелери бойынша Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының түсиндирмелери судлар, усы түсиндирме берилген нызамшылықты қоллап атырған мəмлекетлик уйымлар ҳəм басқада уйымлар, мекеме, шɵлкемлер ҳəмде лаўазымлы шахслар ушын мəжбүрий болып есапланады.

 

   

Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы тəрепинен 2023-жыл 20-февралда «Судлар тəрепинен салық нызамшылығын қоллаўдың айырым мəселелери ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген.

Семинарда усы Пленум қарарының мазмун-мəниси кеңнен түсиндирилди.

Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2013-жыл 31-май күнги “Салықлар ҳəм жыйымларды тɵлеўден бас тартыў ушын жуўапкершиликке байланыслы нызамшылықтың судлар тəрепинен қолланылыўы ҳаққында”ғы қарары қабыл етилгеннен соң 2019-жылы 30-декабрь күни қабыл етилген жаңа редакциядағы Салық Кодекси 2020-жыл 1-январдан баслап əмелге киргизилди.

Буннан басқа соңғы ўақытта судлар қəнийгелесиўи əмелге асырылып, ҳəзирги күнде мəмлекетлик уйымлардың, соның ишинде салық уйымларының лаўазымлы шахсларының қарарлары ҳəмде олардың ис-ҳəрекетлери жүзесинен даўларды кɵриў ўəкиллиги берилген ҳəкимшилик судлар жумыс ислеп келмекте.

Пленум қарарында судлар ҳəм салық уйымлары хызметкерлери тəрепинен жаңа редакциядағы Салық кодекси талапларын əмелде дурыс ҳəм бирдей қолланыў  мəселелери, экономикалық, пуқаралық ҳəм ҳəкимшилик судлар тəрепинен салыққа байланыслы даўларды кɵриўдиң ɵзине тəн қəсийетлери, суд əмелиятындағы бар болған машқалалар шешимине итибар қаратылған.

 

      

 

 

Сондай-ақ, илажда сөзге шыққанлар тәрепинен коррупцияға қарсы беккем иммунитетти қәлиплестириў лазымлығы ҳәм өз хызмет ўазыйпаларын орынлаўда таза ҳүждан менен жумыс ислеўи кереклиги сондай-ақ, коррупцияның ҳәр қандай көринислериниң нызам алдындағы аянышлы ақыбетлери атап өтилди.

 

Семинар-тренинг соңында қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди.

Skip to content