СУДЬЯ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСТЫ
Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумында “Судья ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары С.Қайыпназарова, З.Бабаджанова, М.Дауменова ҳәм З.Бердимуратовалар оқыўшы жасларға бүгинги күнде тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелери жөнинде кең түрде түсиник берер екен онда жаслардың қатнасын еледе кеңейтиў, жас әўладты нызамға ҳүрмет руҳында тәрбиялаў, ҳәр қыйлы зыянлы иллетлер тәсиринен қорғаў, олардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын, билим ҳәм көнликпелерин турақлы түрде асырып барыў тийкарғы мақсет екенлигине итибар қаратты.
Буннан соң, “Өзбекстан-2030” стратегиясында суд-ҳуқық тараўын еледе жетилистириўге байланыслы белгиленген илажлар, суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы пуқаралық процессуал кодексине киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар,пуқаралық ислери бойынша судларда медиацияның әҳмийети, жумысқа тиклеў менен байланыслы даўларды судта көриўдиң өзине тән өзгешеликлери бойынша да судьялар тәрепинен баянатлар жасалды.
Ушырасыў судья ҳәм жаслардың еркин сораў-жуўаплары менен қызғын даўам етти.
ГҮЛАЙЫМ ҒАНИЕВА,
Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты