Исбилерменлик субъектлериниң нызамлы мәплери қорғалмақта

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар тийкарында экономика тараўында нызамшылықты беккемлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў, исбилерменлик субъектлериниң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, оларға жеңилликлер жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, суд мәжилислериниң тәрбиялық орны менен әҳмийетин арттырыў мақсетинде, жәмийетшиликти көбирек көшпели суд мәжилислеринде тартқан ҳалда өткериўге айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, 2023 жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен исбилерменлер ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерден келип түскен 11.217 (10.135) даўа арзалар  кѳрилген болып, соның 8.033 и қанаатландырылған, 1.051 арза қанаатландырыўсыз қалдырылған, 2.040 ы болса кѳрилместен қалдырылған ҳәм 93 ис жүргизиўден қысқарған.

Суд буйрығы тәртибинде 27 ис, әпиўайыластырылған тәртипте 737 ис кѳрилген. 6.134 даўа арзалар электрон түрде келип түскен.

Көрилген ислерди ис категориясы бойынша алып қарайтуғын болсақ, пуқаралық ҳуқықый қатнасықлар менен байланыслы 5.702, ҳәкимшилик-ҳуқықый қатнасықларға байланыслы 3.487, кәрханалар ҳәм пуқаралардың банкротлығы менен байланыслы 2.007, корпоратив қатнасықларға байланыслы 21  ислер көрип шығылды.

Есабат дәўиринде көрилген ислер 2022-жыл менен салыстырғанда, банкрот деп табыў менен байланыслы ислер 1.352, контрактация шәртнамасы менен байланыслы ислер 538, кредит шәртнамасы менен байланыслы ислер 411 ҳәм коммунал хызмет көрсетиў шәртнамасы менен байланыслы ислер 292 иске көбейген.

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судларында  киши бизнес субъектлери ҳәм жеке исбилерменлердиң даўагерлигинде жәми 1.798 ис бойынша олардың пайдасына 233 млрд. 304 млн. 510 мың сум, соннан дийқан ҳәм фермер хожалықлар даўагерлигинде 736 көрилген ислер бойынша олардың пайдасына 83 млрд. 848 млн. 730 мың сум өндириў ҳаққында шешиўши қарарлар қабыл етилди.

Сондай-ақ, суд мәжилислериниң тәрбиялық ҳәм профилактикалық әҳмийетин арттырыў мақсетинде судьялар тәрепинен 3.135 ис көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылды.

Ал, шәртнама шәртлерин ҳәм төлеў тәртибин бузған хожалық жүргизиўши субъектлердиң лаўазымлы шахсларына 2023 жыл даўамында 15 ҳәкимшилик, 13 материаллық, 66 интизамий жуўапкершиликке тартыў ҳаққында ҳәм 25 басқа түрдеги, жәми 119 тәсир шаралары қолланылған.

2023-жыл даўамында Мәжбүрий орынлаў бюроларына орынлаў ушын 18.652.299.079 сумлық 5.626 орынлаў ҳүжжетлери орынлаўға жиберилген болып, соннан, 6.557.045.639 сўмлық  2.404 орынлаў ҳүжжетлери әмелде орынланған. Ал, 4.663.100.833 сумлық 1.628 орынлаў ҳүжжетлери басқа себеплерге тийкарланып жуўмақланған.

7.432.152.607 сўмлық 1.594 орынлаў ҳүжжетлери орынланбастан қалдық болып қалған.

Усылар менен бир қатарда Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судларының апелляция инстанциясында 311  ис кѳрилип, ѳткен жылға салыстырғанда 52 иске, яғный 20 процентке кѳбейген.

Судларымыз тәрепинен нызам ҳүжжетлери, Пленум қарарларын жетилистириў бойынша 59 усыныслар берилди.

Исбилерменлик субъектлери ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерди ҳуқықый жақтан қорғаў, олардың ҳуқықый санасын қәлиплестириў мәселелери ҳаққында ғалаба хабар қуралларында 226 мәрте шығыўлар әмелге асырылды.  Халық арасында 125 мәрте аўызеки ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылды ҳәм бундай ислер быйылғы жылы да даўам етеди.

 

 

Бахрам Ктайбеков,

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы баслығы

Skip to content