Жасы үлкенлеримиз кеңесгөйимиз

Жасы үлкенлеримиз үйимиздиң периштеси, төримиздиң жарасығы. Олар бар екен, шаңарақ жәнеде пайызлы ҳәм аўызбиршиликли. Нураный кекселеримиз өзлериниң ақыл-нәсияты, дурыс мәсләҳәтлери менен бәрқулла бизди туўры жолға бағдарлап отырады. Сонлықтанда, оларды қанша ҳүрмет-иззет етсекте арзыйды.

 

Қарақалпақстан Республикасы судының басламасы менен суд тараўында узақ жыллар жемисли мийнет еткен суд нуранийлери менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыў орны сыпатында Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумы болды. Бул орынды таңлаўда тосыннан емес. Себеби, суд нуранийлери, судьялар ҳәм жаслар, улыўма әўладлар ушырасыўы, тарийхқа нәзер салып, бүгинги бахытлы заманға шүкирлик етиў, жасларды да мине усындай ең ағла адамгершилик ҳәм жуўапкершиликти терең сезиниў, кәсипке садықлық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли.

Онда сөзге шыққан суд нуранийлери өзлериниң қандай шәраят ҳәм дәўирде жумыс ислегенине қарамастан, өз антына, судьялық кәсибине садық болғанлығын турмыслық мысалларда айтып берген болса, ал бүгинги күнде тараўда нәтийжели жумыс алып барып атырған судьялар әмелге асырылып атырған системалы реформалар, олардың нәтийжелери ҳәм суд корпусы судьяларының искерлиги жөнинде кең мағлыўмат берди.  Судьялық кәсиби оғада жуўапкерли ҳәм қыйын екенлиги де айтып өтилди.

Устазлық мәртебе, шәкиртлик машаққат деген. Солай екен, таңлаған кәсибиңнен устазлық дәреже ҳүрметине ерисип, шәкирт болыўдай уллы бахытқа мияссар болыў ушын текғана тынымсыз изленисте, ҳәрекетте болыў керек. Бул жолда оқып, үйрениўден хасла жалықпаў лазым. Келген устаз судьялар жасларға мине усындай өзлериниң ақыл-нәсиятларын ҳам жақсы тилеклерин айтты.

Билдирилген пикирлер, турмыслық мысаллар менен айтылған мағлыўматлар ушырасыў қатнасыўшыларында айрықша тәсир қалдырды. Жасларда усы мазмунда өзлерин толғандырып жүрген сораўларға келген мийманлардан жуўаплар алды. Итибарлысы, бул ушырасыў жаслар ушын күнделикли болып откен иләж емес, ал қызықлы, умытылмастай мәўритлер толы ушырасыў болды.

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының бас консультанты                      Гүлайым Ғаниева

Жас өспиримди дүгип алған шофёрға кеширим берилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиниң студентлериниң катнасыўында өткерилген көшпели ашық суд мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясының 1-бөлими менен айыплы деп табылған А.Ж исимли шахстың қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.

Жынаят ислери бойынша Хожели районы суды баслығы И.Алланиязов басшылығында, судья жәрдемшиси Е.Турдыбаевтың хаткерлигинде, тәреплерден мәмлекет айыплаўшысы-Хожели районы прокурорының аға жәрдемшиси Б.Абыллаева ҳәм гүманланыўшы, жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкилиниң қатнасыўында өткерилген ашық суд мәжилисинде барлық топланған суд материаллары үйренилип, тәреплердиң көрсетпелери тыңланды.

1995-жылда туўылған пуқара Хожели районы аймағындағы 4К42 автомобиль жолының 1-километри аралығында белгиленген тезликке әмел етпей жоқары тезликте ҳәрекетленип киятырып усы асфальт жолды кесип өтип атырған Т.С атлы жас өспиримди дүгип, жол транспорт ҳәдийсесин ислеген. Ақыбетинде өспирим аўыр дәрежедеги дене жарақаты менен емлеўханаға түседи.

Хожели районы ИИБ жанындағы тергеў топары сорастырыўшысының 2021-жыл 24-август күнги қарарына муўапық, А.Ж ның қарсысына жүритилген жынаят иси тареплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен өндиристен қысқартыў мәселесин шешиў ушын судқа жиберилген.

Суд, ис материаллары менен толық танысып, гүманланыўшының өз айыбын мойынлап, исинен шын кеўилден пушайманлығын, жәбирлениўшиниң өз ерки менен ҳеш кимниң сырттаң араласыўысыз жарасыў ҳаққында арза бергенин, материаллық зыян толық қапланғанын, кеширим бергенин билдиргенин ҳәм мәмлекетлик айыплаўшының исти жарасыў мүнәсибети менен өндиристен қысқартыўды билдирген пикирин тыңлап, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 661 –статьясына ҳәм Жынаят процессуал кодексиниң 84-статьясы 4-бөлимине тийкар жынаятлы исти өндиристен қысқартыўды лазым деп тапты.

Питимлер менен байланыслы  пуқаралық ислердиң көрилиӯ тәртиби

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 101-статьясына көре,  питимлер деп – пуқаралар
ҳәм юридикалық шахслардың пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелерин белгилеў, өзгертиў яки бийкарлаўға қаратылған ҳәрекетлерге айтылады.

Питимлер бир тәреплеме, еки тәреплеме яки көп тәреплеме (шәртнамалар) болыўы мүмкин.

Питим дүзиў ушын нызам ҳүжжетлерине яки тәреплердиң келисимине муўапық бир тәрептиң ерки зәрүр ҳәм жетерли болса, бундай питим бир тәреплеме питим есапланады.

Шәртнама дүзиў ушын еки тәреп (еки тәреплеме питим) яки үш ямаса оннанда көп тәреп (көп тәреплеме питим) келисип ерк билдирген болыўы керек.

Демек, еки ямаса бир неше шахстың пуқаралық ҳуқықлары ҳәм миннетлемелерин жүзеге келтириў, өзгертиў ямаса бийкар етиў ҳаққындағы келисим шәртнама деп аталады.

Өз нәўбетинде тәреплер ортасындағы келисимге көре тәреплер кирисип атырған ҳуқықый мүнәсебеттиң ҳәм тәреплер өзлерине алып атырған миннетлемелердиң мазмунына көре шәртнамларда түрлерге бөлинеди.

Пуқаралық ислери бойынша судларында питимлер менен байланыслы ислерден ең көп ушырасатуғын ислер бул қарыз өндириӯ ҳаққындағы ислер болып табылады.

Қарыз шәртнамасы бойынша бир тәреп (қарыз бериўши) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) пул ямаса түрге уқсас белгилери менен белгиленген басқа буйымларды мүлк етип береди, қарыз алыўшы болса қарыз бериўшиге бир жола ямаса бөлип-бөлип, усындай суммадағы пулды ямаса қарызға алынған буйымлардың түри, сыпаты ҳәм муғдарына тең нәрсени (қарыз суммасын) қайтарып бериў мәжбүриятын алады. Қарыз шәртнамасы пул яки мүлклер тапсырылған ўақыттан баслап дүзилген есапланады.

Қарыз шәртнамасының ҳуқықый белгилерине бола бул шәртнама реал есапланады, себеби тәреплер арасында ҳуқық ҳәм мәжбүриятлар шәртнама предмети болған пул ямаса мүлктиң тапсырылыўынан жүзеге келеди ҳәм шәртнама сол ўақыттан дүзилген есапланады.

Қарыз бериўши қарыздың қайтарылыўын талап етиў ҳуқықына ийе болса, қарыз алыўшы алған пулды яки мүлкти қайтарыў мәжбүриятын өз мойнына алады.

Қарыз шәртнамасы мүлкке ийелик ҳуқықы бир шахстан екинши шахсқа өтетуғын шәртнамалардан есапланады. Мәселен, қарыздар қарызға алынған нәрсени өз ықтыяры бойынша басқарады ҳәм қарызға алынған нәрсениң өзин қайтармастан алған пулы яки усы қарызға алынған нәрсениң түри, сыпаты ҳәм муғдарына тең болған басқа мүлкти қайтарыўға мәжбүр болады.

Қарыз шәртнамасы пуқаралар арасында, егер бул қарыздың суммасы ең кем ис ҳақының он есесинен артық болса, әпиўайы жазба формада дүзилиўи шәрт, шәртнамадағы тәреплерден бири юридикалық шахс болғанда суммасынан қарамастан жазба түринде дүзилиўи шәрт. Қарыз шәртнамасының жазба формасына әмел қылмаў Пуқаралық кодексиниң 109-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерге алып келеди.

Егер қарыз алыўшының тил хаты ямаса оған қарыз бериўши тәрепинен белгили сумма ямаса белгили муғдардағы мүлклер тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын басқа ҳүжжет бар болса, қарыз шәртнамасы жазба формада дүзилген есапланады.

Егер қарыз мәжбүрияты қарыз алыўшы тәрепинен берилген вексель, облигация ямаса қарыз суммасын ҳәм қарыз бериўшиниң оны өндирип алыў ҳуқықын белгилейтуғын басқа қымбатлы қағаз бенен тастыйықланған болса, қарыз шәртнамасының жазба формасына әмел қылынған есапланады.

Питимниң әпиўайы жазба формасына әмел етпеў оның ҳақыйқый емеслигине алып келмейди, бирақ даўа шыққан жағдайда тәреплерди питимниң дүзилгенлигин, мазмунын ямаса орынланғанлығын гүўалардың көрсетпелери менен тастыйықлаў ҳуқықынан маҳрум етеди. Тәреплер питимниң дүзилгенлигин, мазмуны ямаса орынланғанлығын жазба яки басқа дәлийллер менен тастыйықлаўға ҳақылы. Нызамда яки тәреплердиң келисиминде туўрыдан-туўры көрсетилген жағдайларда питимниң әпиўайы жазба формасына әмел етпеў оның ҳақыйқый емеслигине алып келеди. Жазба формада дүзилген питимди, егер ис зәрүрлиги әдетлеринен басқаша тәртип келип шықпаса, тәреплер ямаса олардың ўәкиллери имзалаўы керек. Егер нызам ҳүжжетлерине ямаса қатнасыўшылардан бириниң талапларына қайшы болмаса, питим дүзиў ўақтында имзадан факсимеле усылында нусқа көшириў үскенелеринен пайдаланыўға жол қойылады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 736-статьясы            2-бөлимине көре, егер қарыз шәртнамасында қарызды бөлип-бөлип қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлимин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың қалған барлық суммасын тийисли пайызлар менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы.

Егер қарыз шәртнамасында қарыз бойынша пайызларды қарыздың өзин қайтарыў мүддетинен алдын төлеў нәзерде тутылған болса, бул мәжбүрият бузылған жағдайда, қарыз бериўши қарыз алыўшыдан қарыз суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы.

Қарыз алыўшы пул ямаса басқа мүлклерди қарыз бериўшиден әмелде алмағанлығын ямаса шәртнамада көрсетилгенинен кем муғдарда алғанлығын дәлийллеп, қарыз шәртнамасы бойынша даўаласыўға ҳақылы.

Жазба формада дүзилиўи лазым болған қарыз шәртнамасы бойынша гүўалардың көрсетпелери жәрдеминде даўаласыў мүмкин емес. Бирақ, шәртнама алдаў, зорлық ислетиў,  қарыз алыўшының ўәкили қарыз бериўши менен жаман нийетте келисиўи ямаса қыйын жағдайлар тәсиринде дүзилген жағдайлардан тысқары. Егер қарыз алыўшы қарыз шәртнамасы бойынша даўаласыўы даўамында пул ямаса басқа мүлклер ҳақыйқаттан да қарыз бериўшиден алынбағанлығы анықланса, қарыз шәртнамасы дүзилмеген есапланады. Қарыз алыўшы қарыз бериўшиден пул ямаса басқа мүлклерди шәртнамада көрсетилгенинен әмелде кем муғдарда алған жағдайда шәртнама усы муғдардағы пул ямаса буйымларға дүзилген есапланады.

Әмелиятта усы мазмундағы ислерди көргенде айрым ӯақытлары қарыз алыӯшы қарыз бериӯшиге алган қарызын қайтарған, бирақ қарызды қайтарып берген ӯақтында қарыз алғанда жазып берген тил хатын қайтарып алмаған яки қарыз бериӯшиден қарызын қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат жаздырып алмаған жағдайлар көп ушырасады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 257-статьясына         1-бөлимине көре, кредитор,  миннетлемениң орынланыӯын қабыл етип алған ӯақытта, қарыздардың талабы менен оған миннетлемениң толық яки қысман орынланғанлығын қабыл етип алғанлығы ҳаққында тил хат бериӯи шәрт.

Әпиуайы тил менен айтқанда, қарыз алыӯшы алған қарызын қарыз бериӯшиге қайтарған ӯақтында қарыз бериӯшиден берген қарызын толық яки қысман қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат бериӯди талап етиӯге ҳақылы ҳәм қарыз бериӯши бундай тил хат бериӯи шәрт.

Ал, усы статьяның 2-бөлиминде болса, егер қарыздар миннетлемени тастыйықлаӯ жүзесинен кредиторға қарыз ҳүжжети берген болса,   кредитор орынлаӯды қабыл етип атырған ӯақытта усы ҳүжжетти қайтарып бериӯи, қайтарып бериӯдиң имканияты болмағанда болса – буны өзи берип атырған тил хатта көрсетиӯи керек.

Демек, қарыз алыӯшы қарыз бериӯшиге қарыз алғанлығы ҳаққында тил хат жазып берген болса, қарыз бериӯши берген қарызын қайтарып алғанда бул тил хатты қайтарып бериӯи, егер оны қайтарып бериӯ  имканияты болмаса – бул ҳаққында өзи берип атырған тил хатта көрсетиӯи керек.

Мысалы, талапкер Р.К. жуӯапкер К.Ғдан 10.000.000 сум қарыз өндириӯ ҳаққындағы даӯа арза менен судқа мүрәжат еткен. Суд мәжилисинде жуӯапкер К.Ғ.  талапкер Р.К.дан алған қарызын толығы менен қайтарып бергенлигин, оны гуӯа С.К. тастыйықлайтуғынлығын билдирген. Бирақ жуӯапкер К.Ғ.  қарыз бериӯши Р.К.дан өзиниң қарыз алған ӯақтында жазып берген тил хатын кайтарып алмаған ямаса қарыз бериӯши Р.К.дан қарызын қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат алмаған.

Бундай жағдайда жоқарыда атап өткенимиздей қарыз алыӯшыны алған қарызын қайтарып бергенлигин гүўаларының көрсетпелери менен тастыйықлаў ҳуқықынан маҳрум етеди.

Жуӯмақлап айтқанда, судларда питимлер менен байланыслы ислердиң көбейип атырғанлығына пуқараларымыздың нызамларды билмеслиги ямаса түсинбеӯшилиги десек қәтелескен болмаймыз. Сол себепли  пуқаралар ортасында қарыз шәртнамалары  бойынша ҳуқықый үгит-нәсият жумысларын системалы түрде алып барыӯ зәрүр деп есаплайман.

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы                                                                  Зульфия Бабаджанова

 

 

 

 

Жаслар менен ушырасыў

Беруний районындағы Жаслар орайында Беруний районлараралық экономикалық суды хызметкери А.Камалов ҳәм районлық Жаслар аўқамы баслығы Т.Хидирбаев пенен биргеликте ушырасыў өткерилди. Оған райондағы басланғыш шөлкем жетекшилери менен жәмлеспеген жаслар қатнасты.

Илаж барысында Өзбекстан Республикасының “Судлар хаққында”ғы жаңа редакцичдағы Нызамының мазмуны ҳәм әҳмийети сөз етилип, суд тараўында әмелге асырылып атырған реформалар жөнинде кең үрде мағлыўматлар берилди.

Усы тараўға қызығыўшылығы айрықша болған жаслар өзлериниң түрли бағдардағы сораўлары менен белсене қатнасыўы ушырасыўдың жәнеде тәсирли өтиўин тәмийинледи.

Сайлаўды әмелдеги нызамшылық тийкарында шөлкемлестириў

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судьялары тәрепинен Нөкис қаласында жайласқан 49-санлы участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларының қатнасыўында семинар өткерилди.

Онда тийкарынан усы жылдың 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў, сайлаўды әмелдеги нызамшылық тийкарында шөлкемлестириў мәселелери сөз етилди.

     

Атап өтилгениндей, сайлаў комиссияларының нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған, сайлаў қатнасыўшыларының ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузатуғын лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлери яки қарары шығым етиў предмети болып есапланады.

Сондай-ақ, сайлаў менен байланыслы ислердиң тийислилиги бойынша, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине муўапық сайлаў комиссиясының ис-ҳарекетлери (қарары) үстинен берилген  шағымлар районлар аралық ҳәкимшилик судлары тәрепинен, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ҳәрекетлери (қарарлары) үстинен берилген шағымлар болса Орайлық сайлаў комиссиясы ең жоқары инстанция есапланғанлығы ҳәм олар тәрепинен қыбыл қылынған қарарының нызамлылығына баҳа бериўши жоқары сайлаў комиссиясы жоқлығы себепли туўрыдан-туўры Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен көрип шығылады. Сайлаў комиссиялары қарарлары үстинен шағымлар тәртип-қағыйдаға көре жуўапкер жайласқан жердеги ҳәкимшилик судларға бериледи.

Семинарда усы ҳәм басқада сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў менен байланыслы мәселелер кең сөз болды. Қатнасыўшылар судьялардан қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.

 

 

 

Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы

Қанлыкɵл районы Дослық МПЖ аймағындағы 21-санлы мектеп имаратында, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева ҳəм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов тəрепинен тастыйықланған “Жол карта”ның 11 хәм 24-бəнтлериниң орынланыўын тəмийинлеў ҳəм “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни”нде жаслар арасында жынаятшылық ҳəм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, өзгелер мүлкин басқыншылық жолы менен талан-тараж етилиўи менен байланыслы жынаятлардың ақыбетлерин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде ушырасыў болып өтти.

     

Ушырасыўға Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды, районлық ишки ислер бɵлими, аймақ турғынлары ҳәм мектеп оқытыўшы устазлары қатнасты. Ушырасыў барысында, жоқарыда атап ɵтилген мəселелер бойынша тараў қəнигелери кеңнен түсиниклер берип ɵтти ҳəм усы бағдарда ислениўи тийис илажлар, алға қойылған ўазыйпалардың әҳмийети түсиндирилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў – бәршемиздиң миннетимиз

Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў, коррупциялық жағдайлардың раўажланыўына шараят жаратып берип атырған себеплер, олардың алдын алыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, коррупция жағдайларын болдырмаў ҳәм оның алдын алыў мақсетинде бир қатар нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилмекте.

Усы жылдың 6-июль күни Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң «Коррупцияға қарсы келисимсиз мүнәсибетте болыў орталығын жаратыў, мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында коррупциялық себеплерди кескин кемейтириў ҳәм бунда жәмийетшилик қатнасыўын кеңейтириў ис-иләжлары туўрысында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен кең жәмийетшиликтиң пикири ҳәм усынысларын инабатқа алып, мәмлекет басқарыўын коррупциядан тысқары аймаққа айландырыў мақсетинде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен «Коррупцияға байланыслы жынаятларды ислегенликте айыпдар деп табылған шахслардың ашық электрон реестри» жүритилиўи тәмийинлениўи кѳрсетилди.

Бунда бул реестрге киритилген шахсларға мәмлекет хызметине жумысқа кириўи ҳәм мәмлекетлик хошаметлеўлер менен сыйлықланыўы, сайланатуғын ҳәм ѳз алдына тәртипте тайынланатуғын лаўазымларға усынылыўы, мәмлекетлик органлар жанындағы жәмәәтшилик кеңеслери ҳәм мекемелер аралық коллегиал органлардың ағзасы болыўы, олар тәрепинен шѳлкемлестирилген ҳәм (яки) олар қатнасыўшысы есапланған исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыў ҳәм мәмлекет-жеке шериклик туўрысындағы питимде қатнасыўшы (орынлаўшы) сыпатында қатнасыў, сондай-ақ, мәмлекет активлерин меншиклестириў менен байланыслы тендер ҳәм таңлаў саўдаларында қатнасыў, мәмлекет үлеси 50 пайыздан жоқары болған шѳлкемлер ҳәмде мәмлекетлик билим бериў мекемелеринде басшы лаўазымларда искерлигин әмелге асырыў қадаған етилиўи белгиленген.

Агентликке Бас прокуратура, Жоқарғы суд, Әдиллик министрлиги, Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайы ҳәмде Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте бул реестрди ҳәм ол менен байланыслы шеклеўлерди әмелиятқа енгизиўге қаратылған нызам жойбарын ислеп шығып Ѳзбекстан Республикасы Администрациясына киритиў тапсырылған.

Пәрман менен 2022-жылдың 1-январынан баслап мәмлекетлик хызметкерлери, мәмлекет үлеси 50 пайыздан жоқары болған шѳлкемлер, мәмлекетлик кәрханалары ҳәм мекемелери баслықлары ҳәм орынбасарлары, олардың ѳмирлик жолдасы ҳәм жасы жетпеген перзентлериниң дәраматлары ҳәм мал-мүлкин мәжбүрий декларация қылыў системасы енгизилиўи белгиленди.

Сондай-ақ, пәрманда мәмлекетлик хызметкер тәрепинен декларацияны усыныўдан бас тартыў ҳәм қастан надурыс мағлыўматлар киритиў оны мәмлекетлик хызметтен шетлестириўге ҳәм нызамда белгиленген жуўапкершиликке тартыўға тийкар болыўы кѳрсетилген.

Соның менен бирге, 2022-жыл 1-январынан баслап мәмлекетлик хызметкерлерге республика аймағынан тысқарыда есапбетлери ашыў ҳәм ийелик қылыў, нақ пул қаржыларын сақлаў, кѳшпес мүлк ҳәм басқа мал-мүлкке ийе болыў қадаған етилиўи (буннан шет елде ислеп атырған мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм мәмлекет хызметине кириўден алдын алынған мал-мүлк тысқары) белгиленди.

Пәрман менен Агентликке Мәмлекетлик хызмети раўажландырыў агентлиги ҳәм басқа мәпдар мекемелер менен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекетлик хызметине байланыслы нызамшылық ҳүжжетлери пакети, сондай-ақ, декларациялаў системасын енгизиў механизмлери, декларация усыныў лазым болған мәмлекетлик хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары категориясын нәзерде тутыўшы «Мәмлекетлик хызметкерлердиң дәрамадлары ҳәм мал-мүлкин декларация қылыў туўрысында»ғы нызам жойбарын жәмәәтлик додалаўынан ѳткерип Министрлер Кабинетине киритиў тапсырылған.

Буннан тысқары, усы Пәрман менен Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2021-2022-жылларға мѳлшерленген мәмлекетлик дәстүр тастыйықланды.

Бул дәстүрге муўапық Мәмлекетлик хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық кодексин қабыл етиў, коррупцияға байланыслы жынаятларды ислегенликте айыпдар деп табылған шахслардың ашық электрон реестри жүритилиўин жолға қойыў, мәмлекетлик органлары искерлигинде коррупциялық қәўиплерди баҳалаў электрон системасын жаратыў, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң нызамлы искерлигине тосқынлық қылғанлығы ушын жуўапкершилик шараларын белгилеў сыяқлы бир қанша әҳмийетли ис-иләжлар ҳәм олардың әмелге асырылыў мүддетлери белгиленген.

Қысқаша айтқанда коррупция мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўы ушын қәўип-қәтерлердиң бири екенлигин халықтың санасына сиңдирип барыў, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр бир инсанның миннети болып есапланады.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының экономикалық ислери

бойынша судьясы                   Гүлистан Ешназарова

Әкеликти белгилеў тәртибиниӊ өзине тән өзгешиликлери

Өз-ара некеде болмаған ата-анадан туўылған балаға ӨЗбекистан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 61-статьясына тийкар суд тәртибинде әкелик белгилениўи мүмкин. Әкеликти белгилеў ҳаққындағы даўа арза менен ата-ана, баланы өз қарамағында тәрбиялап атырған шахс, қаўендер яки  әменгер тәрепинен берилиўи мүмкин.

Судья бундай арзаны қабыл етиўде баланың туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық, баланың туўылыў ҳаққындағы ПХАЖ уйымының акт жазыўы талап етип алыўы ҳәмде усы ҳүжжетлерде баланың әкеси деп анық бир шахс көрсетилген яки көрсетилмегенлигине итибар бериўи зәрүр.  Егер баланың туўылганлығы ҳаққындағы ПХАЖ уйымы акт жазыўындағы анық бир шахс көрсетилген болса, бундай арза судқа судқа тийисли болмағанлығы себепли Өзбекистан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексиниң 194-статьясына тийкар қабыл етиўден бас тартады ҳәм арза бериўшиге Өзбекистан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 63-статьясы 2-3-бөлимлеринде белгиленген тәртипте әкелик ҳаққында қарсылық билдириўге ҳақылы  екенлиги түсиндирилиўи лазым.

Әкеликти белгилеў ҳаққындағы даўа арзаны қабыл етиўде судья әкеликтиң белгилеўдиң судсыз әмелге асырылыўы имканиятларын анықлаў максетинде талапкер менен сәўбетлесиў өткизиўи, егер бундай имканият болмаса, даўа талабын тастыйыклаўшы дәлиллерди талап қылып алыўы зәрүр.

Усы категориядағы ислерди суд мәжилисинде көриўге таярлаў ўақтында тәреплер менен сәўбетлесиў өткизиў олар орталарындағы ҳақыйкый қатнасықларды үйрениў истиң ҳақыйқый жағдайларын анықлаўға жәрдем береди.

Пуқаралық исин судқа шекем таярлаў ўақтында жуўапкердиң әкеликти тән алганлығы анықланса, суд тәрепинен Өзбекистан РеспубликасыШаңарақ Кодексиниң 61–статьясы талапларын түсиндирип, мүддет тайынлайды ҳәм бул мүддет даўамында тәреплер тәрепинен әкеликти белгилеў ҳаққындағы акт жазыўы тийкарында жазылған баланың туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығы судқа усынылады. Бундай жағдайларда пукаралық иси Өзбекистан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексиниң 124–статьясы 3-бөлимине тийкар  ис жүргизиўден қысқартылады. Пуқаралық процессуал кодексиниң 12–статьясына тийкар әкеликти белгилеў бойынша пуқаралық ислер жабық суд мәжлисинде көриледи.

Усы категориядағы ислерди көриўде суд, ата-ана ҳәм балалар ортасындағы өз-ара  ҳуқық ҳәм миннетлемелери перзент дуньяға келиўименен  пайда болыўын есапқа алган ҳалда, баланың туўылыўына шекем ҳәм бала туўылғанынан кейинги ата-ананың өз-ара қатнасықларын, баланың келип шығыўын анықлаўы зәрүр.

Баланың анасының жуўапкер менен бирге жасағанлығы, улыўмалық рўзғар жүргизгенлиги, өз-араерли-зайыплы қатнасықларда болғанлығы, бала туўылғаннан соң жуўапкердиң баланы тән алғанлығы, балага итибар ҳәмғамхорлық көрсеткени усы шахс баланың әкеси екенлигин тастыйықлаўшы ҳалатлардан болып есапланады. Бала туўылганға шекем тәреплердиң биргежасаўы ҳәм улыўмалық рузғар жүргизгенлиги тоқтатылыўы даўа талабын қанаатландырмастан қалдырыўға тийкар болмайды. Сондай-ақ, ҳәмла пайда болыў дәўиринде тәреплердиң биргеликте жасағанлықлары яки өз-арақатнасықта болғанлықлары суд тәрепинен тексерилиўи ҳәм басқа дәлиллер менен салыстырып, баҳа берилиўи лазым.

Буннан тысқары, басқа дәлиллер менен биргеликте, суд адам ДНКсыжүзесинен суд-биологиялық экспертизасыжуўмағы ҳәмҳәр бир ис бойынша исҳалатларына ҳуқықый баҳа бериўи лазым.

Суд тәрепинен жуўапкердиң баланың әкеси екенлиги ҳаққында яки талапкердиң талабын қанаатландырмастан қалдырыў ҳаққында асығыслық жуўмаққа  келиўдиң алдын алыў мақсетинде суд медициналық экспертизасы яки адам ДНКсы  суд- биологиялық экспертизасы тайынлаў мақсетке муўапық.

Әкеликти белгилеў ҳаққындағы даўа қанаатландырылғанда, суд бийликтиң жуўмақлаўшы бөлиминде баланың әкеси ҳаққындағы мағлыўматлар толық ҳәм анық көрсетилиўи шәрт. Себеби судтың бийлиги ПХАЖ бөлиминде акт жазыўында дизимге алыўга тийкар болады.

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды  судьясы                                              Саодат Каипназарова

Кепиллик шәртнамасы бойынша миннетлемелер

Кепиллик-бул қарыздардың миннетлемесиниң орынланыӯы ушын үшинши шахс-кепил жуўапкер болатуғын ҳуқықый қатнасық болып есапланады.

Кепиллик тийкарғы шәртнама бойынша кепил ҳәм кредитор ортасында дүзилетуғын шәртнамаға тийкар пайда болады.

Кепиллик шәртнамасы бойынша кепил басқа шахс өз миннетлемесин толық яки бир бөлегин орынлаўы ушын оның кредиторы алдында жуўап бериўди өз мойнына алады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 292-статьясына муўапық, кепиллик шәртнамасы келешекте пайда болатуғын миннетлемени тәмийинлеў ушын да дүзилиўи мүмкин.
Кепиллик шәртнамасы жазба түрде дүзилиўи керек. Шәртнаманың жазба түрине әмел қылмаслық кепиллик шәртнамасының ҳақыйқый емеслигине алып келеди.

Кепилдиң жуўапкершилиги қарыздар тәрепинен кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемелерди орынламғанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы нәтийжесинде пайда болады. Әдетте, кепил кредитор алдында солидар жуўапкер болады, нызам яки кепиллик шәртнамасында кепилдиң субсидиар жуўапкер болыўы да нәзерде тутылыўы мүмкин.

Солидар жуўапкершиликте кепил қарыздар менен бирдей дәрежеде миннетлемелер орынланыўын тәмийинлеўи зәрүр. Буннан тысқары, кепил миннетлемесиниң солидарлығы кредитордың өз талапларын ҳәм қарыздарға, ҳәм кепилге қойыўын, ҳәм биргеликте, ҳәм өз алдына, ҳәм толық, ҳәм қарыздың бир бөлегине талап қойыўға ҳақлы екенлигин аңлатады.

Субсидиар жуўапкершиликте кепил кредитор алдында қарыздардың жуўапкершилигине қосымша көлемде жуўап береди. Бундай жағдайда, талап дәслеп қарыздарға қойылады. Егер қарыздардың кепиллик пенен тәмийинленген өз миннетлемесин орынлаў имканы болмаса, жуўапкершилик кепилге өтеди ҳәм кредитор оннан қарыздардың миннетлемелери орынланыўын талап етиўге ҳақлы болады.
Кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, кепил кредитор алдында қарыздар менен теңдей көлемде жуўап береди, соның ишинде пайызлар төлейди, қарызды өндирип алыў менен байланыслы суд қәрежетлерин ҳәм қарыздар миннетлемесин орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы себепли кредитор көрген басқа зиянларды төлейди (Пуқаралық кодексиниң 293-статьясы).

Пуқаралық кодекси бир неше шахслардың кредитор алдында кепил сыпатында қатнасыў имканиятына жол қояды. Егер кепиллер бир неше шахслар болса ҳәмде кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, олар кредитор алдында солидар жуўап береди.

Кепил кредитордың талабына қарсы қарыздар билдириўи мүмкин болған барлық қарсылықларын қойыўға ҳақлы. Ҳәттеки қарыздар өзиниң қарсылығынан ўаз кешкен яки миннетлемесин тән алған жағдайда да кепил усы қарсылықларға болған ҳуқықын жойтпайды.

Миннетлемени орынлаған кепилге усы миннетлеме бойынша ҳуқықлары ҳәмде гиреўге алыўшы сыпатында қанша көлемде қанаатландырылған болса, сонша көлемде өтеди. Кепил кредиторға төленген суммаға пайызлар төлеўди қарыздардан талап етиўге ҳақлы.

Усы орында бир мысал, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан басқармасы даўагер «Қоңырат сода заводы» ЖШЖниң мәпин қорғап жуўапкер «А» ЖШЖнен 2 146 439 315 сумды регресс тәртибинде өндириўди, өндириўди кредит есабына алынған мүлклерге ҳәм басқа мүлклерге қаратыўды сораған.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, АТБ “Микрокредитбанк” пенен «А» ЖШЖ ортасында 2018 жыл 14 март күни дүзилген 153-санлы кредит шәртнамасына тийкар ажыратылған кредиттиң қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде “Қоңырат сода заводы» ЖШЖ кепил болған ҳәм тәреплер ортасында 2018 жыл 18 октябрь күни 2-санлы кепиллик шәртнамасы дүзилген. Кепиллик шәртнамасына тийкар “Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қарыздар кредит шәртнамасында белгиленген миннетлемесин орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда банк алдында 3 483 000 000 сум муғдарында қарыздар менен солидар тәртипте жуўап бериў миннетлемесин алған.

Қарыздар кредит шәртнамасы бойынша миннетлемелерин орынламаған. Сонлықтан Нөкис районлар аралық економикалық судының 2019 жыл 26 июнь күнги ҳал қылыў қарары менен “А” ЖШЖ, “С” ЖШЖ ҳәм «Қоңырат сода заводы» ЖШЖнен АК “Микрокредитбанк” пайдасына солидар тәртипте 2 641 900 000 сум кредит қарызы, 147 946 400 сум пайызы ҳәм 16 218 сум почта қәрежети өндирилген.
Судтың ҳүжжети орынлаў ушын Мәжбүрий орынлаў бюросының Қоңырат районы бөлимине жиберилип, мәмлекет орынлаўшысы тәрепинен «Қоңырат сода заводы» ЖШЖниң банк есап бетлеринен 2 146 436 315 сум пул қаржысы АК “Микрокредитбанк” есабына өндирилген. Бул жағдайлар истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланғанлығы себепли биринши инстанция суды даўаның 2 641 900 000 сумды регресс тәртибинде өндириўди сораған талабын қанаатландырыў, ал өндириўди кредит есабына алынған мал-мүлкке ҳәм басқа мүлклерге қаратыўды сораған талабын қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында шешим қабыллаған.

Қарақалпақстан Республикасы
судының економикалық ислери бойынша
судлаў қурамы судьясы    Гаўҳар Зарипова

 

Ҳаял-қызлар менен ушырасыў

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суды баслығы Н.Абдакимов ҳәм судьялар М.Адилова, Ш.Абдыжемиловалар пайтахтымыздағы «Теле орай», «Боз аўыл» ҳәм «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйынларында болып, ол жердеги ҳаял-қызлар менен ушырасты.

    

Илаж барысында 15 ҳаял-қыздың шаңарақ машқалалары менен байланыслы мүрәжат ҳәм мәселелери тыңланды. Оларға ҳуқықый мәсләҳәт берилди.

  

Сондай-ақ, жаслар арасында ерте некениң алдын алыў, ажырасыўларды азайтыў арқалы мәҳаллелерде беккем ҳәм аўызбиршиликли шаңарақларды еледе қоллап-қуўатлаў, жас шаңарақларға жасы үлкенлер өз мәсләҳәтлери менен өрнек болыўы кереклиги түсиндирилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Skip to content