АЙРЫҚША КАТЕГОРИЯДАҒЫ ИСЛЕРДИ СУДТА КӨРИЎДИⱧ ӨЗИНЕ ТӘН ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ

Айрықша тәртипте ис жүргизиў. Белгили болғанындай, алдыңғы процессуаллық нызамшылыққа салыстырғанда ҳәрекеттеги нызамшылық пуқаралық ислерин жүргизиўдиң 5 түрин ажыратады. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуаллық кодексиниң 1-статьясы, 2-бөлиминде буйрық тәртибиндеги ислерди, даўа тәртибиндеги ислерди, айрықша тәртипте жүргизилетуғын ислерди, төрешилик судларының бийликлери менен байланыслы ислерди ҳәм шет ел судларының ҳәмде шет ел төрешилик судларының (арбитражларының) бийликлерин тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыў менен байланыслы ислерди көрип шығыў ҳәм шешиў тәртибин белгилейди.

Солардың ишинде айрықша тәртипте ис жүргизиў суд әмелиятында жийи ушырасатуғыны ҳәммемизге мәлим. Сизлердиң дыққатыңызға усынылып мине усы айрықша ис жүргизиў ҳаққында кеңирек тоқталып өтпекшимен.

Суд тәрепинен айрықша ис жүргизиў тәртибинде көрип шығылатуғын ислерге төмендегилер киреди.

1) юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў ҳаққындағы;

2) баланы перзентликке алыў ҳаққындағы;

3) пуқараны дерексиз жойтылған деп табыў ҳәм пуқараны өлген деп жәриялаў ҳақкындағы;

4) пуқараны ҳәрекетке уқыбы шекленген ямаса ҳәрекетке уқыпсыз деп табыў ҳаққындағы;

5) шахсты ықтыярына қарсы рәўиште психиатриялық стационарына жатқызыў ҳаққындағы ямаса оның усы мәкемеде жатыў мүддетин узайтыў ҳаққындағы;

6) шахсты туберкулёз кеселлигине қарсы гүресиў мәкемесиниң қәнийгелестирилген бөлимине ықтыярына қарсы рәўиште жатқызыў ҳаққындағы ямаса оның усы мәкемеде жатыў мүддетин узайтыў ҳаққындағы;

7) ер жетпеген шахсты толық ҳәрекетке уқыплы деп жәриялаў (эмансипация) ҳаққындағы;

8) мал-мүлкти ийесиз деп табыў ҳаққындағы;

9) усыныўшыға деб берилген ҳүжжетлер жойтылған жағдайда, олар бойынша ҳуқықларды тиклеў ҳаққындағы;

10) жойтылған суд исин жүргизиўди тиклеў ҳаққындағы.

 

Айрықша жүргизилетуғын ислерди көрип шығыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуаллық кодексиниң 293-статьясында санап өтилген ислер судларда усы Кодекстиң 27-37-бабларында көрсетилген айрықша ҳәм қосымшалар менен пуқаралық суд ислерин жүргизиўдиң улыўма қағыйдаларына муўапық көрип шығылады.

 

Юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў.

Суд пуқаралардың яки шөлкемлердиң шахсый, мүлкий ҳуқықлары жүзеге келиўине, өзгериўине ямаса тамамланыўына себеп болатуғын фактлерди анықлайды.

Суд:

1) шахслардың ағайинлик қатнасықлары;

2) шахс биреўди қарамағында екенлиги;

3) әкеликти тән алыў, (белгилеў), баланың ол яки бул анадан туўылғанлығы, сондай-ақ туўылған ўақты;

4) перзентликке алыўды, некени, некеден ажыратыўды ҳәм өлимниң дизимге алынғанлығы;

5) ерли-зайыптан бири қайтыс болғанлығы ақыбетинде пуқаралық ҳалаты дәлалатнамаларын дизимге алыў уйымларында некени дизимге алыў мүмкин болмай қалса, нызамда белгиленген жағдайларда олардың ҳақыйқатта неке қатнасықларында болғанлығы;

6) шахстың ҳуқықты белгилеўши ҳүжжетлеринде (жәмийетлик бирлеспелерге ағзалық билетлери, әскерий ҳүжжетлер, паспортлар, пуқаралық ҳалаты дәлалатнамаларын дизимге алыў уйымлары беретуғын гүўалықлар буннан тысқары) көрсетилген фамилиясы, аты ямаса әкесиниң аты оның паспортындағы ямаса туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығындағы фамилиясы, аты яки әкесиниң аты менен сәйкес келмеген жағдайда, бул ҳүжжетлердиң оған тийислилиги ямаса тийисли емеслиги;

7) бахтсыз ҳәдийсе ;

8) имаратқа жеке меншик ҳуқықы тийкарында ийелик етиў;

9) мийрасты қабыл етиў ҳәм мийрастың ашылыў орны фактлерин анықлаў ҳаққындағы ислерди көреди.

Егер нызамшылықта оларды белгилеўдиң басқаша тәртиби нәзерде тутылмаған болса, суд юридикалық әҳмийетке ийе болған басқа фактлерди де белгилеўи мүмкин.

Арза бериўши юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерди тастыйықлайтуғын зәрүр ҳүжжетлерди басқаша тәртипте алыўы мүмкин болмаған ямаса жойтылған ҳүжжетлерди тиклеўдиң имкәнияты болмаған жағдайда ғана суд бул фактлерди анықлайды.

 

Пуқараны дерексиз жойтылған деп табыў ҳәм пуқараны өлген деп жәриялаў.

Пуқараны дерексиз жойтылған деп табыў ямаса өлген деп жәриялаў ҳаққындағы арза мәпдар шахс тәрепинен дерексиз жойтылған пуқараның ақырғы мәлим болған жасаў орнындағы судқа бериледи.

Суд пуқараны дерексиз жойтылған деп табыў ямаса өлген деп жәриялаў ҳаққындағы арзаны көрип шығыўға нызамшылықта белгиленген мүддетлер өткеннен соң кириседи.

Арзада пуқараны дерексиз жойтылған деп табыў ямаса оны өлген деп жәриялаў арза бериўшиге қандай мақсетлер ушын зәрүр екенлиги көрсетилиўи, сондай-ақ пуқараның дерексиз жойтылғанлығын тастыйықлайтуғын яки дерексиз жойтылған шахсқа өлим қәўипин салған ямаса ол анық бахытсыз ўақыя себепли қайтыс болған деп шамалаўға тийкар болатуғын ҳалатлар баян етилиўи керек.

 

Пуқараны ҳәрекетке шекленген ямаса ҳәрекетке укыпсыз деп табыў.

Спиртли ишимликлер, нәшебентлик ҳәм психотроп затларды қабыл етиўи нәтийжесинде пуқараны ҳәрекетке уқыбы шекленген деп табыў ҳаққындағы ямаса пуқараны руўхый ҳалаты бузылғанлығы (руўхый кеселлиги) себепли ҳәрекетке уқыпсыз деп табыў ҳаққындағы ис оның шаңарақ ағзалары, қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйымлары, прокурор, емлеў мекемелери ҳәм басқа мәмлекетлик уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм жәмийетлик бирлеспелери берген арзалар бойынша қозғатылыўы мүмкин.

Пуқараны ҳәрекетке уқыбы шекленген ямаса ҳәрекетке уқыпсыз деп табыў ҳаққындағы арза сол пуқара жасап турған орындағы, егер бул шахс емлеў мәкемесине жайластырылған болса, сол мәкеме жайласқан судқа бериледи.

Судья арзаны алғаннан кейин, исти суд додалаўына таярлаў тәртибинде пуқараның руўхый ҳалаты бузылғанлығы ҳаққында жеткиликли мағлыўматлар бар болса, оның руўхый жағдайын анықлаў ушын суд-психиатриялық экспертизасын тайынлайды.

Пуқара суд-психиатриялық экспертизасынан өтиўден бас тартқанда суд оны мәжбүрий тәртипте экспертизаға жибериў ҳақкында уйғарыў шығарыўы мүмкин.

Судтың пуқараны ҳәрекетке уқыбы шекленген ямаса ҳәрекетке уқыпсыз деб табыў ҳаққындағы бийлиги әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының ҳәрекетке уқыбы шекленген шахсқа қәўендер тайынлаўы, ҳәрекетке уқыпсыз шахсқа болса, әменгер тайынлаўы ушын тийкар болады.

 

Шахсты еркине қарсы тәртипте психиатриялық стационарына жатқарыў ямаса оның стационарда жатыў мүддетин узайыттырыў

Шахсты еркине қарсы тәртипте психиатрия стационарына жатқарыў ҳаққындағы ямаса оның стационарда жатыў мүддетин узайыттырыў ҳаққындағы арза судқа шахс жатырған психиатрия мәкемеси тәрепинен бериледи.

Еркине қарсы тәртипте психиатрия стационарына жатқарыў ушын нызамда нәзерде тутылған тийкарлар көрсетилген арзаға шыпакер психиатрлардан ибарат комиссияның шахстың психиатрия стационарында буннан кейин болыўы  зәрүрлиги ҳаққындағы тийкарландырылған жуўмағы қосымша етиледи.

Арза психиатрия мәкемеси жайласқан жердеги суд тәрепинен көрип шығылады.

Суд арзаны қабыл етиў менен бир ўақытта арзаны судта көрип шығыў ушын зәрүр болған мүддетте шахстың психиатрия стационарында болып турыўы мәселесин шешеди.

Шахсты психиатрия стационарына жатқарыў ҳаққындағы ямаса оның стационарда жатыў мүддетин узайыттырыў ҳаққындағы ис суд тәрепинен стационарға жатқызылып атырған шахстың нызамлы ўәкили ҳәм стационарға жатқарыўдың тийкарлылығы ҳаққында жуўмақ берген комиссия қурамындағы шыпакер психиатр, прокурор, сондай-ақ шахс жатырған психиатрия мәкемеси ўәкили қатнасыўында он күнлик мүддет ишинде көрип шығылады.

Суд мәжилисине психиатрия мәкемеси ўәкилиниң кеширимли себеплерсиз келмегенлиги арзаны көрип шығыўға тосқынлық етпейди, бирақ суд оның келиўин шәрт деп табыўы мүмкин.

 

Шахсты туберкулёз кеселлигине қарсы гүресиў мәкемесиниң  қәнийгелестирилген бөлимине еркине қарсы тәртипте жатқарыў ямаса оның усы мәкемеде жатыў мүддетин узайыттырыў

Туберкулёз кеселлигиниң жуғымлы формасына шалынған шахсты туберкулёз кеселлигине қарсы гүресиў мәкемесиниң қәнийгелестирилген бөлимине еркине қарсы тәртипте жатқарыў ҳаққындағы ямаса оның усы мәкемеде жатыў мүддетин узайыттырыў ҳаққындағы арза судқа сол шахс диспансер есабында турған яки емленип атырған ямаса оның жасаў (турған) жериндеги туберкулёз кеселлигине қарсы гүресиў мәкемеси тәрепинен бериледи.

Туберкулёз кеселлигиниң жуғымлы формасына шалынған шахсты туберкулёз кеселлигине қарсы гүресиў мәкемесиниң қәнийгелестирилген бөлимине еркине қарсы тәртипте жатқарыў ҳаққындағы ямаса оның усы мәкемеде жатыў мүддетин узайыттырыў ҳаққындағы арза сол шахс диспансер есабында турған яки емленип атырған туберкулёз кеселлигине қарсы гүресиў мәкемеси жайласқан жердеги ямаса оның жасаў (турған) орнындағы судта көрип шығылады.

Туберкулёз кеселлигиниң жуғымлы формасына шалынған шахсты туберкулёз кеселлигине қарсы гүресиў мәкемесиниң қәнийгелестирилген бөлимине еркине қарсы тәртипте жатқарыў ҳаққындағы арза усы мәкеме медициналық комиссиясының медициналық тексериўден ҳәм (ямаса) емлениўден бас тартып атырған сол шахсты еркине қарсы тәртипте жатқарыў зәрүрлиги ҳаққындағы жуўмағы қабыл етилген күннен баслап бир сутка ишинде бериледи. Жуўмақта емлеў өткизилетуғын мүддет көрсетиледи.

Туберкулёз кеселлигиниң жуғымлы формасына шалынған шахстың туберкулёз кеселлигине қарсы гүресиў мәкемесиниң қәнийгелестирилген бөлимине еркине қарсы тәртипте жатыў мүддетин узайыттырыў ҳаққындағы арза усы мәкеме медициналық комиссиясының шахстың емлениўде болған мәкемеде жатыў мүддетин узайыттырыў зәрүрлиги ҳаққындағы жуўмағы тийкарында бериледи. Жуўмақта емлеў өткизилетуғын мүддет көрсетиледи.

 

 

Абдимурат Керимбаев

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы