ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине муўапық инвестиция шәртнамаларына байланыслы ҳәмде бәсекиге байланыслы даўларды кѳрип шығыў тәртиби

ϴзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерискен ўақыттан баслап инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға, шет ел ҳәмде жергиликли инвесторлардың мәплерин қорғаў барысындағы ҳуқықый механизмларды жетилистириўге қаратылған ис-иләжлерге айрықша итибар қаратып келмекте. Соңғы жылларда республика Президенти ҳәм ҳүкимет тәрепинен усы тараўда бир қанша пәрман ҳәм қарарлар қабыл қылынды.

Усы ис-иләжлердың даўамы сыпатында ϴзбекстан Республикасы Президентиниң “Судлар жумысын жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин асырыўға байланыслы ис-иләжлер ҳаққында”ғы 2020-жыл 24-июль күнги ПФ-6034-санлы Пәрманының 3-бәнти менен ϴзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, ϴзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәмде Саўда-санаат палатасының Жоқарғы суд дүзилмесинде жигирма миллион АҚШ доллары эквивалентинен кем болмаған муғдарда инвестицияны әмелге асырған физикалық яки юридик шахслар яғный ири инвесторлар ҳәмде мәмлекетлик органлардың ортасында жүзеге келетуғын инвестициялық даўлар ҳәмде бәсекиликке байланыслы ислерди көриў ўәкиллиги берилген судлаў қурамын дүзиў ҳаққындағы усынысы мақулланған.

Пәрман менен сондай-ақ, инвестициялық даўлар бойынша ири инвесторлардың, бәсекиликке байланыслы ислер бойынша тәреплердиң қәлеўине муўапық усы тайпадағы ислер тиккелей судлаў қурамы тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи;

Қалған инвестициялық даўлар инвесторлардың қәлеўине муўапық Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық суды  тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи мүмкинлиги  белгиленген.

Усы Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Суд қарарларын қайта көриў институты жетилистирилиўи мүнәсебети менен ϴзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы 2021-жыл 12-январьдағы ЎРҚ-663-санлы ϴзбекстан Республикасының Нызамы қабыл қылынды.

Усы Нызам менен ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

ЭПКниң 25-статьясына киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық, экономикалық судқа инвестициялық даўлар бойынша ислер ҳәмде бәсекиликке байланыслы ислер тийисли есапланады.

Бунда, инвестициялық даўлар бойынша ислер, даў келип шыққан ҳуқықый қатнасықтың қатнасыўшысы юридик яки физикалық шахслар болыўына қарамастан, экономикалық суд тәрепинен көрилиўи белгиленди.

ЭПКниң 301-статьясына муўапық, инвестициялық даўлар бойынша ислерге төмендегилер киреди:

1) инвестиция шәртнамаларын дүзиў, өзгертиў ҳәм бийкар етиў менен байланыслы даўлар;

2) инвестиция шәртнамаларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы даўлар;

3) инвестиция шәртнамасының орынланыўы менен байланыслы даўлар;

4) инвестиция шәртнамасынан келип шығатуғын салық, бажыханаға байланыслы, социаллық, экологик миннетлемердиң ҳәм басқа миннетлемердиң инвестор тәрепинен орынланыўы менен байланыслы даўлар;

5) инвестиция шәртнамасы бойынша инвесторға берилген мал-мүлкти талап етип алыў, сондай-ақ бундай шәртнама бойынша неустойка өндириў ҳәм (яки) зыянлардың орнын қаплаў ҳаққындағы даўлар.

Яғный ЭПКне киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық экономикалық судларға тийисли болған инвестициялық даўлар бойынша ислер қатарына тиккелей инвестиция шәртнамасы менен байланыслы болған яки оннан келип шығатуғын даўлар киреди.

Кодекске киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық, инвестиция жумысының субъектлери (инвестиция шәртнамасының тәреплери) сыпатында бир тәрепинен ϴзбекстан Республикасы (оның атынан мәмлекетлик басқарыў уйымлары, мәҳәллий атқарыўшы ҳәкимиятлар органлары, сондай-ақ ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ўәкиллик берген басқа органлар (шөлкемлер) яки олардың бирлеспелери ўәкиллик қылады), екинши тәрептен пайда алыў мақсетинде инвестиция жумысы объектлерине өз қаржыларын яки тартылған басқа инвестиция ресурсларын инвестиция қылыўды әмелге асырыўшы физикалық яки юридик шахслар (инвесторлар)ды түсиниў лазым болады.

Инвестордың инвестициялық жумысы менен байланыслы  шәртнама мәжбүриятлары сыпатында инвестиция жумысын әмелге асырыў ушын инвестор ҳәм мәмлекетлик орган ортасындағы инвестиция контракты яки басқа шәртнамалар, соның ишинде концессия шәртнамалары, мәмлекет-жеке шериклик ҳаққындағы келисимлер, меншиклестириў процессинде сатып алыўшы тәрепинен инвестициялық яки социаллық мәжбүриятлар қабыл қылыў шәрти менен мәмлекет мүлкиниң алды-сатты шәртнамалары түринде рәсмийлестирилген инвесторлар ҳәм мәмлекетлик органлары ортасындағы  мәжбүриятлар түсиниледи.

ЭПКниң 32-статьясы болса инвестициялық даўлар бойынша ири инвестордың, бәсекиликке байланыслы ислер бойынша тәреплердиң қәлеўине муўапық усы тайпадағы ислер тиккелей ϴзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен, қалған инвестициялық даўлар инвестордың қәлеўлерине муўапық Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм  Ташкент қалалық суды тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи ҳаққындағы норма менен толтырылды.

Соның менен бирге, ЭПКниң судқа тийисли ислер белгиленген
25-статьясына муўапық, экономикалық суд экономика тараўында пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм басқа ҳуқықый қатнасықлардан жүзеге келетуғын, соның ишинде бәсекиликке байланыслы даўларды шешеди.

ЭПКниң 302-статьясына муўапық, бәсекиликке байланыслы ислер қатарына юридикалық шахслар, соның ишинде шет ел юридикалық шахслар, хожалық басқарыўы органлары, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм монополияға қарсы орган ортасында товар ҳәм финанс базарларында бәсекилик тараўындағы қатнасықлардан келип шығатуғын даўлар киреди.

Экономикалық судларға тийисли бәсекиликке байланыслы ислер қатарына, атап айтқанда:

бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған питимлерди (шәртнамаларды) өзгертиў яки бийкар қылыў;

бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған питимлерди (шәртнамаларды) пүткиллей яки қысман ҳақыйқый емес деп табыў;

бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылғанлығы нәтийжесинде алынған дәраматты (пайданы) белгиленген тәртипте өндириў;

таңлаў (тендер) ҳәм биржа саўдаларына байланыслы монополияға қарсы талаплар бузылғанлығы тийкарлары бойынша саўдаларды ҳәм усы саўдалар нәтийжесинде дүзилген питимлерди (шәртнамаларды) ҳақыйқый емес деп табыў;

хожалық жүритиўши субъектлерди мәжбүрий тәризде болыў яки ажыратып шығарыў;

бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузған шахсларға қарата ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў;

монополияға қарсы орган тәрепинен натуўры өндирилген қаржылар ҳәм жәриймаларды қайтарыў;

монополияға қарсы орган тәрепинен бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыўшы қарар қабыл қылыныўы нәтийжесинде жеткизилген зыянды өндириў ҳаққындағы даўлар киреди.

Бәсекиликке байланыслы ислердиң экономикалық судлар судлаўына тийислилиги ЭПКниң 32 ҳәм 34-статьяларында белгиленген. Оған муўапық, бундай тайпадағы ислер тәреплердиң қәлеўине муўапық тиккелей Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи мүмкин.

Бунда соны инабатқа алыў лазым, бундай ислер бойынша судлаўға тийислилик бәсекиликке байланыслы ислерде тәреп есапланатуғын арза бериўшиниң (даўагердиң) таңлаўы бойынша әмелге асырылыўы белгиленген.

Экономикалық судқа тийисли болған бәсекиликке байланыслы ислер бойынша даўагер (хожалық жүритиўши субъект яки монополияға қарсы орган) өз қәлеўине муўапық, жуўапкер жайласқан жердеги районлар аралық, район  (қала) экономикалық судына яки Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына мүрәжат қылыўы мүмкин.

 

 

Уткиржон Сабиров

Қарақалпақстан Республикасы судының

экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы судьясы