Коррупцияға  қарсы гүресиў-баслы мақсетимиз

Бүгинги күнде дүнья жәмийетшилигин қыйнап атырған глобал машқалалардың бири коррупция болып табылады. Бундай иллет демократия ҳәм ҳуқық үстинлиги тийкарларына зыян жеткереди, инсанның ҳуқықлары бузылыўына алып келеди, базар жумысына тосқынлық қылады, турмыс сапасын төменлетеди ҳәм де адамлардың қәўипсизлигине қәўип салатуғын бирлескен жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа ҳәдийселердиң раўажланыўы ушын имкәният жаратып береди.

Коррупция парахорлық, таўламашылық, алдаўшылық, мүлкти өзлестириў, ҳәкимияттан пайдаланыў, ағайиншилик, қоңсы-қобашылық ҳәм басқа түрлерге ийе.

Мәмлекетимиз нызамшылығында бул түрдеги жынаятларға Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексинде жаза түрлери белгиленген.

Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында системалы илажлар көрилип келинбекте.

Атап айтқанда, 2017-жыл 03-январьда Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы   Нызамы қабыл етилди.

Нызам менен  халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жетилистириў, жәмийетте коррупцияға қарсы  маўасасыз қатнасықты пайда етиў, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық салаларында коррупцияның алдын алыўға қаратылған ис илажларды әмелге асырыў, коррупцияға байланыслы ҳуқықықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имкан бериўши себеплер ҳәм шарт-шараятларды сапластырыў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын жуўапкершилик сөзсизлиги принципин тәмийинлеў коррупцияға қарсы гүресиў саласында мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелислери сыпатында белгиленди.

Сондай-ақ, 2021-жыл 06-июль күни  Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Коррупцияға қарсы аяўсыз  қатнасықта болыў орталығын жаратыў, мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында коррупциялық тәсирлерди кескин кемейтириў ҳәм бунда жәмәәтшиликтиң қатнасыўын кеңейтириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, мәмлекет басқарыўын коррупциядан жырақ салаға айландырыў мақсетинде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен «Коррупцияға байланыслы жынаятларды ислегенликте айыплы деп табылған шахслардың ашық электрон реестри»н жүритиў белгиленди.

Пәрманның 4-бәндине муўапық,  2022-жыл 1-январьдан баслап, мәмлекет хызметкерлери, мәмлекетлик үлеси 50 пайыздан жоқары болған шөлкемлер, мәмлекет кәрханалары ҳәм мекемелериниң баслықлары ҳәм орынбасарлары, олардың  өмирлик жолдасы ҳәм ер жетпеген балаларының дәраматлары ҳәм мал-мүлкти мәжбүрий декларация етиў системасы енгизиў белгиленди.

Пәрманға тийкар мәмлекет хызметкери тәрепинен декларацияны усыныўдан бас тартқанлық ҳәм қастан надурыс мағлыўматларды киргизгенлик оны мәмлекетлик хызметинен шетлетиўге ҳәм нызамда белгиленген жуўапкершиликке тартыўға тийкар болыўы белгиленди.

Сондай-ақ коррупцияға байланыслы жынаятлар ушын белгиленген жаза шараларын узақ мүддетли азатлықтан айырыў жаза шарасына кескин күшейтириў, дәраматлар ҳәм мал-мүлкти декларациялаў процессинде анықланған нызамсыз байлық арттырғанлық ушын жуўапкершилик орнатыў, коррупцияға байланыслы жынаятларды ислеген шахслардың жынайый жазаны өтеўде жеңиллестириўши нормалар қолланыўына шеклеўлер белгиленди.

Мәмлекетимизде бул бағдарда реформалар еле де даўам етеди, себеби олардың тийкарғы мақсети елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық тәмийинлеў ҳәм демократиялық ҳуқуқый мәмлекетти қурыўдан ибарат.

 

Гаўхар Зарипова,

Қарақалпақстан Республикасы судының

судьясы