Лизинг хызмети – аўыл хожалығы кәрханаларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўдеги орны
Бугинги күнде мәмлекетимизде аграр тараўды еледе раўажландырыўда ҳүкиметимиз тәрепинен айрықша итибар берилип атыр.
Атап айтқанда, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм жедел раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген.
Заманагөй техникалар менен аўыл хожалығын тәмийинлеўде лизинг системасын экономикалық қоллап-куўатлаў бүгинги күнде тек фермер хожалықларының емес, ал Республика аймағында агросанаат секторы кәрханаларының экономикасы алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.
Лизинг тийкарында техниканы сатып алыўдың абзаллығы – бул қолайлы ҳәм нәтийжели хызмет болып, техника баҳасының бир бөлеги аванс сыпатында алдыннан төленеди, ал қалған тийкарғы бөлеги болса лизинг проценти менен қосылып бир неше жыл (шәртнамада келисилген мүддет) даўамында төленип барылады.
Фермер хожалықларын лизинг арқалы техника менен тәмийинлеўде арнаўлы лизинг компанияларының хызметлер көлеми жәнеде артпақта. Яғный техникаға болған талапқа қарай айдаў ҳәм тракторлар, комбайнлар, пневматикалық егиў сеялкалары, қосымша тиркемелер, минерал төгин себиў үскенелери ҳәмде басқада көплеген техникаларды лизингке жеткерип бериўге итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 12-июль күнги “Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың материаллық-техникалық базасын жәнеде беккемлеў ис-иләжлары ҳаққында”ғы 578-санлы қарары тийкарында лизинг алыўшы тәрепинен аўыл хожалығы техникасы сатып алынғанда олардың процент қәрежетлериниң белгиленген процент ставкасынын 10 процент муғдарында бюджет тәрепинен қаплап бериў сыяқлы жеңилликлер берилиўи көзде тутылған.
Бул өз нәўбетинде Ҳүкиметимиз тәрепинен аўыл хожалығы кәрханаларының, соның ишинде фермер хожалықларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўдеги жеңилликлериниң бири болып есапланады.
Бердимурат Баймуратов,
Нөкис районлараралық экономикалық суды судьясы