ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ ! ! !
Қарақалпақстан Республикасы судының архив меңгериўшиси (жынаят ҳәм пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегияларының архив меңгериўшилери) лаўазымлары вакант орын болыўына байланыслы таңлаў жәрияланады.
Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа, қәнигелиги бойынша кеминде 2 жыллық ис стажына ийе болған шахслар қатнасыўға ҳақылы.
Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2021-жыл 19-ноябрь күни саат 18:00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен төмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжаат етиўи мүмкин.
-паспорттан көширме;
-талабанның объективка ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;
-дипломнан көширме (егер сырт елде оқыған болса, дипломын тән алыў ҳәм нострификациядан өткенлигин тастыйықлаўшы гүўалық).
Байланыс ушын телефон номери: 55-102-40-42
Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz
Таңлаўды өткериў ўақты: 2021-жыл 22-ноябрь, саат 15:00
Мәнзили: Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси, 122-жай