Ҳәкимшилик жәриймаларды төлеўде жеңилликлер бериледи

Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 18-апрелдеги «Ҳәкимшилик жәриймаларды төлеўде халыққа қосымша қолайлықлар жаратылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 3321-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-830-санлы Нызамы қабыл етилип,  2023-жыл 1-майдан баслап күшке кириўи белгиленген.

 

Усы Нызам менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 3321-статьясына киритилген өзгерислерге көре, ҳуқықбузар оған жәрийма салыў ҳақкындағы қарар тапсырылған күннен баслап он бес күн ишинде жәрийма муғдарының елиў пайызын яки отыз күн ишинде жәрийма муғдарының жетпис пайызын ықтиярый рәўиште төлеген жағдайда, ол жәрийманың қалған бөлимин төлеўден азат етиледи.

Усы Нызамда жеңилликлер қолланылмайтуғын айырым жағдайлар белгиленген болып, оған муўапық Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 131-статьясы (мәс ҳалда транспорт қуралын басқарыў), 132-статьясы (кеме айдаўшыларының киши көлемли кемелерди мәс ҳалда басқарыўы), 136-статьясы (транспорт қуралы айдаўшыларының ҳәм басқа жол ҳәрекети қатнасыўшыларының мәслигин яки мәс емеслигин анықлаў ушын тексериўден өтиўден бас тартыўы) ҳәм 140-статьясында (мәс ҳалдағы айдаўшылардың яки транспорт қуралын басқарыў ҳуқықы болмаған шахслардың транспорт қуралларын басқарыўына жол қойыў) нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар исленгенде, жәрийма салыў ҳаққындағы қарар үстинен шағым етилгенде яки протест билдирилгенде ҳәм де усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында тәкирар исленген жағдайларда нызамда белгиленген жеңилликлер қолланылмайды.

 

Д.Сражатдинов,

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды баслығы

Көшпели суд мәжилисинде үш жынаят иси кѳрилди

 Хожели районы Пәрўаз мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң мәжилислер залында болып өткен кѳшпели ашық суд мәжилисинде үш жынаят иси кѳрилди.

 

Атап айтқанда,  Ѳзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 1-бѳлими менен айыпланған М.С. исмли пуқара тәрепинен исленген урлық, Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бѳлими менен айыпланған М.Н. исмли пуқараның ислеген автоавария, Жынаят кодексиниң 25, 168-статьясы 1-бѳлими (алдаўшылық) ҳәм 28, 211-статьясы 1-бѳлими (пара бериў) менен айыпланған Р.Н. исмли пуқараның қарсысына топланған жынаят ислери көрип шығылды.

 

Биринши ҳәм екинши жынаят ислери тәреплердиң ѳз-ара жарасқанлығы, жәбирлениўшилерге келтирилген зыянлар қапланғанлығы мүнәсибети менен Жынаят кодексиниң 661-статьясына тийкарланып ѳндиристен қысқартылды. Жынаят кодексиниң 25, 168-статьясы 1-бѳлими (алдаўшылық) ҳәм 28, 211-статьясы 1-бѳлими (пара бериў) менен айыпланған Р.Н. исмли пуқараның қарсысына топланған жынаят иси бойынша судланыўшыға 2 жыл 1 ай еркинликтен шеклеў жазасы тайынланды.

 

Буннан соң, Хожели районы ИИБ баслығының алдын урлық жынаятын ислеп судланған, суд тәрепинен тайынланған мийнет арқалы дүзетиў ислери жазасын қастан ѳтемей жүрген М.А. исмли судланған шахстың жазасын басқа аўырырақ түрдеги жазаға алмастырып бериўди сораған өтиниши кѳрип шығылды. Бул бойынша М.А.ға оның ѳтелмеген 1 жыл 4 ай 9 күн мүддети Жынаят кодексинин 46-статьясы 4-бѳлимине тийкарланып, еркинен айырыў жазасына алмастырылды. Жазаны мәнзил колонияда ѳтеў белгиленди.

 

Суд мәжилисинде пуқаралар жыйыны ақсақалы, кѳше бийлери, аймақ пуқаралары ҳәм педагоглар қатнасып, олар исленген ҳәр бир жынаят қандай аўыр ақыбетлерге алып келетуғынлығының, жол ҳәрекети қағыйдаларына бойсынбаў аўыр дене жарақатлары алыўға себеп болыўы, инсан ѳлимине алып келиўи, урлық ҳәм алдаўшылық жынаятлары жәбирлениўшилерге мүлклик ҳәм басқада зыян алып келтириўи менен бирге, материаллық қыйыншылыққа дуўшар ететуғынлығы, пара бериў жынаяты – жәмийеттиң аўыр иллети екенлигиниң гүўасы болды.

 

Кѳшпели суд мәжилиси соңында жыйналғанлар судланыўшылардың ис-ҳәрекетлеринен наразы екенлигин билдирип, аймақ ақсақаллары келешекте бундай жынаятқа қол урмаў, бул ислер аймақ турғынларының ҳәр бирине сабақ болыўы кереклиги ҳаққында өзлериниң нәсиятларын берди.

 

И.АЛЛАНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы

Балалар ушын алимент, олардың ҳуқықларын қандай тәмийинлеў керек

Шоманай районы медицина бирлеспеси мәжлислер залында “Балалар ушын алимент, олардың ҳуқықларын қандай тәмийинлеў керек” темасында медицина бирлеспеси бас шыпакери М.Баўетдинова, Жынаят ислери бойыша Шоманай районы суды баслығы Р.Назаров, Мәжбүрий орынлаў бюросы Шоманай районы бөлими мәмлекетлик орынлаўшысы У.Аширбаева, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ҳәким орынбасары Г.Темирханова ҳәмде тараў ўәкиллериниң қатнасыўында семинар өткерилди.


 

Семинарда ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқуқлары, еркинликлери ҳәмде нызамлы мәплерин қорғаў-тийкарғы мәселе сыпатында көрип шығылды. Онда қәнигелер, ер жетпеген балаларға алимент пулларын төлеўден бас тартып жүрген шахсларды суд қарарына яки суд бийлигине тийкар өндирип берилиўин тәмийинлеў, егер еки айдан артық мүддет даўамында төлемей келген жағдайда жынайый жуўапкершиликке тартылыў мәселелери жөнинде түсиник берип өтти.

 

Усындай ҳуқуқбузарлықлардың алдын алыў ушын тийисли мағлыўматлар ҳәм мысаллар келтирилип әмелге асырылыўы лазым болған ўазыйпалар ҳаққында сәўбетлесиўлер де алып барылды.

 

 

Расул Назаров,

Жынаят ислери бойыша Шоманай районы суды баслығы   

Жоқары оқыў орынларына оқыўымызды нызам тийкарында көширейик

Соңғы жыллары елимизде билимлендириў тараўында жасларға жаратылып берилген кең имканиятлар нәтийжесинде, республикамыздың жаслары тек елимиздеги емес, ал, сырт еллерде жайласқан жоқары оқыў орынларында оқып билим алмақта.

 

Ал, айырым жасларымыз болса, өзлериниң турмыслық жағдайларына байланыслы оқыў орынларын республикамыздағы жоқары оқыў орынларына көширип атыр. Мәмлекетимизде олардың бундай ҳәрекетлери ушын да нызам тийкарында кең мүмкиншиликлер жаратылған.

 

Бирақ, тилекке қарсы республикамыз пуқаралары арасында өзлерине жаратылған усындай имканиятлардан пайдаланбай, нызамсыз ис-ҳәрекетлер ислеп, алдаўшылықтың жәбирин шегип атырғаны кимди болса аўыр ойға талдырады.

 

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексинин 168-статьясында алдаўшылық жынаяты нәзерде тутылған жынаят болып, онда пуқаралардың өз мал-мүлклерин яки материаллық байлықларын алданыў ямаса өзгеге исениўи нәтийжесинде өз ерки менен өзге шахсга бериўи нәтийжесинде материаллық зыян көриў менен байланыслы жүз береди.

 

Сондай-ақ, бул жынаят жәмийетте айырым адамлар тәрепинен пуқаралардың юридикалық саўаты жоқлығынан ҳәмде садалығынан пайдаланып, оларды жалған ўәделер яки алдаў жоллары менен исенимине кирип зыян жеткериўи мумкин.

 

Атап айтқанда, бул жынаятлар жер орынларын алып бериў, жоқары оқыў орынларына жайластырыў яки жумысқа орналастырыў сыяқлы көринислерде жүз береди.

 

Буған бир мысал ретинде, жақында жынаят ислери бойынша Елликқала районлық судында ашық суд мәжилисинде көрип шығылған жынаятлы исти айтып өтсек болады.

 

Онда бир неше жыл алдын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқытыўшы лаўазымында ислеген О.Е. буннан алдын, алдаўшылық жынаяты менен судланғанлығынан өзине тийисли жуўмақ шығармастан, қайта жынаят ислеў жолына өтеди. Атап айтқанда ол Елликқала районында жасаўшы пуқара Ю.Д. ның Ташкент қаласында жайласқан Химия технологиялары университетинде билим алып атырғанын билип, оның оқыўын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына көширип бериўге ўәде береди ҳәм оның исенимине кирип жәми 1.200 АҚШ доллары, буннан тысқары Ю.Д. ның З.Р. исимли жийен қызын Әжинияз атындағы Нөкис мамлекетлик педагогикалық институтына қосымша шәртнама тийкарында оқыўға киргизип бериўине исендирип, жалғанларына исендириў ушын З.Р. ның пуқаралық паспортынан нусқалар алып жәми 1.500 АҚШ долларын алады.

 

Соның менен бирге, ол Елликқала районы турғыны М.Г. ның да исенимине кирип оның Ю.М исимли қызының Қазақстан Республикасында жоқары оқыў орынларынын биринде билим алып атырғанынан хабар таўып, оның қызы Ю.М. ның оқыўын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық  институтына көширип бериўин айтып 1.500 АҚШ доллары, Елликқала районы Гүлдирсин АПЖ да жасаўшы пуқара А.Ш. ның исенимине кирип оның Қазақстан Республикасында жоқары оқыў орынларында билим алып атырған перзентин Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына көширип бериў менен алдап 1.200 АҚШ доллары муғдарында пулларын алдаўшылық жолы менен алып, өз мүтәжликлерине жумсап жибереди.

 

Жоқарыда айтып өткенимиздей  айыпланыўшы О.Е. бир емес бир неше пуқаралардың садалығынан пайдаланып, олардын мысқаллап жыйнаған пул байлықларын өзлестирип өз мәпине ислетип жиберген.

 

Суд мәжилисинде оның бул жынаятлы иси нызам тийкарында көрип шығылып, оған тийисли жаза тайынланды.

 

Енди бир неше күнлерден соң елимизде жоқары окыў орынларына ҳүжжет тапсырыў басланады. Республикамыздағы жоқары оқыў орынлары басшыларынан усындай унамсыз жағдайлардың қайталанбаўынын алдын алыў ушын ата-аналар ҳәмде талабанлар көринетуғын орынларға оқыўды кошириў, қосымша шәртнама тийкарында оқыўға кириў сыяқлы пуқаралар ушын зәрүр болған пайдалы мәсләҳат дағазаларын түсиникли мазмунда жазып қыстырып қойса мақсетке муўапық болар еди.

 

Себеби, бундай дағазалар республикамыз пуқараларының жыллар даўамында перзентлериниң жақсы күнлери ушын нийетлеп жыйнаған пул қаржыларының  алдаўшылардың  қолларына түсип қалыўынан сақлаў, жынаятшылықтық алдын алыўда өз тәсирин тийгизери сөзсиз.

 

 

 

 

Оразбай Мауленов,   

Жынаят ислери бойынша Елликқала районы суды баслығы

Судланыўшы суд залынан азат етилди

Биз инсан қәдири улығланған, оның қәдир-қымбаты қәдирленген елде жасап атырмыз. Жығылғанды сүйеў, жылағанды жубатыў –бул қанымызға сиңген ағла пазыйлет. Бирақ, жынаят жолына кирип, оннан өзине тийисли жуўмақ шығарып, дүзелиў жолына түскен инсанларға ше?! Биз қандай жол тутамыз? Бүгин әдиллик қорғаны болған судларда исленип атырған жумыслар көлеми қандай? Дурыс, «жынаятшы өзине тийисли жазаны алыўы шәрт, ислеген қылмысына жуўап берсин» дейтуғынларда да арамызда көпшилик. Егер ол жас, билмей адасқан болса…

 

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы судының Жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясында жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының 2001 жылы туўылған судланыўшылар Ш.Т ҳәм С.Б ның қарсысына шығарылған 2023-жыл 2-май күнги ҳүкими үстинен судланыўшылар ҳәм олардың қорғаўшысы тәрепинен берилген апелляция шағым арзаларына тийкар апелляция тәртибинде көрип шығыў бойынша ашық суд мәжилиси өткерилди.

 

Жынаят иси Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы С.Давлетмуратовтың басшылығында ҳәм судьялар Л.Утегенова, Е.Абибуллаевлардан ибарат суд қурамы тәрепинен көрип шығылды.

Суд мәжилисинде Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды ҳүкими менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бөлиминиң «а» бәнти менен 3 (үш) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланған судланыўшы Ш.Т ҳәм Жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бөлиминиң «а» бәнти менен 2 (еки) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланған судланыўшы С.Б ның қарсысына шығарылған суд ҳүкими өзгертилди.

 

Судланыўшылардың ислеген қылмысының ақыбетин толық түсинип жеткенлиги, алдын жынайый жуўапкершиликке тартылмағанлығы, биринши мәртебе жынаят ислегенлиги, шын кеўилден пушайманлығы, дүзелиў жолына түскенлиги, және олардың жас, жаңа өмир баслаў ушын мүмкиншилик берилсе оннан дурыс пайдалана алыўы, келешеги алдында екенлиги, олардың дәслепки қамақта отырған күнлери есапқа алынып, оларға қолланылған қамақ тәризиндеги бас шарасы жеңилирегине алмастырылды.

 

Олардың бас шарасы сыпатында қамақта сақланған ҳәр бир күни Жынаят кодексиниң 62-статьясына тийкарланып азатлықты шеклеў жазасының бир күнине теңлестирилип, тайынланған жазадан шегирилип, еки судланыўшы да суд залынан азат етилди.

 

Судланыўшылар ҳәм олардың қорғаўшысы тәрепинен берилген шағым арзалары толық қанаатландырылды. Оған бола, Ш.Тға тайынланған 3 жыл еркинен айырыў жазасы 3 жыл азатлықты шеклеў жазасына, С.Б ға тайынланған 2 жыл еркинен айырыў жазасы 2 жыл азатлықты шеклеў жазасына алмастырылды.

 

Суд залынан азатлыққа шыққан перзентлерин баўырына басқан ата-аналардың көз жаслары…
Әдиллик, ҳақыйқатлық ҳәм инсаныйлық принципиниң әмелде қолланылғанлығына болған исеним ҳәм шексиз миннетдаршылық сезимлери… Бул қуўаныш жаслары…

 

 

Елиўбай Абибуллаев,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

Адамлар неге алданады?!

Адамлар неге алданады?! Олар жүдә исениўшеңбе ямаса дым садама? Әтирапта болып атырған ўақыя-ҳәдийселер, қалаберди, ҳәр күни телевидение, радио, ҳәтте социаллық тармақларда да «алданып қалмаң», «бийтаныс адамға өзлериңиздиң жеке мағлыўматларыңызды бермең» деп тәкирар-тәкирар айтылыўына қарамастан, басым көпшилик пуқаралар алдаўшының ҳийлеси қурбанына айланып атыр.

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы Ш.Шамамбетовтың басшылығында көрилген жынаят иси де әйне өзгелердиң исенимине кирип, оны алдап, материаллық байлықты өзлестириў жынаяты менен байланыслы болды.

 

1969-жылы туўылған “М” исимли пуқара өзи Республика қәнийгелестирилген көз микрохирургиясы илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалында мийирбийке болып ислеўине қарамастан, өз хызмет ханасында “Н” ның исенимине кирип, өзиниң поликлникада жоқары лаўазымларда ислейтуғын таныслары арқалы 10.000.000 сўм есесине, Нөкис қаласында жайласқан 6-санлы поликлиникаға мийрибийке етип жумысқа киргизип бериўди бериўди ўәде етип, оны пара бериўге қызықтырып 10.000.000 сўм пулларын алдаўшылық жолы менен алған ўақтында ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери тәрепинен усланған.

 

Солай етип, “М” өзиниң жоқарыдағы ис ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 25,168-статьясы 1-бөлими ҳәм 28,211-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятларды ислеген.

 

Ашық суд мәжилисинде суд судланыўшы, жәбирлениўши ҳәм гүўалардың көрсетпелерин тыңлап, ис материалларын үйренип ҳүким етти. Суд ҳүкимине көре, судланыўшы “М” Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 25,168-статьясы 1-бөлими ҳәм 28,211-статьясы 1-бөлими менен айыплы деп табылды. Оған ҳәр ай сайын ис ҳақысынан 20 пайызы муғдарын мәмлекет дәрамады есабына услап қалған ҳалда 2 жыл мүддетке азатлықтан шеклеў жазасы тайынланды.

 

Шарапат Шамамбетов,
Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы

Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға бағышланған жыйналыс болып өтти

Арқа-Батыс әскерий округиниң руўҳыйлық орайында Қарақалпақстан Республикасында жайласқан Қураллы Күшлер қурамындағы әскерий бөлим ҳәм мәкемелердиң командир ҳәм баслықларының қатнасыўында аймақта жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға бағышланған жыйналыс болып өтти.

 

Онда Бас прокурор орынбасары-Өзбекстан Республикасы Әскерий прокуроры Ботир Кудратходжаев, Республика Әскерий суды баслығы Садриддин Эшонқулов ҳәм Арқа-Батыс округ командири Фарход Шерматов қатнасты.

 

 

Жыйналыста лаўазымларға жаңа тайынланған Нөкис әскерий прокуроры Улуғбек Абдирахимов ҳәм Нөкис әскерий суды баслығы Пурханиддин Акимниязовлар таныстырылды ҳәм алдағы ўақытлары жынаятшылық ҳам ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылыўы лазым болған ис-иләжлар келисип алынды.

 

 

Жыйналыста жуўапкер басшыларға аймақта нызам үстинлигин тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын еледе нәтйижели тәмийинлеўге қаратылған тапсырмалар берилди.

 

Жолларда еледе болса қырағылықты күшейтиў зәрүр

 

Бүгин көшелерде ҳаял-қызлардың да автомашина басқарыўы ҳеш кимди таң қалдырмайды. Деген менен, кейинги ўақытта жүз берип атырған автоавариялық жағдайлардың басым көпшилигиниң қатнасыўшылары да әйне ҳаял-қызлар басқарған транспортлар екенлиги, жолларда еледе болса қырағылықты күшейтиў зәрүрлигин көрсетпекте.

Республикалық қәнигелестирилген наркология илимий-әмелий медициналық орайы Қарақалпақстан Республикасы регионаллық филиалы имаратында  жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы Р.Бекмуратова тǝрепинен транспорт қуралларын пайдаланыў қәўипсизлигин бузыў менен байланыслы 1 шахстың жынаят иси кɵшпели суд мǝжилисинде кɵрип шығылды.

Кɵшпели судта жǝбирлениўши ɵзине келтирилген зыян айыпланыўшы тǝрепинен  толық қапланғанын, ол кеширим сорағанын, оған кеширим бергенин, ҳǝзирде ɵз-ара жарасып кеткенлерин билдирип, оған қарата жынаят исин жарасыў мунǝсибети менен жуўмақлаўды сорады.

Сонлықтан ис, суд тǝрепинен Жынаят кодексиниң 66-1-статьясы (тǝреплердиң жарасқанлығы мунǝсибети) менен ɵндиристен қысқартылды.

 

 

Р.Бекмуратова,

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы

Алиментти шет елде болған қарыздардан өндириў мәселеси

 

Жаслар ҳәм жас шаңарақлар-мәмлекетимиз келешегин белгилеп бериўши тийкарғы күш. Келешек ийелериниң тәлим-тәрбиясы ең дәслеп шаңарақтан басланады. Соның ушында бала тәрбиясында оның ҳәр тәреплеме камалға жетиўинде тәрбияланып атырған орталықтың орны үлкен.

Деген менен, бүгин жас шаңарақлар арасында ажырасыўлардың көбейиўи ақыбетинде балаларға руўхый ҳәм ҳәр тәреплеме материаллық зыян келип атырғаны бәршемизге белгили.

Суд органларына пуқараларымыздан келип атырған мүрәжатлерде де алимент төлемлериниң төлеў тәртиби ҳаққында ҳуқықый түсиниклерге зәрүрлик бар екенлигин көремиз.

θзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 96 ҳәм 100-статяларында ата-ананың ер жетпеген балаларына, сондай-ақ, ер жеткен мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж балаларды тәмийинлеў шәртлиги белгиленген.
Шаңарақ кодексиниң 99-статясына муўапық, ер жетпеген балаларға өндирилетуғын алимент муғдары ата-ананың ҳәр айдағы ис ҳақы ҳәм басқа дәраматының тийисинше бир перзент ушын 1/4, еки перзент ушын 1/3 ҳәмде еки ҳәм оннан көп перзентлер ушын 1/2 бөлеги муғдарында белгиленген.

Бул арқалы мәмлекетимиз шаңарақ нызамшылығына көре ата-аналардың ер жетпеген перзентлерин материаллық тәмийинлеўге миннетли екенлигин аңлаўымызға болады. Яғный, ажырасыў ҳәттеки ата-аналық ҳуқықтан айрылыў ер жетпеген перзент ушын алимент төлеўден азат етпейди.

Бул миннетлеме егер ықтыярый орынланбаған жағдайда пуқаралар өзлери турақлы жасаў жайындағы яки жуўапкердиң жасаў жайындағы пуқаралық ислери бойынша районлараралық (район) судларына арза бериўи мүмкин.

Демек, ата-ана перзентиниң камалға жетиўинде ақылый, физикалық тәрептен раўажланыў жолындағы жуўапкершиликтен қашпаўы зәрүр. Себеби, бүгинги берилген тәрбия соның менен бирге қоллап-қуўатлаў, руўҳый ҳәм материаллық тәмийнат ўақыт өтиўи менен өз жемисин бериўи сөзсиз.

Тилекке қарсы бүгинги күнде ата яки анадан ер жетпеген перзентлери ушын суд қарары менен өндирилген алиментти өндириўде бир қанша машқалалар ушырасып келмекте.

Солардан бири бул – қарыздардың шет елге узақ мүддетке шығып кетиўи ямаса көшип кетиўи себепли алимент пулларын өндириўдеги мәселе болып табылады.

Ҳәммемизге белгили θзбекстан Республикасы дүняның бир қатар мәмлекетлери менен өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққында еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме шәртнамалар қатнасыўшысы есапланады.
Солардан бири бул «Пуқаралық, шаңарақлық ҳәм жынайый ислер бойынша ҳуқықый жәрдем ҳәм ҳуқықый мүнәсебетлер ҳаққында»ғы Кишинйов конвенциясы болып табылады.

Кишинйов конвенциясының 56-статясына тийкар тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылыўы лазым:
-суд қарарын тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыў ҳаққындағы илтимаснама;
-суд қарарының тийисли тәризде тастыйықланған нусхасы;
-суд процесси орны ҳәм күни ҳаққында екинши тәрептиң тийисли рәўиште хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет;
-суд қарарының нызамлы күшке киргенлиги ҳәм суд қарары бойынша орынлаў ҳәрекетлери әмелге асырылған яки асырылмағаны ҳаққындағы мағлыўматнама;

Илтимаснамаға жоқарыда атап өтилген ҳүжжетлердиң жиберилетуғын мәмлекет тилине йоки рус тилине аўдармасы қосымша етиледи.

Ҳүрметли ата-аналар, перзент алдындағы жуўапкершилигимизди ҳеш қашан умытпаўға сондай-ақ, олардың ҳуқықларының бузылыўына жол қоймаўға шақырып қаламан.

 

Е.Утениязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы 

Ҳәмиледар келини ҳәм қудағайын өлтирген шахс 22 жылға қамалды

Инсан алдында не боларын билмейди. Гейде енелердиң өзбасымшалығы, өзгелердиң сөзине қулақ салып, қопал айтқанда өсекке жақынлығы ерли-зайыплы арасындағы татыўлықтың жоғалып, шаңарақлардың бузылыўына, ал айырым ўақытлары төмендегидей аўыр ҳәм аянышлы жағдай менен жуўмақланыўына алып келеди. Кеше ғана уйып отырған аўызбиршиликли шаңарақтың тынышлығы ене-келинниң жәнжели менен бузылды. Келинге түрли сөзлер менен азап берген енениң себебинен оның өмирлик жолдасы жынаятшыға айланды.

 

Гүзийпа (аты өзгертилген) өзи жас келин бир қызы бар, екиншисине ҳәмиледар еди. Барлық келиншеклерде болатуғын «токсикоз» усы Гүзийпада аўырлаў кешти. Ол июнь айының басында төркине барып азырақ ем алды, кейин 10-июнь күни үйине қайтып келди. Бирақ, Гүзийпаның төркинине барып емленгенин жақтырмаған қайыненеси Парша жоқ жерден жыр шығарып, Гүзийпаны күнлеп қоймады. «Таяқ еттен, сөз сүйектен өтеди» дегениндей, енесиниң гәп-сөзлерине шыдамы таўсылған Гүзийпа ашыўланып және төркинлеп кетти. Ертеси күни тал түсте анасы, және қасында еки жеңгеси менен күйеўиниң үйине келди. Парша оларды суўық күтип алды, өз-ара ортада болып өткен әңгимелерди айтып, келисимге келиў қыйынға түсти. Сол арада Гүзийпа ажырасаман, сепимди алып кетемен, қызымды да өзим менен алып кетемен деп сыртқа шыққан бойы сол…

 

Жеткер Паршаның күйеўи, Гүзийпаның қайын атасы. Үйде болып атырған урыс-жәнжелден оның да жақсы хабары бар еди, бирақ олда «көкирекке салып, ақлығымды мен өлгеннен кейин әкетесең» деп ишинен гижинип турды. Төрги бөлмеден өз қызын излеп шыққан Гүзийпа оның көзине «шайтан» болып көринди, сөйтти де асханада турған «газовый ключ» пенен ойда жоқта келининиң басына урып, басын «қақ» айырды. Гүзийпа «ўай-ўай»лаўғада үлгерместен сес семирсиз сол жерде жан тапсырды.

 

Иште отырғанлар коридорда бир нәрсениң қатты дүрсилдисинен сескенип кетти. Гүзийпаның анасы Ақшагүл кеўили бир нәрсени сезгендей сыртқа жуўырып шығып қараса қызының басы «қақ айырылып» қанға боялып жатыр. Бул жағдайды еле түсинип үлгерместен қудасы Жеткер оның басына, және ийинлерине қолындағы «қуралы» менен ҳүжим етти. Ақшагүлде есинен айырылып жерге қулады. Бул шаўқымнан иштегилердиң барлығы коридорға шықты. Жеткер қудағайы менен бирге келген еки абысынын да ура баслады. Бирақ олар жан айбат пенен қашып үлгерди. Сыртқа жуўырып шығып, сол жердеги қоңсы-қобаны жәрдемге шақырды. Буны көрген Паршаның аң-таңы шығып қатып қалды.

 

Жеткердиң қолында «газовый ключ», қасында Гүзийпа менен Ақшагүлдиң өли денеси…

 

Суд. Темир тор артында отырған Жеткер қылған исинен пушайман болсада, еле келининиң қызымды алып кетемен деген сөзлерине ғәзебин жасыра алмайды. Мине усы ашыў ҳәм ғәзеп себепли ол қамақта.

 

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды тәрепинен Жеткердиң жынаятлы иси ашық суд мәжилисинде көрип шығылып, ҳүкм оқылды.

 

Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 97-статьясы 2-бөлими “а”,“г”,“ж” бәнтлеринде ҳәм Жынаят кодексиниӊ 25,97-статьясы 2-бөлими “г” бәнтлеринде көрсетилген жынаятларды ислегенликте айыплы деп табылған Жеткерге 22 (жигирма еки) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланып, ол бул жазаны улыўма тәртиптеги колонияларда өтеўи белгиленди.

 

«Ақты қараға, қараны аққа» айырып, шаңарағына бас болып отыратуғын 1964-жылы туўылған Жеткер өз баласының ҳаялын өлтирген әке, ақлығын жетим қылған, еле бул дүнья жүзин көриў несип етпеген қурсақтағы нәрестени де қоса өлтирген ата, қудасын өмирлик жолдасы және қызынан айырған жаўыз жынаятшы атанды. Жеткердиң 22 жыл өмири қамақта өткени менен, бийгүнә төгилген көз жаслар ушын өзиниң ҳүжданы алдындағы судта не деп жуўап береди екен?! Жуўмақ өзиңизден…

 

Азат Сейтанов,
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы

Skip to content