Мақсет – судларды шын мәнисинде әдиллик қорғанына айландырыў

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2023-жыл даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды.

 

Атап айтқанда, 2023-жыл даўамында 2 мыӊ 568 шахстың қарсысындағы 1мыӊ 957 жынаят иси көрилип, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда шахслар саны 9, ислер 6 процентке азайған. Көрип тамамланған жынаят ислери бойынша 1 мыӊ 651 шахсқа жаза тайынлаў менен айыплаў ҳүкими, 16 шахсқа ақлаў ҳүкими, 199 шахсқа жаза тайынланбастан айыплаў ҳүкими шығарылды. Сондай-ақ 40 шахсқа тайынланған жаза шәртли есапланып, олардың қарсысына сынақ мүддети белгиленди. 600 шахстың иси тәреплер өз-ара жарасқанлығы, жынаятлардың кем әҳмийетлилиги себепли өндиристен қысқартылды. 10 шахстың қарсысына медициналық характердеги мәжбүрлеў шаралары қолланылды. Барлық инстанцияларда 38 шахстың қарсысына ақлаў ҳүкими шығарылды.

 

Айыплаў ҳүкими шығарылған ислерде 471  шахсқа еркинен айырыў, 518 шахсқа еркинликти шеклеў,  504 шахсқа мийнетке дүзетиў жумысы,  29 шахсқа мәжбүрий жәмийетлик ислери, 126 шахсқа жәрийма жазасы тайынланды.

 

Судлар тәрепинен 2023-жыл даўамында коррупцияға байланыслы жәми 394 шахстың қарсысындағы 225 жынаят иси көрилип, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 2,3 процентке азайған. Коррупция менен байланыслы жынаятларды тараўлар бойынша таллап көргенимизде исбилерменлик тараўында 100, шахс яки мәмлекетлик үлеси бар кәрханалар тараўында 19,  ҳәкимликлер тараўында 15, ден-саўлықты сақлаў тараўында 15,  мектепке шекемги тәлим ҳәм банк тараўларында 14, ҳуқық қорғаў уйымлары тараўында 10 ды қурап, басқа тараўларға қарағанда бир қанша көбейгенлиги көринеди. Бул жынаятлардыӊ алдын алыў мақсетинде 175 айрықша уйғарыў шығарылып, тийислилиги бойынша жиберилди.

 

Республикамыз бойынша жүз берген 297 жынаят алдын судланғанлар, 232 жынаят ҳаял-қызлар, 60 жынаят  пенсия жасынан асқанлар, 500 жынаят жаслар, 33 жынаят жас өспиримлер тәрепинен исленген. Өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда ҳаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятлар 1,9 процентке көбейген болса,  жаслар тәрепинен исленген жынаятлар 0,7, жас өспиримлер тәрепинен исленгенлери 14,8 процентке азайған. Ҳаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин алдаўшылық, урлық, өзлестириў яки растарата етиў жолы менен талан-тараж етиў, ал жаслар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў, жас өспиримлер тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин урлық, денеге жеңил дәрежеде жарақатын жеткериў жынаятлары қурайды. Усы дәўир ишинде жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен бурынғы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен берилген 8, жаслар ислери агентлиги тәрепинен берилген 1 кепиллик хаты тийкарында судланыўшыларға еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жаза түрлери қолланылды.

 

Буннан тысқары, жынаят ислери бойынша қалалық ҳәм районлық судлары тәрепинен 2023-жыл даўамында жәми 29 мыӊ 228 шахстың қарсысындағы 26 мыӊ 968 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис көрилип тамамланды, Өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда шахслар саны 115 ке азайған болса, ислер саны 783 ге көбейген. 19 мыӊ 46 шахстың қарсысындағы 17 мыӊ 701 ис бойынша ҳәкимшилик жаза шарасын қолланыў ҳаққында қарар шығарылған болса, 10 мыӊ 182 шахстың қарсысындағы 9 мыӊ 267 ис өндиристен қысқартылды.

 

Жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў мақсетинде кәрхана, мәкеме, шөлкемлерде, оқыў орынлары ҳәм халық арасында улыўма 912 мәрте ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилди. Буннан тысқары, ислерди дәслепки тергеў дәўиринде ҳәм судта көриўде жиберилип атырған қәте-кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм келешекте болдырмаў, суд тәжрийбесин қәлиплестириў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде 160 мәрте улыўмаластырыўлар өткерилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли кәрхана, мекеме ҳәм шөлкемлерге 160 усыныс киргизилди. Мақсет–жынаят ислери бойынша судларда әдил судлаўды әмелге асырыў, судларды шын мәнисинде әдиллик қорғанына айландырыў, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў бойынша ислерди жетилистириўге қаратылған.

 

 

Абылай АДИЛОВ,

Қарақалпақстан Республикасы

жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясыныӊ баслығы