«ҲЕШ БИР ШАХС ҲҮЖЖЕТСИЗ ҚАЛМАЙДЫ» ҲУҚЫҚЫЙ АКЦИЯСЫ ШЕҢБЕРИНДЕ КӨШПЕЛИ СУД ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

 

Әдиллик министрлиги басламасы менен «Ҳеш бир шахс ҳүжжетсиз қалмайды» ҳуқықый акциясы шеңберинде ҳүжжетлерин алыўда машқалаларға ушырап киятырған пуқараларға ҳүжжетлери толық рәсмийлестирилип берилиўинде әмелий жәрдем көрсетилди.

  

Усы жылдың 20-январь сәнесинен 20-март күнине шекем даўам ететуғын ҳуқықый акция шеңберинде туўылғанлығы дизимге алынбағанлығы ақыбетинде шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерге ийе болмаған шахсларға ҳәм жақын туўысқанларының өлими дизимге алынбаған шахслар, туўылғанлығы ҳәм жақын туўысқанының өлими ҳаққындағы медициналық мағлыўматнамаға ийе болмағанлығы себепли юридикалық фактты белгилеў бойынша судқа мүрәжат етиўи керек болған шахсларға ҳуқықый жәрдем көрсетип келинбекте.

 

Усы тийкарда ҳуқықый акция шеңберинде пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық суды тәрепинен көшпели суд шөлкемлестирилди. Онда Шымбай районында 25 пуқараның жақын туўысқанларының өлим фактын тастыйықлаў бойынша әдиллик уйымлары тәрепинен судқа киритилген мүрәжатлары өз орнында унамлы шешимин тапты.