ПРОЦЕССУАЛЛЫҚ НЫЗАМШЫЛЫҚҚА ЖАҢА ИНСТИТУТ ЕНГИЗИЛДИ

2023-жыл 25-декабрь күни «Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуаллық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы ӨРН-887-санлы Нызамы қабыл етилди ҳәм бул нызам усы жылдыӊ 1-январьдан баслап күшке кирди.

 

Усы Нызам менен әмелдеги Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуаллық кодексинде белгиленген, яғный суд ислерин көриўдиң ҳәдден тыс орайластырылыўына шек қойылды, яғный әпиўайы тил менен айтатуғын болсам усы күнге шекем пуқаралық ислери бойынша районлараралық, район судларында ислер биринши инстанцияда, ўәлаят судларында ҳәм оларға теңлестирилген судларда апелляция инстанциясында, ал Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында кассация инстанциясында ҳәм тәкрар кассацияда көрилип келинди.

 

Бул әлбетте пуқараларымыздыӊ ҳәм исбилерменлердиӊ ҳуқықлары ҳәмде нызамлы мәплерин исенимли қорғаўда қолайсызлықлар пайда етти, сонлықтан да олардыӊ мәплерин исенимли қорғаў иләжларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў бойынша  жумыслар алып барылды.

 

Алып барылған жумыслар нәтийжесинде әдил судлаўды әмелге асырыў даўамында шахслардыӊ ҳуқықлары ҳәмда нызамлы мәплерин қорғаў дәрежеси жаӊа басқышқа шықты.

 

Солай етип, суд қарарларын қайта көриў институтыныӊ анализи әмелдеги тәртипти  қайта көрип шығыў  зәрүрлигин көрсетти, ислерди ўәлаят судларында ҳәм оларға теңлестирилген судларда апелляция инстанциясынан басқа кассация ҳәм ревизия тәртибинде көриў басқышлары енгизилди.

 

 Кассациялық шағымы (протести) биринши инстанция судыныӊ шешиўши қарары нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде берилиўи мүмкин болса, биринши инстанция судының апелляция яки кассация тәртибинде көрилген шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары ҳәмде апелляция ямаса кассация инстанциясы судының уйғарыўы үстинен ревизия тәртибинде шағым (протест) берилиўи мүмкин.

 

Ревизия тәртибиндеги шағым (протест) биринши инстанция судыныӊ шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары нызамлы күшке кирген күннен баслап бир жыл ишинде бериледи.

 

Жаӊадан енгизилген ревизия тәртибинде шағым (протест) бериў институты ҳаққында тоқтап өтетуғын болсам, Қарақалпақстан Республикасы судының, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, судларының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясында, Өзбекстан Республикасы Әскерий судында ревизия   тәртибинде көрилиўи лазым болған шағым (протест) усы судлар атына жолланады, бирақ шешиўши қарарды қабыл еткен судқа бериледи.

 

Шешиўши қарарды қабыл еткен суд шағым (протест) келип түскен күннен баслап бес күнлик мүддет ишинде шағымды (протестти) исти ревизия   тәртибинде көретуғын судқа ис пенен бирге жибериўи шәрт.

 

  Ревизия   тәртибиндеги шағымды (протестти) қайтарыў, ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартыў ямаса қабыл етиў ҳаққындағы мәселе судья тәрепинен жеке тәртипте шағым (протест) судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей шешиледи.

 

  Ревизия   инстанциясы ревизия   тәртибиндеги шағымды (протестти) көрместен қалдырыў, ревизия   тәртибиндеги шағым бойынша ис жүритиўди тамамлаў ўәкиллигине ийе.

 

  Ревизия   тәртибинде шағым берген шахс ревизия   инстанциясы мәсләҳәтханаға киргенге шекем шағымды толықтырыўға, өзгертиўге ямаса оннан ўаз кешиўге ҳақылы.

 

  Ревизия   тәртибинде шағым берилгеннен соң даўагердиң шағым етилген талапларынан ўаз кешиўи, жуўапкердиң даўагер талапларын тән алыўы ҳәм тәреплердиң келисим питимин дүзиўи жазба формада ревизия   инстанциясына тапсырылыўы керек.

 

 Бул шағымлар  ис жүритиўге қабыл етиў ҳаққындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир айдан артық болмаған мүддет ишинде көрип шығылады.

 

Айрықша жағдайларда шағымды (протестти) көрип шығыў мүддети исти көрип атырған судлаў коллегиясы тәрепинен көби менен бир айға узайтырылыўы мүмкин.

 

Ревизия  инстанциясы шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша төмендеги ўәкилликлерге ийе, яғный шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды өзгериссиз қалдырыўға, шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды толық ямаса қысман бийкар етиўге ҳәм жаңа шешиўши қарар, уйғарыў ямаса қарар қабыл етиўге, шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды толық ямаса қысман өзгертиўге, усы Кодекстиң 3722-статьясы биринши бөлиминиң 4-бәнтинде ҳәм 3724-статьясы екинши бөлиминиң 4-бәнтинде нәзерде тутылған тийкарлар бар болған жағдайда шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды бийкар етиўге ҳәм исти жаңадан көриў ушын апелляция ямаса кассация инстанциясы судына жибериўге, шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды толық ямаса қысман бийкар етиўге ҳәм арзаны көрместен қалдырыўға ямаса ис жүритиўди толық ямаса қысман тамамлаўға ҳәм айрым суд ҳүжжетлерин бийкар етиўге ҳәм ис бойынша алдын қабыл етилген суд ҳүжжетлеринен бирин өз күшинде қалдырыў ўәкиллигине ийе.

 

Ревизия  инстанциясы судының уйғарыўында, қарарында баян етилген көрсетпелер исти жаңадан көрип атырған суд ушын мәжбүрий есапланады.

 

Жуўмақлап айтқанда, бул киргизилген өзгерислер  әдил судлаўға ерисиў имканиятларын жәнеде кеӊейтиў, инсан қәдир-қымбаты үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли реформалар болып есапланады.

 

 

Зульфия БАБАДЖАНОВА,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы