ЖУМЫСҚА ТИКЛЕЎ, МӘЖБҮРИЙ ПРОГУЛ ЎАҚТЫ УШЫН ЗЫЯН ӨНДИРИЎ ҲӘМ ХЫЗМЕТКЕРДИ ЖУМЫСТАН БОСАТЫЎДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ АҚЫБЕТЛЕРИ

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 42-статьясында ҳәр ким ылайықлы мийнет етиў, кәсип ҳәм жумыс түрин еркин таңлаў, қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын қолайлы мийнет жағдайларында ислеў, мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўлерсиз ҳәм де мийнетке ҳақы төлеўдиң белгиленген ең кем муғдарынан кем болмаған әдил ҳақ алыў, сондай-ақ жумыссызлықтан нызамда белгиленген тәртипте қорғаныў ҳуқықына ийе екенлиги, ҳәмиледар ямаса баласы барлығы себепли ҳаялларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың ис ҳақысын кемейтиў қадаған етилетуғынлығы белгиленген.

 

Өзбекстан Республикасының Мийнет кодекси хызметкерлер, жумыс бериўшилер ҳәм мәмлекет мәплериниң теңлигин тәмийинлеў ҳәмде оларды муўапықластырыў тийкарында жеке тәртиптеги мийнетке байланыслы қатнасықларды ҳәм олар менен тиккелей байланыслы болған жәмийетлик қатнасықларды тәртипке салады. Усы кодекстиң 161-статьясы екинши бөлиминиң 5-бәндине тийкарланып үзирсиз себеплерге көре жумысқа шықпағанлығы ушын мийнет шәртнамасы бийкар қылынған хызметкерди жумысқа тиклеў ҳәм мәжбүрий прогул ушын ис ҳақы өндириў ҳаққындағы даўды шешиў процесинде хызметкер ҳақыйқаттан да үзирсиз себеплерге көре жумыста болмағанлығы, бирақ жумыс бериўши тәрепинен мийнет шәртнамасын бийкар қылыў тәртиби бузылғанлығы анықланса, даўа талапларын қанаатландырыўда, суд мәжбүрий прогул ушын орташа ис ҳақыны жумысқа шықпаған биринши күнинен баслап емес, ал мийнет шәртнамасын бийкар қылыў ҳаққында буйрық шыққан күннен баслап өндиреди, себеби хызметкер ушын прогул сол күннен баслап мәжбүрийликтен жол қойылған деп есапланады. Мийнет шәртнамасы нызамға қайшы түрде бийкар қылынғанда хызметкер алдынғы жумысына тикленишў шәрт. Мийнет шәртнамасы бийкар қылыныўының яки басқа жумысқа өткериўдиң тийкарлылығын дәлийллеп бериў миннетлемеси Мийнет кодексиниң 174-статьясына көре жумыс бериўшиге жүклетилген. Хызметкерди жумысқа тиклеўде оған жеткерилген зыянды қаплаў миннетлемеси жумыс бериўшиге жүкленеди. Мийнет кодексиниң 174-статьясының бесинши бөлимине көре, хызметкерге жеткерилген материаллық зыянды қаплаў мәжбүрий прогул ўақты ушын ҳақы төлеў, бунда хызметкердиң пулға байланыслы талаплары толық муғдарда қанаатландырылады, сондай-ақ, мийнет шәртнамасы бийкар қылынғанлығы үстинен шағым қылыў менен байланыслы қосымша қәрежетлерди төлеўден ибарат.

 

Руўхый зыянды компенсация қылыў муғдары ис бериўшиниң ҳәрекетлерин баҳалаўды есапқа алған ҳалда суд тәрепинен белгиленеди, бирақ хызметкердиң орташа айлық ис ҳақысынан кем болыўы мүмкин емес. Суд, хызметкерге жеткерилген руўҳый зыянды қаплаў мәселесин шешиўде қайсы жағдайларда ҳәм жумыс бериўшиниң қайсы ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) ақыбетинде оған зыян жеткерилгенлиги, жумыс бериўши айыбының дәрежеси, мийнет шәртнамасын бийкар қылыў яки басқа жумысқа өткериўде нызам ашық-айдын бузылған-бузылмағанлығын анықлаўы, хызметкер қандай руўҳый ҳәм физикалық азаплар шеккенлигин белгилеўи, бул зыянларды ол қанша суммада қаплаўын баҳалаўы ҳәм белгили даўды шешиў ушын зәрүр болған басқа жағдайларды итибарға алыўы лазым. Суд жумыс бериўшиге ҳәр қандай мийнет ҳуқықының бузылыўы ақыбетинде хызметкерге жеткерилген руўҳый зыянды қаплаў миннетлемесин жүклеўи мүмкин. Жумыс бериўши тәрепинен хызметкерге жеткерилген руўҳый зыян муғдары қанаатландырылған материаллық зыян, сол қатары хызметкерге мәжбүрий прогул ўақты ушын берилетуғын ҳақы муғдарына байланыслы ҳалда қапланыўы мүмкин емес. Хызметкердиң илтимасына көре суд оны жумысқа тиклеў орнына, мәжбүрий прогул ўақты ушын ис ҳақы, руўҳый зыян, мийнет шәртнамасын бийкар қылынғанлығы үстинен шағым қылыў менен байланыслы қосымша қәрежетлерден тысқары үш айлық ис ҳақысынан кем болмаған муғдарда қосымша төлем өндирип бериўи мүмкин.

 

Мийнет шәртнамасы бийкар қылынғанда хызметкерге берилетуғын төлемлер бойынша болған даўларды көриўде суд тәрепинен төмендегилер анықланады:

толық алынбаған иш ҳақы ҳәм хызметкер тәрепинен пайдаланылмаған барлық тийкарғы ҳәм қосымша дем алыслар ушын компенсациялар төленгенлиги;

ис ҳақыны, дем алыс төлем, мийнет шәртнамасы бийкар қылынғандағы төлемлерди ҳәм хызметкерге төлениўи лазым болған басқа төлемлерди төлеў мүддети бузылған жағдайда, Мийнет кодексиниң 333-статьясында көрсетилген пайызлар төленгенлиги;

мийнет шәртнамасы Мийнет кодексиниң 173-статьясының екинши бөлиминде көрсетилген тийкарларға көре бийкар қылынғанда, хызметкерге усы статьяның үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде белгиленген муғдарда жумыстан босатыў напақасы төленгенлиги;

хызметкер менен мийнет шәртнамасы айрықша тийкарларға көре бийкар қылынғанда оған материаллық жәрдем бериў ушын қосымша кепилликлер берилгенлиги.

 

Хызметкердиң мийнет шәртнамасы бийкар қылыныўы менен оны нызамда белгиленгенинен жоқары пул төлемлери ҳаққындағы талаплары, егер усы төлемлер берилиўи жәмәәтлик келисими, жәмәәтлик шәртнамаларында, Мийнет кодексиниң 12-статьясында көрсетилген мийнет ҳаққындағы басқа ҳуқықый ҳүжжетлерде ҳәмде хызметкер менен дүзилген мийнет шәртнамасында көрсетилген болса, ол талаплар суд тәрепинен қанаатландырылыўы лазым.

 

Хызметкер менен мийнет шәртнамасы нызамға қайшы түрде бийкар етилген яки белгиленген тәртип бузылыўына жол қойылған болса, бирақ шөлкемниң сапластырылыўы ақыбетинде хызметкерди жумысқа тиклеў имканияты болмаған жағдайда, суд мийнет шәртнамасының бийкар қылыныўын нызамсыз деп таўып, сапластырыў комиссиясы яки шөлкемди сапластырыў ҳаққында қарар қылған уйымға, зәрүр жағдайларда болса ҳуқықты қабыл қылыўшыға мәжбүрий прогул ўақты ушын Мийнет кодексинин 546-статьясында белгиленген муғдарда ис ҳақы толеў миннетлемесин жүклейди.

 

 

 

Зухра АМЕТОВА,

 Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық судының судьясы