Инсан еслеў менен тири, қадирлеў менен уллы ҳәм муқаддес

Еслеў өзлигимизди аңлаўға, өтмишти барқулла еслеп турыўға умтылдыратуғын муқаддес туйғы, ол арқалы инсан өзинде жақсы пазыйлетлерди қәлиплестирип барады. Муқаддес түсиниклердиң барлығы негизинде еслеў менен тири. Еслеў текғана өтмишти умытпаў емес, ал бүгинги күнниң қәдирине жетип, келешекке умтылыў дегени. Ал, қәдирлеў болса, шаңарақларға қут-берекет бағышлап, ислеп атырған ийгиликли ислеримизге ақ пәтиясын берип тилеклес болып отыратуғын жасы үлкенлеримиз бенен устазларымызға болған иззет-ҳүрметти еледе беккемлеў дегени.

   

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы судында өткерилген руўхый-ағартыўшылық сааты да 9-май –Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланды. Оған Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судья ҳәм суд хызметкерлери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов иләжды кирис сөзи менен ашып, ҳәр жылы пүткил мәмлекетимизде белгиленетуғын 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күниниң әҳмийетин айтар екен, бул сәне ҳәр бир инсанның өмиринде айрықша орын тутатуғынлығына итибар қаратты.

Буннан соң, тараўда узақ жыллар даўамында хызмет еткен, сондай-ақ, тараўда ислеп пандемия дәўиринде ҳәм басқа себеплерге байланыслы биймезгил қайтыс болан судья ҳәм суд хызметкерлериниң жарқын естелигине бағышланған видеоролик қойып берилди.

“Инсанның яды әзийз. Халқымызда әзелден өткен әўладларды еслеп, қәдирлеген. Еслеў миллеттиң тарыйхы, оның қәдриятларын мәдениятын ҳәм мәнаўиятын, улыўмаластырып айтанда барлығын өзинде жәмлеген уллы қәдрият,”-деди  видеороликтен тәсирленген Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов өзи менен бирге заманлас болып ислеген марҳум кәсиплеслерин еслеп.

Сондай-ақ, иләж барысында Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясының судьялары З.Бабаджанова, С.Қайпназарова, Е.Утениязовлар да сөзге шығып, өткенлерди еслеп, олардың муқаддес ядына ҳурмет көрсетти.

 

 

Солай екен, инсан еслеў менен тири, қадирлеў менен уллы ҳәм муқаддес.