МЕДИАЦИЯ-ДАЎЛАРДЫ АЛЬТЕРНАТИВ ШЕШИЎДИҢ НӘТИЙЖЕЛИ МЕХАНИЗМИ

 

 Елимизде мәмлекет органларының халық пенен байланысын жеделлестириў, пуқаралар ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийнлеў ҳәмде олардың машқалаларын шешиўдиң заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша бир қатар иләжлар әмелге асырылмақта.Соның менен бирге, усы тараўда реформалардың ҳәзирги басқышы мәмлекет органларында даўларды судқа шекем көрип шығыўдың бирден-бир системасын жаратыў, медиация, төрешилик судлары ҳәмде халықаралық арбитражларды пуқаралар ҳәмде исбилерменлердиң исенимине ерисетуғын даўларды шешиўши нәтийжели алтернатив институтларға айландырыў лазымлығын талап етпекте.

Сонлықтан, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын жеделлестириў, даўларды шешиўдиң алтернатив имкәниятларын кеңейттириў, судларда ис көлемин қысқартыўда медиация институты, төрешилик судлары ҳәм халықаралық арбитражлардың ролин түптен асырыў мақсетинде 2018 жыл 3 июльда Өзбекстан Республикасының «Медиация ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилип, 2019-жыл 1-январьдан баслап күшке кирди.

 

Сондай-ақ, 2020-жыл 17-июньда Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Даўларды алтернатив шешиўдиң механизмлерин жәнеде жеделлестириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4754-санлы қарары қабыл етилди.

 

Медиация — келип шыққан даўды тәреплер өз-ара разы қарарға ерисиўи ушын олардың ықтыярый разылығы тийкарында медиатор көмегинде шешиў усылы болып табылады.

 

«Медиация ҳаққында»ғы нызамы пуқаралық ҳуқықый қатнасықлардан, солар қатарынан исбилерменлик искерлигин әмелге асырыў мүнәсебети менен келип шығатуғын даўларға, сондай-ақ жеке мийнет даўларына ҳәм шанарақлық ҳуқықый қатнасықларынан келип шығатуғын даўларға медиацияны қоллаў менен байланыслы қатнасықларға қарата, егер нызамда басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса әмел қылады.

 

Медиация қупыялылық, ықтыярыйлық, тәреплердиң бирге ислесиўи ҳәм тең ҳуқықлылығы, медиатордың ғәрезсизлиги ҳәм объективлиги принциплери тийкарында әмелге асырылады. Тәреплер ҳәм медиатор медиация қатнасыўшылары болып есапланады. Физикалық шахслар ҳәм, юридикалық шахслар ҳәм медиация тәреплери болыўы мүмкин.

 

Медиация тәреплери: медиаторды ықтыярый рәўиште таңлаўға; медиатордан ўаз кешиўге; медиацияның қәлеген басқышында онда қатнасыўдан ўаз кешиўге; медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыўда нызамшылықта белгиленген тәртипте жеке өзи яки өз ўәкиллери арқалы қатнасыўға ҳақылы болып табылады.

 

Медиатордың искерлиги профессионал яки профессионал болмаған тийкарда әмелге асырылыуы мүмкин. Профессионал тийкардағы медиатор искерлигин Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен тастыйықланған медиаторларды таярлаў дәстүри бойынша арнаўлы оқыў курсынан өткен, сондай-ақ Профессионал медиаторлар реестрине киритилген шахс әмелге асырыўы мүмкин. Профессионал болмаған тийкардағы медиатор искерлигин 25 жасқа толған ҳәм медиатор ўазыйпаларын атқарыўға разылық берген шахс әмелге асырыўы мүмкин.

 

Мәмлекет ўазыйпаларын атқарыў ушын ўәкиллик берилген яки оған теңлестирилген шахс (нотариуслерден тысқары), суд қарарына тийкар ҳәрекет уқыплылығы шекленген яки ҳәрекетке уқыпсыз деп табылған шахс, судланганлық ҳалаты тамамланбаған яки судланғанлығы алып тасланбаған шахс, өзине қарата жынайый изине түсиў әмелге асырылып атырған медиатор болыўы мүмкин емес. Медиатордың искерлиги исбилерменлик искерлиги болып есапланбайды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармалары тәрепинен Профессионал медиаторлар реестри жүргизиледи, усы реестр олардың рәсмий веб-сайтларында, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жайластырылады.

 

Медиация тәреплердиң қәлеўи тийкарында қолланылады. Медиация судтан тысқары тәртипте, даўды суд тәртибинде көриў басқышында, суд ҳүжжетин қабыл етиў ушын суд мәсләҳәтханаға киргенге шекем, сондай-ақ суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў басқышында қолланылыўы мүмкин. Медиация даўды төрешилик судында көриў басқышында ҳәм төрешилик судының қарары қабыл етилгенине шекем қолланылыўы мүмкин. Медиация суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў басқышында қолланылған жағдайда искерлигин профессионал тийкарда әмелге асырыўшы медиатордың қатнасыўы талап етиледи. Медиацияда қатнасқанлық факти айыпты тән алыў дәлийли болып хызмет етпейди. Медиацияны қоллаў ҳақкындағы келисим шәртнамадағы оның ажыралмас бөлеги болған шәрт тәризинде яки арнаўлы келисим тәризинде жазба формада дүзиледи.

 

Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда, ўәкилликли мәмлекет органы истиң додалаўын қалдырып, медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыў ушын мүддет тайынлаўы мүмкин. Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў баскышында медиация тәртип-қағыйдасы әмелге асырылған жағдайда, оны әмелге асырыў дәўиринде орынлаў исин жүргизиў тоқтатып турылады. Медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыў барысында мәмлекет органының туўрыдан-туўры араласыўы қадаған етиледи.

 

Судта ис қозғатылғанынан кейин медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыўдың өзине тән өзгешеликлери процессуал нызамшылықта белгиленеди. Суд додалаўы басқышында, даўды ўәкилликли мәмлекет органында көриў басқышында медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыў барысында тәреплер тәрепинен ерисилген медиатив келисим тийисли ис қайсы суд яки ўакилликли мәмлекет органының ис жүргизиўинде болса, дәрҳал усы судқа яки ўакилликли мәмлекет органына жибериледи.

 

Даў медиатив келисим менен медиация тәртибинде шешилген жағдайда, орынлаў бақышынан басқа жағдайларда төленген мәмлекетлик бажы қайтарылады.

 

Медиация тәртип-қағыйдасы әмелге асырылып атырғанда даўа мүддетиниң өтиўи тоқтатып турылады. Медиация тәртип-қағыйдасы  30 күнлик муддет ишинде әмелге асырылады, орынлаў басқышында болса  15 күнлик мүддет ишинде әмелге асырылыўы лазым.

 

Медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыў нәтийжелери бойынша тәреплер келип шықкан даў ямаса миннетлемелерди орынлаў шәртлери ҳәм мүддетлери ҳақкында өз-ара алтернатив қарарға ерискен жағдайда, тәреплер ортасында жазба формада медиатив келисим дүзиледи.

 

Медиатив келисим оны дүзген тәреплер ушын мәжбүрий күшке ийе болып, усы келисим онда нәзерде тутылган тәртипте ҳәмде мүддетлерде тәреплер тәрепинен ықтыярый рәўиште орынланады. Медиатив келисим орынланбаған жағдайда тәреплер өз ҳуқықлары қорғалыўын сорап судқа мүрәжаат етиўге ҳакылы.

 

 

Саодат КАИПНАЗАРОВА,

Қарақалпакстан Республикасы суды судьясы