ҲӘКИМШИЛИК СУДЛАР ТӘРЕПИНЕН РАЙОН ҲӘМ ҚАЛА ҲӘКИМЛЕРИНИӉ ҮШ ҚАРАРЫ ҲАҚЫЙҚЫЙ ЕМЕС ДЕП ТАБЫЛДЫ

Ҳәр ким өзиниӊ бузылған ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын ҳәкимшилик судларына мүрәжат етиўге ҳақылы.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен мәмлекетимизде жеке мүлктиң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, ҳәр қандай мүлктиң қол қатылмаслығын ҳәм жер қатнасықларын тәртипке салыўға қаратылған социаллық-экономикалық реформаларды жедел әмелге асырыў, халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетке болған исенимин еледе беккемлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында бир қанша кең көлемли ислер ҳәм илажлер әмелге асырылып келинбекте.

 

Атап айтқанда, 2024-жылдыӊ январь айында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлар тәрепинен жәми 64 ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер көрилип, соннан 34 ис бойынша яғный 53,1 пайыз арза бериўшилердиң мүрәжатлери қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқықлары тикленген болса, 26 ис бойынша яғный 40,6 пайыз мүрәжат етиўшилердиң арзалары қанаатлантырылмастан қалдырылған ҳәм 4 ис бойынша яғный   6,2 пайызы өндиристен қысқартылған.

 

Усы дәўир даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен көрип шығылған 64 ислерден 25 яғный 39,1 пайызын мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери, олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ нызамға қайшы шығарылған қарарларын ҳақыйқый емес табыў менен байланыслы ислерди қурап, соннан 13 ис бойынша киритилген талаплар қанаатлантырылған.

 

Соннан, район ҳәм қала ҳәкимлериниӊ қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў менен байланыслы жәми 6 ис көрилип, солардан 3 ис бойынша яғный 50 пайызы физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлери қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқық ҳәм мәплери тикленген болса,  3 ис бойынша яғный 50 пайыз усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған.

 

Яғный, физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ судларға ҳәкимлердиӊ шығарған қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққында кириткен арзаларын қанаатлантырылған жағдайлары:

Хожели районы ҳәкиминиӊ – 2;

Шымбай районы ҳәкиминиӊ – 1 дана қарарына қарата қолланылған.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен район ҳәм қала ҳәкимлери тәрепинен қарарлар қабыл қылыўда нызам талапларына жетерли дәрежеде әмел етпегенликлери ушын усы түрдеги арзаларды көриў барысында анықланған нызам бузылыў жағдайлары жүзесинен район ҳәм қала ҳәкимликлерине жәми 3 айрықша уйғарыўлар шығарылды.

 

Улыўма алғанда, мәмлекетимизде пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтириў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар белгиленген мақсетлердиң әмелге асырылыўы ҳәмде инсан мәплериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

АМИР НУРЛИПЕСОВ,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судыныӊ баслығы