Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы 1-бөлиминде “Транспорт қуралын басқарыўшы шахс тәрепинен транспорт қураллары ҳәрекети, олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў, денеге орташа аўыр ямаса аўыр жарақат жеткерилиўине себеп болса – базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем жәрийма яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик ислери ямаса үш жылға шекем мийнетке дүзетиў ислери менен жазаланады”,
Жынаят Кодекси 266-статьясы 2-бөлиминде
“Усы қылмыс адам өлимине себеп болса:
арнаўлы ҳуқықтан маҳрум етип, жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады”,
Жынаят Кодекси 266-статьясы 3-бөлиминде
“Усы қылмыс:
а) адамлар өлимине;
б) апатшылыққа;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, – арнаўлы ҳуқықтан маҳрум етип, он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады” деп белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Олий суды Пленумының 2015-жыл 26-июнь күнги «Транспорт ҳәрекети ҳәм оннан пайдаланыў қәўипсизлигине қарсы жынаятлар менен байланыслы ислер жүзесинен суд әмелиятының айрым мәселелери ҳаққында»ғы 10-санлы Қарарында Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған жынаят ҳаққында түсиник берилип, онда:
“Транспорт ҳәрекети ҳәм оннан пайдаланыў қәўипсизлигине қарсы жынаятлардың тийкарғы объекти жәмийеттиң қәўипсизлиги ҳәм жәмийет тәртиби есапланады. Сол менен бирге, айыпкер шахс усы жынаятты сәдир етиўде, айтарлық барлық жағдайларда, инсан өмири ҳәм саўлығы сыяқлы нызам менен қорғалатуғын басқа объектлерге ҳәм қәўип салады.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң XVIII — бабында барлық түрдеги транспорт қуралларында ҳәрекетлениў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған. Транспорт қуралларына, темир жол, суў ҳәм ҳаўа транспорты, автомобиль транспорты, сондай ақ, мотоцикл, мопед, велосипед ҳәм сол сыяқлыларды киритиў мүмкин.
Жынаят кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған жынаят субъекти сыпатында транспорт қуралын басқарған, яғный:
айдаўшылық гүўаҳнамасына ийе;
жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын айдаўшылық гүўаҳнамасы алып қойылған;
тийисли түрдеги транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан маҳрум етилген;
улыўма транспорт қуралын басқарыў ҳуқықына ийе болмаған;
қоса басқарыўлы оқыў (шынығыў) транспорт қуралында транспортты басқарыўды үйренип атырған шахс табылыўы мүмкин.
Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў транспорт қуралын басқарыў тәртибине дерек белгиленген көрсетпелерге әмел етпесликте (мәселен, белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин асырыў, жол белгилелерине бойсынбаў, ҳәрекетлениўдиң қарама-қарсы тәрепине шығып кетиў ҳәм сол сыяқлыларда) сәўлеленеди. Транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў болса, транспорт қуралларынан пайдаланыў тәртибине дерек белгиленген көрсетпелерге әмел етпесликте (мәселен, габарити үлкен жүклерди яки жолаўшыларды буған мөлшерленбеген транспорт қуралында тасыў, транспорт қуралы басқарыўын сол қуралды басқарыў ҳуқықына ийе болмаған шахсқа тапсырыў ҳәм сол сыяқлыларда) сәўлеленеди.
Транспорт қуралы айдаўшысының жол ҳәрекети яки транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў нәтийжесинде емес, ал жүкти артыў яки түсириўде, транспорт қуралларын оңлаўда, қурылыс, жол, аўыл хожалық ҳәм басқа ислерди әмелге асырыў нәтийжесинде Жынаят кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерге себеп болған ҳәрекетлери, жүзеге келген ақыбетлер ҳәм айып формасынан келип шыққан ҳалда, шахсқа қарсы жынаятлар яки искерликти әмелге асырыў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша квалификация қылыныўы лазым.
Жынаят кодекси 260 — 262, 266, 268, 269-статьяларында нәзерде тутылған жынаятлар, ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў яки басқа қағыйдалар бузылыўы характеринен қаттий нәзер, абайсызлық ақыбетинде сәдир етилген деп табылады, себеби, бул жерде айыпкер барлық жағдайларда өз-өзине исениў яки бийпарўалық пенен ҳәрекет қылады. Егер айыпкер ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын қасттан бузса, оның қылмысы Жынаят кодексиниң қасттан ислеген жынаятлар ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы тийисли статьялары бойынша квалификация қылыныўы лазым.
Жынаят кодекси 260, 262, 263, 2631, 266, 268, 269-статьялары диспозицияларында нәзерде тутылған «адамлар өлими» дегенде, ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў ямаса жынаят нызамында көрсетилген басқа қағыйдалар бузылыўы нәтийжесинде еки яки одан артық адам өлиўин түсиниў лазым.
«Апатшылық» дегенде, темир жол, теңиз, дәрья, ҳаўа, жәмийетлик транспортындағы (автобус, троллейбус, трамвай, жөнелисли такси ҳәм сол сыяқлылар) онлап адамлар набыт болыўы менен бир қатарда жан-әтирап ҳәмде адамлар саўлығы яки өмири ушын дүзетип болмас дәрежеде зыян жеткерген ҳәдийсе түсинилиўи лазым.
«Басқа аўыр ақыбетлер» дегенде, адамлар өлими менен бир қатарда поездлар, кемелер яки самолётлардың қатнаўының узақ мүддетке истен шығыўы, әтирапындағы үйлер ҳәм басқа қурылмалар ўайраң қылыныўы (партлаўы, жанып кетиў, қулап түсиўи) ҳәм басқалар түсинилиўи лазым» деп түсиник берилген.
Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы менен айыпланып, айыплаў ҳүкими шығарылып:
2019-жылдың 1-шереги даўамында жәми 29 шахсқа қарата жынаятлы иси көрип тамамланған;
2020-жылдың 1-шереги даўамында жәми 32 шахсқа қарата жынаятлы иси көрип тамамланған;
2021-жылдың 1-шереги даўамында жәми 31 шахсқа қарата жынаятлы иси көрип тамамланған.
Жоқарыда келтирип өтилген статистик мағлыўматларға көре, 2019-жылдың 1-шерегине қарағанда 2020-жыл ҳәм 2021-жылдың 1-шерегинде Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы менен айыпланып,судланған шасхалар саны көбейгенин көриўмиз мүмкин.
Усы жерде бир мысал келтирип өтпекшимен, яғный А.Б исмли шахс 2020-жыл 01-октябрь күни саат 20-00лер шамасында, «Нексия2» маркалы автомашинасын Тақыятас районы «Кенегес» АПЖ аймағы, «Иқбол» көшеси 10-жайдың алды тәрепинен өтип турған ишки асфальт жолдан басқарып киятырып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған ҳәм 2016-жыл 1-март күнинен баслап күшине кирген «Жол ҳәрекети қәделери»ниң
135-бәнти 4-киши бәнтинде көрсетилген “Көзи қамасқан айдаўшы авария белгилерин жағыў, ҳәрекетлениў бөлегин өзгертпестен тезликти азайтыў ҳәм тоқтатыўы керек” деген талапларын бузып, қарама-қарсы тәрептен ҳәрекетленип киятырған автомашинаның фараларынан көзи қамасқанына қарамай автомашинасын тоқтатыў иләжларын көрместен өз ҳәрекетин даўам етип, асфальт жолды қубла тәрептен шығыс тәрепке қарай кесип өтпекши болған пияда О.И исмли шахсты қағып алып, жол транспорт ҳәдийсесин сәдир еткен, нәтийжеде жол транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде пуқара О.И исмли шахс дене жарақатын алып, ўақыя орнында өзине келместен қайтыс болған.
Суд, судланыўшы Б.А исмли шахсқа жаза тайынлағанда, нызамлылық, инсаныйлық, әдиллик ҳәм жуўапкершиликтиң болмай қалмаўы принциплерине әмел еткен ҳалда, оның өз айыбын толық мойынлап, ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын, жәбирлениўшиге биринши тез жәрдем көрсеткенлигин, жынаяттың ашылыўына жақыннан жәрдем бергенин, жасаў орнынан унамлы минезлемеге ийе екенлигин, семьялы болып қарамағында жас өспирим үш перзентиниң бар екенлигин, алдын жынайый жуўапкершиликке тартылмағанлығын ҳәм судланбағанлығын, жәбиркештиң нызамлы ўәкилиниң судланыўшыға арза даўы жоқлығын, кеширим бергенлигин оның жазасын жеңиллестириўши тәрепи деп, жазасын аўырластырыўшы тәрепи жоқ деп есаплап, оны еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жаза менен толық дүзелиў имкәниятының барлығын, оны жәмийеттен ажыратпаған ҳалда қайта тәрбиялаў мүмкин деген жуўмаққа келип, оған Өзбекстан Республикасы ЖКниң 45,57-статьяларын қоллап, 2 (еки) жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырып, ҳәр айлық ис ҳақысының 20 пайыз муғдарын мәмлекет пайдасына услаў жолы менен 3 (үш) жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланды.
Жоқарыдағылардан келип шығып, пуқараларды саналы, интизамлы болыўына, Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўлерине шақырып қаламан.
Жынаят ислери бойынша
Тақыятас район судының баслығы Арман Кощанов