Конституциялық судқа байланыслы нызамшылықтағы жаңалықлар

Бәршемизге мәлим болғанындай мәмлекетимизде 2023-жыл  30-апрель күни өткерилген Өзбекстан Республикасы референдумында улыўма халықлық даўыс бериў жолы арқалы жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилди. Жаңаланған Конституция Жаңа Өзбекстан стратегиясын әмелге асырыўдың сиясий-ҳуқықый тийкарларын жаратып, миллий мәмлекетшилик раўажланыўының тарийхый әҳмийетли басқышында мәмлекет ҳәм жәмийетти жәнеде раўажландырыўдың баслы бағдарларын белгилеп берди.

Жаңаланған Конституция менен Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына ҳәмде оның ўәкилликлерине байланыслы жаңа нормалар белгиленди.

Сонлықтан, жаңаланған Конституция нормаларына тийкарланып «Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамына Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 12-январьдағы ӨРН-895-санлы Конституциялық нызамы менен өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Киритилген өзгерислерге көре, Конституциялық суд ўәкилликлерине Өзбекстан Республикасының Президенти тәрепинен имзаланғанға шекем – Өзбекстан Республикасы конституциялық нызамларының, ратификация қылыў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы нызамлары, Өзбекстан Республикасының Президенти тәрепинен имзаланғанға шекем – Өзбекстан Республикасы халық аралық шәртнамаларының Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығын анықлаў, Өзбекстан Республикасы референдумына шығарылып атырған мәселелердиң Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққында жуўмақ бериў, сондай-ақ, өз ўәкилликлери қатарына киритилген мәселелер бойынша нызамшылық басламасы ҳуқықы берилиўи бойынша өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

Буннан тысқары, алдын Нызамға муўапық Конституциялық суд судьялары биринши мәрте бес жыллық мүддетке, нәўбеттеги мүддетке он жыллық мүддетке, лекин еки мәртеден артық болмаған мүддетке сайланыўы белгиленген болса, ендиликте нызамға киргизилген өзгерислерге көре Конституциялық судтың судьялары қайта сайланыў ҳуқықысыз он жыллық мүддетке сайланады.

 

 

Спартак Ниязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

 

 

Коррупцияға қарсы гүресиў – бәршемиздиӊ ўазыйпамыз

Жәмийетте сондай иллет бар, ол мәлим бир тараўға емес, ал пүткил жәмийеттиӊ раўажланыўына өзиниӊ кери тәсирин тийгизеди. Мәмлекетти иш-ишинен жемиретугын бул иллет – коррупция ҳәм парахорлық. Әйне усы иллет себепли көпғана мәмлекетлердиӊ кризиске жүз бурғаны бизге тарийхтан мәлим.

Раўажланыўдыӊ жаӊа басқышына қәдем қойып атырған Өзбекстан ушын коррупцияныӊ ҳәр қандай көринистеги түрлери реформалар барысын төменлестириўи менен қәўипли. Сол себепли мәмлекет басшысы Шавкат Мирзиёев өз ўәкалатына кирисиўи менен Президент сыпатында қойған еӊ биринши ҳүжжети “Коррупцияға қарсы гүресиў туўрысында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы болды. Усы нызамныӊ талапларын тийкарлы орынланыўын тәмийнлеў, жәмийет ҳәм мәмлекеттиӊ барлық тараўларында коррупцяиныӊ алдын алыўға байланыслы ис-иләжларды өз ўақтында ҳәм сыпатлы әмелге асырыў мақсетинде Президенттиӊ 2017-жыл 2-февралдағы қарары менен “2017-2018-жылларға арналган коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекет бағдарламасы” қабыл етилди. Бағдарлама шеӊберинде бир қатар нызам жойбарлары ислеп шығылды, бар қарарлар инвентаризациядан өткерилди. Улыўма алғанда, соӊғы жылларда исленген жумыслар нәтийжелилиги халықтыӊ ҳукықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға бәсекесиз мүнәсибетти қәлиплестириўге қаратылған системалы илажлар алып барылганлығын атап өтиў орынлы.

Реформаларды әмелге асырыў шеӊберинде пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, мәмлекет ҳәкимияты ҳәм баскарыў органлары искерлигиниӊ ашықлығын, жәмийетшилик ҳәм парламент бақлаўын тәмийинлеў механизмлери жетилистирилди, сондай-ақ ҳукықты қорғаў ҳәм суд органларыныӊ искерлигиниӊ ҳуқықый тийкарлары жетилистирилди.

Әлбетте, орынланған ислер салмақлы. Бирақ биз кешеги ислеген жумыслардыӊ нәтийжесине исенип, қуўанып қалсақ, ертеӊ исимиздиӊ жуўмағы биз күткендей болмаўы анық.

Буннан келип шығып экономиканы жәнеде өсириў, ҳалық пәраўанлығын асырып, мәмлекетте инвестиция барысын жақсылаў барысындағы стратегиялық ўазыйпаларды шешиў керек екенлиги үлкен әҳмийетке ийе. Бул болса коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекет сиясатыныӊ нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша жаӊа системалы илажлар көрилиўин талап етпекте. Президентимиз тәрепинен имзаланған “Өзбекстан Республикасында коррупцияға карсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы да әйне усы мақсетти гөзлегенлиги менен әҳмийетли есапланады.

Коррупция сондай иллет болып, оны бир яки еки шөлкемниӊ ҳәрекети менен жоқ етип болмайды. Тийкарында, барлық пуқараларымыз, жәмәәт оған қарсы биргеликте гүресип, оныӊ тамырын жоқ етиўге умтылғанда ғана унамлы нәтийжеге ерисиў мүмкин.

Пәрманныӊ түп мәнисине итибар қарататуғын болсақ, коррупцияға қарсы тек ғана ҳуқықты қорғаў органлар ҳәм мәмлекетлик шөлкемлеринде, ал жәмийетлик бақлаўы институты имканиятынанда кеӊ пайдаланыў зәрүрлиги белгилеп қойылғанлығын көриў мүмкин.

Бириншиден, пәрманда жәмийетлик бақлаўын алып барыўда әҳмийетли орын тутыўшы Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси палаталары ҳәм сиясый партиялардыӊ ролин жәнеде күшейтириў айрықша белгиленип қойылған.

Екиншиден, орынларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы ислердиӊ жағдайын комплекс үйрениў ҳәм бар болған машқалаларды сапластырыў жүзесинен усыныслар таярлап барыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси, халық депутатлары ўәлаят ҳәм Ташкент каласы Кеӊеслери, халық депутатлары районы ҳәм қала Кеӊеслериниӊ қурамы коррупцияға қарсы гүресиў комиссияларын шөлкемлестириў усыныс етилмекте.

Үшиншиден ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жәнеде асырыў, жәмийетте коррупцияға қарата бәсекесиз мүнәсибетти күшейтириў, усы тараўдағы нызам бузылыўы жағдайлары жүзесинен хабар берген шасларды қорғаўдыӊ шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин жәриялаў атап өтилген.

Төртиншиден, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары искерлигиниӊ еркинлигин тәмийинлеў ҳәм оларды коррупцияға қарсы илажларын таярлаў, орынлаў ҳәм мониторинг ислеўде қатнасыўға қамтып алыў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, пәрманда мәмлекетлик уйым хызметкерлериниң ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жоқарылатып барыў, оларда коррупция ҳәм басқада ҳуқықбузарлықларға қарата бәсекели мүнәсибетлерин әлиплестириў ўазыйпасы белгилеп берилди. Бул норма, әлбетте, ҳәр бир лаўазымлы шахстиң тийисли жуўмақ шығарыўын талап етеди.

Усы тийкарда, ҳәр бир мәмлекетлик уйым хызметкерлери ҳәм ҳуқық қорғаў органлары хызметкерлериниӊ минез-ҳулқына Өзбекстан Республикасы нызамларына бойсыныў ҳәм оларды ҳүрмет етиў әдебин сиӊдирип барыў еӊ әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Пәрманда көрсетилгениндей, жәмийетимизде коррупцияға қарсы қатаң гүрес алып барылып атырған ҳәзирги дәўирде лаўазымлы шахслардыӊ ҳуқықый билими ҳәм мәденият дәрежесине қарата айрықша талаплар ислеп шығыў, нызамларға ҳүрметсизлик еткен лаўазымлы шахслар туўрысында тийкарлы көрсетиўлер, еситтириўлер шөлкемлестириў, мақалалар шығарыў, олардыӊ қылмысы дурыс емес екенлигин тәсирли қураллар арқалы көрсетип бериў, әлбетте бул ислер, өз нәўбетинде унамлы шешимин береди.

Жуўмақ етип айтқанда, бул пәрман жәмийетте әдиллик идеясын кен ен жайдырыў, бәршениӊ нызам алдында теӊлиги, пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаўда зәрур ҳүжжет болып есапланады. Әдиллик үстемлиги болған мәмлекетте болса раўажланыў, халық пәраўанлығы, жаӊа реформалар жетискелигин тәмийнлейди.

 

 

Тимур Сейилханов,

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суды архив меӊгериўшиси

 

 

Ҳəкимшилик суд тараўындағы жаңалықлар

Кейинги жылларда «Жаңа Ɵзбекистан— жаңа суд» принципи шеңберинде халықтың əдил судлаўға ерисиў имкəниятларын жəнеде кеңейттириўге, инсанның қəдир-қымбаты үстинлигин тəмийинлеўге қаратылған айрықша реформалар əмелге асырылды.

Атап айтқанда, елимизде мəмлекетлик уйымлар ҳəм лаўазымлы шахсларының искерлиги үстинен нəтийжели суд бақлаўын орнатыў, сондай-ақ, пуқаралар ҳəм исбилерменлик субъектлериниң əдил судлаўға ерисиў дəрежесин асырыў, мəмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳəм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нəтийжели қорғалыўын тəмийинлеў барысында турақлы реформалар əмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, бүгинги күнде суд қарарларын қайта кɵриў институтының анализи усы институтты жетилистириў арқалы əмелдеги тəртипти қайта кɵрип шығыў зəрүрлигин кɵрсетпекте.

Ɵзбекстан Республикасының «Суд қарарларының нызамлылығы ҳəм тийкарлылығын тексериў тəртибиниң жетилистирилиўине байланыслы Ɵзбекстан Республикасының ҳəкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине ɵзгерис ҳəм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамы 2023-жыл 25-декабрь күни қабыл етилип, усы нызам менен Ɵзбекстан Республикасының ҳəкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине ислерди кɵриўдиң ɵте орайластырылыўын сапластырыў, пуқаралардың узақ аймақлардан судқа келип əўере болыўының алдын алыў мақсетинде ўəлаят судлары ҳəм оларға теңлестирилген судларда ислер апелляция ямаса кассация ҳəм ревизия тəртибинде кɵрилиўи, ислер ревизия тəртибинде Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Ҳəкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясында ҳəм айрықша жағдайларда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумында кɵрилиўин ҳəмде жоқары инстанция судлары тəрепинен ислерди жаңадан кɵриў ушын биринши инстанция судына жибериў тəртибин бийкар етиў, сондай ақ жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықлар менен байланыслы ислерди ҳəкимшилик судлар тəрепинен кɵриўде прокурор қатнасыўы шəртлигин нəзерде тутыўшы ɵзгерис ҳəм қосымшалар киритилмекте.

Усы нызам пуқаралардың Ɵзбекстан Республикасының Конституциясында нəзерде тутылған суд арқалы қорғаў ҳəм судқа шағым етиў ҳуқуқы кепилликлерин жəне де асырыўға, олардың бузылған ҳуқық ҳəм еркинликлерин, сондай-ақ нызамлы мəплерин кеңирек қорғаўға, əдил судлаўға ерисиў дəрежесин жəнеде асырыўға, ислердиң сапалы ҳəм ɵз ўақытында кɵрилиўине, суд қарарларын қайта кɵриўде орта буўын— ўəлаят судлары ҳəм оларға теңлестирилген судлар имкəниятларынан нəтийжели пайдаланыўға, сондай-ақ пуқаралардың судлардағы артықша қəрежетлериниң тежелиўине хызмет етеди.

 

 

 Жанат Аймаганбетова,

Қарақалпақстан Республикасы  ҳəкимшилик суды судьясы                                       

Конституциялық судтың ўәкилликлери кеңейттирилди

2024-жылдың 13-январынан баслап «Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы күшке кирди.

«Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы конституциялық нызам жаңаланған Конституцияға муўапықластырылды.

Яғный, жаңа нызамға бола, Конституциялық суд Өзбекстан Республикасы референдумына шығарылып атырған мәселелердиң Конституцияға муўапық екенлиги ҳаққында жуўмақ береди. Бул бойынша дузилмениң ис жүритиў тәртиби белгиленди.

Конституциялық суд текғана өз ўәкиллигине киритилген мәселелер бойынша нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе екенлиги белгиленди.

Сондай-ақ, киргизилген өзгериске бола, Конституциялық судының судьялары қайта сайланыў ҳуқықысыз он жыллық мүддетке сайланады (бурын биринши рет бес жылға, екинши рет он жылға сайланған).

Кɵшпели суд мәжилиси ɵткерилди

Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы Ж.Кдырниязов тәрепинен кɵшпели суд мәжилиси ɵткерилип, онда 3 шахсқа қарата 2 ҳәкимшилик ис материалы кɵрип шығылып, 2 шахсқа қарата жәрийма жазасы, ал 1 шахсқа болса ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

 

 

Буннан соң, суд баслығы жыйналғанларға суд нызамшылығына киргизилип атырған соңғы ɵзгерис ҳәм қосымшалардың мазмун-мәнисин түсиндирип ɵтти.

 

Жыйналыстан соң, жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы Ж.Кдырниязов тәрепинен пуқаралардың суд-ҳуқық тараўы бойынша мүрәжатлары тыңланып, сол жердиң өзинде тийисли түсиниклер берилди.

 

 

Ибратлы болыў қыйын ҳәм жуўапкершиликли

Күни кеше Судьялар жоқарғы кеңесинде искерлигинде айрықша өрнек ҳәм үлги көрсетип киятырған судьяларға “Ибратлы судья” сыйлығын тапсырыўға бағышланған салтанатлы илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы судлары ҳәм ўәлаят судлары видеоконференц байланыс режиминде қатнасты.

Бундай итибарға ылайық болғанлар арасында Жоқарғы суд судьясынан баслап район судының судьяларына шекем бар. Судьялар жоқарғы кеңеси искерлигинде ашықлық ҳәм жәриялылық сыяқлы принциплер барған сайын өз көринисин таўып атырғаны кең жәмийетшилик тәрепинен айрықша атап өтилмекте. Судьялық лаўазымларға ашық таңлаў ҳәм альтернативлик тийкарда таңлаў ҳәм тайынлаў, бул процессте ғалаба хабар қураллары менен белсенди ҳәм конструктив бирге ислесиў, тараў искерлигине байланыслы критикалық пикирлерге оператив ҳәм қалыс мүнәсибет билдирилип атырғанын айрықша атап өтиў зәрүр. “Ибратли судья” сыйлығына ылайықлыларын таңлаўда да әйне мине усы принциплер айрықша орын тутқанлығын көриў мүмкин.

 

Көпшиликке белгили, Президентимиздиң 2020-жыл 7-декабрьдеги “Судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы менен тараўда ашықлық ҳәм жәриялылықты тәмийинлеўге қаратылған бир қатар өзгерислер енгизилди. Соның ишинде әдил судлаўды әмелге асырыўда жоқары рейтинг көрсеткишине ийе болған судьяларды “Ибратлы судья” сыйлығы менен сыйлықлаў белгиленген еди. Жоқарыда атап өтилген пәрманның орынланыўы шеңберинде судьялар искерлиги нәтийжелилигин ашық ҳәм анық, әдил баҳалаў бойынша миллий электрон рейтинг баҳалаў бағдарламасы иске қосылды. Бул системаның енгизилиўи инсан факторын кескин шеклеў менен бирге, судьялар искерлигин ашық айдын, әдил ҳәм қалыс баҳалаў мүмкиншилигин жаратты. 2022-жылдан баслап, ең жоқары рейтинг көрсеткишлерине ийе судьялар Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген Пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген “Ибратлы судья” сыйлығы менен ылайықлы түрде хошаметленип келинбекте.

 

 

2021-жылдың жуўмағына бола, жоқары рейтинг көрсеткишлери, сондай-ақ, билими ҳәм айрықша пазыйлетлери менен үлги болған 16 судья биринши мәртебе бул сыйлыққа мүнәсип деп табылған болса, 2022-жылдың жуўмағы менен 20 судья усындай сыйлыққа ийе болды. Быйыл 2023-жылдың жуўмағы менен 15 судья “Ибратлы судья” сыйлығына мияссар деп табылды. Олардың арасында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының баслығы Эргаш Ешмуратовтың бар екенлиги айрықша қуўанышлы жағдай. Усы мүнәсибет пенен видеоконференц байланыс режиминде өткерилген илажда сөзге шыққанлар, мәмлекетимизде әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарында исленип атырған жумысларды атап өтер екен, онда әлбетте судьялар ҳәм олардың әдил судлаўды амелге асырыў бағдарында жаратылып атырған шәраятларға итибар қаратты, соның менен бирге, бул сыйлыққа ылайық деп табылған судьялардың искерлигин басқаларға үлги етип көрсетти.

 

Буннан соң, сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды. Әлбетте, усындай мәамлекетлик дәрежедеги итибар менен хошамет әсиресе, судьялар искерлигинде әҳмийетли. Бул оларды жәнеде руўхландырыў менен бирге, өз кәсибен болған сүйиспеншилигин де арттырып, әдилликти өзлериниң турмыслық принципине айландырыўына, текғана әдалат жолында пидайы мийнет етиўине ийтермелейди.

 

Гүлайым Ғаниева,
Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты

 «Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының пуқаралық процессуаллық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамының мазмуны   

 

«Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуаллық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы Нызамшылық палатасы тәрепинен 2023-жыл 15-августта қабыл етилип, Сенат тәрепинен 2023-жыл 27-октябрьде мақулланды ҳәм 2024-жыл 1-январьдан баслап күшке кириў белгиленди.

Усы Нызам менен 2018-жыл 22-январь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуаллық кодексине суд ислерин көриўдиң орайластырылыўына шек қойыў, ислерди ўалаят судларында ҳәм оларға теңлестирилген судларда апелляция, кассация ҳәм ревизия тәртибинде көриў басқышларының енгизилиўи, ислердиң Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында ревизия тәртибинде ҳәм де Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумында қайта көрилиўи, жоқары турыўшы судлар тәрепинен төменги судлардың бийкар етилген қарарларын жаңадан көриў ушын қайтадан усы судларға жибериў тәртибин шығарып таслаў, ҳәр бир суд инстанциясының жуўапкершилигине ис бойынша жуўмақлаўшы қарар шығарыў миннетлемесин жүклетиў, суд қарарларының қайта көриў басқышларына ревизия инстанциясының енгизилиўин нәзерде тутыўшы өзгерис ҳәм қосымшалар киритилмекте.

Атап өтетуғын болсақ, Кодекстиң 4-бөлим, 43-бабы «Суд ҳүжетлерин қайта көриў» деп аталған болып, бул бап Өзбекстан Республикасының 2021 жыл 12 январь күнги ЎРҚ 661-санлы Нызамына тийкар өз күшин жоғалтқан еди.

Ал, усы Нызам менен Кодекстиң 4-бөлими «Улыўма қағыйдалар» атлы 43-бап пенен толтырылды ҳәм төмендегише:

3721-статья «Суд ҳүжжетиниң нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллилиги жүзесинен тексериў қозғатыў»,

3722-статья «Суд ҳүжжетин бийкар етиў ямаса өзгертиў тийкарлары»:

3723-статья «Материаллық ҳуқық нормаларын бузыў ямаса надурыс қоллаў»,

3724-статья «Процессуал ҳуқық нормаларын бузыў ямаса надурыс қоллаў»,

3725-статья «Апелляция, кассация, ревизия инстанциясы суды уйғарыўының, қарарының мазмуны»,

3726-статья «Апелляция, кассация, ревизия инстанциясы суды уйғарыўының, қарарының нызамлы күшке кириўи» атлы жаңа статьялар менен толықтырылды.

Нызам бойынша Кодекстиң өзгерис киритилип атырған  385-статьясы 2-бөлимине көре, суд ҳүжжетин қабыл қылған суд апелляция, шағымы (протести) келип түскен күннен баслап бес күнлик мүддетте оны апелляция инстациясы судына ис пенен бирге жибериўи шәрт.

Әмелдеги Кодекстиң 3851-статьясы жаңа редакцияда баян етилип, оған көре, апелляциялық шағым суд тәрепинен шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде бериледи.

Өткизилип жиберилген мүддет, егер илтимаснама шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап үш айдан кешиктирмей берилген ҳәм мүддетти өткизип жибериў себеплери кеширимли деп табылған болса апелляциялық шағым берип атырған шахстың илтимасына көре апелляция инстанциясы судының судьясы тәрепинен тиклениўи мүмкин.

Кодекстиң жаңа редакциядағы 387-статьясы 6-бөлимине көре, хызметкер менен дүзилген мийнет шәртнамасы нызамсыз рәўиште бийкар етилгенде ямаса хызметкер бир жумыстан басқа жумысқа нызамсыз рәўиште өткизилгенде оны алдынғы жумысына тиклеў ҳаққында суд шығарған шешиўши қарары үстинен апелляциялық шағым усы қарардың орынланыўына тийисли ҳүжжет қосылған жағдайда ғана қабыл етиледи.

Кодекстиң жаңа редакциядағы 388-статьясы 1-бөлимине көре, апелляциялық шағымды қайтарыў, қабыл етиўден бас тартыў, ямаса ис жүритиўге қабыл етиў мәселеси апелляция инстанциясы судының судьясы тәрепинен жеке тәртипте шағым судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей шешиледи. Апелляциялық шағымды қайтарыў, қабыл етиўден бас тартыў, ямаса ис жүритиўге қабыл етиў ҳаққында уйғарыў шығарылады, оның көширме нусқасы исте қатнасыўшы шахсларға ол шығарылған күнниң ертесинен кешиктирмей жибериледи.

Кодекстиң жаңадан толтырылған 3891-статьясына көре, исте қатнасыўшы шахслардың илтимаснамасына көре апелляциялық шағым (протест), оны бериў мүддети өткерип жиберилген ҳалда берилген ҳәм бул мүддетти тиклеў ҳаққыныдағы илтимаснама қанаатландырылған жағдайда апелляция инстанциясы суды биринши инстанция суды тәрепинен қабыл етилген шешиўши қарардың орынланыўын апелляция инстанциясында ис жүритиў тамамланғанға шекем тоқтатып турады, буннан дәрҳал орынланыўы лазым болған шешиўши қарарлары тысқары.

Кодекстиң жаңа редакциядағы 388-статьясы 1-бөлимине көре, апелляция инстанциясы суды биринши инстанция судының шешиўши қарары үстинен берилген апелляциялық шағымды оны ис жүритиўге қабыл етиў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен баслап бир айдан артық болмаған мүддет ишинде көрип шығады.

Кодекстиң жаңа редакциядағы 403-статьясына көре, тәреплер ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслар, исте қатнасыў ушын тартылмаған, бирақ ҳуқық ҳәм миннетлемелери ҳаққындағы мәселе суд тәрепинен шешилген шахслар ҳ.т.б. судтың нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары үстинен кассациялық шағым бериўи мүмкин.

Кодекстиң жаңа редакциядағы 404-статьясының талабына көре, Қарақалпақстан Республикасы судының, ўалаятлар, Ташкент қаласы, судларының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы – тийисли пуқаралық ислери бойынша районлараралық, район, қала судларының шешиўши қарарлары, уйғарыўлары, қарарлары ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы суды, ўалаятлар, Ташкент қаласы, судлары тәрепинен биринши инстанция бойынша қабыл етилген шешиўши қарарлары, уйғарыўлары, қарарлары үстинен берилген кассациялық шағымларды (протестлерди) көреди.

Кодекстиң жаңа редакциядағы 405-статьясы 2-бөлимине көре, суд ҳүжжетин қабыл қылған суд кассация, шағымы келип түскен күннен баслап бес күнлик мүддетте оны кассация инстациясы судына ис пенен бирге жибериўи шәрт.

4051-статья. Кассациялық шағым (протест) биринши инстанция судының шешиўши қарары нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай мүддет ишинде бериледи.

Өткерип жиберилген кассациялық шағымы (протести) бериў мүддети шағым (протест) берип атырған шахстың илтимаснамасына көре кассация инстанциясы судының судьясы тәрепинен, егер илтимаснама кассациялық шағымы (протести) бериў мүддети өткен күннен баслап үш айдан кешиктирмей берилген болса ҳәм өткизип жиберилген мүддет суд тәрепинен кеширимли деп табылса тиклениўи мүмкин.

4072-статья.  Кассациялық шағымды (протестти) қайтарыў, қабыл етиўден бас тартыў, ямаса ис жүритиўге қабыл етиў мәселеси кассация инстанциясы судының судьясы тәрепинен жеке тәртипте шағым (протест) судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей шешиледи.

Кассациялық шағымды (протестти) қайтарыў, қабыл етиўден бас тартыў ҳаққындағы уйғарыў үстинен ревизия тәртибинде шағым (протест) берилиўи мүмкин.

4075-статья. Кассация инстанциясы суды биринши инстанция суды тәрепинен қабыл етилген шешиўши қарардың орынланыўын кассация инстанциясында ис жүритиў тамамланғанға шекем тоқтатып турады, буннан дәрҳал орынланыўы лазым болған шешиўши қарарлары тысқары.

4076-статья. Кассациялық шағым (протест) оны ис жүритиўге қабыл етиў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен баслап бир айдан артық болмаған мүддет ишинде көрип шығады.

Және бир ең әҳмийетли өзгерислердиң бири, Кодекс 4-бөлим “Суд ҳүжжетлерин ревизия тәртибинде қайта көриў бойынша ис жүритиў” атлы 46-бап пенен толтырылды.

Нызам талапларына көре, (4194-статья) биринши инстанция судының апелляция ямаса кассация тәртибинде көрилген шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары ҳәм де апелляция ямаса кассация инстанциясы судының уйғарыўы үстинен исте қатнасыўшы шахслар, исте қатнасыў ушын тартылмаған, бирақ ҳуқық ҳәм миннетлемелери ҳаққындағы мәселе суд тәрепинен шешилген шахслар, прокурор қатнасында көрилген ис бойынша, сондай-ақ, суд тәрепинен мәселеси шешилген шахслардың мүрәжаты бар болған жағдайда Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры ҳәм оның орынбасарлары, ўалаят прокуроры, оған теңлестирилген прокурорлар ҳәм олардың орынбасарлары, ревизия тәртибинде шағым протест бериўге ҳақылы.

4195-статья. 1) Қарақалпақстан Республикасы судының, ўалаятлар, Ташкент қаласы, судларының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы – тийисли пуқаралық ислери бойынша районлараралық, район, қала судлары тәрепинен биринши инстанция бойынша қабыл етилген ҳәм апелляция ямаса кассация тәртибинде көрип шығылған суд ҳүжжетлери үстинен берилген:

2) Өзбекстан Республикасы Әскерий суды – аймақлық әскерий судлар тәрепинен биринши инстанция бойынша қабыл етилген ҳәм апелляция ямаса кассация тәртибинде көрип шығылған суд ҳүжжетлери үстинен берилген:

3) Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў колегиясы:

Қарақалпақстан Республикасы судының, ўалаятлар, Ташкент қаласы, судларының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясында, Өзбекстан Республикасы Әскерий судында апелляция ямаса кассация ҳәм ревизия (тафтиш) тәртибинде көрилген тийисли пуқаралық ислери бойынша районлараралық, район, қала судлары, аймақлық әскерий судлар тәрепинен биринши инстанция бойынша қабыл етилген суд ҳүжжетлери үстинен берилген:

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Қарақалпақстан Республикасы суды, ўалаятлар, Ташкент қаласы, судлары, Өзбекстан Республикасы Әскерий суды тәрепинен биринши инстанция бойынша қабыл етилген ҳәм апелляция ямаса кассация тәртибинде көрип шығылған суд ҳүжжетлери үстинен берилген ревизия (тафтиш) тәртибиндеги шағымларды (протестлерди) көрип шығады.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясында ревизия (тафтиш) тәртибинде көрилген ислер бойынша қабыл етилген суд ҳүжжетлери үстинен келтирилген протести Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумы тәрепинен көриледи.

4196-статья. Қарақалпақстан Республикасы судының, ўалаятлар, Ташкент қаласы, судларының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясында, Өзбекстан Республикасы Әскерий судында ревизия (тафтиш) тәртибинде көрилиўи лазым болған шағым (протест) усы судлар атына жолланады, бирақ шешиўши қарарды қабыл еткен судқа бериледи.

Шешиўши қарарды қабыл еткен суд шағым (пртоест) келип түскен күннен баслап бес күнлик мүддет ишинде шағымды (пртоестти) исти ревизия тәртибинде көретуғын судқа ис пенен бирге жибериўи шәрт.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Пуқаралық ислери бойынша судлаў колегиясында ревизия тәртибинде көрилиўи лазым болған шағым Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Пуқаралық ислери бойынша судлаў колегиясына бериледи.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумына ревизия (тафтиш) тәртибиндеги протести тиккелей Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына бериледи.

Ревизия тәртибиндеги шағым биринши инстанция судының шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары нызамлы күшине кирген күннен баслап бир жыл ишинде бериледи.

Қарақалпақстан Республикасы судына, ўалаятлар, Ташкент қаласы судларына, Өзбекстан Республикасы Әскерий судына ревизия тәртибинде шағым бериў мүддети кассация инстанциясы суды тәрепинен уйғарыў шығарылғанға шекем өткен жағдайда шағым кассация инстанциясы суды тәрепинен уйғарыў қабыл етилген күннен баслап үш ай ишинде берилиўи мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына шағым бериў мүддети Қарақалпақстан Республикасы суды, ўалаятлар, Ташкент қаласы судлары, Өзбекстан Республикасы Әскерий суды тәрепинен ревизия тәртибинде уйғарыў шығарылғанға шекем өткен жағдайда шағым усы судлар тәрепинен исти ревизия тәртибинде көриў нәтийжелери бойынша уйғарыў қабыл етилген күннен баслап үш ай ишинде берилиўи мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының протести усы Кодести 4194-статьясы                1-бөлиминде көрсетилген шахслар мүрәжаат қылған күннен баслап үш ай ишинде, бирақ Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен исти ревизия тәртибинде көриў нәтийжелери бойынша уйғарыў қабыл етилген күннен баслап алты айдан артық болмаған мүддетте Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумына киритилиўи мүмкин.

Ревизия тәртибиндеги шағым бериў мүддети шағым бериў мүддети өткен күннен баслап үш ай ишинде берилген ҳәм өткизилген мүддет кеширимли деп табылған болса тиклениўи мүмкин.

Усы Кодекстиң тоғызыншы бөлиминде көрсетилген мүддет өткеннен соң берилген ревизия тәртибиндеги шағым көрип шығылмайды.

4199-статья. Ревизиятәртибиндеги шағымды қайтарыў, ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартыў ямаса қабыл етиў ҳаққындағы мәселе судья тәрепинен жеке тәртипте шағым судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей шешиледи.

41915, 41916, 41917-статьялар. Ревизия тәртибиндеги шағымды Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы тәрепинен қосымша қылынған материаллар тийкарында, зәрүр ҳалларда исти талап қылып алдырып үйрениледи ҳәм ревизия тәртибиндеги шағымды көрип шығыў ушын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына өткизиўден бас тартыў ямаса өткериў ҳаққында уйғарыў қабыл етеди ҳәм бул уйғарыўларда уйғарыў шығарылған орын ҳәм сәне, уйғарыў шығарылған судьяның фамилиясы ҳәм аты, әкесиниң атының бас ҳәриплери, шағым берген шахстың аты, фамилиясы,  шағым етилип атырған суд ҳүжжети, ис мазмунының қысқаша баяны, шағымды Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына өткизиўден бас тартыў ямаса өткериў себеплери көрсетиледи.

41919-41920-статья. Ревизия инстанциясы ревизия тәртибиндеги шағымды көрместен қалыдырыў, ревизия тәртибиндеги шағым бойынша ис жүритиўди тамамлаў ўәкиллигине ийе.

41923-статья. Ревизия тәртибинде шағым берген шахс ревизия инстанциясы мәслаҳатханаға киргенге шекем шағымды толтырыўға, өзгертириўге ямаса оннан ўаз кешиўге ҳақылы.

41924-статья. Ревизия тәртибинде шағым берилгеннен соң даўагердиң арыз қылынған талапларынан ўаз кешиўи, жуўапкердиң даўагер талапларын тән алыўы ҳәм тәреплердиң келисим питимин дүзиўи жазба формада ревизия инстанциясына тапсырылыўы керек.

41925-статья. Ревизиятәртибинде шағым Қарақалпақстан Республикасы суды, ўалаятлар, Ташкент қаласы судлары, Өзбекстан Республикасы Әскерий суды тәрепинен ревизия тәртибинде шағымды ис жүритиўге қабыл етиў ҳаққындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир айдан артық болмаған мүддет ишинде көрип шығылады.

Ревизия тәртибинде шағым Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен ол көрип шығыў ушын өткизилген күннен баслап бир айдан артық болмаған мүддет ишинде көрип шығылады.

Айрықша жағдайларда шағымды көрип шығыў мүддети исти көрип атырған судлаў коллегиясы тәрепинен көби менен бир айға узайтырылыўы мүмкин.

Ревизия тәртибиндеги протест Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумы тәрепинен ол Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумына келип түскеннен баслап еки айдан аспаған мүддеттте көрип шығылады.

41928-статья. Ревизия инстанциясы шағымды көриў нәтийжелери бойынша:

  • шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды өзгериссиз қалдырыўға,
  • шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды толық ямаса қысман бийкар етиўге ҳәм жаңа шешиўши қарар, уйғарыў ямаса қарар қабыл етиўге,
  • шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды толық ямаса қысман өзгертиўге,
  • усы Кодекстиң 3722-статьясы биринши бөлиминиң 4-бәнтинде ҳәм 3724-статьясы екинши бөлиминиң 4-бәнтинде нәзерде тутылған тийкарлар бар болған жағдайда шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды бийкар етиўге ҳәм исти жаңадан көриў ушын апелляция ямаса кассация инстанциясы судына жибериўге,
  • шешиўши қарарды, уйғарыўды ямаса қарарды толық ямаса қысман бийкар етиўге ҳәм арзаны көрместен қалдырыўға ямаса ис жүритиўди толық ямаса қысман тамамлаўға
  • айрым суд ҳүжжетлерин бийкар етиўге ҳәм ис бойынша алдын қабыл етилген суд ҳүжжетлеринен бирин өз күшинде қалдырыў ўәкиллигине ийе.

41929-статья. Ревизия инстанциясы судының уйғарыўында, қарарында баян етилген көрсетпелер исти жаңадан көрип атырған суд ушын мәжбүрий есапланады.

Кодекстиң 4-статьясы 1-бөлими төртинши хатбасысындағы «апелляция ҳәм кассация» деген сөзлерди «апелляция, кассация ҳәм ревизия (тафтиш)» деген сөзлер менен алмастырыў,

6-статьяны төмендеги:

«Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумы исти ревизия тәртибинде көриў нәтийжелери бойынша қарар шығарады» деген мазмундағы төртинши бөлим менен толтырыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Кодекстиң исте прокурордың қатнасы ҳаққындағы   50-статьясы, төмендеги редакцияда баян етилип, оған көре, прокурор тек  нызамда нәзерде тутылған ҳалларда ямаса прокурордың даўа арзасы тийкарында қозғатылған ислерде ғана қатнасыўы мүмкин. Прокурор басқа шахслардың арзалары менен қозғатылған истиң додалаўында өз басламасы менен қатнасыўы мүмкин емес.

Егер пуқараның ден-саўлығының ҳалаты, жасы ямаса басқа себеплерге көре судта өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин жеке өзи қорғаў имканиятына ийе болмаса прокурор пуқараның пуқараның бузылған ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ушын арза менен судқа мүрәжат етиўҳуқықына ийе.

Пуқаралық ислери бойынша районлараралық, район, қала судларына даўа арзаны– Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар, Ташкент қаласы, районлар, қалалар прокурорлары ҳәм оларға теңлестирилген прокурорлар ямаса олардың орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы судына, ўалаятлар, Ташкент қаласы судларына – Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар, Ташкент қаласы прокурорлары ямаса олардың орынбасарлары усынады.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры ямаса оның орынбасарлары Өзбекстан Республикасының барлық пуқаралық судларына даўа арзаны усыныўға ҳақлы.

 

 

 

ЗУЛЬФИЯ БЕРДИМУРАТОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРҒА ИТИБАР ШАҢАРАҚЛАРДЫҢ БЕККЕМЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЙДИ

 

Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен 2023-жылдың 21-декабрь күни «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң искерлигин жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы пәрман ҳәм усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Шаңарақларды беккемлеў ҳәм ҳаял-қызлардың белсендилигин асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Қарары қабыл етилди.

 

Мәмлекетимизде шаңарақларды беккемлеў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин ҳәм бәнтлигин асырыў, исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў, гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарында көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Буның нәтийжесинде мәмлекет басқарыўы ҳәм жәмийет турмысында ҳаял-қызлардың белсендилиги асты, оларды социаллық қорғаў системасы жетилистирилди.

 

Зорлық, басым турақлы түрде күшейген шаңарақларда жарасыў мүддетисиз ерли-зайыплыны ажрастырыў режелестирилмекте.

 

Басым ҳәам зорлыққа ушыраған жәбирлениўшиниң талабына бола суд тәрепинен некеден ажыратыў ҳаққындағы ислердиң әпиўайыластырылған тәртипте, жарасыў ушын мүддет тайынламастан шешиўши қарар шығарыўы мүмкин. Бул нызамның жойбарын таярлаў Министрлер Кеңеси ҳәм Жоқарғы судка тапсырылды.

 

Анығырақ айтқанда, суд мәҳәлледеги ҳаял-қызлар белсендисиниң пикирин есапқа алған халда, ерли-зайыплының буннан кейин биргеликте жасаўға мүмкиншилиги жоқ деп тапса, исти көриўди кейинге қалдырмастан ҳәм жарасыў ушын мүддет тайынламастан шешиўши қарарды қабыллайды. Буннан тысқары, бул нызам жойбарында суд қарары менен үй-жайға мәжбүрий кирритиўге байланыслы жаңалық нәзерде тутылыўы керек.

 

Үй ийесиниң талабына бола мәжбүрий тәртипте кирргизилген тәреп үй ийесине тийисли ылайықлы шараятқа ийе басқа жасаў орнына ямаса үй ийеси тәрепинен ижара ҳақы төлеп турылатуғын жасаў орнына киргизип қойыў имканияты берилиўи күтилмекте.

 

2024-жылдың 1-февраль сәнесинен Самарқанд қаласы, Наманган районлар аралық ҳәам Мирзо Улуғбек районлар аралық судларында сынаў туринде Шаңарақ судьяларын шөлкемлестириў режелестирилмекте.

 

Әлбетте, бул өзгерислер басым ҳәм зорлықтың турақлы жәбиркешине айланған сабырлы ҳаял-қызларымыздың өмиринде унамлы өзгерислерге тийкар болары анық.

 

САОДАТ ҚАЙЫПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

Аңсат жол менен пул табыўды ойлап урлық ислеген шахс суд залынан қамаққа алынды

Перзент өмирдиң қуўанышы, даўамшысы, улыўма ата-ананың арзыў-үмитлерин жүзеге шығаратуғын өмирдиң жалғасы. Жақсыдан жақсы туўады, ал жаманы ше? Бул сораў мени көп ойландырады. Сондай инсанларды көрдим, ата-анасының баласын оқытыўға имканы болмай, “қолы жуқа” болсада тамағын тойдырғанына қуўанып, тынымсыз мийнет етседе бири-еки болмай, көп кыйыншылықларды басынан кеширеди. Бирақ мине усы ата-ананың перзенти күни келип, өз умтылысы ҳәм ҳадал мийнетиниң арқасында оқып илим алады, алым болады, қулласы елге, жәмийетке пайдасы тийетуғын ата-анасының көрген машаққат-қыйыншылықларын умыттыратуғын жақсы перзент болып камалға келеди. Ал және бир сондай инсанларды көрдим, “балам ишсин, жесин, қатарынан кем болмасын, усы баланың кеўили өксимесин” деп ата-анасы баласының кеўлине қарайды, “қас-қабағын” бақлап, “сол тыныш болсын” “бүгин жүрмесе, қыдырмаса, қартайғанда не кереги бар” деген тақылетте тәрбия береди. Ақыбетинде болса, ол ата-анасының, дүньяның қәдирин билмейтуғын адам болып жетилиседи, көптиң ғарғысына ушырайды. 2004-жылы Хожели районында туўылған С.О исимли шахс өзи жокары оқыў орны студенти бола тура, урлық жынаятына қол урады. Бир-еки емес, ал тәкирар урлық ислеп, өзгелерге материаллық зыян жеткереди. Дурыс та, қара мийнет пенен емес, ал аңсат жол менен пул табыў кимге жақпайды?!

Жынаят ислери бойынша Хожели районы суды тәрепинен райондағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде өткерилген ашық көшпели суд мәжилиси де жәмийетте бундай жынаяттың қайталаныўының алдын алыў, басқаларға жынаятшыны таныстырыў арқалы оларды бундай истен аўлақ болыўға, жуўмақ шығарыўға қаратылғанлығы әҳмийетли болды.

 

 

Онда басшылық етиўши жынаят ислери бойынша Хожели районы суды баслығы И.Алланиязов, Б.Турдыбаевтың хаткерлигинде, тәреплер: мәмлекет айыпплаўшысы-Хожели районы прокурорының аға жәрдемшиси М.Жумабаев, жәбинлениўшилер, судланыўшының адвокаты М.Сидиқовтың қатнасында Өзбекстан республикасы жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими “а” бәнти менен айыпланған С.Оның қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.

 

  

 

Суд, суд мәжилисинде судланыўшы ҳәм жәбирлениўшилердиң көрсетпелерин, мәмлекетлик айыплаўшысы ҳәм қорғаўшы адвокаттың пикирлерин, тәреплердиң жарыс сөзлерин ҳәм судланыўшының ақырғы сөзин тыңлап, ис материалларын үйренип, оларға ҳуқықый баҳа берип төмендегилерди анықлады.

Суданыўшы С.О урлық жолы менен материаллық байлық арттырыў мақсетинде өзи бирге бир мәҳәлледе туратуғын Ю.Бның үйи алдында турған Дамас маркалы автомобилине 2023 жыл 30 август күни түнги саат 01:00 лерде урлыққа түсип, ишинен 1 млн 200 мың сум пулды урлап, ўақыя орнынан жасырынады. Судланыўшы буның менен шекленип қалмай, және Ю.Бның үйине 9-сентябрь күни барып, есиги алдында сыртта турған Дамас автомашинасының оң қаптал есигин бузып ашып, автомашна ишинде 75 мың сум пулларды алып кетеди.
Буннан басқада, С.О Хожели районы Саманкөл МПЖда жасаўшы өзиниң жорасы С.Аның үйине 2023 жыл 9-октябрь күни түнги саат 03:00 лер шамасында барып, есиги алдында турған “ВАЗ 21” автомашинасынасына тийисли бөлек турған мотор ҳәм оның аўысық бөлеклерин урлап, өзиниң басқарыўындағы Дамас автомашинасынасына тийеп, урлап кетеди.
С.Оның қылмысы узаққа бармады. Ҳуқыққорғаў хызметкерлериниң оператив ҳарекетлери нәтийжесинде уры усланды.

 

 

Суд мәжилисинде судья судланыўшы ҳәм жәбирлениўшилердиң көрсетпелерин, мәмлекетлик айыплаўшысы ҳәм қорғаўшы адвокаттың пикирлерин, тәреплердиң жарыс сөзлерин ҳәм судланыўшының ақырғы сөзин тыңлап, ис материалларын үйренип, оларға ҳуқықый баҳа берип, ҳүким етти. Судланыўшының жас, алдын судланбағанлығын есапқа алып, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 28-30-статьялары, жынаят процессуал кодексиниң тийисли статьяларын басшылыққа алып, С.Оны Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 169-статьясы 3 бөлими “а” бәнтинде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп таўып, оған усы статья менен жынаят кодексиниң 57-статьясын қолланып, 2 (еки) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасын тайынлады ҳәм сол ўақыттың өзинде суд залынан қамаққа алынды.

 

 

Суд мәжилиси қатнасыўшыларына ҳүкимнен нарийза тәреплер ҳүким жәрияланған күннен, судланыўшы суд ҳүкими нусқасын алған күннен баслап 10 сутка ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде, бул мүддет өткеннен соң, кассация тәртибинде шағым арза бериўи, прокурор протест келтириўге ҳақылы екенлиги түсиндирилди.

 

Ибрайым Алланиязов,

жынаят ислери бойынша Хожели районы суды баслығы             

2023-жыл даўамында ҳәкимшилик судлары тәрепинен район ҳәм қала ҳәкимлериниӊ 50 қарары ҳақыйқый емес деп табылды

Ҳәр ким өзиниӊ бузылған ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын ҳәкимшилик судларына мүрәжат етиўге ҳақылы.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен мәмлекетимизде жеке мүлктиң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, ҳәр қандай мүлктиң қол қатылмаслығын ҳәм жер қатнасықларын тәртипке салыўға қаратылған социаллық-экономикалық реформаларды жедел әмелге асырыў, халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетке болған исенимин еледе беккемлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында бир қанша кең көлемли ислер ҳәм илажлер әмелге асырылып келинбекте.

Атап айтқанда, 2023-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлар тәрепинен жәми 810 ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер көрилип, соннан 500 ис бойынша яғный 67,7 пайыз арза бериўшилердиң мүрәжатлери қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқықлары тикленген болса, 70 ис бойынша яғный 8,6 пайыз мүрәжат етиўшилердиң арзалары қанаатлантырылмастан қалдырылған, 5 ис бойынша яғный 0,6 пайыз шағымлар көрилместен қалдырылған ҳәм 21 ис бойынша яғный 2,6 пайызы өндиристен қысқартылған.

Усы дәўир даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен көрип шығылған 810 ислерден 469 яғный 57,9 пайызын мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери, олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ нызамға қайшы шығарылған қарарларын ҳақыйқый емес табыў менен байланыслы ислерди қурап, соннан 268 ис бойынша киритилген талаплар қанаатлантырылған.

Соннан, район ҳәм қала ҳәкимлериниӊ қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў менен байланыслы жәми 118 ис көрилип, солардан 50 ис бойынша яғный 42,4 пайызы физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлери қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқық ҳәм мәплери тикленген болса, 54 ис бойынша яғный 45,8 пайыз усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған.

Яғный, физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ судларға ҳәкимлердиӊ шығарған қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққында кириткен арзаларын қанаатлантырылған жағдайлары:

Хожели районы ҳәкиминиӊ – 17;

Нөкис районы ҳәкиминиӊ – 7;

Қоӊырат районы ҳәкиминиӊ – 5;

Нөкис қаласы ҳәкиминиӊ – 4;

Беруний, Елликқала, Тақыятас ҳәм Шымбай районлары ҳәкимлериниӊ – 3;

Әмиўдәрья ҳәм Бозатаў районлары ҳәкимлериниӊ – 2;

Қараөзек районы ҳәкиминиӊ – 1 дана қарарына қарата қолланылған.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен район ҳәм қала ҳәкимлери тәрепинен қарарлар қабыл етиўде нызам талапларына жетерли дәрежеде әмел етпегенликлери ушын усы түрдеги арзаларды көриў барысында анықланған нызам бузылыў жағдайлары бойынша район ҳәм қала ҳәкимликлерине жәми 45 айрықша уйғарыўлар шығарылды.

Улыўма алғанда, мәмлекетимизде пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтириў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар белгиленген мақсетлердиң әмелге асырылыўы ҳәмде инсан мәплериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

 

Амир Нурлипесов,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судыныӊ баслығы                                    

Skip to content