БАЙРАМ ҚАРСАҢЫНДА СУД НУРАНИЙЛЕРИНЕ «СУД ФАХРИЙСИ» КӨКИРЕК БЕЛГИСИ ТАПСЫРЫЛДЫ

 

Инсан қанша жасағаны менен емес, ал қандай ийигиликли ислерди ислегени менен әзиз ҳәм қәдирли. Ҳәр бир тараўдың пидайысы болғаны сыяқлы суд тараўы пидайылары, әсиресе, нуранийлери ҳәмийше ҳүрмет-иззетте.

 

9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен Өзбекстан Республикасы Судьялар Жоқарғы кеңеси тәрепинен суд тараўында узақ жыллар даўамында жемисли мийнет еткен бир топар нуранийлери ылайықлы хошаметленди.

 

 

 

Нуранийлер, судьялар ҳәм суд хызметкерлериниң қатнасыўында видеоконференция байланыс режиминде өткерилген салтанатлы иләжда Өзбекстан Республикасы судьялар Жоқарғы кеңеси баслығы Х.Ёдгоров барлық жыйналғанларды қутлықлар екен, мәмлекетимизде суд тараўы соның ишинде нураний судьяларға көрсетилип атырған айрықша итибар ҳәм ғамхорлықларды мақтаныш пенен атап өтти.

 

 

Буннан соң, жыйналғанларды 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен қутлықлап, өткенлерди еслеў, арамызда болған жасы үлкенлерди қәдирлеп ҳүрмет етиў әзелий ең ағла инсаныйлық пазыйлет екенлигине итибар қаратты. Жасларды да усындай ийгиликли басламаларға шақырды. Буннан соң бир топар суд нуранийлерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-декабрьдеги “Судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПП-6127-санлы Пәрманында әдил судлаўды әмелге асырыўда узақ жыллар нәтийжели мийнет етип пенсияға шыққан судьялар ушын енгизилген “Суд фахрийси” көкирек белгисин салтанатлы жағдайда тапсырды.

 

 

 

Сыйлықланғанлардың арасында Қарақалпақстан Республикасынан суд нуранийлери 26 жыл даўамында үзиликсиз судья болып ислеген Бекнияз Матниязов ҳәм өзиниң 19 жыллық өмирин судьялыққа бағышлаған Клара Аллашовалар да бар. Оларға салтанатлы жағдайда «Суд фахрийси» көкирек белгиси тапсырылды. Сыйлықларды Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов салтанатлы жағдайда өз ийелерине тапсырды.

 

Мағлыўмат орнындай айтыў орынлы, усы күнге шекем 203 суд тараўы нуранийлерине «Суд фахрийси» көкирек белгиси тапсырылған болса, бүгин олардың қатары 25 суд нуранийине көбейди.

 

 

Сыйлықланған нуранийлердиң ҳәр бири өзиниң өмир ҳәм мийнет жолы менен бүгинги тараў ўәкиллери ушын ҳақыйқый үлги ҳәм тәжрийбе мектеби бола алады. Солай екен, оларды қанша қәдирлеп, ҳүрметлесек арзыйды.

 

 

 

ГУЛАЙЫМ ҒАНИЕВА,

 Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты