Ишиўшиликтиң ақыбети қамақ пенен жуўмақланды

Көпшилик жағдайда кеўилсиз ҳәдийселер бийталаплық, жумыссызлық ақыбетинде жүзеге келеди. 1976-жылы Қанлыкөл районында туўылған Серикжан (аты өзгертилген)да мине бир нешше жыллардан берли талабы келиспей жумыссыз. Оның үстине ишиўшиликке берилип, тапқанын араққа сарыплайды, жетпегендей ишип алып үйиндеги гүлдей ҳаялына түрли ақырет сөзлерди айтып, қол көтерип урады, басым өткерип азап береди. Усының ақыбетинде бир нешше мәртебе жәмийетлик тәртипти бузғанлығы ушын  ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, жәрийма төлесе де  буннан дурыс жуўмақ шығарыўдың орнына ески әдетин және даўам етебереди. Барқулла күйеўинен ақырет сөзлерди еситип, ҳәтте «таяғына» көнген ҳаялының «сабыр кесасы толды». Тийисли органларға мүрәжәәт етип өзине қорғаныў ордерин алды.

 

«Енди тыныш жасайманаў»,-дегенде  Серикжан ески әдетин тәкирарлап, ҳаялына ишип келип азап бериўди баслады. Нәўбеттеги усындай жәнжелге суд залында тыйым салынды.

Серикжан өзи жасайтуғын аймақта мәс ҳалында, шаўқым салып жүргенинде ишки ислер органлары хызметкерлери тәрепинен иркилип, Қанлыкөл район медицина бирлеспесине қараслы айықтырыў ханасына алып барылып жеке көриктен өткерилгенде қалтасынан өткир ушлы шаққы пышағы бар екенлиги анықланып, қалыслар қатнасында пышақ  айғақлы зат ретинде алынған.

 

Сондай-ақ, ҳуқықбузар өмирлик жолдасына қорғаныў ордери берилгенлигине қарамастан спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында үйине келип және оған руўхый басым өткерген.

 

Ҳуқықбузар Серикжан жоқарыда көрсетилген ис ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясы, 2061-статьясы ҳәм 1852-статьясы 2-бөлиминде көрсетилген ҳуқықбузарлықларды ислеген.

 

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районы суды тәрепинен  Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы М.Бекимбетов басшылығында, судья жәрдемшиси  Т.Нурлепесовтыӊ хаткерлигинде, жәбиркеш  ҳәм ҳуқықбузардың қатнасында Қанлыкѳл районы ишки ислер бөлими тәрепинен ҳуқықбузар Серикжанның қарсысына топланған ҳәкимшилик иси ашық суд мәжилисинде көрип шығылды.

 

Ҳуқықбузар суд мәжилисинде ислеген ис-ҳәрекетин толық мойынлап, көрсетпе берди.

Жәбиркеш ҳаялы болса суд мәжилисинде өмирлик жолдасы көп ишетуғынын, алдын ишип келип басым өткергенлиги себепли қорғаныў ордери алғанын, бирақ соған қарамастан және ишип келип өзине басым өткергенин айтып нызамда белгиленген жазасын тайынлаўды сорады.

 

Ҳуқықбузардың ис-ҳәрекетлери өзиниң судтағы берген көрсетпесинен тысқары, жәбиркештиң көрсетпеси, сорастырыў дәўириндеги арзалары, фотосүўретлери, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы баяннамасы ҳәмде ис бойынша топланған басқада дәлиллер менен толық тастыйықланып, суд қарар етти.

 

Суд қарарына муўапық, ҳуқықбузарға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясы, 2061-статьясы ҳәм 1852-статьясы 2-бөлими менен 15 (он бес) сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

 

 

 

Мақсет Бекимбетов,

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы