Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў системасын реформалаў ҳәм тараўды санластырыўдың әҳмийетли мәселелери

Соңғы жылларда мәмлекетимизде жәмийет ҳәм мәмлекет турмысын кең көлемли реформалаў, сондай-ақ әмелге асырылған суд-ҳуқық реформалары шеңберинде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў системасын жетилистириў тараўынды салмақлы ислер әмелге асырылды.

Дүньяның алдыңғы демократиялық мәмлекетлеринде суд ҳүжжетлерин орынлаў тараўында қәлиплескен тәжрийбе ҳәм әмелият анализи тараўда узақ мүддетли системалы реформалар әмелге асырыў зәрүрлиги бар екенлигин көрсетти.

Мине усыннан келип шығып Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024 жыл 3 январь күнги «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў системасын реформалаў ҳәм тараўды санластырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПФ-1 санлы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға көре, 2024 жыл 1 майдан баслап:

суд ҳүжжетлери тийкарында орынлаў ҳүжжетлерин электрон формада бериў (жибериў, усыныў) тәртиби енгизилмекте;

Өзбекстан Республикасынан тысқарыда орынланыўы лазым болған орынлаў ҳүжжетлеринен тысқары экономикалың ислер бойынша суд ҳүжжетлери тийкарында орынлаў ҳүжжетлери тек ғана электрон формада бериў (жибериў, усыныў) тәртиби енгизилмекте;

пуқаралық ҳәм жынаят ислери бойынша суд ҳәм ҳәкимшилик судтың ҳүжжетлери тийкарында орынлаў ҳүжжетлери, қағыйда сыпатында, электрон формада, орынлаў ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасынан тысқарыда орынланыўы лазым болған жағдайда яки тәреплердиң илтимаснамасына көре болса – судтың мөри менен тастыйықланған ҳалда қағаз формада берилиўи мүмкин;

суд ҳүжжетлери тийкарында берилетуғын орынлаў ҳүжжетлери QR-код пенен тастыйықланған ҳалда электрон санлы имза менен рәсмийлестириледи.

Усы өзгерислердиң унамлы тәреплери айтатуғын болсақ бириншиден исбилерменлердиң, физикалық шахслардың, судлардың да ўақытларын тежелиўине алып келеди, яғный орынлаў хаты электрон тәризде рәсмийлестирилди, сол ўақыттың өзинде өндириўшиге жеткизиў имканияты болады.

Екиншиден, материаллық ресурслардың тежелиўине алып келеди, яғный рәсмийлестириў менен, қағаз бенен байланыслы қәрежетлер, өндириўшиниң арза жазыўы менен байланыслы қәрежетлердиң бәри тежелиўине алып келеди.

Және бир атап өтиў лазым болған тәрепи, бүгинги күнде орынлаў ҳүжжетлериниң мәлим бир себеплерге көре жойтылыўы мүмкин еди. Буны қайта рәсмийлестириў ушын өндириўши судқа оның дубликатын бериў ҳаққында арза менен мүрәжат қылыўына туўра келер еди. Мине усы процесслердиң санластырылыўы усындай бюрократлық арзалар менен қосымша мүрәжат қылыў, қосымша ҳүжжетлери тийкарында оларды алыў ўақытларын да тежейди.

 

 

Бахрам Ктайбеков,

Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы орынбасары,

экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы баслығы                                        

 

 

Байрам қарсаңында судья ҳәм суд хызметкерлери хошаметленди

Итибар ҳәм хошамет. Бул инсанды өзгеше толқынландырыў менен бирге, өз исине, кәсибине болған меҳирди арттырып, еледе табыслы жумыс алып барыўына, искерлигин жеделлестирип, жаңалықлар жаратыўына түртки болады. Өз нәўбетинде бул әтираптағыларға да мотивация берип, сыйлықланғанлар қатарында болыў умтылысын арттырады. Ҳәр бир байрамның өзине тән өзгешелиги болғанындай, тараў ўәкиллерине болған итибар да жыл сайын артып бармақта.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы судында өткерилген ушырасыў ҳақыйқый байрам салтанатына уласты. Суд баслығы К.Тарихов барлық жыйналғанларды жаңа жыл байрамы менен қутлықлар екен, жуўмағына жетип атырған 2023-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы судлары тәрепинен исленген жумысларға, ерисилген нәтийжелер менен алдағы режелерге айрықша тоқтап өтти.

Буннан соң, жыл даўамында өзиниң хызмет ўазыйпасын пидайылық пенен атқарып киятырған бир топар судья ҳәм суд хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 

Жаңадан қабыл етилген нызамлардың мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилди

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басламасы менен судьялар, ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери, адвокатлардың қатнасыўында оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Онда Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарландырылғанлығы ҳәм әдиллигин тексериў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуаллық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 25-декабрьдеги ӨРН-887-санлы ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының ӨРН-884-санлы ҳәмде Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуаллық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының ӨРН-888-санлы, сондай-ақ, Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының ӨРН-889-санлы Нызамлардың мазмунын тараў ўәкиллерине кеңнен түсиндириў мәселелерине итибар қаратылды.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесовлар сөзге шығып сөйлеп, кейинги жылларда “Жаңа Өзбекстан-жаңа суд” принципи тийкарында халықтың әдил судлаўға ерисиў имканиятларын жәнеде кеңейтиў, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың конституциялық ҳуқықлар          ын жүзеге шығарыў ҳәм жәмийетте әдилликти орнатыў мақсетинде суд-ҳуқық тараўын түпкиликли реформалаўға байланыслы кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша итибар қаратты.

 

Атап айтқанда, ҳуқықты қоллаў әмелиятын анализ етиў нәтийжелерине көре суд ислерин жүритиў прроцессине жаңа институтлар енгизилип, пуқаралардың ҳуқықлары исенимли қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде жарасыў, дәслепки еситиў, сондай-ақ суд қарарларының нызамлылығы, тийкарланғанлығы ҳәм әдиллигин тексериў сыяқлы институтлар жетилистирилди. Алып барылған бул жумыслардың нәтийжесинде әдил судлаўды әмелге асырыў процессинде шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа шықты. Соның менен бирге, бүгиги күнде суд қарарларын қайта көриў институтының анализи бул институтты жетилистириў зәрүрлигин көрсетпекте.

 

Жоқарыда атап өтилген Нызамлар менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, Пуқаралық процессуаллық, Экономикалық процессуаллық, Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекслерге киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар, олардың мазмуны бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары Д.Сражатдинов, Н.Абдакимов, У.Сабиров ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьсы К.Хожамуратовлар кең түрде баянат жасады.

 

        

Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, жоқарыда келтирилген нызамлар менен суд қарарларының нызамлылығы, тийкарланғанлығы ҳәм әдиллигин тексериў механизмлерин еледе жетилистириўге, пуқаралардың шағым етиў ҳуқықынан пайдаланыў имканиятларын кеңейттириўге ҳәм олардың бузылған ҳуқықлары, еркинликлери, сондай-ақ, нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

   

Ашық сәўбетлесиў форматында өткерилген семинар қатнасыўшылардың сөз етилген темаға байланыслы қызықтырған сораў-жуўаплары менен қызғын даўам етти.

Гүлайым Ғаниева,
Қарақалпақстан Республикасы судының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бойынша бас консультанты

Ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң қатнасыўында оқыў семинары өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы судында Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшиси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы тәрепинен тастыйықланған «Қарақалпақстан Республикасы ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў органлары тараўы нәтийжелилигин асырыў бойынша ис-илажлар ҳаққында»ғы «Жол картасы»ның екинши бөлими 19-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша судьялар, сорастырыўшы, тергеўши ҳәм прокурорлардың қатнасыўында оқыў семинары өткерилди.

 

Иләжды Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы баслығы А.Адилов кирис сөзи менен ашып, бүгинги күнде суд-ҳуқық тараўындағы реформаларды жедел әмелге асырыў процессинде жынаят-процессуал нызамшылығына киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалардың әҳмийети менен бирге дәслепки тергеў органлары тәрепинен Өзбекстана Республикасы Жынаят кодекси нормаларының дурыс қолланылыўын тәмийинлеў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

 

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы судьясы А.Аметов баянат жасады. Баянатшы өз сөзинде дәслепки тергеў органлары тәрепинен жынаят ислерин тергеўде Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал нызамы нормаларын дурыс қолланылыўын тәмийинлеў ҳәм бул бағдарда әмелиятта ушырасып атырған қәте-кемшиликлер менен бирге, дәслепки тергеў органлары тәрепинен ықтыят шараларын қоллаў, бийкар етиў, өзгертиўдиң өзине тән өзгешеликлери ҳәм қамақта сақлаў ямаса үй қамағы мүддетин узайтыў мәселелери менен байланыслы әмелиятта жүзеге келип атырған машкалаларды атап өтти.

 

Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша дәслепки тергеўде жынаят ислеген шахстың ҳәрекетлерин дурыс квалификация етиў ҳәм оларға айып жәриялаўда Өзбекстан Республикасы Жынаят ҳәм жынаят-процессуал кодеклериниң норма ҳәм талапларына, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы қарарлары түсиндириўлерине айрықша дыққатлы болыў мәселелерине еледе итибарлы болыў зәрүрлиги әҳмийетли екенлиги және бир мәртебе түсиндирилди.

 

Баянатшы, ҳешким рәсмий жәрияланбаған нызам тийкарында ҳүким етилиўи, жазаға тартылыўы, мал-мүлкинен ямаса басқа бир ҳуқыкынан айрылыўы мүмкин емес. Ҳешким бир жынаят ушын қайта ҳүким етилиўи мүмкин емес екенлиги Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30-статьясында айрықша белгилеп қойылғанлығына семинар қатнасыўшыларының итибарын қаратты.

Семинарда қатнасыўшылар кейинги ўақытлары әмелиятта көп ушырасып атырған машқалалар ҳәм оны сапластырыў бойынша өз-ара пикир алысты.

 

Кɵшпели суд мәжилиси ɵткерилди

 

Жынаят ислери бойынша Қанлыкɵл районы суды баслығы М.А.Бекимбетов тәрепинен Қанлыкɵл районы Мәденият сарайында кɵшпели суд мәжилиси ɵткерилип, онда 2 шахсқа қарата 2 жынаят иси, 13 шахсқа қарата 12 ҳәкимшилик ис материаллары кɵрип шығылды. Кɵшпели суд мәжилисинде 1 жынаят иси бойынша 1 шахсқа қарата 3 жыл еркинен айырыў жазасы тайынланды, 1 жынаят иси бойынша 1 шахс 3 жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан маҳрум етилип, 3 жыл мүддетке мийнетке дүзетиў ислери жазасы, ҳәкимшилик ислери бойынша 7 шахсқа қарата ҳәкимшилик қамақ жазасы, 1 шахсқа қарата жәрийма жазасы тайынланып, 3 шахсқа қарата ескертиў жәрияланды ҳәмде 1 ҳәкимшилик иси тәреплердиң жарасқанлығы мүнәсибети менен тамамланды.

 

Буннан соң, суд баслығы жыйналғанларға Ɵзбекстан Республикасының 2023-жыл 27-сентябрдеги “Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарланғанлығы ҳәм әдиллигин тексериў институты шɵлкемлестирилиўи мүнәсибети менен Ɵзбекстан Республикасының Жынаят-процессуаллық кодексине ɵзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы ƟРН-869-санлы Нызамының ҳәмде Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрдеги «Ɵзбекстан-2030» стратегияси ҳаққында”ғы ПФ-155-санлы Пәрманы ҳәм усы күнги «Ɵзбекстан-2030» стратегиясын 2023-жылда сапатлы ҳәм ɵз ўақтында әмелге асырыў иләжлары ҳаққындағы ПҚ-300-санлы қарарының мазмунын түсиндирип ɵтти.

Сондай-ақ илаж соңында жыйналғанларға жол транспорт ҳәдийселери менен байланыслы ҳәр қыйлы жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша видео роликлер де қойып берилди.

 

 

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судына жаңа судья тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судында өткерилген мәжилисте биринши мәртебе судьялық лаўазымына тайынланған судьяның ант қабыллаў мәресими өткерилди.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 22-декабрь, 2023-жылғы Президиум қарары менен судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы Калбай Бабаназаровтың анты еситилди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов сөзге шығып, судьялар корпусына жаңадан қосылып атырған ўәкилге исеним билдирип, оған әдил судлаўды әмелге асырыўдай машаққатлы соның менен бирге, мақтанышлы исте табыслар тиледи.

Илажда қатнасқан судьялар, жаңадан тайынланған судьяның ата-анасы оған ең жақсы тилеклерин билдирди. Өз нәўбетинде, судьялар корпусына жаңадан қосылған ўәкил К.Бабаназаров та сөзге шығып, билдирип атырған исенимди ақлаўға тек ғана нызам тийкарында әдил қарар шығарыўға, буның ушын өзиниң бар билим ҳәм тәжрийбесин аянбай жумсаўға ўәде етти. Ант қабыллаған судьяға Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Судьялар әдеби” китабы саўға етилди.

 

Жаңа жыл қарсаңында Қарақалпақстандағы судьялар корпусы және жаңа ўәкиллер менен толықтырылды

Қарақалпақстан Республикасы судында нәўбеттеги Президиум мәжилисинде биринши мәртебе судьялық лаўазымына тайынланған судьялардың ант қабыллаў мәресими өткерилди.

 

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 22-декабрь, 2023-жылғы Президиум қарары менен судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы Жеткиншек Кдырниязов, жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды баслығы Фархад Ибрагимов, жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының судьясы Гульназ Утепбергенова, пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судының судьясы Дамир Зиямбетов, Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Жалгас Аманиязовлардың анты еситилди.

 

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов сөзге шығып, Қарақалпақстан судьялар корпусына жаңадан қосылып атырған ўәкиллерге исеним билдирип, оларға әдил судлаўды әмелге асырыўдай машаққатлы соның менен бирге, мақтанышлы исте табыслар тиледи. Судларда узақ жыллардан берли даўам етип киятырған «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында жаңа ўәкиллерге тәжрийбели судьялар устаз етип бириктирилди.

Илажда қатнасқан судьялар ҳәм басқалар жаңа судьяларға ең жақсы тилеклерин билдирди. Өз нәўбетинде, жаңадан судьялар корпусына ўәкил болғанлар да сөзге шығып, билдирип атырған исенимди ақлаўға тек ғана нызам тийкарында әдил қарар шығарыўға, буның ушын өзлериниң бар билим ҳәм тәжрийбесин аянбай жумсаўға ўәде етти. Ант қабыллаған судьяларға Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Судьялар әдеби” китабы саўға етилди.

 

 

 

Судлар искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелигин асырыўда әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2020 жыл  24 июль күни «Судлар искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил  судлаў нәтийжелигин асырыўға тийисли қосымша ис иләжлар  ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Бул Пәрманға көре суд системасында бир қатар шөлкемлестириўшилик өзгерислерди әмелге асырыў тутылған.

Атап айтқанда, 2021 жыл 1 январьдан баслап ўалаят ҳәм оған теңлестирилген пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислери бойынша судлар ҳәм экономикалық судлар негизинде судьялардың қәнийгелесиўин сақлап қалған ҳалда, суд ислерин жүргизиў түрлери  бойынша өз алдына судлаў коллегияларын, яғный Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикция судлары шөлкемлестирилди.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги ҳәкимшилик судларынан жынаят ислери бойынша судларына өткерилди. Ғалабалық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди көриўге қәнийгелестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар  ҳәм Ташккент қаласында районлар аралық ҳәкимшилик судлары шөлкемлестирилип, районлық (қалалық) ҳәкимшилик судлары сапластырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў ҳәм Тақыятас районларының жынаят ислери бойынша судлары шөлкемлестирилди. Суд ислерин бақлаў тәртибинде көриў институтын сапластырыў, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы, Бас прокурор ҳәм олардың орынбасарларының суд ҳүжжетлери үстинен бақлаў тәртибинде протест киргизиў ҳукықы бийкарланды. Жынаят исиниң көрип шығылыўына тосқынлық ететуғын жағдайларды анықлаў ҳәм сапластырыў имканиятын беретуғын дәслепки тыңлаў басқышы енгизилди. Нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары судларда басқа шахслардың басламасы менен қозғатылған пуқаралық ҳәм экономикалық ислердиң көрилиўинде прокурор өз басламасы менен қатнасыўы тәртиби алып тасланды.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында инвестиция киргизилген сәнеде жигирма миллион АҚШ долларынан кем болмаған муғдарда инвестиция кириткен физикалық ямаса юридикалық тәреплер ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында жүзеге келетуғын инвестициялық тартысларды және бәсекеге байланыслы ислерди көриў ўәкиллигине ийе Судлаў қурамы дүзиледи.

Бул Пәрман менен нәзерде тутылған суд системасындағы өзгерислер мәмлекетимизде пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғалыўын еледе кеңирек тәмийинлеўине хызмет етеди.

 

 Каипназарова Саодат Алимбетовна,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы     

Судья менен ушырасыў

Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева пайхатымыздағы 3-санлы улыўма билим бериў мектеби жамәәти ҳәм окыўшы жаслары менен ушырасты. Онда судья тәрепинен жасларға жаңа редакциядағы Конституцияның әҳмийети, «Өзбекстан—2030» стратегиясының орынланыўы шеңберинде мәмлекетимизде алып барылып атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар ҳаққында мағлыўматлар берилди. Ушырасыўда жаңаланған Конституциямыздың жаңа нормаларында тийкарғы итибар инсан, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылғанлығы, оның қабыл етилиўи менен және де беккем Конституциялық-ҳуқықый тийкар жаратылғанлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, Конституциямызда мәмлекет тәрепинен жаслардың ҳуқықларының қорғалыўы ҳәм олардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсене қатнасыўы хошаметленетуғынлығы кепилленип, инсан мәпи, адамгершилик принципи тийкарында қабыл етилген Бас Нызамымыз мәмлекетимизде жаңа раўажланыў дәўирин баслап бергенлиги мысалларда келтирилди.

Жынаятқа жаза тайын

«Бирди көрип шүкир кыл, бирди көрип пикир қыл» деген даналықтың турмыста көп тастыйығын көрип атырған болсақьа, бүгин негедур және еследим. Турмыстың өзине жараса аўыр «мушы» бар, оған шыдам берип, сабыр етсең, мийнет етип, шаңарағына, перзентлериңе ҳадал нан жегизсең, ўақыт өтип әлбетте оның сыйлығын аласаң, рәҳәтин көресең. Ал керисинше болса, әлбетте ислеген қылмысыңа жараса сазайыңды, жазаңды аласаң.

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының баслығы Ш.Шамамбетовтың басшылығында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студент жаслар ҳәм кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында өткерилген көшпели ашық суд мәжилиси де жокарыдағы пикиримиздиң тастыйығы.

   

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды төмендеги курамда, басшылық етиўши суд баслығы Ш.Шамамбетов, судья жәрдемшиси Р.Джуманиязованың хаткерлигинде, тәреплерден – мәмлекетлик айыплаўшы – Нөкис қаласы прокурорының жәрдемшиси А.Асенбаева, судланыўшы Ш.К оның қорғаўшысы адвокат М.Бабаназаров, жәбиркешлер Б.У, Г.К, пуқаралық даўагер Р.Хлардың қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими «а» бәнти менен айыпланған К.Ш қарсысындағы жынаят иси көрип шығылды. 1984-жыл Шымбай районында туўылған, шаңарақлы үш перзенттиң әкеси К.Ш турақлы пайдалы жумыс пенен шуғылланбастан, қол ушы талап ислеп, ишиўшиликке берилип кетеди. Ал, аўылда қалған бала-шағасы болса оны «қалада хожалығы ушын тынбай жумыс ислеп атыр, бизлерди бағаман деп» ойлап үйинде күтип отыр.

Ол жаз айларында пайтахт көшелерин аралап, есиги ашық турған уй болса кирип, көздиң тасасын таўып, қолына илинген затты алып кете берди. Ол ҳаяллар кофтасыма, сумкасы ма… қулласы қолға илинип араққа пул тапқандай болса болды…

   

Дәслепки урлаған буйым ҳәм кийим-кеншеклери менен пуқара Г.Т. ға жәми 1.000.000 сум муғдарында материаллық зыян жеткерилген болса, судланыўшы К.Ш бул ҳәрекетлери менен шекленип қалмастан, тәкирар урлық яғный өзгениң мал-мүлкин жасырын рәўиште тәкирар талан-тараж етиў мақсетинде спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында 2023-жыл 05-сентябрь күни саат 06:00ларда Нөкис каласы Ж.Сейтов көшесиндеги жайдың дәрўазасының ашық қулыпланбастан турғанлығынан пайдаланып, усы дәрўазадан кирген жеринде турған пуқара У.Бға тийисли болған орташа базар баҳасы 3.500.000 сум болған бир дана көк реңли темир тачкасын жасырын рәўиште талан-тараж етип, ўақыя орнынан жасырынған. Жәнеде өзиниң урлығын жасырыў мақсетинде темир-терсек базарына апарып, көтерген баҳасына сатып жиберген.

   

Буннан басқада, усындай түрли кийим-кеншек ҳәм буйымларды урлап, сатып тапқанына арақ ишип кун өткерип жүрген К.Шның қылмысы тез арада ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен анықланды.

Көшпели ашық суд мәжилисинде судья судланыўшының, жәбиркешлердиң көрсетпелерин, мәмлекетлик айыплаўшының ҳәм адвокаттың пикирлерин, судланыўшының жарыс ҳәм ақырғы сөзлерин тыңлап, ис материаллары менен бирге салыстырып, тексерип шығып ҳүким етти. Суд ҳүкими менен К.Ш Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими «а» бәнти менен айыплы деп табылып, 3 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

   

Судланыўшы К.Ш ның бул қылмысы саналы ҳәр бир адамды ойландырмай қалмайды. Себеби, өзиниң күш-жигерге толы, әйне перзентлерине аталық меҳир ҳәм тәрбияны беретуғын дәўирин енди темир тор артында өткереди. Бәлким, бул оған сабақ болып, ислеген қылмысынан дурыс жуўмақ шығарып, дурыс жолға, жаңа ҳадал өмирге қайтыўына тийкар болса тәжийп емес.

 

Шарапат Шамамбетов,
Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының баслығы

Skip to content