ҚАНЛЫКӨЛДЕ АШЫҚ ҲӘМ КƟШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районы суды баслығы М.Бекимбетов тәрепинен райондағы Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратында ашық ҳәм кɵшпели суд мәжилиси өткерилди. Онда 34 шахсқа қарата 33 ҳәкимшилик ис материаллары көрилип, 14 ҳәкимшилик иси бойынша 15 шахсқа қарата ҳәкимшилик қамақ жазасы, 19 ис бойынша 19 шахсқа жәрийма жазасы тайынланып, ескертилди. Сондай-ақ, пробация есабында жаза өтеп атырған 2 шахсқа қарата топланған ис материаллары көрип шығылып, 2 шахс өтеп атырған жазасынан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.

 

Суд мәжилиси жуўмақланғаннан соң, судья тәрепинен нызамшылықтағы өзгерис ҳәм жаңалықлар бойынша қатнасыўшыларға кең түрде түсиниклер берилди. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2023-жыл 11-сентябрьдеги «Өзбекстан-2030» стратегиясы ҳаққында”ғы ПФ-155-санлы Пәрманының мазмуны, сондай-ақ коррупция жынаяты түсиниги, оған қарсы гүресиў ҳәмде адам саўдасы менен байланыслы жынаятлардың ҳуқықый ақыбетлери бойынша мағлыўмат берди.