Шәртнама дүзиў ҳәм оны дүзиўде келип шығатуғын келиспеўшиликлерди шешиў тәртиби 

Пуқаралық мүнәсебетлери қатнасыўшыларының пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелериниң пайда болыўының тийкарларының бири- бул шәртнама есапланады.

Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда-Пуқаралық кодекси деп жүритиледи)ниң 364-статьясына муўапық, егер тәреплер ортасында шәртнаманың барлық әҳмийетли шәртлери жүзесинен талап етилетуғын формада келисимге ерисилген болса, шәртнама дүзилген деп есапланады.

Шәртнаманың нәрсеси ҳаққындағы шәртлер, нызамда яки басқа ҳуқықый ҳүжжетлерде бундай түрдеги шәртнамалар ушын әҳмийетли яки зәрүр деп есапланған шәртлер, сондай-ақ тәреплердиң бириниң арзасына көре келисип алыныўы зәрүр болған ҳәмме шәртлер әҳмийетли шәртлер болып есапланады.

«Хожалық жүргизиўши субъектлер жумысының шәртнамалы-ҳуқықый базасы туўрысында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 11-статьясына көре хожалық шәртнамасы питимлер ушын  нәзерде тутылған жазба формада дүзиледи.

Нотариал тастыйықланыўы яки мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи шәрт болған шәртнама нотариал тастыйықланған яки дизимнен өткерилген пайыттан баслап дүзилген есапланады.

Пуқаралық кодексиниң 112-статьясының екинши ҳәм үшинши бөлимлерине муўапық, егер тәреплерден бири нотариал тастыйықлаў талап етилетуғын питимди толық яки оның бир бөлегин орынлаған болса, екинши тәреп болса-питимди нотариал тастыйықлатыўдан бас тартса, суд питимди орынлаған тәрептиң талабы бойынша оны ҳақыйқый деп есаплаўға ҳақылы. Бундай жағдайда питимди кейиншелик нотариал рәсмийлестириў талап етилмейди.

Егер мәмлекетлик дизимнен өткериў талап етилетуғын питим керекли формада дүзилген болып, бирақ тәреплердиң бири оны дизимнен өткериўден бас тартса, суд басқа тәрептиң талабы менен питимди дизимнен өткериў ҳаққында қарар шығарыўға ҳақылы. Бундай жағдайда питим суд қарарына муўапық дизимнен өткериледи.

Жазба түрдеги шәртнама тәреплер қол қойған бир ҳүжжетти дүзиў жолы менен, сондай-ақ почта, телеграф, телетайп, телефон, электрон байланыс яки ҳүжжет шәртнамадағы тәреплерден шыққанлығын исенимли түрде анықлаў мүмкиншилигин беретуғын басқа байланыс жәрдеминде ҳүжжетлер алмасыў жолы менен де дүзилиўи мүмкин.

Егар тәреплердиң шәртнамалы ҳуқықый қатнасықларға кирискенлиги жазба яки басқа дәлиллер менен тастыйықланса, шәртнаманың болмағанлығы даўагердиң жеткерип берилген товарлар, орынланған ислер, көрсетилген хызметлердиң баҳасын өндириў ҳаққындағы талапларды қанаатландырыўсыз қалдырыў ушын тийкар болмайды. Егер нызамда яки тәреплердиң келисиминде питимниң әпиўайы жазба формасына әмел қылмаслық оның ҳақыйқый емеслигине алып келиўи туўрыдан-туўры көрсетилген болса,  бул қағыйда қолланылмайды.

Пуқаралық кодексиниң 357-статьясына муўапық шәртнама дүзилген пайыттан баслап күшке киреди ҳәм тәреплер ушын мәжбүрий болып қалады.

Шәртнаманың әмел етиў мүддетиниң тамамланыўы тәреплерди оны бузғанлық ушын жуўапкершиликтен азат етпейди.

Нызамшылық ҳүжжетлеринде шәртнама  дүзиў мәжбүрий болған жағдайлар да орнатылған. Атап айтқанда, ғалабалық шәртнама (Пуқаралық кодексиниң 358-статьясы), дәслепки шәртнамада нәзерде тутылған тийкарғы шәртнама (Пуқаралық кодексиниң 361-статьясы), ким-асты саўдасында жеңимпаз болып шыққан шахс пенен дүзилген шәртнама (Пуқаралық кодексиниң 379-статьясы), мәмлекет мүтәжлиги ушын  товарлар жеткерип бериў шәртнамасы (Пуқаралық кодексиниң 457-459-статьялары) ҳ.т.б.

Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексиниң 26-статьясының 1 ҳәм 2-бәнтлерине  муўапық дүзилиўи нызамда нәзерде тутылған шәртнама жүзесинен келип шыққан келиспеўшиликлер  яки шәртнама жүзесинен келип шыққан болып, шешиў ушын экономикалық судқа тапсырыў ҳаққында тәреплер өз-ара келискен келиспеўшиликлер шешиў ушын судқа тапсырылыўы мүмкин.

Тәреплер ортасында даўаны шешиў ушын судқа тапсырыў ҳаққындағы келисим шәрти ҳәр түрли формаларда, мәселен, хат, телеграмма, факсимил ҳәм электрон байланыс қуралы арқалы хабар алмасыў жолы менен әмелге асырылыўы мүмкин.

Шәртнама бойынша келиспеўшиликлерди шешиў ушын судқа тапсырыў шәрти дүзилип атырған шәртнамада нәзерде тутылыўы ҳәм оның проектине тәреплерден бири тәрепинен киргизилиўи мүмкин, егер басқа тәреп келиспеўшиликлер баяннамасында проекттиң усы шәрти бойынша бирде-бир қарсылық билдирмеген болса.

Қалған жағдайларда бундай ҳуқық нызамда туўрыдан-туўры көрсетилген жағдайда ғана  пайда болады. Шәртнама дүзиў бир тәреп ушын мәжбүрий болған ҳәм тәреплер ортасында шәртнаманы дүзиўде келиспеўшиликлер пайда болған жағдайларда Пуқаралық кодексиниң 377-статьясында көрсетилген қағыйдалар мәжбүрий тәртипте қолланылады.

Шәртнама дүзиўи мәжбүрий болған тәреп оны дүзиўден бас тартқан жағдайда, басқа тәреп шәртнама дүзиўге мәжбүрлеў ҳаққындағы талап пенен судқа мүрәжат етиўге ҳақылы. Бунда даўаның талабы тек ғана усы шәртнамаға емес, бәлки оның айырым шәртлерине де тийисли болыўы мүмкин. Даўагер даўа арзасына дүзиўге мәжбүр етилген шәртнама проектин қосымша қылыўы шәрт.

Пуқаралық кодексиниң 377-статьясының екинши бөлиминде келиспеўшиликлер баяннамасын судта көрип шығыў ушын тапсырыўдың отыз күнлик мүддети орнатылған.

Шәртнаманың айырым шәртлери бойынша шәртнама алдынан болған даўды көрип шығыўда судлар шәртнаманың барлық шәртлери нызам ҳүжжетлерине муўапықлығын тексереди. Шәртнаманың шәртлери нызамшылыққа муўапық емеслиги анықланған жағдайда, суд тәреплерге шешиўши қарар шығарылғанға шекем муўапық емес шәртин сапластырыўды усыныс етеди ҳәм оның ушын мүддет береди.

Пуқаралық кодексиниң 235-статьясының төртинши бөлимине муўапық миннетлеме  онда тәреплер сыпатында қатнаспаған шахслар (үшинши шахслар) ушын  минннетлемелер пайда етпейди. Егер шәртнаманың шәртлери үшинши шахслардың ҳуқық ҳәм миннетлемелерине тәсир етпесе, шәртнаманы дүзиў, өзгертиў ҳәм бийкар етиў ҳаққындағы талап пенен тек ғана онда қатнасыўшы шахслар судқа мүрәжат етиўге ҳақлы есапланады.

Мәмлекетлик органлар ҳәм басқа органлар  да нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте даўа усыныўы мүмкин.

 

Гаўҳар Зарипова

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы