ЖЕҢИЛ ТАБЫСТЫ ГӨЗЛЕГЕН УРЫ

Ҳәзирги ўақытта жәмийетимиз арасында аңсат пул табыў ушын ҳәр түрли қыңыр жолларға кирип жүрген заманласларымыз аз болса да ушырасады.

Усындай заманласларымыздың бири қәўипли рецидивист Парахат (аты өзгертилген) бурын судланғанлығына қарамастан, буннан өзине тийисли жуўмақ шығармай ѳзгениң мүлкин жасырын түрде талан-тараж етиў мақсетинде және бир жынаятлы иске қол урады.

Атап айтатуғын болсақ, ол 2023-жылдың 18-август күни саат 09:00 де, спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында Қоңырат районы Алмазар мәкан пуқаралар жыйыны “Жақсы ѳмир” кѳшесинде жасаўшы танысы пуқара Б. Мның үйиндеги кроватта мәс ҳалда жатырғанлығынан пайдаланып,  оның үйиниң мийманханасына кирип, өзине алдыннан белгили болған, усы хананың жер төлесинде турған, пуқара Б. М.ға тийисли болған жәми 6.000.000 сум, 360.000 Қазақстан теңгеси, 150 АҚШ доллары пулларын урлап ғәрезли нийетин әмелге асырады.

Ол өзиниң бундай қылмыслы ис-ҳәрекетлери арқалы Өзбекстан Республикасы ЖК 169-статьясы 3-бөлиминиӊ “а” бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты ислеген.

Жынаят ислери  бойынша Қоңырат районы судында өткерилген суд мәжилисинде Парахат Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси 169-статьясы 3-бөлиминиӊ «а» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып,  оған усы статья менен 5 (бес) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

«Жынаят жазасыз қалмайды» дегениндей Парахат нызамда көрсетилген тәртипте тийисли жазасын алды. Алдағы ўақытлары кең жәмийетшилигимиз буннан тийисли жуўмақ шығарып, бундай унамсыз иллетлерден өзлерин аўлақ услайды,  деген үмиттемиз.

 

 

Берик АЙМУРАТОВ,

Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды судьясы

КӨШПЕЛИ СУД МӘЖЛИСИНДЕ 27 ШАХСТЫҢ ҚАРСЫСЫНА ТОПЛАНҒАН ҲӘКИМШИЛИК ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚ ИСЛЕРИ КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ

Жынаят ислери бойынша Тақыятас районы суды баслығы Л.Отегенова тәрепинен Тақыятас районы Ишки ислер бɵлиминде кɵшпели суд мәжилиси ɵткерилди.

 

Онда 27 шахсқа қарата 26 ҳәкимшилик ис материалы кɵрип шығылды. Кɵшпели суд мәжилисинде 5 ҳәкимшилик ис материалы бойынша 5 шахсқа  1 жыл 6 ай мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырыў ҳәм жəрийма жазасы, 2 шахсқа қарата ҳәкимшилик қамақ жазасы, 13 шахсқа қарата жәрийма жазасы тайынланып, 6 шахсқа қарата ис материалы қысқартылып, 2 ҳәкимшилик иси тәреплердиң жарасқанлығы мүнәсибети менен өндиристен тоқтатылды.

 

 

 

Буннан соң, суд баслығы жыйналғанларға крипто активларды нызамсыз сатып алыў ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленгенлиги, бул Өзбекстан Республикасының 899-санлы Нызамында айрықша белгиленип, усы нызам менен бир катап кодекслерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенлигин айтып, ҳуқықый түсиник жумысларын алып барды. Буннан тысқары, Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрдеги «Ɵзбекстан-2030» стратегияси ҳаққында”ғы ПФ-155-санлы Пәрманының мазмунын түсиндирип ɵтти.

 

 

Сондай-ақ илаж соңында жыйналғанларға дурыс жуўмақ шығарыў мақсетинде  жол трансп  орт ҳәдийселери менен байланыслы ҳәр қыйлы жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша видео роликлер де қойып берилди.

 

ТЫНЫШЛЫҚ ҲӘМ ТУРАҚЛЫЛЫҚТЫҢ ТИЙКАРЫ

Конституция – мәмлекетлик ҳәкимиятты дүзиў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын шөлкемлестириўде нызамда белгиленген тийкарғы қағыйдаларын көрсетиў менен бирге жәмийетлик турмыстың барлық тараўларындағы қатнасықлардың раўажланыўы, тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, адамлардың санасы ҳәм ой-пикирлериниң руўхый көтериңкилик дәрежесиниң негизи болып есапланады.

 

Конституциямыз халық мәпи ушын хызмет етеди ҳәм ис жүзинде халық бийлигин тәмийинлейди. Бул тийкарғы демократиялық
принцип Конституциямыздың 7-статьясында тастыйықланып «Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги» деп көрсетилген.

 

Ҳақыйқый демократиялық принциплерди өзинде сәўлелендирген Конституция, ол тарийхта сыналған улыўма инсаныйлық қәдириятларды, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, мәмлекеттиң суверенитетин, нызамлардың үстинлигин, демократияны, социаллық әдилликти халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларының үстинлигин өз ишине алады.

 

Конституция бизлердиң уллы мәмлекеттиң перзентлери екенлигимизди, оның тәғдирине жуўапкершилигимизди билдиреди. Ўатанымыздың өтмишине ҳәм келешегине мақтаныш сезимлеримизди оятады ҳәм оның уллы келешегине исеним билдиреди.

 

Елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин ажыралмас бөлеги болған инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин нәтийжели қорғаў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарларының бирине айланды.

 

Конституциямыздың екинши бөлиминде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң улыўма тән алынған халықаралық ҳуқықый нормалары сәўлеленип, олардың мәмлекет тәрепинен қорғалыўы Конституциялық дәрежеде беккемлеп қойылды. Бизиң уллымақсетимиз Конституциямыздың барлық нормаларына сиңдирилген.

Онда белгиленген турмыслық идеялар ҳәм олар себепли жүзеге келген нормалар тийкарында мәмлекетимиз суверенитети, ғәрезсизлиги беккемленип бармақта.

 

Конституцияда беккемленген, жоқары руўхый, мораллық қәдириятлар ҳәм миллий үрп-әдетлердиң турмыста қолланылыўы жәмийетимиздиң жаңаланыўына жәрдемлеседи, мәмлекетимиз пуқараларында жаңа турмыс тәризи ҳәм жаңаша ойлаўды пайда етеди. Тийкарғы нызамымыз пуқараларымыз санасында ғәрезсизлик, еркинлик қәдир-қымбат, жуўапкершилик, өз мәплерин журт мәплери менен үнлес ҳалда көриў сыяқлы ийгиликли идеяларды қарар таптырыўға хызмет етиўге қаратылған.

 

Конституциямыз келешеги уллы мәмлекеттиң исенимли ҳуқықый кепили есапланады. Ол турмысымызды жақсылаў, оны нызамлы тийкарда қурыў, ҳуқықларымызды тәмийинлеў, жәмийетте нызам ҳәм әдиллик үстинлигин орнатыў инсанды жоқары қәдирият деп ҳүрметлеп, оның барлық мәплерин қорғаў ушын хызмет етеди.

 

Халықты келешекке бағдарлаўшы, бириктириўши, аўызбиршилигин, дослығын беккемлеўши, мийнетке руўхландырыўшы ҳәм жәмлестириўши  Конституцияны ҳүрметлеўимиз, күнделикли турмыста тиккелей басшылыққа алыўымыз, ондағы белгиленген ҳуқық ҳәм миннетлерди булжытпай әмелге асырыўымыз тийис.

 

                                                               

Қайрат КЫПШАКБАЕВ,

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы

«ҲЕШ БИР ШАХС ҲҮЖЖЕТСИЗ ҚАЛМАЙДЫ» ҲУҚЫҚЫЙ АКЦИЯСЫ ШЕҢБЕРИНДЕ КӨШПЕЛИ СУД ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

 

Әдиллик министрлиги басламасы менен «Ҳеш бир шахс ҳүжжетсиз қалмайды» ҳуқықый акциясы шеңберинде ҳүжжетлерин алыўда машқалаларға ушырап киятырған пуқараларға ҳүжжетлери толық рәсмийлестирилип берилиўинде әмелий жәрдем көрсетилди.

  

Усы жылдың 20-январь сәнесинен 20-март күнине шекем даўам ететуғын ҳуқықый акция шеңберинде туўылғанлығы дизимге алынбағанлығы ақыбетинде шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерге ийе болмаған шахсларға ҳәм жақын туўысқанларының өлими дизимге алынбаған шахслар, туўылғанлығы ҳәм жақын туўысқанының өлими ҳаққындағы медициналық мағлыўматнамаға ийе болмағанлығы себепли юридикалық фактты белгилеў бойынша судқа мүрәжат етиўи керек болған шахсларға ҳуқықый жәрдем көрсетип келинбекте.

 

Усы тийкарда ҳуқықый акция шеңберинде пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық суды тәрепинен көшпели суд шөлкемлестирилди. Онда Шымбай районында 25 пуқараның жақын туўысқанларының өлим фактын тастыйықлаў бойынша әдиллик уйымлары тәрепинен судқа киритилген мүрәжатлары өз орнында унамлы шешимин тапты.

 

ЖУМЫСҚА ТИКЛЕЎ, МӘЖБҮРИЙ ПРОГУЛ ЎАҚТЫ УШЫН ЗЫЯН ӨНДИРИЎ ҲӘМ ХЫЗМЕТКЕРДИ ЖУМЫСТАН БОСАТЫЎДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ АҚЫБЕТЛЕРИ

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 42-статьясында ҳәр ким ылайықлы мийнет етиў, кәсип ҳәм жумыс түрин еркин таңлаў, қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын қолайлы мийнет жағдайларында ислеў, мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўлерсиз ҳәм де мийнетке ҳақы төлеўдиң белгиленген ең кем муғдарынан кем болмаған әдил ҳақ алыў, сондай-ақ жумыссызлықтан нызамда белгиленген тәртипте қорғаныў ҳуқықына ийе екенлиги, ҳәмиледар ямаса баласы барлығы себепли ҳаялларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың ис ҳақысын кемейтиў қадаған етилетуғынлығы белгиленген.

 

Өзбекстан Республикасының Мийнет кодекси хызметкерлер, жумыс бериўшилер ҳәм мәмлекет мәплериниң теңлигин тәмийинлеў ҳәмде оларды муўапықластырыў тийкарында жеке тәртиптеги мийнетке байланыслы қатнасықларды ҳәм олар менен тиккелей байланыслы болған жәмийетлик қатнасықларды тәртипке салады. Усы кодекстиң 161-статьясы екинши бөлиминиң 5-бәндине тийкарланып үзирсиз себеплерге көре жумысқа шықпағанлығы ушын мийнет шәртнамасы бийкар қылынған хызметкерди жумысқа тиклеў ҳәм мәжбүрий прогул ушын ис ҳақы өндириў ҳаққындағы даўды шешиў процесинде хызметкер ҳақыйқаттан да үзирсиз себеплерге көре жумыста болмағанлығы, бирақ жумыс бериўши тәрепинен мийнет шәртнамасын бийкар қылыў тәртиби бузылғанлығы анықланса, даўа талапларын қанаатландырыўда, суд мәжбүрий прогул ушын орташа ис ҳақыны жумысқа шықпаған биринши күнинен баслап емес, ал мийнет шәртнамасын бийкар қылыў ҳаққында буйрық шыққан күннен баслап өндиреди, себеби хызметкер ушын прогул сол күннен баслап мәжбүрийликтен жол қойылған деп есапланады. Мийнет шәртнамасы нызамға қайшы түрде бийкар қылынғанда хызметкер алдынғы жумысына тикленишў шәрт. Мийнет шәртнамасы бийкар қылыныўының яки басқа жумысқа өткериўдиң тийкарлылығын дәлийллеп бериў миннетлемеси Мийнет кодексиниң 174-статьясына көре жумыс бериўшиге жүклетилген. Хызметкерди жумысқа тиклеўде оған жеткерилген зыянды қаплаў миннетлемеси жумыс бериўшиге жүкленеди. Мийнет кодексиниң 174-статьясының бесинши бөлимине көре, хызметкерге жеткерилген материаллық зыянды қаплаў мәжбүрий прогул ўақты ушын ҳақы төлеў, бунда хызметкердиң пулға байланыслы талаплары толық муғдарда қанаатландырылады, сондай-ақ, мийнет шәртнамасы бийкар қылынғанлығы үстинен шағым қылыў менен байланыслы қосымша қәрежетлерди төлеўден ибарат.

 

Руўхый зыянды компенсация қылыў муғдары ис бериўшиниң ҳәрекетлерин баҳалаўды есапқа алған ҳалда суд тәрепинен белгиленеди, бирақ хызметкердиң орташа айлық ис ҳақысынан кем болыўы мүмкин емес. Суд, хызметкерге жеткерилген руўҳый зыянды қаплаў мәселесин шешиўде қайсы жағдайларда ҳәм жумыс бериўшиниң қайсы ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) ақыбетинде оған зыян жеткерилгенлиги, жумыс бериўши айыбының дәрежеси, мийнет шәртнамасын бийкар қылыў яки басқа жумысқа өткериўде нызам ашық-айдын бузылған-бузылмағанлығын анықлаўы, хызметкер қандай руўҳый ҳәм физикалық азаплар шеккенлигин белгилеўи, бул зыянларды ол қанша суммада қаплаўын баҳалаўы ҳәм белгили даўды шешиў ушын зәрүр болған басқа жағдайларды итибарға алыўы лазым. Суд жумыс бериўшиге ҳәр қандай мийнет ҳуқықының бузылыўы ақыбетинде хызметкерге жеткерилген руўҳый зыянды қаплаў миннетлемесин жүклеўи мүмкин. Жумыс бериўши тәрепинен хызметкерге жеткерилген руўҳый зыян муғдары қанаатландырылған материаллық зыян, сол қатары хызметкерге мәжбүрий прогул ўақты ушын берилетуғын ҳақы муғдарына байланыслы ҳалда қапланыўы мүмкин емес. Хызметкердиң илтимасына көре суд оны жумысқа тиклеў орнына, мәжбүрий прогул ўақты ушын ис ҳақы, руўҳый зыян, мийнет шәртнамасын бийкар қылынғанлығы үстинен шағым қылыў менен байланыслы қосымша қәрежетлерден тысқары үш айлық ис ҳақысынан кем болмаған муғдарда қосымша төлем өндирип бериўи мүмкин.

 

Мийнет шәртнамасы бийкар қылынғанда хызметкерге берилетуғын төлемлер бойынша болған даўларды көриўде суд тәрепинен төмендегилер анықланады:

толық алынбаған иш ҳақы ҳәм хызметкер тәрепинен пайдаланылмаған барлық тийкарғы ҳәм қосымша дем алыслар ушын компенсациялар төленгенлиги;

ис ҳақыны, дем алыс төлем, мийнет шәртнамасы бийкар қылынғандағы төлемлерди ҳәм хызметкерге төлениўи лазым болған басқа төлемлерди төлеў мүддети бузылған жағдайда, Мийнет кодексиниң 333-статьясында көрсетилген пайызлар төленгенлиги;

мийнет шәртнамасы Мийнет кодексиниң 173-статьясының екинши бөлиминде көрсетилген тийкарларға көре бийкар қылынғанда, хызметкерге усы статьяның үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде белгиленген муғдарда жумыстан босатыў напақасы төленгенлиги;

хызметкер менен мийнет шәртнамасы айрықша тийкарларға көре бийкар қылынғанда оған материаллық жәрдем бериў ушын қосымша кепилликлер берилгенлиги.

 

Хызметкердиң мийнет шәртнамасы бийкар қылыныўы менен оны нызамда белгиленгенинен жоқары пул төлемлери ҳаққындағы талаплары, егер усы төлемлер берилиўи жәмәәтлик келисими, жәмәәтлик шәртнамаларында, Мийнет кодексиниң 12-статьясында көрсетилген мийнет ҳаққындағы басқа ҳуқықый ҳүжжетлерде ҳәмде хызметкер менен дүзилген мийнет шәртнамасында көрсетилген болса, ол талаплар суд тәрепинен қанаатландырылыўы лазым.

 

Хызметкер менен мийнет шәртнамасы нызамға қайшы түрде бийкар етилген яки белгиленген тәртип бузылыўына жол қойылған болса, бирақ шөлкемниң сапластырылыўы ақыбетинде хызметкерди жумысқа тиклеў имканияты болмаған жағдайда, суд мийнет шәртнамасының бийкар қылыныўын нызамсыз деп таўып, сапластырыў комиссиясы яки шөлкемди сапластырыў ҳаққында қарар қылған уйымға, зәрүр жағдайларда болса ҳуқықты қабыл қылыўшыға мәжбүрий прогул ўақты ушын Мийнет кодексинин 546-статьясында белгиленген муғдарда ис ҳақы толеў миннетлемесин жүклейди.

 

 

 

Зухра АМЕТОВА,

 Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық судының судьясы

 

МƏМЛЕКЕТЛИК МҮЛКТИ МЕНШИКЛЕСТИРИЎ ТАРАЎЫНДАҒЫ ҚАТНАСЫҚЛАР ТƏРТИПКЕ САЛЫНБАҚТА

 

2024-жыл 14-февраль күни Ɵзбекстан Республикасының «Мəмлекетлик мүлкти меншиклестириў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилип, бул нызамның ɵзинде усы нызам рəсмий жəрияланған күннен баслап үш ай ɵткеннен кейин күшке кириўи белгилеп қойылды.

Бул нызамның мақсети мəмлекетлик мүлкти меншиклестириў тараўындағы қатнасықларды тəртипке салыўдан ибарат.

Усы нызамның 10-статьясына муўапық, меншиклестирилетуғын мəмлекетлик мүлк объектлерине мəмлекетлик кɵшпес мүлк объектлери, мəмлекет үлеслери (акциялар, үлеслер), мəмлекетлик унитар карханалар ҳəм мəмлекетлик шɵлкемлер киреди.

Ɵзбекстан Республикасы Мəмлекетлик активлерын басқарыў мəмлекетлик мүлкти меншиклестириў тараўындағы ўəкилликли мəмлекетлик уйым болып есапланып, мəмлекетлик мүлкти меншиклестириў тараўындағы бирден бир мəмлекетлик сиясатты əмелге асырады, дəстүрлерге муўапық мəмлекетлик мүлкти меншиклестириў жумысларын шɵлкемлестиреди, республика мүлкин сатыўшысы сыпатында ис жүритеди, мəмлекетлик мүлкти алды-сатты шəртнамаларын имзалайды.

Мəмлекетлик мүлкти меншиклестириў тɵмендеги усыллардан пайдаланған ҳалда əмелге асырылады:
аукцион;
таңлаў саўдалары;
сɵйлесиў ɵткериўге ғалабалық шақырыў;
бəсекиге тийкарланған сəўбет;
биржа саўдалары;
мəмлекетлик унитар кәрхананы ямаса шɵлкемди хожалық жəмийетиниң устав фондына (устав капиталына) мəмлекетлик үлес сыпатында киргизиў;
мəмлекетлик үлеслерин ҳəм мəмлекетлик кɵшпес мүлк объектлерин хожалық жəмийетиниң устав фондына (устав капиталына) мəмлекетлик үлес сыпатында киргизиў;
мəмлекетлик унитар кәрханасын ямаса мəмлекетлик шɵлкемлерди кейиншелли меншиклестириў шəрти менен ижараға бериў.

 

Жанат АЙМАГАНБЕТОВА,

Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик суды судьясы

ОҚЫЎШЫЛАР УШЫН “АШЫҚ ЕСИКЛЕР КҮНИ” ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы судына райондағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларының саяхаты шөлкемлестирилди. Дәслеп оқыўшыларға суд имараты ҳәм онда судья, суд хызметкерлери ушын жаратылған шараятлар, жумыс процесси таныстырылды.

   

Буннан соң, жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды баслығы Р.Каукышев тәрепинен жасларға суд процессиниң өткерилиў тәртиби, суд мәжлислериниң видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилиўи ҳәм тәреплердиң суд мәжилисине онлайн тәризде қатнасыўы, онда прокурор ҳәм адвокатлардың қатнасы, жынаят субъекти, жаза түрлери ҳәм ҳәр қандай нызамбузыўшылық ҳалатлары жуўапкершиликке себеп болатуғынлығы айтып өтилди.

 

   

 

Иләж соңында, жаслар арасында жүз берип атырған жынаятларды кемейтиў, олардың ҳуқықый мәдениятын асырыў бойынша ҳуқықый түсиник жумыслары да алып барылды.

 

САЛЫҚҚА ТИЙИСЛИ АЙРЫМ ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚЛАР УШЫН ЖУЎАПКЕРШИЛИК ИЛАЖЛАРЫН ОПТИМИЗАЦИЯЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

Мәмлекетимизде исбилерменлер өз хызметин тосықларсыз әмелге асырылыўын тәмийинлеў, бизнести жүритиў ушын қолай шәрт-шәриятларды жаратыўға қаратылған кеӊ көлемли реформалар алып барылмақта.

 

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 18-август күнги исбилерменлер менен өткерилген ашық сәўбет шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийенлеў, сондай-ақ салық нызамшылығын бузғанлық ушын жуўапкершиликти либералластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 26-февраль күни «Салыққа тийисли айырым ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик илажларын оптимизациялаў ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

 

Усы пәрманға муўапық Салық комитети, Саўда-санаат палатасы, Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилдиң фискал белгилерин сәўлелендириў ямаса автоматластырылған есапқа алыў, өлшеў қураллары менен тәмийинлеў яки салық органларын мәлимлеме системасы менен интеграция етиўди тәмийинлеў бойынша нызамда белгиленген талапларды яки тәртипти бузғанлық, сондай-ақ товарларды (өнимлерди) ислеп шығарыўшылыр импорт етиўшилер ҳәм сатыўшылар тәрепинен идентификациялаў қураллары арқалы мәжбүрий санлы маркировкалаў қайдаларын бузғанлық (кейинги орынларда – фискал тәртиб қағыйдаларға тийисли ҳуқықбузарлықлар) ушын финанслық жәрийма муғдары ҳуқықбузарлық биринши рет исленгенде – реализация әмелге асырылған ақырғы есабат шерегинде алынған сап түсимниң 2 пайызы, ҳуқықбузарлық финанслық жәрийма қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында тәкирар исленгенде – реализация әмелге асырылған ақырғы есабат шерегинде алынған сап түсимниң 20 пайызы муғдарында орнатыў белгиленди.

 

Сондай-ақ, усы пәрман күшке киргенге шекем фискал тәртип-қағыйдаларға тийисли ҳуқықбузарлықлар ушын қолланылған финанслық жәриймалар бойынша бар болған қарыздарлықлардың 98 пайызы есаптан шығарылады ҳәм есаптан шығарылған қарыздарлықты өндириў менен байланыслы суд ҳәм орынлаў ислери тамамланыўы белгиленди.

 

Салық кодексине усы Пәрманнан келип шығып тийисли өзгерислер киргизилгенге шекем фискал тәртип-қағыйдаларға тийисли ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық жәриймалар ҳәм ҳәкимшилик жаза шаралары қолланылмаслығы көрсетилди.

 

Салық комитетине усы пәрман нызамлы күшине киргенге шекем фискал тәртип қағыйдаларға тийисли ҳуқықбузарлықлар ушын өндирилген жәрийма суммаларының 98 пайызы келешектеги төлемлер есабынан белгиленген тәртипте тийисли исбилерменлик субъектлерине қайтарылыўы тәмийинлениў миннетлемеси жүклетилди.

 

Бул Пәрман мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлериниң искерлигиниң жәнеде раўажланыўына, өзлеринде қаржылардың қалдырылыў арқалы өз искерлигин еледе кеңейтип, жаңа нәатийжелерге ерисиўге  көмеклеседи.

 

 

Бекбаўлы ДОСЫМБЕТОВ,

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы                                            

НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

Соңғы жылларда мәмлекетимизде ден-саўлықты сақлаў саласын түпкиликли реформалаў, оны раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў мәмлекет сиясатының алдағы бағдарларынан бирине айланды. Бирлемши медицина-санитариялық жәрдемди, қыстаўлы медициналық жәрдемди ҳәм қәнигелистирилген медициналық хызметлер тармағын өз ишине алыўшы үш басқышлы миллий медицина модели жаратылды, ҳалыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлер нәтийжелилигин, сыпатын ҳәм қолайлығын асырыў тәмийинленбекте.

Соның менен бирге, ақырғы ўақытларда наўқаслар ҳәм олардың жақын туўысқанлары тәрепинен медицина хызметкерлерине қастыянлық етиў жағдайлары көбейип бармақта. Бунда медицина хызметкерлерин наўқаслардың ден-саўлығы жаманласыўында яки өлиминде тийкарсыз айыплаў, сондай-ақ ҳеш бир себепсиз шыпакерлерге ҳәм орта медицина хызметкерлерине қастыянлықетиў жағдайлары жүз бермекте.

Усындай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў, медицина саласы хызметкерлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасының 2023 жыл 27 март сәнесиндеги ӨРН-827-санлы «Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық қылғанлық ушын жуўапкершилик белгилениўи мүнәсебети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киритиў ҳақында»ғы Нызамы  менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси төмендегише,

«Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық етиў» деген мазмундағы 1977-статья менен толықтырылды.

Оған көре, медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық қылыў яки сол мақсетте медицина хызметкерине нызамға қайшы рәўиште ҳәр қандай формада тәсир өткериў, —

пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бес есесинен жети есесине шекем, лаўазамлы шахсларға болса — жети есесинен он есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға яки он бес суткаға шекем мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.

Мен ойлайман нызамшылыққа киргизилип атырған бул өзгерислер жәмийетимизде медицина саласы хызметкерлерине қарата жүз берип атырған жоқарыдағыдай кеўилсиз жағдайлардың ҳәм олардың кәсиплик искерлигине ҳәр қандай түрде араласыўлардың алдын алыўға, медицина хызметкерлериниң ҳуқықларын қорғаўға, шыпакерлик кәсибиниң абырайын асырыўға, пуқараларымызға өз ўақтында ҳәм сапалы медициналық жәрдем көрсетилиўине хызмет етеди.

 

 

Еркин УТЕНИЯЗОВ,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы          

НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

Соңғы жылларда мәмлекетимизде мәжбүрий мийнетти сапластырыў, соның ишинде билимлендириў мәкемелериниң педагог хызметкерлерин өз хызмет ўазыйпалары менен байланыслы болмаған жумысларға қатнастырыў жағдайларына қарсы гүресиў нәтийжелилигин асырыўға қаратылған нызам ҳүжжетлерин  ҳәмде оларды әмелге асырыў механизмлерин жетилиситириўге айырықша итибар қаратылмақта.

Бирақ педагог хызметкерлерди олардың кәсиплик искерлиги менен байланыслы болмаған иләжларға қатнастырыў жағдайлары даўам етпекте.

 

Сол мүнәсебет пенен Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 27-март сәнесиндеги ӨРН-826-санлы «Педагог хызметкерлердиң хызмет ўазыйпаларын атқарыўға тосқынлық қылғанлық ушын жуўапкершилик күшейтирилиўи мүнәсебети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәмде Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киритиў ҳақында»ғы Нызамы менен усы кодекслер:

 

Жынаят кодексиниң 148²-статьясы төмендегише,

 

«Мийнетке қандай-да формада ҳәкимшилик тәризде мәжбүрлеў, буннан нызамда нәзерде тутылған жағдайлар тысқары, билимлендириў мәкемелериниң педагог хызметкерине қарата тап усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин исленген болса, —

 

базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма яки үш жылға шекем айырым ҳуқықтан айырыў ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланыўына себеп болыўы ҳаққында»ғы  үшинши бөлим менен толықтырылды.

 

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине төмендегише өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

 

Яғный, 51-сататья «Тап усындай ҳуқықбузарлық билимлендириў мәкемесиниң педагог хызметкерине қарат исленген болса, –

базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болыўы ҳаққында»ғы екинши бөлим менен толықтырылды.

197⁵-сататья атамасындағы «Билимлендириў мәкемеси» сөзлери «Билимлендириў шөлкеми» сөзлери менен алмастырылды.

 

Усы статьяның биринши бөлими ««Билимлендириў шөлкеми педагог хызметкериниң кәсиплик искерлигине билим алыўшылардың билимин туўры ҳәм қалыс баҳалаўға тәсир көрсетиў менен сәўлеленген тәризде нызамға қайшы рәўиште араласыў яки билимдендириў шөлкеми педагог хызметкериниң хызмет ўазыйпаларын атқарыўына тосқынлық етиў, –

пуқараларға базалық есаплаў муғдарының жети есесинен он есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – он есесинен он бес есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болыўы ҳаққында» өзгертилди.

 

Усы статьяның екинши бөлиминиң санкциясы «пуқараларға базалық есаплаў муғдарының он есесинен он бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – он бес есесинен жигирма есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға яки он бес суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болыўы ҳаққында» өзгертилди.

 

Мен ойлайман нызамшылыққа киргизилип атырған бул өзгерис ҳәм қосымшалар билимлендириў шөлкеминиң педагог хызметкерлерин мәжбүрий мийнетке қатнастырыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын, педагог хызметкерлердиң кәсиплик искерлигине нызамға қайшы рәўиште араласқанлық ушын жуўапкершиликти күшейтиўге, сондай-ақ олардың  ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

 

Еркин УТЕНИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                

Skip to content