Экономикалық судларында процессуал мүддетлер

Экономикалық судларында процессуал мүддетлерге қатаң әмел қылыў экономика саласында кәрхана, мекеме, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың бузылған яки даўласып атырған ҳуқықлары ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаўдың, нызамшылықты беккемлеў ҳәм ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыўда көмеклесиўдиң әҳмийетли қураллары есапланады.

Барлық процессуал ҳәрекетлер исти көрип атырған суд, исте қатнасыўшы шахслар ҳәм экономикалық судлаў ислерин жүритиўдиң басқа қатнасыўшылары тәрепинен Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси ҳәм басқа нызамлар яки суд тәрепинен белгиленген мүддетлер ишинде орынланыўы лазым.

Экономикалық процессуал кодексиниң 119-статьясының төртинши бөлимине көре, айлар яки күнлер менен есапланатуғын процессуал мүдеттиң өтиўи календарь сәнениң  ертесинен яки оның басланыўы белгилеп қойылған ўақыя исленген күннен басланады.

Жыллар, айлар ҳәм күнлер менен есапланатуғын процессуал мүддетлерге ис күни болмаған күнлер де киреди, Экономикалық процессуал кодексиниң 222-статьясының алтыншы бөлиминде белгиленген ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў туўрысындағы ис бойынша ҳал қылыў қарары қабыл қылынғаннан кейин үш ис күни ишинде тәреплерге жиберилиўи кереклиги ҳаққындағы норма буннан тысқары.  Ис күнлери болмаған күнлер дегенде, Өзбекстан Республикасының нызам ҳүжжетлеринде белгиленген дем алыс күнлери (шемби, екшемби) ҳәм байрам (ислемейтуғын) күнлери түсиниледи.

Процессуал мүддетлердиң тамамланыўы менен исте қатнасыўшы шахслар процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыў ҳуқықын жойтады. Процессуал мүддетлер өткерип берилген арзалар, шағымлар ҳәм басқа ҳүжжетлер, егер өткерип жиберилген мүддетти тиклеў ҳаққында илтимаснама болмаса, суд тәрепинен көрип шығылмайды ҳәм оларды берген шахсларға  қайтарылады.

Процессуал мүддеттиң тамамланыў күни Экономикалық процессуал кодексиниң 120-статьясына муўапық анықланады. Процессуал мүддеттиң тамамланыў күни дегенде, усы мүддеттиң ақырғы күни, егер ақырғы күн ис күни болмаған күнге туўры келсе, оннан кейин келетуғын биринши ис күни түсиниледи.

Егер айлар менен есапланатуғын процессуал мүддеттиң тамамланыўы тийисли күни болмаған айға туўры келсе, мүддет усы айдың ақырғы күнинде (мысалы, 28 яки 29 февральда) тамамланады.

Процессуал ҳәрекетти әмелге асырыў ушын мүддет белгиленгенинде, олар усы мүддеттиң ақырғы күни жигирма төртке шекем орынлаўы керек. Бул қағыйда электрон түринде берилген ҳүжжетлерге де қолланылады. Бунда, егер арза, шағым яки басқа ҳүжжетлер мүддеттиң ақырғы күни саат жигирма төртке шекем байланыс шөлкемине яки ўәкилликли шахсқа берилген болса,  егер процессуал ҳәрекетлер экономикалық судта яки басқа шөлкемде орынланыўы лазым болып, олар суд яки басқа шөлкемде ис күни тамамланған яки тийисли операциялар тамамланған саатқа шекем әмелге асырылған болса, мүддет өткерип жиберилген есапланбайды.

Экономикалық процессуал кодексиниң 123-статьясының биринши бөлимине муўапық суд исте қатнасыўшы шахстың арзасы бойынша усы Кодексте яки басқа нызамларда белгиленген процессуал мүддеттиң өткерип жиберилиўи себеплерин үзирли деп тапса, өткерип жиберилген мүддетти тиклейди.

Бунда судлар нызам ҳүжжетлеринде процессуал мүддетлердиң суд тәрепинен узайтырыў нәзерде тутылған мүддетлерди ғана узайтырыў ҳуқықына ийе болып, ЭПК яки басқа нызамшылықта белгиленген  басқа процессуал мүддетлерди узайтырыў ҳуқықына ийе емес.

Мәселен, Экономикалық процессуал кодексиниң талапларына муўапық ҳал қылыў қарары үстинен апелляция тәртибинде берилген шағым ҳал қылыў қарары қабыл етилгенинен соң бир айдан кешиктирмей, әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги, ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша болса ҳал қылыў қарары қабыл қылынғаннан соң он күн ишинде бериледи. Бул мүддет өткерип жиберилгенде шағым (протест) берген шахстың илтимаснамасы бойынша апелляция инстанция суды тәрепинен, егер илтимаснама ҳал қылыў қарары қабыл  қылынған күннен баслап еки айдан кешиктирместен берилген ҳәм шағым (протест) бериў мүддети өткерип жиберилиўиниң себеплери суд тәрепинен үзирли деп табылған болса тиклениўи мүмкин.

Биринши инстанция судының апелляция тәртибинде көрилген ҳал қылыў қарары ҳәм апелляция инстанциясы судының қарары үстинен кассациялық арза (протести) бир жыл даўамында берилиўи мүмкин.

Егер, көрсетилген мүддет өткерилгенде өткерип жиберилген мүддети шағым (протест) берген шахстың илтимаснамасы бойынша кассация инстанциясы суды тәрепинен, егер илтимаснамада кассациялық арзаны (протестти) бериў мүддети өткен күннен баслап үш ай ишинде берилген ҳәм кассациялық арзаны (протестти) бериў мүддетиниң өткерип жиберилиўиниң себеплери суд тәрепинен үзирли деп табылған болса, тиклениўи мүмкин.

Бунда, апелляциялық  ҳәм кассациялық арза (протест) бериўдиң өткерип жиберилген мүддетти тиклеў ҳаққындағы арза бериў ушын белгиленген мүддет қатаң есапланады.

 

 

Гаўҳар Зарипова    

Қарақалпақстан Республикасы  суды судьясы