Пуқаралық ислери бойынша судлар тәрепинен көрилетуғын ислердиң көпшилигин турақ жайға байланыслы даўалар қурайды. Бул бойынша нызамшылыққа әмел етиў пуқаралар, сондай-ақ, турақ жай фондын есапқа алыў, сақлаў, пайдаланыў ҳәм оңлаўды тәмийинлеў ўәкиллиги жүкленген мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң турақ жайға болған ҳуқықы менен мәплерин қорғаўдың әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады. Сонлықтан да, судлар тәрепинен бундай категориядағы ислерди көриўде жуўапкершиликти және де асырыўы, даўлардың нызамлы көрилиўин толық тәмийинлеўи лазым.
Судлар тәрепинен турақ жайға байланыслы даўа арзаларды қабыл етиўде истиң судқа тийислилигин, талапкердиң бундай даўа арза менен судқа мүрәжат етиўге ўәкиллиги бар яки жоқ екенлигин тексерип, тийисли процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыўы зәрур.
Атап айтқанда, судлар турақ жайға байланыслы, жеке ҳәм мәмлекетлик турақ жай фондларына қараслы турақ жайларды ижараға бериўши ҳәм ижараға алыўшылар, олардың шаңарақ ағзалары арасындағы турақ жай мүнәсибетлери бойынша жүзеге келген даўларды, турақ жай қурыў яки турақ жай кооперативи менен пуқаралар арасындағы турақ жай мүнәсибетлеринен келип шығатуғын даўларды шешиў ўәкиллигине ийе. Сондай-ақ, мәмлекетлик турақ жай фондының турақ жайға берилген ҳүжжетти (ордерди) ҳақыйқый емес, деп табыў, ижара шәртнамасын өзгертиў ҳәм бийкарлаў ҳаққындағы, турақ жай кодексиниң 71-74, 79, 85-статьяларында көрсетилген тийкарлар бойынша турақ жайдан шығарыў менен ҳәм пуқаралық ҳуқық миннетлемелери тийкарында жүзеге келетуғын турақ жайға байланыслы, жер участкалары мәмлекет яки жәмәәт зәрүрликлери ушын алып қойылыўы менен пайда болатуғын даўларды шешиў ўәкиллигине ийе.
Мүлк ийеси, оның шаңарақ ағзалары, ижарашы ҳәм оның ер жеткен шаңарақ ағзалары арасында турақ жай мәселесинде келип шыққан даўлар (жайға киргизиў, турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан, деп табыў, жайдан шығарыў) суд тәртибинде көриледи ҳәм бул категориядағы ислерди көриўде даўлы жайда жасаўшы ер жеткен барлық шахслар тийислилиги бойынша иске тартылыўы лазым.
Мүлк ийесине байланыслы турақ жайда жасаў ҳуқықын жоғалтқан, деп табыўға жол қойылмайды.
Нотариал тәртипте дүзилген турақ жай шәртнамасында сатыўшы ҳәм оның шаңарақ ағзаларының турақ жай есабынан шығып кетиў мүддети көрсетилген болса, сол мүддет тамамланған күннен баслап, олар турақ жайдан пайдаланыў хуқықын жоғалтқан болып есапланады.
Үлесли мүлктеги турақ жайларды бөлиўде мүлк ийелери өз-ара келисе алмағанда ғана суд тәртибинде шешиледи.
Үлесли мүлк болған турақ жайлар мүлк ийелерине олардың үлесин натура ҳалында ажыратып бериў орнына басқа мүлк ийеси тәрепинен компенсация төлениўине мүлк ийелериниң келисими менен жол қойылады. Мүлк ийелериниң үлеси сол турақ жайға байланыслы басқа мүлк ийесиниң үлесинен бир қанша кем болса, үлести тең бөлистириўдиң имканияты болмаса, мүлк ийеси даўлы жайда жасамай атырған болса, ол басқа турақ жай менен тәмийинленген болса, мүлктен пайдаланыўдан үлкен мәпке ийе болмаған жағдайларда суд усы мүлк ийеси келисим бермеген жағдайда да үлесли мүлктиң қалған қатнасыўшыларына усы мүлк ийесине компенсация төлеў миннетлемесин жүклеўи мүмкин.
Мәселен, даўагер С.Ж. жуўапкер З.С. ға қарата турақ жайдан үлес алыў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен.
Пуқаралық ислери бойынша районлараралық судының шешиўши қарары менен даўа қанаатландырылып, даўагер С.Жның пайдасына жуўапкер З.С.дан 27 миллион 471 мың сум өндириў, даўлы жайды натура ҳалында жуўапкер З.С.ға қалдырыў белгиленген.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, даўагер С.Ж. ҳәм жуўапкер З.С. 1996-жылы турмыс қурған, орталарындағы неке 2007-жылы нызамлы түрде рәсмийлестирилген. Тәреплер өз-ара келиспеўшилик себепли 2015-жылы август айынан берли бирге жасамайды. 2016-жыл 15-сентябрь күнги судтың шешиўши қарары менен тәреплер нызамлы некеден ажыратылған ҳәм олардың некеден ажыратылғанлығы ПҲАЖ бөлиминде дизимге алынған. Тәреплердиң некеде болған дәўиринде, яғный 2009-жыл 9-февраль күни районлық мәмлекетлик нотариал кеңсесинде тастыйықланған турақ жайдың алды-сатты шәртнамасына тийкарланып 21-киши райондағы жайлардың биринен квартира сатып алынған ҳәм жуўапкер З.С.ның атына мүлк ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилген.
Даўагер жуўапкер менен неке даўамында алынған бул даўлы жайдан үлес ҳуқықына ийе екенлигин 2016-жылы сентябрь айында билген болса да, судқа 2022-жыл 6-ноябрьде мүрәжат еткен.
Жуўапкер З.С. даўа мүддетин өткерип жибергенлиги себепли даўа мүддетин қоллаўды сорап судқа арза менен мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодекси 27-статьясының 9-бөлимине муўапық, некеден ажыратылған ерли-зайыплының улыўмалық мүлкти бөлиў ҳаққындағы талапларына байланыслы үш жыллық даўа мүддети қолланылады. Биринши инстанция суды усы нызам талапларын итибарға алмастан даўаны қанаатландырыў ҳаққында надурыс шешим қабыл еткен. Сол себепли апелляция инстанциясының уйғарыўы менен биринши инстанция судының шешиўши қарары бийкар етилип, даўаны қанаатландырмастан қалдырыў ҳаққында жаңа шешим қабыл етилген.
Саодат Каипназарова,
Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы.
Қарақалпақстан Республикасы суды