Мүлк ҳуқықын тән алыў ҳәм юридик әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў туўрысындағы ислер туўрысында
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 54-статьясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 164-статьясына көре мүлк ҳуқықы шахстың өзине қараслы болған мал-мүлкке өз қәлеўи менен ҳәм өз мәплерин гөзлеп ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм оны басқарыў, сондай-ақ өзиниң мүлк ҳуқықын ким тәрепинен болмасын, ҳәр қандай бузылыўды сапластырыўды талап етиў ҳуқықынан ибарат.
Пуқаралық кодексиниң 11-статьясы биринши бөлиминиң екинши хатбасысында пуқаралық ҳуқықлары ҳуқықты тән алыў жолы менен қорғалаўы белгиленген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 26-статьясының биринши бөлими 6-бәндине көре экономикалық суд мүлк ҳуқықын тән алыў туўрысындағы даўларды шешеди.
Мүлк ҳуқықын тән алыў ҳәм юридик әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў туўрысындағы ислер бир-биринен процессуал тәрепинен парық қылады.
Мүлк ҳуқықын тән алыў ҳаққындағы ислерде даў бар болып, олар даўа тәртибинде көриледи ҳәм оларда тәреплер (даўагер ҳәм жуўапкер), сондай-ақ лазым болғанда үшинши шахслар қатнасады.
Юридик әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў ҳаққындағы ислер болса экономика саласында шөлкемлер ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары пайда болыўы, өзгериўи яки бийкар болыўы ушын әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў ҳаққындағы арзалар тийкарында қозғатылады. Усы ислер бойынша даў болмағанлығы себепли олар арза бериўши ҳәм лазым болғанда, мәпдар шахслардың қатнасыўында көрип шығылады. Бундай ислерде жуўапкер болмайды.
Егер даўа арзасында мүлк ҳуқықын тән алыў соралған болса да, бирақ оның мазмунынан юридик әҳмийетке ийе болған фактти анықлаў талабы келип шықса, суд бундай даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырады. Ал, юридик әҳмийетке ийе болған фактти анықлаў ҳаққындағы исти көриў даўамында ҳуқық туўрысында даў келип шыққанлығы анықланса, суд юридик әҳмийетке ийе болған фактти анықлаў ҳаққындағы арзаны көрместен қалдырады. Бунда арза бериўшиниң судқа даўа тәртибинде мүрәжат етиў ҳуқықы жойтылмайды.
Юридик әҳмийетке ийе болған фактти анықлаў менен байланыслы ислерди көриўде арза бериўшиде мүлкке ийелик етиў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң илгери болғанлығы, бирақ ол жойтылған ҳәм тиклеў мүмкин болмағанлығы тийисли дәлиллер менен дәлилийлленген тәғдирде, мүлкке ийелик етиў ҳуқықы емес, бәлки мүлктиң арза бериўшиге ийелик ҳуқықы тийкарында тийисли екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болғанлығы факти тастыйықланыўы лазым.
Пуқаралық кодексиниң 187-статьясының биринши бөлимине көре мүлкдар болмаған, бирақ көшпес мүлкке он бес жыл даўамында яки басқа мал-мүлкке бес жыл даўамында өзиники сыяқлы ҳалал, ашық ҳәм үзиликсиз ийелик еткен шахс бул мал-мүлкке мүлк ҳуқықын алады (ийелик етиў ҳуқықын пайда етиўши мүддет).
Усы мүддеттиң өтиўи себепли мүлкке ийелик етип турған шахс мүлк ҳуқықын тән алыў туўрысындағы даўа менен судқа мүрәжат етсе, алдынғы мүлкдар ис бойынша жуўапкер сыпатында тартылады.
Алдынғы мүлкдар болмағанда яки ол мүлкке әмелде ийелик еткен шахсқа мәлим болмаса, мүлкке әмелде ийелик еткен шахс мүлк ҳуқықын тән алыў туўрысындағы даўа арзасы менен емес, бәлки ийелик етиў ҳуқықын пайда етиўши мүддет даўамында өзиники сыяқлы ҳадал, ашық ҳәм үзиликсиз ийелик еткенлиги фактин анықлаў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиўге ҳақылы. Бундай жағдайда, мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериўши орган иске мәпдар шахс сыпатында тартылады.
Мал-мүлкке ийелик етиў шәртнамалық миннетлемелер (ижара, сақлаў, ҳақсыз пайдаланыў ҳәм басқалар) тийкарында әмелге асырылған жағдайларда Пуқаралық кодексиниң 187-статьясы қолланылмайды.
Ийелик етиў ҳуқықын пайда етиўши мүддеттиң өтиўи себепли мүлк ҳуқықы пайда болғанында алдынғы мүлкдар мүлк ҳуқықын жойтады.
Өзбасымшалық пенен қурылған имарат ҳәм қурылмаларға мүлк ҳуқықын тән алыў ҳаққындағы талап даўлы болғанлығы себепли, ол юридик әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў туўрысындағы арзаларды көриў ушын белгиленген тәртипте емес, бәлки даўа тәртибинде, Пуқаралық кодексиниң 212-статьясы қағыйдаларына әмел қылған ҳалда көрип шығылады.
Гаўҳар Зарипова
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы