«Коррупция – жаслар келешегине қәўип етиўши иллет» атамасында үгит-нәсият илажы болып өткерилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Коррупция – жаслар келешегине қәўип етиўши иллет» атамасында үгит-нәсият илажы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник Б.Төребеков, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары суды судясы С.Даўлетмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жуўаплы хызметкери К.Авезов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң тергеў басқармасы айрықша әҳмийетли ислер бойынша тергеўшиси А.Сариев, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қәнигеси З.Дәўлетназарова ҳәм университеттиң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслары қатнасты.

  

 

Ушырасыўды университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дүйсенбаев басқарып барды. Ушырасыўда  Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы С.Давлетмуратов сөзге шығып, бүгинги күнде дүнья жәмийетшилигин қыйнап атырған глобал машқалалардың бири коррупция екенлигин атап өтти.

 

Бул иллет демократия ҳәм нызам үстинлиги тийкарларына зыян жеткерип, инсанның ҳуқықлары бузылыўына алып келиўи, базар қатнасықларына дакери тәсир етип, адамларадың турмыс сапасын төменлетип, жәмийет қәўипсизлигине қәўип салатуғын уйымласқан жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа иллетлердиң раўажланыўы ушын имкәният жаратып беретуғынлығын айтты. Сондай-ақ, коррупция парахорлық, таўламашылық, алдаўшылық, мүлкти өзлестириў, ҳәкимияттан пайдаланыў, ағайиншилик, қоңсы-қобашылық ҳәм басқа түрлерге ийе болып, бул түрдеги жынаятларға Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексинде белгиленген жаза түрлери бойынша да жасларға кең түрде мағлыўмат берип өтти. Сонлықтанда бул иллетке қарсы гүресиў ең алды менен ҳәр бир инсанның өзине байланыслы екенлигин, коррупциянын алдын алыўда жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиў керек екенлигин айтып, бәршени бул жаман иллетке қарсы гүресиўде бийпарўа болмаўға шақырды.

 

Ҳақыйқатында да ҳәр қандай раўажланыўдың тамырына балта уратуғын иллетлердиң бири коррупция болып есапланады. Елимизде усындай иллетлерге қарсы гүресиў, олардың алдын алыў мәселесине айрықша итибар қаратылып, бул бағдардағы нызамшылық базасы да жетилистирилмекте. Усы тийкарда пуқаралардың жуўапкершилиги де арттырылмақта.