1 147 471 564,59 сўм бажыхана төлемлери өндирилди

Бажыхана уйымы судқа даўа арза менен мүрәжат етип, “J.U.Q»  жуўапкершилиги шекленген жәмийетине фактура баҳасы 190 495,17 евроға тең болған товарларды “Еркин айланысқа шығарыў” бажыхана режимине рәсмийлестириў миннетлемесин жүклеўди ҳәм усы миннетлемени орынлаў мүддетин белгилеўди, жәмийеттен 1 147 471 564,59 сўм бажыхана төлемлерин өндириўди сораған.

Биринши инстанция судының 2021 жыл 24 июль күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қанаатландырылған, жуўапкерге еки ай мүддет  ишинде тийисли бажыхана режимине өтиў миннетлемеси жүклетилген ҳәм бюджетке 1 147 471 564,59 сўм бажыхана төлемлери өндирилген.

Анықланыўынша, Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2019 жыл 20 февраль күнги “Президент мектеплерин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4199-санлы қарарына тийкар “J.U.Q»  жуўапкершилиги шекленген жәмийети Нөкис қаласында Президент мектебин қурыўда бас пудратшы етип табылған.

ПҚ-4199-санлы    қарардың 9-бәндине тийкар Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын ҳәм белгиленген тәртипте дүзилетуғын дизимлер бойынша Президент мектеплерин қурыў, реконструкция  етиў, қурал-әсбаплар менен ҳәм жумысын тәмийинлеў ушын алып келинетуғын үскенелер, компьютер техникасы, оқытыўдың техник қураллары, әдебиятлар, мультимедиа өнимлери ҳәм қурылыс материаллары,  комплектлеўши буйымлар ҳәм аўысық бөлеклер 2022 жыл 1 январьға шекем бажыхана төлемлеринен азат етилген.

Мектепти қурал-әсбаплар менен тәмийинлеў ушын жәмийеттиң атына 2019-жыл 03-декабрде GHP 2019000001535 санлы инвойсқа тийкар Туркия мәмлекетинен алып келинген      товарлар 35002/27.12.22019/0009437 ҳәм 35002/05.03.2020/0000701 номерли жүк декларациясы тийкарында  Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен “Бажыхана склады” бажыхана режимине рәсмийлестирилип, жәмийеттиң 2019 жыл 17 декабрь күнги арзасына муўапық товарларды өз складына жайластырыўға рухсат берилген.

2020 жыл 14 февраль күни бажыхана уйымы тәрепинен товарлардың сақланыўы жүзесинен инвентаризация өткерилгенде,  жәмийет бажыхана уйымын ескертпестен товарларды қурылып атырған объектке ислетип жибергенлиги анықланған.

Өзбекстан Республикасы Бажыхана кодексиниң 26-статьясына тийкар товарларды бажыхана режимлериниң бирине жайластырыў ҳәм усы бажыхана режими талаплары ҳәмде шәртлерине әмел  етиў жәмийеттиң миннетлемеси болып есапланады.

Бажыхана кодексиниң 90-статьясына муўапық, “бажыхана склады” бажыхана режими сондай режим, бунда бажыхана аймағына алып кирилген ҳәм бажыхана аймағынан алып шығыў ушын мөлшерленген товар бажыхана бажылары, салықлар төленбеген ҳәмде экономикалық сиясат шаралары қолланылмаған ҳалда белгили имаратларда (орынларда) бажыхана бақлаўы астында сақланады.

Усы кодекстиң 93-статьясының мазмунына көре, “Бажыхана склады” бажыхана режимине жайластырылған товар бажыхана склады есапланбаған орында сақланғанда товар менен байланыслы жүк операцияларын орынлаўға, оны басқа орынға көшириўге бажыхана бақлаўының астында жол қойылады. “Бажыхана склады” бажыхана режиминде турған дәўиринде товардан пайдаланыў ҳәм бөлистириў ушын басқа шахсларға өткериўге жол қойылмайды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жыл 29 июнь күнги ПҚ-3818-санлы қарарының 3-бәндинде 2018 жыл 1 сентябрьден баслап “бажыхана склады” режиминде алты айдан көп болған мүддетте сақланған товарлардың бажыхана рәсмийлестириўинде нызам ҳүжжетлери менен бажыхана төлемлери жүзесинен берилген жеңилликлер қолланылмаслығы белгиленген.

Товарлар бажыхана склады бажыхана режимине 2019 жыл 27 декабрьде рәсмийлестирилген.  Яғный, товарлар “бажыхана склады” бажыхана режиминде алты айдан көп мүддетте сақланған.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги қасындағы “Проектлер ҳәм импорт контрактларды комплекс экспертиза қылыў орайы” мәмлекетлик унитар кәрханасында 2020 жыл 17 апрельде дизимге алынған жуўмаққа қарағанда, жуўапкерге тийисли тек ғана 38 атамадағы товарларға жеңиллик берилгенлиги ҳаққында жуўмақ берилген болып, жуўмақтың қосымшасында мебель товарлары  көрсетилмегенлиги анықланған.

Сонлықтан, биринши инстанция суды жәмийеттен бажыхана төлемлери өндириўге жатады деп тапқан.

Бажыхана кодексиниң  56-статьясының биринши бөлимине тийкар, бажыхана төлемлери төленген ҳәм экономикалық сиясат шараларына әмел қылынған жағдайда товар еркин айланысқа шығарыў (импорт) бажыхана режимине жайластырылады ҳәм бажыхана аймағында еркин айланыста турған товар статусын алады.

Көрсетилген товарлардың  орнында жоқлығы жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының 2021 жыл 11 март күнги қарары менен тастыйықланғанлығы себепли  жәмийет товарларды тийисли тәртипте  “еркин айланысқа шығарыў” бажыхана режимине рәсмийлестириўи лазым болса да, бул миннетлемесин орынламаған.

Сол себепли, биринши инстанция суды жәмийетке 2 ай мүддетте тийисли бажыхана режимине өтиў миннетлемесин жүклеў ҳаққында шешимге келген.

Апелляция инстанция судының 2021 жыл 23 сентябрь күнги қарары менен ҳал қылыў қарары өзгериссиз қалдырылған.

 

Гаўҳар Зарипова

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы