Коррупцияға қарсы гүресиў системасы жәнеде жетилистирилмекте

Коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў саласында алып барылып атырған ислердиң нәтийжелилигин асырыў, әҳмийетли социаллық мәселелерге байланыслы ашық мағлыўматлар кѳлемин жәнеде кеңейтириў, олардан тосықларсыз пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, «Ѳзбекстан-2030» стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2023-жыл 27-ноябрь күни «Коррупцияға қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў ҳәм де мәмлекетлик органлары ҳәм шѳлкемлери искерлиги үстинен жәмәәтшилик қадағалаўы системасы нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-200-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Бул Пәрман Ѳзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы тийкарында ислеп шығылған болып, онда коррупцияға қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў ҳәм де мәмлекетлик органлары ҳәм шѳлкемлери искерлиги үстинен жәмәәтшилик қадағалаўы системасы нәтийжелилигин асырыў бойынша тѳмендегилер белгилеп берилген.

Атап айтқанда, ҳәр шеректе Коррупцияға қарсы гүресиў Агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик деп жүритиледи) мәмлекетлик органлары ҳәм шѳлкемлери кесиминде исленген коррупцияға байланыслы жынаятларды анализ етип, усы түрдеги жынаятлар кѳрсеткиши асқан мәмлекетлик орган ҳәм шѳлкемлерге кешиктирип болмайтуғын ис-иләжлерды белгилеў ушын Агентлик хызметкерлери қатнасыўында көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныс киритип барыўы, ҳәр ярым жылда жынаятлардың алдын алыў ҳәм де оларға имкан берип атырған жағдайларды сапластырыў бойынша кѳрилип атырған илажлар Ѳзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси (кейинги орынларда – Миллий кеңес) жыйналысларында тийисли мәмлекетлик органлар ҳәм шѳлкемлердиң биринши басшылары қатнасыўында критикалық түрде додалап барылыўы бойынша Миллий кеңес, Агентликтиң  ҳәм Бас прокуратураның усыныслары мақулланған.

Сондай-ақ, усы Пәрман менен коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2023-2024 жылларға мѳлшерленген мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланды.

Буннан тысқары, Пәрман менен 2023-жыл 1-декабрден баслап Ашық мағлыўматлар сыпатында жайластырылыўы керек болған социаллық әҳмийетке ийе болған мағлыўматлар дизими толықтырылыўы, бир неше процесслерди интернет тармағы арқалы жанлы эфирге узатыў тәртибин енгизиў бойынша Агентликтиң усынысы мақулланды.

Сондай-ақ, Пәрман менен Агентликке мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлериниң қайта байланыс системасы нәтийжелилиги дәрежесин баҳалаў мақсетинде «Қайта байланыстың сырлы клиенти» илажларын шѳлкемлестириў ҳәм ѳткериў ўазыйпасы жүклетилип, оның тийкарғы механизмлери белгилеп берилди.

Усы Пәрман менен Агентликке және бир ўазыйпа жүклетилген болып, онда ҳалықаралық шѳлкемлер ҳәм сырт ел экспертлерин қатнастырған ҳалда, үш ай мүддетте мәмлекетлик органлары ҳәм шѳлкемлериниң ашықлықты тәмийинлеўге жуўапкерли болған хызметкерлерин ашықлық тараўындағы миллий нызамшылық ҳәм ҳалықаралық стандартлар талаплары бойынша оқытыўға қаратылған онлайн қәнигелигин арттырыў системасын электрон платформа тийкарында жолға қойыў болып есапланады.

 

 

Уткиржон Сабиров,

Қарақалпақстан Республикасы суды

судьясы