«ӨЗБЕКСТАН – 2030» СТРАТЕГИЯСЫНЫҢ БАҒДАРЛАРЫ ҲӘМ БАСЛЫ МАҚСЕТЛЕРИ

Соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалардың баслы ўазыйпасы инсан мәплерине қаратылған болып, олардың түп негизинде анық ҳәм режели мақсетлер, терең ойланған ой-пикирлер бар екенлигин көриўимиз мүмкин.

 

Бул бағдарда қабыл етилген әҳмийетли ҳүжжетлерден бири сыпатында, сөзсиз Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2023-жыл 11-сентябрь күни қабыл етилген ««Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳаққында»ғы ПФ-158-санлы Пәрманын айрықша атап өтиў орынлы.

 

Себеби бул ҳүжжетте жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша халқымыздың арзыў-тилеклерин жүзеге шығарыў, саламат, билимли ҳәм руўхый жетик әўладты тәрбиялаў, күшли экономиканы қәлиплестириў, әдиллик, нызам үстемлиги ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған баслы 5 бағдар ҳәм 100 әҳмийетли мақсет белгиленип берилген.

Атап айтқанда, булар:

  1. Ҳәр бир инсанға өз потенциалын иске асырыўы ушын минәсип шәраятларды жаратыў;
  2. Турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданшылығын тәмийинлеў;

III. Суў ресурсларын тежеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў;

  1. Нызам үстемлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекет басқарыўын шөлкемлестириў;
  2. «Қәўипсиз ҳәм парахатшылықты сүйиўши мәмлекет» принципине тийкарланған сиясатты изли даўам еттириў.

Стратегиядағы баслы 5 бағдардың бири есапланған «Нызам үстемлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекет басқарыўын шөлкемлестириў» бағдары өз ишине 16 мақсет (74-89-мақсетлер) шеңберинде 51 әмелий ис-илажларды ҳәм 21 ўазыйпаны қамтыйды.

Бунда мәҳәлле, жергиликли мәмлекетлик органлар, ўәкиллик органлары, мәмлекетлик хызмет, пуқаралық жәмийети институтлары, суд-ҳуқық, инсан ҳуқықлары, адвокатура, коррупция мәселелерине байланыслы 41 мақсетли көрсеткишти ислеп шығыў ҳәм 25 норматив-ҳуқықый ҳүжжет жойбарларын таярлаў нәзерде тутылған.

Бул бағдарда белгилеп берилген реформалар 2 жөнелис бойынша әмелге асырылады, яғный:

1) халық хызметиндеги мәмлекет басқарыўын шөлкемлестириў ҳәм жәмийетшилик басқарыўын жетилистириў бойынша реформалар.

Бул реформалар ҳаққында қысқаша тоқталатуғын болсақ:

– мәҳәллелерде 100 ден артық мәмлекетлик хызметлерди «бир қәдем»де көрсетиўди жолға қойыў;

– ҳәкимлердиң жергиликли кеңеске басшылық етиў әмелиятын толық бийкар етип, кеңес баслығының ҳуқықый статусын, тийкарғы ўазыйпа ҳәм функциялары ҳәмде жуўапкершилик шеңберин анық белгилеў;

– мәмлекетлик хызметлерди «3 қәдем», «пайдаланыўшы ушын бейимлестириў», «бәршеси бир мобил қосымшада» принциплери тийкарында рақамластырыў ҳ.т.б.

2) Нызам үстемлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасындағы реформалар.

Бул реформалар ҳаққында да қысқаша тоқталатуғын болсақ:

– еркинен айырыў жазасын тайынлаў әмелиятын 30 пайыздан
20 пайызға түсириў;

– судқа шекемги басқышта даўларды шешиў нәтийжелилигин
50 пайызға асырыў;

– Жәҳән әдил судлаў жойбарының Ҳуқық үстемлиги индекси бойынша 0,64 баллды топлаўға ерисиў;

– Басқарыў сыпаты индикаторларының Ҳуқық үстемлиги жөнелиси бойынша 61,5 баллды топлаўға ерисиў;

– Бирден-бир электрон реестр жаратыў арқалы жынаят иси қозғатылғанынан баслап ис бойынша ҳүким шығарылғанға шекем болған басқышты индивидуал рақам ҳәм QR коды арқалы гүзетип барыў имканиятын енгизиў;

– суд ҳәм басқа органлар ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислер категориясының кеминде 30 пайызын жеке сектор жәрдеминде орынланыўын жолға қойыў;

– адвокатлар санын кеминде 2000 ға көбейтиў;

– «Transparency International» халық аралық шөлкеми тәрепинен жәрияланатуғын Коррупцияны қабыл қылыў индексинде кеминде
50 орынға көтерилиўге ерисиў;

– 100 пайыз норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң «коррупциядан жырақ нызамшылық» принципи тийкарында ислеп шығылыўын тәмийинлеў ҳ.т.б.

Жуўмақлап айтқанда, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы тек ғана халқымыздың келешектеги жети жыллық раўажланыўын емес, ал оның узақ жыллық раўажланыў стратегиясын белгилеп бериўши әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады. Онда белгиленген мақсетлердиң орынланыўының өз ўақтында тәмийинлениўи болса мәмлекет ҳәм жәмийеттиң тез пәт пенен раўажланыўына баслы себеп болып хызмет қылады.

 

 

Қуўанышбай ХОЖАМУРАТОВ,

Қоңырат районлар аралық экономикалық судының баслығы