301 369,86 сўм ижара ҳақы ѳндирилди

Ис ҳүжжетлерине қарағанда, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик активлерин басқарыў агентлиги жанындағы бос турған обьектлерден үнемли пайдаланыўды шөлкемлестириў орайының аймақлық басқармасы (кейинги орынларда – даўагер деп жүритиледи), жуўапкер «A-E» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги орынларда – жуўапкер деп жүритиледи) ҳәм район индустриал педагогика кәсип-ѳнер колледжи (кейинги орынларда – баланаста сақлаўшы деп жүритиледи) ортасында 2019-жыл 09-апрель күни 12-662/19-санлы ижара шәртнамасы дүзилип, оған кѳре 20,0 кв.м жай 01.07.2019-жылдан 31.12.2019-жылға шекем жуўапкерге ижараға бериў, жуўапкер болса ижара ҳақыны төлеў миннетлемесин алған.

Шәртнаманың 3.4-бәнтине муўапық объектти бериў ҳәм қайтарыў дәләлатнамасы тәреплердиң ўәкилликли ўәкиллери тәрепинен имзаланады ҳәм тәреплердиң мөрлери менен тастыйықланады. Объектти қайтарыў ҳәм қабыл етиў дәләлатнамасы тәреплердиң ўәкилликли ўәкиллери тәрепинен имзаланған ҳәм тәреплердиң мөрлери менен тастыйықланған ўақыттан баслап объект қайтарылған яки қабыл етилған деп есапланады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 578-статьясына муўапық имәрат ҳәм қурылмаларды ижараға бериўши тәрепинен ҳәм ижараға алыўшы тәрепинен қабыл қылып алыў тәреплер имзалайтуғын тапсырыў далалатнамасы яки тапсырыўға байланыслы басқа ҳүжжет бойынша әмелге асырылады.

Шәртнама шәртлеринен келип шығып, объект даўагер ҳәм баланста сақлаўшы тәрепинен жуўапкерге тапсырылған. Бул ҳаққында обьектти тапсырыў ҳәм қабыл қылыў дәлалатнамалары дүзилген.

Жуўапкер шәртнама минеетлемелерин толық орынламаған, нәтийжеде оның даўагер алдындағы қарызы 301 369,86 сўмды қураған.

Сонлықтан, даўагер экономикалық судқа даўа арзасы менен мүрәжат етип жуўапкерден 301 369,86 сўм тийкарғы қарыз, 150 684,93 сўм пеня өндириўди сораған.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.

Пуқаралық кодексиниң 544-статьясына көре, ижараға алыўшы мал-мүлктен пайдаланғанлығы ушын ҳақысын өз ўақтында төлеп бериўи шәрт. Мал-мүлктен пайдаланғанлығы ушын ҳақы төлеў тәртиби, шәртлери ҳәм мүддетлери мүлк ижарасы шәртнамасы менен белгиленеди.

Шәртнаманың 5.1-бәнтине муўапық ижараға алыўшы ҳәр шеректиң биринши айының жигирманшы күнинен кешиктирмей алдыннан 100 % төлемди әмелге асырыў миннетлемесин алған.

Пуқаралық кодексиниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.

Тәреплер ортасында дүзилген шәртнаманың 7.1-бәнтинде миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығы ушын пеня есапланыўы белгиленген.

Сонлықтан, нызам ҳүжжетлерине ҳәм истеги дәлийлерге тийкар районлар аралық экономикалық судының 2021-жыл 15-сентябрь күнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырылып, жуўапкерден даўагер пайдасына 301 369,86 сўм тийкарғы қарыз, 150 684,93 сўм пеня өндирилген.

 

 

Спартак Ниязов

Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ

экономикалық ислер бойынша судьясы