НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

Соңғы жылларда мәмлекетимизде мәжбүрий мийнетти сапластырыў, соның ишинде билимлендириў мәкемелериниң педагог хызметкерлерин өз хызмет ўазыйпалары менен байланыслы болмаған жумысларға қатнастырыў жағдайларына қарсы гүресиў нәтийжелилигин асырыўға қаратылған нызам ҳүжжетлерин  ҳәмде оларды әмелге асырыў механизмлерин жетилиситириўге айырықша итибар қаратылмақта.

Бирақ педагог хызметкерлерди олардың кәсиплик искерлиги менен байланыслы болмаған иләжларға қатнастырыў жағдайлары даўам етпекте.

 

Сол мүнәсебет пенен Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 27-март сәнесиндеги ӨРН-826-санлы «Педагог хызметкерлердиң хызмет ўазыйпаларын атқарыўға тосқынлық қылғанлық ушын жуўапкершилик күшейтирилиўи мүнәсебети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәмде Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киритиў ҳақында»ғы Нызамы менен усы кодекслер:

 

Жынаят кодексиниң 148²-статьясы төмендегише,

 

«Мийнетке қандай-да формада ҳәкимшилик тәризде мәжбүрлеў, буннан нызамда нәзерде тутылған жағдайлар тысқары, билимлендириў мәкемелериниң педагог хызметкерине қарата тап усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин исленген болса, —

 

базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма яки үш жылға шекем айырым ҳуқықтан айырыў ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланыўына себеп болыўы ҳаққында»ғы  үшинши бөлим менен толықтырылды.

 

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине төмендегише өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

 

Яғный, 51-сататья «Тап усындай ҳуқықбузарлық билимлендириў мәкемесиниң педагог хызметкерине қарат исленген болса, –

базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болыўы ҳаққында»ғы екинши бөлим менен толықтырылды.

197⁵-сататья атамасындағы «Билимлендириў мәкемеси» сөзлери «Билимлендириў шөлкеми» сөзлери менен алмастырылды.

 

Усы статьяның биринши бөлими ««Билимлендириў шөлкеми педагог хызметкериниң кәсиплик искерлигине билим алыўшылардың билимин туўры ҳәм қалыс баҳалаўға тәсир көрсетиў менен сәўлеленген тәризде нызамға қайшы рәўиште араласыў яки билимдендириў шөлкеми педагог хызметкериниң хызмет ўазыйпаларын атқарыўына тосқынлық етиў, –

пуқараларға базалық есаплаў муғдарының жети есесинен он есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – он есесинен он бес есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болыўы ҳаққында» өзгертилди.

 

Усы статьяның екинши бөлиминиң санкциясы «пуқараларға базалық есаплаў муғдарының он есесинен он бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – он бес есесинен жигирма есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға яки он бес суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болыўы ҳаққында» өзгертилди.

 

Мен ойлайман нызамшылыққа киргизилип атырған бул өзгерис ҳәм қосымшалар билимлендириў шөлкеминиң педагог хызметкерлерин мәжбүрий мийнетке қатнастырыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын, педагог хызметкерлердиң кәсиплик искерлигине нызамға қайшы рәўиште араласқанлық ушын жуўапкершиликти күшейтиўге, сондай-ақ олардың  ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

 

Еркин УТЕНИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы