ЖЕҢИЛ ТАБЫСТЫ ГӨЗЛЕГЕН УРЫ

Ҳәзирги ўақытта жәмийетимиз арасында аңсат пул табыў ушын ҳәр түрли қыңыр жолларға кирип жүрген заманласларымыз аз болса да ушырасады.

Усындай заманласларымыздың бири қәўипли рецидивист Парахат (аты өзгертилген) бурын судланғанлығына қарамастан, буннан өзине тийисли жуўмақ шығармай ѳзгениң мүлкин жасырын түрде талан-тараж етиў мақсетинде және бир жынаятлы иске қол урады.

Атап айтатуғын болсақ, ол 2023-жылдың 18-август күни саат 09:00 де, спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында Қоңырат районы Алмазар мәкан пуқаралар жыйыны “Жақсы ѳмир” кѳшесинде жасаўшы танысы пуқара Б. Мның үйиндеги кроватта мәс ҳалда жатырғанлығынан пайдаланып,  оның үйиниң мийманханасына кирип, өзине алдыннан белгили болған, усы хананың жер төлесинде турған, пуқара Б. М.ға тийисли болған жәми 6.000.000 сум, 360.000 Қазақстан теңгеси, 150 АҚШ доллары пулларын урлап ғәрезли нийетин әмелге асырады.

Ол өзиниң бундай қылмыслы ис-ҳәрекетлери арқалы Өзбекстан Республикасы ЖК 169-статьясы 3-бөлиминиӊ “а” бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты ислеген.

Жынаят ислери  бойынша Қоңырат районы судында өткерилген суд мәжилисинде Парахат Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси 169-статьясы 3-бөлиминиӊ «а» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып,  оған усы статья менен 5 (бес) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

«Жынаят жазасыз қалмайды» дегениндей Парахат нызамда көрсетилген тәртипте тийисли жазасын алды. Алдағы ўақытлары кең жәмийетшилигимиз буннан тийисли жуўмақ шығарып, бундай унамсыз иллетлерден өзлерин аўлақ услайды,  деген үмиттемиз.

 

 

Берик АЙМУРАТОВ,

Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды судьясы