Экономикалық судларда әпиўайыластырылған ис жүргизиў  тәртибине киргизилген өзгерислер  

Даўа суммасы кем болған даўлар бойынша ислерди тезлик пенен көрип шығыў ҳәм суд ҳүжжетиниң орынланыўын тез тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының 2019-жыл 20-марттағы ӨРН-531-санлы Нызамы менен РҚ-531-санлы  Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси «Әпиўайыластырылған тәртипте ис жүргизиў» деген атамадағы 231 –бап пенен толтырылып, оған көре егер даўаның баҳасы юридик шахсларға қарата-базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен, жеке  тәртиптеги исбилерменлерге болса- бес есесинен аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде тәртибинде көрип шығылыўы белгиленди.

Әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрип шығылатуғын ис бойынша даўа арзасы Экономикалық процессуал кодексиниң 149-статьясында нәзерде тутылған талапларға муўапық болыўы, бундай даўа арзаларға Экономикалық процессуал кодексиниң 151-статьясында нәзерде тутылған ҳүжжетлер менен биргеликте даўа арзасының ҳәм қосымша қылынып атырған ҳүжжетлердиң жуўапкерге тапсырылғанлығы ҳаққындағы дәлиллер қосымша етилиўи, яғный, даўагердиң даўа арзасы жуўапкерге тапсырылғанлығы мәлим қылынатуғын буйыртпа хат арқалы жиберилиўи яки тилхат алып тапсырылыўы, егер, даўа арза жуўапкерге тапсырылғанлығы мәлим қылынатуғын буйыртпа хат арқалы  жиберилген болса, даўа арзасына жуўапкер оны қабыл етип алғанлығын тастыйықлаўшы почта хабарнамасы қосымша қылыныўы шәрт еди.

Өзбекстан Республикасының 2021 жыл 19 сентябрь күнги ӨРН-716-санлы Нызамы менен Экономикалық процессуал кодексиниң әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртиби менен байланыслы 155, 2033, 2034,334 –статьяларына қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.

Экономикалық процессуал кодексиниң 155, 2033-статьяларына киргизилген өзгерислерге көре, бундай даўа арзалар бойынша даўа арзаның көширмеси жуўапкерге  тапсырылыўы шәрт болған норма шығарылып тасланды. Ендиликте, бундай даўалар менен судқа мүрәжат еткенде, даўагер даўа арзаның нусқасы жуўапкерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы дәллилерди қосымша қылыўының өзи жеткиликли есапланады.

Экономикалық процессуал кодексиниң 2034-статьясының екинши бөлимине киргизилген өзгериске көре, жуўапкер даўа арзасы бойынша жазба пикирин  судқа даўа арзасының көширме нусқасы өзине тапсырылған пайыттан он бес күнлик мүддетте емес, бәлки суд тәрепинен даўа арзаны өндириске қабыл қылыў ҳәм ис қозғаў ҳаққында уйғарыў шығарған күннен баслап он бес күнлик мүддетте тапсырыў ҳуқықына ийе болды.

Сондай-ақ , әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрилген ислер бойынша ҳал қылыў қарарлары ихтиярый тәртипте орынланыўы, егер ихтиярый тәртипте орынланбаған жағдайда ҳал қылыў қарарының тәреплериниң илтимаснамасы бойынша орынлаў хат берилиўи нәзерде тутылған еди.

Нызам менен Экономикалық процессуал кодексиниң 2035-статьясынан әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрилген ислер бойынша ҳал қылыў қарарлары ихтиярый тәртипте орынланыўы белгиленген норма шығарылып тасланды ҳәм ҳал қылыўы қарары суд тәрепинен берилетуғын орынлаў хат тийкарында усы Кодексте белгиленген қағыйдаларға муўапық мәжбүрий орынланыўы ҳаққындағы норма менен толтырылды.

Сондай-ақ, Экономикалық процессуал кодексиниң 334-статьясының екинши бөлиминде белгиленген әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрилген ислер бойынша ҳал қылыў қарарлары дәрҳал орынланыўы керек деген норма шығарып тасланды.

Киргизилген бул қосымша ҳәм өзгерислер исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплериниң исенимли қорғалыўын, суд ҳүжжетлериниң өз мүддетинде орынланыўын тәмийинлеўге көмеклеседи.

 

 

Гаўҳар Зарипова

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы