ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫ ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕНИНЕ 31 ЖЫЛ ТОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН ИЛИМИЙ-ӘМЕЛИЙ КОНФЕРЕНЦИЯ БОЛЫП ӨТТИ
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен “Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы – инсан ҳәм пуқаралар ҳуқық ҳәм еркинликлериниң ҳуқықый негизи” атамасында республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары Б.Қытайбеков, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Әдиллик министрлиги ҳәм сиясий партия ўәкиллери, юридика факултети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты. Конференцияны университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов ашты ҳәм алып барды.
Конференцияда сөзге шыққанлар, Конституция мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳәр бир мәмлекеттиң келешеги усы ҳүжжетте өз сәўлелениўин тапқанлығын айтып, конференция жумысларына табыслар тиледи. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясының қабыл етилиў тарийхы, халқымыздың мәплери ҳәм ҳуқықларын қорғаўдағы, инсанның мийнет етиў, билим алыў ҳәм жеке өмириндеги ҳуқықлары ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.