ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎ БАСҚЫШЛАРЫ

 

Қарақалпақстан Республикасының ҳәзирги Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни қабыл етилгени бәршемизге мәлим. Лекин бул Конституцияның жойбары оннан 2-3 жыл алдын, яғный 1990-жылдан баслап исленгени ҳаққында көпшиликтиң хабары болмаса керек.

 

1991-жыл 31-августта Өзбекстан Республикасы өзиниң ғәрезсизлигин жәриялады ҳәм 1992-жыл 8-декабрьде оның жаңа Конституциясы қабыл етилди. Мине, усы тарийхый ўақыялардан кейин Қарақалпақстан Республикасында да жаңа конституцияның жойбары үстинде ислеў әдеўир көтериңкилик пенен ҳәўиж алды. Нәтийжеде 1993-жыл февраль айында болып өткен конституциялық комиссияның гезектеги мәжилисинде конституцияның жойбары қаралып шығылды ҳәм жойбар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Совети Президиумына усынылды. Президиум Конституцияның жойбары бойынша 1993-жыл 1-мартта қарар қабыл етти ҳәм оған тийкар жойбар ғалаба хабар қуралларында 1993-жыл
7-мартта жәрия етилди.

 

Конституцияның жойбары ғалаба хабар қуралларында жарық көрген күннен баслап оны улыўма халықлық додалаў басланып кетти. Жойбарды додалаўға пуқаралар, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм мәмлекетлик уйымлар белсене қатнасты. Буның нәтийжесинде Конституцияның жойбары бойынша конституциялық комиссияға 450 ден аслам, ал ғалаба хабар қуралларына 1000 нан аслам пикирлер ҳәм ҳәр түрли усыныслар келип түскен.

 

Солай етип, 1993-жылы 9-апрельде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң XII-шақырық 12-сессиясында Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилди. Тийкарғы нызамымыз болған Конституция да жәмийетимизде соңғы жыллар даўамында жүз берип атырған өзгерислерди ҳәм заман талапларын итибарға алған ҳалда раўажланып, жетилисип бармақта.

 

Өзгерислерге тоқталып өтетуғын болсақ, Конституциямызға

1) 1994-жылы 26-февральда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң XII-шақырық 15-сессиясында,

2) 1995-жылы 31-октябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң I-шақырық 4-сессиясында,

3) 1997-жылы 15-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң I-шақырық 13-сессиясында,

4) 2003-жылы 12-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң II-шақырық 12-сессиясында,

5) 2014 жыл 27 июньда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң IV-шақырық 15-сессиясында,

6) 2019-жыл 29-июньда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң V-шақырық 26-сессиясында,

7) 2019-жыл 16-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң V-шақырық 29-сессиясында,

8) 2021-жыл 12-февральда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң VI-шақырық 15-сессиясында қосымшалар ҳəм өзгерислер киргизилген.

 

Соңғы өзгерис ҳәм қосымшалар менен Конституциямыз (қабыл етилген ўақытта 6 бөлим, 25 бап, 116 статьядан ибарат болған) ҳәзирги ўақытта 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

 

Өзгерислерден 1997-жылы 15-декабрьдеги нызам менен Конституцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумының ўәкилликлерин белгилеп бериўши 19-бап (84, 85-статьялар), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының ўәкилликлери ҳаққындағы 88-статья қосымша етип киргизилгенин, ал 2003-жылы 12-ноябрьдеги нызам менен улыўма юрисдикция судларының қәнийгелисиўине байланыслы Қарақалпақстан Республикасы судларының ўәкилликлерине, олардың баслықлары ҳәм судьяларын сайлаў, тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыўға байланыслы Конституцияның 68, 75, 81, 101-105-статьяларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенин, 2014-жыл
17-июньдағы нызам менен Жоқарғы кеӊес баслығыныӊ ўәкилликлерине, 2021-жыл 12-февральдағы нызам менен суд системасына байланыслы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенин атап өтиў орынлы.

 

Атап айтқанда, 2021-жыл 12-февральдағы нызам менен киргизилген өзгерислерге көре, Конституциямыздың 101-статьясы төмендеги редакцияда баян етилди: «Қарақалпақстан Республикасының суд системасы Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, пуқаралық ислери бойынша районлараралық, районлық (қалалық) судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық, районлық (қалалық) экономикалық судлары ҳәм де районлараралық ҳәкимшилик судларынан ибарат».

 

Сондай-ақ, Конституциямыздың 102-статьясына өзгерис киргизилип, онда Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық, жынаят ҳәм экономикалық судлаў ислерин жүргизиў саласында жоқары суд ҳәкимияты уйымы болып табылатуғыны белгиленген болса, Конституцияның 103 ҳәм 104-статьяларында орын алған Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судына тийисли нормалар шығарып тасланды.

 

Жуўмақлап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы жоқары дәрежедеги нызам сыпатында мәмлекетимиз келбетин, оның социаллық, экономикалык, сиясий дүзимин, басқарыўдың демократиялық принциплерин, жәмийет раўажланыўының стратегиялық бағдарларын, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери кепилленгенлигин ҳәм де руўхый қәдириятларымыз тийкарларын беккемлеп береди.

 

 

Еркин УТЕНИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы