КƟШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ

Хожели районы кǝсип-ɵнер мектеби имаратында жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязовтың басшылығында, Хожели районы прокуроры жǝрдемшиси Г.Машарипованың қатнасында транспорт қуралларын пайдаланыў қәўипсизлигин бузыў менен байланыслы жынаятты ислеген 2 шахсқа қарата топланған жынаят иси кɵшпели суд мǝжилисинде кɵрип шығылып, онда жǝбирлениўшилер айыпланыўшыларға кеширим бергени себепли жынаят иси тǝреплердиң жарасқанлығы мунǝсибети менен ɵндиристен қысқартылды.

Сондай-ақ, майда бийзарылық ислеп пуқаралардың тынышлығын бузған 2 шахстың қарсысына топланған ҳǝкимшилик ис материалы кɵрип шығылып, оларға ҳǝкимшилик қамақ жазасы тайынланды. Буннан тысқары, транспорт қуралын мǝс ҳалда басқарған 1 шахстың қарсысына топланған ҳǝкимшилик ис материалы кɵрип шығылып, оны 1 жыл 6 ай мүддетке барлық автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырып, базалық есаплаў муғдарының 25 есеси яғный 8.500.000 сўм жǝрийма жазасы тайынланды.

Соның менен бирге кɵшпели суд мǝжилиси қатнасыўшыларына жынаятшылық, оның алдын алыў ҳǝм келип шығыў себеплери бағдарында ҳуқықый түсиниклер берип ɵтилди.