Материаллық ҳәм руўхый зыян түсиниги ҳәм оны өндириў тийкарлары

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексинде зыян-ҳуқықы бузылған шахстың бузылған ҳуқықын тиклеў ушын сарплаған яки сарплаўы мүмкин болған қәрежетлери, оның мал-мүлки жоғалыўы яки зыянланыўы ҳақыйқый зыян деп ал, шахстың өз ҳуқықлары бузылмағанында әдеттеги пуқаралық айланысы шәраятында алыўы мүмкин болған, бирақ ала алмай қалған дәраматлары қолдан жиберилген пайда деп түсиник берилген. Егер нызамда яки шәртнамада келтирилген зыянды кем муғдарда төлеў нәзерде тутылмаған болса, ҳуқықы бузылған шахс өзине жеткизилген зыянның толық қапланыўын талап етиўи мүмкин, сондай-ақ, ҳуқықты бузған шахс буның нәтийжесинде дәрамат алған болса, зыян көрген шахс зыян менен бир қатарда қолдан жиберилген қолдан жиберилген пайданы усы көрилген дәраматтан кем болмаған муғдарда төлениўин талап етиўге ҳақылы болады.

 

Нызамға қайшы ҳәрекет яки ҳәрекетсизлик себеп пуқараның шахсына яки оның мал-мүлкине жеткизилген зыян, юридикалық шахсқа жеткизилген зыян, соның менен бирге қолдан жиберилген  пайда зыянды жеткерген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы тийис.

 

Зыян жеткизген шахс, егер зыян өзиниң айыбы менен жеткизилмегенлигин дәлийллей алса, зыянды төлеўден азат етиледи. Ал, зыян жәбирлениўшиниң илтимасы яки разылығы менен жеткизилген болса, зыян жеткизген шахстың ҳәрекетлери жәмийеттиң әдеп-икрамлылық нормаларын бузбаса, зыянды төлеў талабы қанаатландырылмаўы мүмкин.

 

Зәрүрли қорғаныў ҳалатында жеткизилген зыян, егер бунда зәрүрли қорғаныў шегарасынан шығылмаған болса, төленбейди.

 

Мәмлекетлик уйымы яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы тәрепинен нызамға муўапық болмаған ҳүжжет қабыл етилиўи, сондай-ақ, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы ҳәрекетлери яки ҳәрекетсизлиги нәтийжесинде пуқараға, юридикалық шахсқа жеткизилген зыян мәмлекетлик уйымы тәрепинен яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы тәрепинен қапланыўы тийис. Егер мәмлекетлик уйымы яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымыныӊ бюджеттен тысқары қаржылары болмаған жағдайда, зыян Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қапланады.

 

Суд тәрепинен зыян қайсы мәмлекетлик уйымы тәрепинен яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы лаўазымлы шахсының айыбы менен жеткизилген болса, усы уйымлар лаўазымлы шахсына жүклетилиўи мүмкин.

 

Руўхый зыян – зыян жеткизиўшиниң айыбы болған жағдайда, зыян жеткизиўши тәрепинен толық қапланады,  ал егерде пуқараның өмири ҳәм денсаўлығына ашық қәўип дереги тәрепинен жеткизилсе, пуқараға оны нызамға қайшы тәризде ҳүким етиў, нызамға қайшы жынайый жуўапкершиликке  тартыў, ықтыят шарасы сыпатында қамаққа алыў яки мүнәсип минез-ҳулықта болыў ҳаққында тил хат алыў, нызамсыз түрде ҳәкимшилик жаза қолланыў, иркиўге алыў, ҳәр қандай қыйнаў, аяўсыз, нызамға қайшы, қәдир-қымбатын кемситиўши қатнас ҳәм жаза түрлерин қоллаў нәтийжесинде жеткизилсе, ар-намыс, қәдир-қымбат ҳәм исшеңлик абыройын ақыретлеўши мағлыўматлар тарқатыў себепли жеткизилген болса, зыян жеткизиўшиниң айыбы болыўы-болмаўына қарамастан руўхый зыян қапланады.

 

Жеткизилген руўхый зыян пул менен қапланады. Бунда шахсқа жеткизилген руўхый зыянның муғдары жәбирлениўшиге жеткизилген, руўхый, физикалық азаплардың қәсийетине, зыян жеткизиўшиниң айыбы дәрежесине қарап суд тәрепинен анықланып, усы руўхый зыян жеткизилген ҳақыйқый ҳалатлар, жәбирлениўшиниң жеке сыпатларына баҳа бериледи ҳәм ақылға уғрас муғдарда ҳәм әдалат талаплары итибарға алынып өндириледи.

 

 

 

 

Саодат Қайыпназарова,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                                                       

Ишиўшиликтиң ақыбети қамақ пенен жуўмақланды

Көпшилик жағдайда кеўилсиз ҳәдийселер бийталаплық, жумыссызлық ақыбетинде жүзеге келеди. 1976-жылы Қанлыкөл районында туўылған Серикжан (аты өзгертилген)да мине бир нешше жыллардан берли талабы келиспей жумыссыз. Оның үстине ишиўшиликке берилип, тапқанын араққа сарыплайды, жетпегендей ишип алып үйиндеги гүлдей ҳаялына түрли ақырет сөзлерди айтып, қол көтерип урады, басым өткерип азап береди. Усының ақыбетинде бир нешше мәртебе жәмийетлик тәртипти бузғанлығы ушын  ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, жәрийма төлесе де  буннан дурыс жуўмақ шығарыўдың орнына ески әдетин және даўам етебереди. Барқулла күйеўинен ақырет сөзлерди еситип, ҳәтте «таяғына» көнген ҳаялының «сабыр кесасы толды». Тийисли органларға мүрәжәәт етип өзине қорғаныў ордерин алды.

 

«Енди тыныш жасайманаў»,-дегенде  Серикжан ески әдетин тәкирарлап, ҳаялына ишип келип азап бериўди баслады. Нәўбеттеги усындай жәнжелге суд залында тыйым салынды.

Серикжан өзи жасайтуғын аймақта мәс ҳалында, шаўқым салып жүргенинде ишки ислер органлары хызметкерлери тәрепинен иркилип, Қанлыкөл район медицина бирлеспесине қараслы айықтырыў ханасына алып барылып жеке көриктен өткерилгенде қалтасынан өткир ушлы шаққы пышағы бар екенлиги анықланып, қалыслар қатнасында пышақ  айғақлы зат ретинде алынған.

 

Сондай-ақ, ҳуқықбузар өмирлик жолдасына қорғаныў ордери берилгенлигине қарамастан спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында үйине келип және оған руўхый басым өткерген.

 

Ҳуқықбузар Серикжан жоқарыда көрсетилген ис ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясы, 2061-статьясы ҳәм 1852-статьясы 2-бөлиминде көрсетилген ҳуқықбузарлықларды ислеген.

 

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районы суды тәрепинен  Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы М.Бекимбетов басшылығында, судья жәрдемшиси  Т.Нурлепесовтыӊ хаткерлигинде, жәбиркеш  ҳәм ҳуқықбузардың қатнасында Қанлыкѳл районы ишки ислер бөлими тәрепинен ҳуқықбузар Серикжанның қарсысына топланған ҳәкимшилик иси ашық суд мәжилисинде көрип шығылды.

 

Ҳуқықбузар суд мәжилисинде ислеген ис-ҳәрекетин толық мойынлап, көрсетпе берди.

Жәбиркеш ҳаялы болса суд мәжилисинде өмирлик жолдасы көп ишетуғынын, алдын ишип келип басым өткергенлиги себепли қорғаныў ордери алғанын, бирақ соған қарамастан және ишип келип өзине басым өткергенин айтып нызамда белгиленген жазасын тайынлаўды сорады.

 

Ҳуқықбузардың ис-ҳәрекетлери өзиниң судтағы берген көрсетпесинен тысқары, жәбиркештиң көрсетпеси, сорастырыў дәўириндеги арзалары, фотосүўретлери, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы баяннамасы ҳәмде ис бойынша топланған басқада дәлиллер менен толық тастыйықланып, суд қарар етти.

 

Суд қарарына муўапық, ҳуқықбузарға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясы, 2061-статьясы ҳәм 1852-статьясы 2-бөлими менен 15 (он бес) сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

 

 

 

Мақсет Бекимбетов,

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы

Пуқара не ушын қамалды?  

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды тәрепинен Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы Р.Бекмуратова, судья жәрдемшиси И.Маткурбановтың хаткерлигинде, ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып атырған С.М ның қатнасында Ѳзбекстан Республикасы Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 474-статьясында нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты ислегенлиги жүзесинен ҳәкимшилик иси ашық суд мәжлисинде кѳрип шығылды.

1990-жылы Кегейли районында туўылған, Ѳзбекстан Республикасы пуқарасы, ўақтынша жумыссыз С.М  Шымбай районлар аралық пуқаралық ислери бойынша судының 2021-жыл 21-май күнги суд буйрығына тийкар өндириўши Ш.К ның пайдасына оның қарамағындағы бир перзентиниң тәмийнаты ушын ҳәр айда жәми дәраматының 1/4 (төрттен бир) бөлеги муғдарында алимент өндирилиўи белгиленгенлигине ҳәмде бул ҳаққында мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен бир неше мәрте жазба түрде ескертиўлерине қарамастан, 2022-жыл 24-декабрь күнинен 2023-жыл 1-апрель күнине шекем жәми 2.850.851 сўм муғдарында алимент пулларын төлеўден қастан бас тартып келген.

 

Сорастырыў уйымы тәрепинен анықланған ҳалат бойынша С.Мның карсысына Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 474-статьясы менен ҳәкимшилик ис материалы топланып судқа өткерилген.

 

Суд мәжилисинде ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып атырған С.М алимент пулларын тѳлей алмаслығын, жағдайы жоқ екенлигин баян етип көрсетпе берди.

 

Суд ҳәкимшилик ис ҳужжетлерин үйренип шығып, қарар етти. Яғный,  С.М Өзбекстан Республикасы Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 474-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислеген деп табылсын ҳәм оған усы статья менен 15 (он бес) сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды. С.М нан өндириўши Ш.К ның пайдасына ѳндирилиўи лазым болған алимент пулларын пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық судының 21.05.2021-жылғы суд буйрығына тийкарында шығарылған орынлаў ҳүжжети ҳәзирги ўақытта ѳз күшинде болғанлығы себепли “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа орган ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Ѳзбекстан Республикасы Нызамы талапларына муўапық улыўма тәртипте ѳндирилиўи даўам еттирилиўи белгиленди.

 

 

Қарарға наразы тәреп, қарар оқып еситтирилген күннен баслап жигирма сутка ишинде, өзине қарата қарар шығарылған шахс ҳәм жәбирлениўши болса қарар көширмесин алған ўақыттан баслап сол мүддет  ишинде, усы суд арқалы Өзбекстан Республикасы Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 3243-статьясы талаплары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясына апелляциялық тәртипте шағым арза, прокурор протест келтириўге ҳақылы екенлиги суд мәжилиси қатнасыўшыларына түсиндирилди.

 

 

 

Райса Бекмуратова,

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы 

Нуранийлеримиз ҳәмийше итибарда

Жасы үлкенлерди сыйлаў адамгершиликтиң ең жоқары пазыйлети. Әсиресе, өзиниң пидайылығы ҳәм кишипейиллиги, талапшаңлығы менен тек өзиниң тараўы бойынша емес, ал жәмийеттен де мүнәсип орын ийелеген, бүгинги күнде ели-халқының ардақлы нуранийине айланған жасы үлкенлеримизди қаншама қәдирлеп, ҳүрмет көрсетсек арзыйды.

Қарақалпақтан Республикасы судлары тәрепинен Еслеў ҳәм кәдирлеў күни мүнәсибети менен суд тараўында жемисли мийнет етип, бүгинги күнде ҳүрметли дем алыстағы нуранийлер, суд фахрийларының атап айтқанда, П.Айтниязов, М.Тажибаев, Р.Қурбанова, Қ.Ильясов, А.Базарбаева, Ж.Абдиримова, Қ.Мухановлардың хал жағдайларынан хабар алынып, байрам менен қутлықлап, оларға сый-ҳүрмет көрсетилди.

 

Байрам себеп дийдарласқан устаз ҳәм шәкиртлер өткен күнлерди еслеп, бүгинги тыныш татыў ҳәм абадан турмысқа шүкирлик етти.

“Биз көрген қыйыншылық, қысыўметлерди сизлер көрмегейсиз. Еледе алдыңызда буннан да айдын келешек бар. Тек алға умтылып, әдилликти өзлериңизге қорған етиңлер!,-деп пәтияға қол жайған нуранийлер өзлериниң ең жақсы тилеклерин билдирди.

Әлбетте, орны ҳәмийше төрде жарасықлы бул тараў пидайыларының ислеген хызметлери биз ушын үлги мектеби. Олардан өрнек алып, ақыл-нәсиятлары менен келешекке еледе исенимли қәдем қоямыз.

 

 

Қарақалпақтан Республикасы суды

 

Жақсының аты өшпейди…

9-май Еслеў ҳәм қадирлеў күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов ҳәм судьялар тараўда ислеп, пандемия ақыбетинде қайтыс болған мархум судья Бегдулла Ауезимбетовтың шаңарағында болып олардың хал жағдайларынан хабар алды.

Бегдулла Ауезимбетов 1976-жылы Хожели районында туўылған. 2006-жылы жоқары мағлыўматқа ийе болған ол 14 жыл жумыс суд-ҳуқық тараўында жемисли мийнет етти. Ол 2017-жылдан өмириниң соңғы күнлерине шекем Шымбай районы ҳәкимшилик судының баслығы лаўазымында иследи.

Мархум кәсиплесин еске алар екен, оның перзентлерине әкесиниң жақсы адамгершиликли пазыйлетлерин мақтаныш етти. Өмир қысқа, бирақ сондай инсанлар бар, бул қысқа ғәниймет өмирде ислеген ийгиликли ислери, жақсылықлары, адамгершиликли пазыйлетлери менен жақынларына, әтирапындағы дос-яранларына мың жылға татырлық естелик қалдырып кетеди.

“Бегдулла сондай жақсы инсан еди, бүгинги исти ертеңге қалдырмайды. Оқып, излениўден ҳеш шаршамайтуғын еди. Бизлер университетте бирге оқыдық. Жасы бизлерден бираз үлкен болса да барқулла өзиниң кишипейиллиги, бир сөзлилиги менен группаласлары арасында ҳүрмет-иззетке ийе еди. Суд тараўында бирге ислесиў бахыты несип етти. Ол әдилликти өзиниң қорғаны деп билди. Буның ушын бар күш-жигерин аямады”-дейди Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының баслығы Бекбаўлы Досымбетов кәсиплесип еслеп.

Дурысында да, жақсының аты өшпейди. Әке жолын даўам еттирип атырған екинши перзенти Айзада бүгинги күнде Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судында судья жәрдемшиси болып жумыс ислеп атыр. “Мен әкем менен мақтаныш етемен. Келешекте әкеме уқсаған судья боламан. Оның ислеген дәўиринде кийген мантиясын көзимниң қарашығындай сақлап қойыппан. Қуда қәлесе, судья болғанымда усы мантияны кийемен. Әкемниң руўхы мени қоллайды”-дейди Айзада.

Әлбетте, өткенлерди яд етип, олардың мүбәрек естелигине ҳүрмет көрсетиў инсаныйлықтың ең жоқары өлшеми.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Инсан еслеў менен тири, қадирлеў менен уллы ҳәм муқаддес

Еслеў өзлигимизди аңлаўға, өтмишти барқулла еслеп турыўға умтылдыратуғын муқаддес туйғы, ол арқалы инсан өзинде жақсы пазыйлетлерди қәлиплестирип барады. Муқаддес түсиниклердиң барлығы негизинде еслеў менен тири. Еслеў текғана өтмишти умытпаў емес, ал бүгинги күнниң қәдирине жетип, келешекке умтылыў дегени. Ал, қәдирлеў болса, шаңарақларға қут-берекет бағышлап, ислеп атырған ийгиликли ислеримизге ақ пәтиясын берип тилеклес болып отыратуғын жасы үлкенлеримиз бенен устазларымызға болған иззет-ҳүрметти еледе беккемлеў дегени.

   

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы судында өткерилген руўхый-ағартыўшылық сааты да 9-май –Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланды. Оған Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судья ҳәм суд хызметкерлери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов иләжды кирис сөзи менен ашып, ҳәр жылы пүткил мәмлекетимизде белгиленетуғын 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күниниң әҳмийетин айтар екен, бул сәне ҳәр бир инсанның өмиринде айрықша орын тутатуғынлығына итибар қаратты.

Буннан соң, тараўда узақ жыллар даўамында хызмет еткен, сондай-ақ, тараўда ислеп пандемия дәўиринде ҳәм басқа себеплерге байланыслы биймезгил қайтыс болан судья ҳәм суд хызметкерлериниң жарқын естелигине бағышланған видеоролик қойып берилди.

“Инсанның яды әзийз. Халқымызда әзелден өткен әўладларды еслеп, қәдирлеген. Еслеў миллеттиң тарыйхы, оның қәдриятларын мәдениятын ҳәм мәнаўиятын, улыўмаластырып айтанда барлығын өзинде жәмлеген уллы қәдрият,”-деди  видеороликтен тәсирленген Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов өзи менен бирге заманлас болып ислеген марҳум кәсиплеслерин еслеп.

Сондай-ақ, иләж барысында Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясының судьялары З.Бабаджанова, С.Қайпназарова, Е.Утениязовлар да сөзге шығып, өткенлерди еслеп, олардың муқаддес ядына ҳурмет көрсетти.

 

 

Солай екен, инсан еслеў менен тири, қадирлеў менен уллы ҳәм муқаддес.

 

 

 

Жарасқанлық мүнәсибети менен жынаят иси өндиристен қысқартылды

Бүгин жоллар автотранспортлар менен толы, пиядаларда соған жараса. Деген, менен жоллардағы азғана итибарсызлық ақыбетинде кимниңдур денсаўлығына зыян жеткериў, яки өмирине заўал болыў мүмкинлигин пияда да, транспорт басқарыўшылары да есте тутса пайдадан жырақ болмас еди.

Жынаят ислери бойынша Нөкис районлық судында өткерилген ашық көшпели суд мәжлисинде транспорт ҳәдийдесине байланыслы ис көрип шығылды. Автотранспорт басқарыўшысының ҳәрекет қәўипсизлигине итибарсызлығы ақыбетинде жүз берген транспорт ҳәдийсеси райондағы “Төктаў” мәкан пуқаралар жыйынында аймақ турғынларының қатнасыўында көрилди.

Суд процессинде  гүман етилиўши қылыныўшы 1986-жылы Нөкис районында туўылған “М” исмли шахс  дәслепки тергеў уйымы ҳүжжетлерине бола, 2023-жылдың 3-март күни саат 19:00 лар шамасында, өзиниң басқарыўындағы әжағасына  тийисли болған “Спарк” маркалы автомашинасын Нөкис районы “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өтип турған 4Р175 асфальт жолы менен басқарып баратырып, усы жолдың 3-4 километр аралығына келген, жолды пияда өтип кесип өтип атырған жас өспирим “Н” ды автомашинасыныӊ алды тәрепи менен қағып алған. Нәтийжеде жас өспирим дене жарақатын алып емлеўханаға түскен. Солай етип, “М” жоқарыда көрсетилген жынайый ис ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислеген.

Дәслепки тергеў дәўиринде гүман етилиўши “М” жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкили “В” Нөкис районы ишки ислер бөлими баслығына арза менен мүрәжат етип, жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен қысқартыўды сораған.

Ис бойынша жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкили “В” 2023-жыл 3-март күни саат 19:00 лар шамасында, жолды пияда өтип кесип өтип атырған жас өспирим баласы “Н”ды бир автомашина қағып кетип емлеўханаға түскенлигин, ҳәзирги ўақытта баласының денсаўлығы жақсы екенлигин, бул ўақыя бойынша “М” кеширим сорағанлығын, оның менен өз-ара жарасып кеткенлигин, ол келтирилген зыянларды толық тѳлеп бергенлигин, оған ҳеш қандай арза даўы жоқлығын, сол себепли “М”ның қарсысына қозғатылған жынаят исин жарасыў мүнәсибети менен ѳндиристен қысқартыўды сорап, арзасын өз ерки менен жазғанлығы, оған бирде-бир сырттан тәсир болмағанлығы, жарасыў суд тәрепинен тастыйықланғаннан кейин келип шығатуғын ҳуқыйқый ақыбетлерди түсингенлиги ҳакқында көрсетпе берип, жынаят исин қысқартыўды сорады.

Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 66-1-статьясына муўапық, Жынаят Кодексиниң  266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислеген шахс, егер ол өз айыбын мойынласа, жәбирлениўшилер менен жарасса ҳәм жеткерилген зыянды қапласа, жарасқанлық мүнәсибети менен жынайый жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин. Сонлықтан, суд жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкили “В” ны  ҳәм гүман етилиўши “М” ның жарасыў ҳаққындағы арзаларын, жынаят ис ҳүжжетлери менен бирге үйренип, Нѳкис районы прокуроры жәрдемшисиниң жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен қысқартыў ҳакқындағы пикирин тыңлап, гүман етилиўшиниң алдын судланбағанлығын, айыбын толық тән алғанлығын ҳәм жеткерилген зыянның толық қапланғанлығын, жәбиркеш ҳәм гүман етилиўшиге сырттан тәсир болмағанлығын, жарасыў олардың қәлеўи менен болып атырғанлығын ҳәм Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаят Жынаят Кодексиниң 66-1-статьясына муўапық, жарасыўға түсиўин инабатқа алып, “М”ның қарсысына жүргизилген жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен өндиристен қысқартыўды уйғарды.

 

АЗАТ СЕЙТАНОВ,

Жынаят ислери бойынша Нөкис районлық судының баслығы

Мүрәжатларға анық ҳуқықый түсиник берилди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясы басшылары тәрепинен Қанлыкөл районында көшпели қабыллаў өткерилди.

Сондай-ақ, қабыллаўда районы ҳәкими, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қанлыкөл районындағы халық қабыллаўханасы баслығы, прокуратура, ишки ислер бөлими ўәкиллери де қатнасып, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат районы пуқараларының суд-ҳуқық мәселелерине байланыслы мүрәжатларын тыңлады.

 

Қабыллаў барысында пуқаралардың суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланып, қосымша үйрениў ҳәм мүддет талап ететуғынлары суд басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды. Соның менен бирге, айырым пуқараларға судқа мүрәжат етиў тәртиби ҳәм басқада мәселелер бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.

Атап айтқанда, Шоманай районы Мақтумқулы көшеси турғыны М.Айтжанов ҳаялы менен ажырасқаннан кейин ҳаялы ɵзине тийисли болған жайын сатыўға қойғанынан ҳәмде усы жай мәселеси бойынша Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық суды тәрепинен ɵзине 5.225.161 сум бажы пул салынғанынан наразы екенлигин, Қанлыкɵл районы «Бостан» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны А.Нуржанов Қанлыкɵл районы мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен суд қарары орынланбай 8 млн сум қарызы ɵндирилип берилмей атырғанлығынан наразы екенлигин билдирди. Оларға билдирген мүрәжатлары тийкарында анық ҳуқықый түсиниклер берилди.

Онда 27 пуқара қабыл етилип, олар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың тоғызы жынаят, он жетиси пуқаралық, биреўи ҳәкимшилик ислер бойынша судларға тийисли мәселелерди қурады.

 

Гулайым Ганиева, 

Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты

Судья пуқаралар менен ушырасты

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы Қ.Қыпшақбаев пайтахтымыздағы “Қум аўыл”, “Тынышлық” ҳәм “Ватанпарвар” мәкан пуқаралар жыйынларында болып, халық пенен ушырасты. Ашық сәўбетлесиў барысында судья пуқаралар менен пикирлесер екен, оларға нызамшылықтағы жаңа өзгерислер жөнинде кең түрде мағлыўмат берди. Сондай-ақ, мәмлекетимизде қолай инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлеўдиң тийкары сыпатында мүлк ҳуқықын суд арқалы қорғаў, Конституция реформаларының әҳмийетли үстин туратуғын жөнелиси – темасында баянат жасады.

Өгей анасын өлтирген бала 15 жылға қамалды

Инсанға өмир алла таала тәрепинен инам етиледи, оған қол қатыўға яки бул өмирден айырыўға ҳеш кимниң ҳаққы жоқ. Дана халқымыз әзелден ҳаялды, ананы улығлап, оны қастерлеп абайлаған. Жәннетти аналардың аяғы астына төсеген. Мине усындай бир қолы менен бесикти, бир қолы менен дүнья тербете алған анаға қол көтерип урып азаплаў, өлтириў … Қой, қой, бул саналы адамның қолынан келетуғын ис емес, бул бизиң менталитетимизге де улыўма жат иллет,  ең аўыр гүна ҳәм жынаят.

Бирақ, Сабырбай (атлары өзгертилген) усы ең аўыр жынаятқа қол урды. Себеби, арзымаған өтмиштеги елеслер…

Сабырбайдың анасы ол 5 жасқа толғанда қайтыс болды, әжапасы Малика менен әкеси үшеўи қалады. Анасының жылы өткеннен кейин әкеси Сулыўхан атлы келиншекке үйленеди. Оннан 4 перзент туўылады. Еки үлкен әжапалары турмысқа шығып, үйли жайлы болып кетти. Әкеси де турмыс аўырманлығы, бала-шағаны бағыў ойы менен Қазақстан Республикасына барып бир мүддет жумыс ислеп келетуғын еди.

Бул жынаят жүз берген күни Сабырбайдың әкеси сырт елде еди. Сабырбайдың кейинги ўақытлары иси де жүриспей, әп-әнедей хожалығынан да айырылысып жүрген күнлери. Сол себепли әке үйинде оңысып, жасап атыр еди.

Әдеттегидей, жумыстан саат 18:00 лер шамасында әкесиниң үйине келген Сабырбай өгей анасы Сулыўхан менен дастурхан басында айтысып қалады, чайларын ишип болғаннан кейин «енди үйиңе келмеймен» деп есикти шарт жаўып шығып кетеди. Сабырбайдың жақсы нийетлер менен салып атырған таза жайы бар еди, ол сол жерге барып, усталарға беремен деп қойған бир шийше арағын класслас жорасы Мақсетти шақырып ишип алады. Ишке түскен «шайтан» қояма «еки адамға бир шийше деген не?» деп Сабырбай енди көплеў 0, 75 л арақты әкелип қуяды. Мақсет ертең жумысқа бараман, «мен болдым жора» деп кейинги арақтан 1 кесе ишеди де, қайтып аўзына алмайды. Ал, Сабырбай болса қалған арақтың бәрин бир өзи ишип таўысады, әбден мәс болып, үйге қайтайық деген Мақсеттиң бетине муш пенен урып, буўындырады, күтилмеген бул ҳужимнен Мақсет жерге сылқ етип қулап қалады.

Сабырбай оған итибар берместен шығып кетип, туўры әкесиниң үйине өгей анасының алдына барады. Есикти теўип ашып, бар даўысы менен үйде шаўқым шығара баслайды. Ойына ҳеш жаманлық келтирмеген Сулыўхан чай ишип отырған еки баласын алып ишкериге кирип кетеди. Сабырбай Сулыўханды шақырып, оған аўзына келген жаман сөзлерди айтып ақыретлеп, жулқый кетти. Буны көрген еки үкеси «анамды жибер, анама тийме» дегенине «мына еки балаңды ишке киргизбесең, сени солардың көзинше азаплап өлтиремен» деп қорқытады. Сулыўхан еки баласын төрги бөлмеге киргизеди. Өгей анасының «маған тийме, жүрегим аўыра, өзи кеше емлеўханадан шықтым» деген жалынышлы сөзлери  Сабырбайдың қулағына да кирмейди.

-«Сен бала гезимизде ажапам екеўимизге көп азап бердиң, ийт табақта аўқат бердиң, енди сени өзим өлтиремен» деп бар күши менен Сулыўханды шашынан сүйреп ура кетти. Биресе дийўалға тақап, буўындырады, биресе жерге жатқарып үстине минип бет-жүзин мушлайды, дус келген жерине урып, өгей анасын жаўызларша өлтиреди.

Ақыбетинде, Сабырбайдың үкелери анасыз, өзиниң перзентлери болса әкесиз өсетуғын болды. Бала шаға ғамында сырт еллерде қара мийнет пенен нан таўып жүрген әке өмирлик жолдасының өлимине бир күйген болса, перзентиниң бул қылмысына, оның әйне жаслық дәўири қамақта өтетуғынына еки күйинди.

Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судында ашық суд мәжлисинде көрилген бул жынаят иси бойынша судья хүким оқыды.

Оған бола Сабырбай  Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 97-статьясы 2-бөлими «ж» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислегенликте айыплы деп табылып, 15 (он бес) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

 

 

Дәўлетбай Разов,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

 

Skip to content