Судлар тəрепинен салық нызамшылығын қоллаўдың айырым мəселелери бойынша семинар шɵлкемлестирилди

 

 

Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасы мəжлислер залында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы А.Нурлипесов, усы суд судьялары Ж.Аймаганбетова, Р.Жумабаев ҳəм Нɵкис районлар аралық ҳəкимшилик суды судьясы К.Кыпшакбаев тəрепинен салық уйымы хызметкерлери қатнасында семинар ɵткерилди.

 

 

 

 

 

Семинарда Өзбекстан Республикасының Жоқарғы суды Пленумының “Судлар тəрепинен салық нызамшылығын қоллаўдың айырым мəселелери ҳаққында”ғы қарары, “Судлар тəрепинен 2023 жыл даўамында салық уйымы тəрепинен кɵшпели салық тексериўин ɵткериў менен байланыслы даўларды судта кɵриў ǝмелияты” бойынша баянатлар тыңланды.

Ɵзбекстан Республикасы «Судлар ҳаққында»ғы нызамының 25-статьясына муўапық, нызамшылықты қоллаў мəселелери бойынша Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының түсиндирмелери судлар, усы түсиндирме берилген нызамшылықты қоллап атырған мəмлекетлик уйымлар ҳəм басқада уйымлар, мекеме, шɵлкемлер ҳəмде лаўазымлы шахслар ушын мəжбүрий болып есапланады.

 

   

Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы тəрепинен 2023-жыл 20-февралда «Судлар тəрепинен салық нызамшылығын қоллаўдың айырым мəселелери ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген.

Семинарда усы Пленум қарарының мазмун-мəниси кеңнен түсиндирилди.

Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2013-жыл 31-май күнги “Салықлар ҳəм жыйымларды тɵлеўден бас тартыў ушын жуўапкершиликке байланыслы нызамшылықтың судлар тəрепинен қолланылыўы ҳаққында”ғы қарары қабыл етилгеннен соң 2019-жылы 30-декабрь күни қабыл етилген жаңа редакциядағы Салық Кодекси 2020-жыл 1-январдан баслап əмелге киргизилди.

Буннан басқа соңғы ўақытта судлар қəнийгелесиўи əмелге асырылып, ҳəзирги күнде мəмлекетлик уйымлардың, соның ишинде салық уйымларының лаўазымлы шахсларының қарарлары ҳəмде олардың ис-ҳəрекетлери жүзесинен даўларды кɵриў ўəкиллиги берилген ҳəкимшилик судлар жумыс ислеп келмекте.

Пленум қарарында судлар ҳəм салық уйымлары хызметкерлери тəрепинен жаңа редакциядағы Салық кодекси талапларын əмелде дурыс ҳəм бирдей қолланыў  мəселелери, экономикалық, пуқаралық ҳəм ҳəкимшилик судлар тəрепинен салыққа байланыслы даўларды кɵриўдиң ɵзине тəн қəсийетлери, суд əмелиятындағы бар болған машқалалар шешимине итибар қаратылған.

 

      

 

 

Сондай-ақ, илажда сөзге шыққанлар тәрепинен коррупцияға қарсы беккем иммунитетти қәлиплестириў лазымлығы ҳәм өз хызмет ўазыйпаларын орынлаўда таза ҳүждан менен жумыс ислеўи кереклиги сондай-ақ, коррупцияның ҳәр қандай көринислериниң нызам алдындағы аянышлы ақыбетлери атап өтилди.

 

Семинар-тренинг соңында қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди.