Коррупцияға қарсы гүрес – тийкарғы мақсетимиз  

Мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёев өзиниң шығыӯларында “Тилекке қарсы, жәмийетимизде коррупция иллети өзиниң түрли көриниси менен раӯажланыӯымызға  тосық болмақта. Бул жаӯыз бәлениң алдын алмасақ, ҳақыйқый исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын жаратып болмайды. Тәкрар ҳәм тәкрар айтаман, бул иллетти жоқ қылмасак, бирде-бир тараӯ раӯажланбайды. Исбилермен ҳәзирге шекем жер ажыратыӯ, кадастр, қурылыс, лицензия, бажхана, мәмлекетлик сатып алыӯлар қусаған тараӯларды коррупцияға дус келмекте” деп атап өткен еди.  

Коррупция-шахстың өз лаӯазымы яки хызметинен жеке мәплерин көзлеп материаллық яки материаллық емес пайда алыӯ мақсетинде нызамға қарсы пайдаланыӯы, сондай-ақ бундай пайданы нызамға қарсы усыныс етиӯ.

Коррупция сөзи – латын сөзинен алынған болып, пара берип сатып алыӯ, бузылыӯ, истен шығыӯ, ахлақый (руӯҳый) бузылыӯ деген мәнисти аңлатады.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта.  Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға қарсы мүнәсебетти пайда етиўге бағдарланған системалы илажлар көрилип атыр.

Мәмлекетимиз басшысының нызамшылық басламасы менен Өзбекстан Республикасы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы   Нызамы Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен 2016-жыл 24-ноябрьде қабыл етилип, Сенат тәрепинен 2016-жыл 13-декабрь күни мақулланды.

Бул Нызамның қабыл етилиўи коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетимизде әҳмийетли қәдем болды.

Нызам коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы бирден-бир мәмлекет сиясатының мақсетли ҳәм системалы жолға қойылыўына ҳуқықый негиз жаратты.

Бул ҳүжжет тараўды тәртипке салыўшы, оның шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлери ҳәм мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелислерин белгилеп бериўши системаластырылған дәслепки ҳүжжет саналады. Нызам менен мәмлекетимизде бир қанша жумыслар әмелге асырылып атыр.

Коррупцияға қарсы гүресиў системасының нәтийжелилигин арттырыў, ен жокары дәрежедеги қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, елимиздиң халықаралық майдандағы унамлы абырайын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық      2019-2020-жылларда коррупцияға карсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссиясының жаңаланған қурамы тастыйықланды.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелери ҳәм басқа шөлкемлер Мәмлекетлик бағдарламасының ҳәр бир бәнти бойынша мақсетлерге ерисиўде нәтийжелилик индикаторларын ислеп шығыўы ҳәм оны Уйымлараралық комиссия менен келисип алыўы зәрүрлиги көрсетилген.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталарында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд ҳуқық мәселелери бойынша комитетлер шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарлары орта мүддетли перспективада суд ҳәкимиятының еркинлигин буннан былай да беккемлеў, судьяларға ҳәр қандай тәризде нызамға тәсир өткериў шәртлерин бийкар етиў, мәмлекетлик хызметлерди таңлаў тийкарында сайлап алыў, лаўазымға тайынлаў ҳәм жоқары лаўазымларға көтериўдиң ашық-айдын тәртибине тийкарланған мәмлекетлик хызмет системасын қәлиплестириў, олар ушын шеклеўлер, қадаған етиў, хошаметлеў илажлары және коррупцияның алдын алыўдың басқа да механизмлериниң анық дизимин белгиеў, Мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматларын декларациялаў системасын басқышпа-басқыш енгизиў ҳәм олардың мийнет ҳақысы жеткиликли дәрежеде болыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметти атқарыўда мәплердиң қарама-қарсы келиўин шешиўди шолкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, коррупция менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахсларды қорғаўдың нәтийжели шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлерин енгизиў, халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын және де арттырыў, жәмийетте коррупцияға маўасасыз қатнасты күшейтиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң есап бериўин ҳәм жумысының ашық-айдынлығын арттырыў, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары жумысының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў ҳәм оларды коррупцияға қарсы илажларды таярлаўда, өткериўде ҳәм орынланыўын мониторинг етиўге қатнасыўға тартыўдан ибарат екенлиги белгилеп қойылды.

Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимиздиң еркин ҳәм абат турмысына сая салыўшы коррупцияға қарсы жәнеде жедел гүресиў талап етиледи. Бул бағдарда реформалар еле де даўам етеди, себеби олардың тийкарғы мақсети елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық тәмийинлеў ҳәм демократиялық ҳуқуқый мәмлекетти қурыўдан ибарат.

 

 

 Зульфия Бабаджанова,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                                                                      

 

 

Судларда жаслардың қатнасыўында жүз берген 385 жынаят иси көрилди


Жәмийетте жаслардың хуқықый санасы ҳәм мәдениятын жетилистириў, оларды нызамларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, бүгинги демократиялық жәмийет қурыў жолындағы жедел реформалар дәўиринде олардың да белсендилигин арттырыў баслы мәселелердиң бири.

Усы тийкарда Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кенесиниң арнаўлы тапсырмасына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясы тәрепинен “Қарақалпақстан Республикасында жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жасларда өз ҳуқықларын қорғаў көнликпелерин қәлиплестириўде судлардың ролин күшейтиў ҳаққында”ғы реже ислеп шығылды. Мине усы реже тийкарында Қарақалпақстан Республикасы судында семинар шөлкемлестирилди.  Әдил судлаўдың жасларға болған тәрбиялық әҳмийетин кең түрде түсиндириў ҳәм үгит-нәсият етиў баслы мақсети етип белгиленген семинарға судьялар менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикаси басқармасынан, озбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасыи басқармасы ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң район (қала) бөлимлери баслықлары, қала ҳәм район ҳәкимликлериниң Жас өспиримлер ислери бойынша комиссиясы ўәкиллери, жаслар қатнасты. Видеоконцеренция байланыс режиминде өткерилген иләжда жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәр тәреплеме тараўлар кесиминде талқыланды.

 

Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, ҳәр ҳәптениң Пийшемби күни елимизде “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни” сыпатында белгилениўи, усы бағдарда орынларда турақлы түрде профилактикалық иләжлардын шөлкемлестирилиўи балаларды ҳуқықый ҳәм социаллық жақтан көрғаўды күшейттириў менен бирге, жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, ата-аналар менен қәўендерлердиң жуўапкершилигин еледе асырыў бағдарындағы бирге ислесиў иләжларын күшейтиўде әҳмийетли болды.

 

2021-жылдың 9 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен жәми 1280 шахсқа қарата  жынаят иси көрилген болса, соннан 469 шахсқа қарата 385 ис көрилген. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 114 иске көбейген. Соннан 253 жынаят иси бойынша ҳуким шығарылып, 131 жынаят иси өндиристен қысқартылған. Жаслар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилиги урлық, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў, бийзарылық, алдаўшылық жынаятларынан ибарат, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 75 % ке көбейген. Сондай-ақ, бул көрсеткиш Қоңырат, Төрткүл, Әмиўдәрья, Хожели ҳәм Елликқала районларында өткен жылға салыстырғанда көбейгенлиги сынға алынды.

 

Семинарда тийисли тараў ўәкиллери бул бағдарда исленип атырған профилактикалық үгит-нәсият жумыслары менен, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм олардың статистикасы бойынша кең турде мағлыўмат берди.

Жасларда өз гезегинде, бундай ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылыққа себеп болып атырған факторлар жөнинде қанигелерден қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды. Буннан соң, жаслар Қарақалпақстан Республикасы судының жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде суд залларында болып, ашық суд мәжилислеринде қатнасты. Оларға суд системасына енгизилип атырған заманагөй мәлимлеме коммунакация технологиялары жөнинде де кен түрде мағлыўмат берилди.

 

Махмуд Байниязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

 

Баўыржан Сабуров,

Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясының хаткери

      

 

 

 

Адам (нәрестелер) саўдасы –  ѳмир саўдасы

Статистик мағлыўматларға кѳре: Ѳзбекстанда нәрестелер саўдасы менен байланыслы жынаятлар 2019-2020-жылларда нәрестелер саўдасы менен байланыслы жынаятларда 49 ата-ана ҳәм 38 қатнасыўшысына айланып жуўапкершиликке тартылған.

Ѳзбекстан Республикасында кейинги 3 жыл даўамында нәрестелер саўдасы менен байланыслы 185 жағдай анықланған.

Мағлыўматларға кѳре нәрестелер саўдасы тѳмендеги жағдайлар себеп болмақта:

  • Баланың анасы социаллық жақтан қорғалмағанлығы ҳәм материаллық зәрүрликлери менен тәмийминленбегенлиги,
  • Турмысқа шықпаған ҳаяллар ҳәмиледар болғанлығы ҳәмде нәрестени шаңарағынан жасырыўға урыныўлары,
  • Перзент кѳрмеген шаңарақлар тәрепинен нәресте асырып алыўға болған зәрүрликтиң барлығы,
  • Нәрестелер саўдасының алдын алыўға қаратылған жетик ҳуқықый тийкарлардың жоқлығы себеп болмақта.

Ѳзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 135-статьясында:

Адам саўдасы, яғный адамды алыў-сатыў яки адамды оннан пайдаланыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў яки қабыл етиў – 3 жылдан 5 жылға шекем азатлықты шеклеў ямаса 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Сол ҳәрекетлер:

а) урлаў, зорлық ислетиў яки зорлық ислетиў менен қорқытыў ямаса мәжбүрлеўдиң басқа формаларын қоллаў арқалы,

б) еки яки оннан артық шахсқа қарата,

в) жәрдемге мүтәжлиги айыпкерге белгили болған шахсқа қарата,

г) айыпкерге материаллық жақтан яки басқа тәрептен бойсынған шахсқа қарата,

д) тәкираран яки қәўипли рецидивист тәрепинен,

е) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип,

ж) хызмет дәрежесинен пайдаланған жағдайда,

з) жәбирлениўшини Ѳзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасынан алып ѳткен жағдайда яки оны шет елде нызамға қайшы рәўиште услап турған жағдайда,

и) қәлбеки ҳүжжетлерден пайдаланған жағдайда, сондай-ақ жәбирлениўшиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин алып қойған, жасырған ямаса жоқ қылып жиберген жағдайда,

к) адам ағзаларын кесип алып, басқа адамға кѳшириў (трансплантат) мақсетинде сәдир етилген болса – 5 жылдан 8 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Сол ҳәрекетлер :

а) 18 жасқа толмағанлығы айыпкерге белгили болған шахсқа қарата исленген болса,

б) жәбирлениўшиниң ѳлимине яки басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса,

в) ѳте қәўипли рецидивист тәрепинен сәдир етилген болса,

г) шѳлкемлескен топар тәрепинен яки оның мәплерин кѳзлеп сәдир етилген болса –
8 жылдан 12 жылға шекем ерикинен айырыў менен жазаланады – деп кѳрсетилген.

Әсиресе ҳаял-қызларымыздың адам саўдасының курбанына айланып, ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеўге, аяқ-асты етиўге, кемситиўлерге жол қойылмақта.

Сонлықтан, ҳаял-қызларымыздың ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў, аяқ-асты етиў, кемситиўге жол қоймаў, адам саўдасы менен байланыслы жынаятлардың алдын алыў, ҳуқықый саўатлылығын асырыўда, жәмийетимизде орнатылған нызамшылық нормаларына әмел етилсе бул бағдарда ҳуқықбузарлықлар, жынаятшылықтың алды алынған, биргеликте гүрескен боламыз.

 

Елиўбай Абибуллаев

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы                                                                  

 

«Зорлыққа қарсы биргеликте гүресемиз» атамасында студентлер менен ушырасыў

2014-жылда БМШ Бас секретары ҳаял-қызларға қарата басым ҳам зорлықларды сапластырыўға бағдарланған “UNiTE” атамасындағы басламаны ашық деп жәриялады. Мине усы мүнәсибет пенен ҳәр жылы дүньяда 25-ноябрьден 10-декабрь күнлери аралығында «Зорлыққа қарсы 16 күн» сүрени менен түрли иләжлар шөлкемлестириледи. Усы тийкарда Қарақалпақтан Республикасы судының судьялары Т.Турдымуратов, Г.Ешназарова, К.Керимбаевлар Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалы оқытыўшылары ҳәм студент жаслары менен ушырасып, бүгинги күнде Республика көлеминде өткерилип атырған иләждың әҳмийети бойынша кең түрде сөз етти.

Атап өтилгениндей, бизиң мәмлекетимизде пуқараларды басым ҳам зорлықтан қорғаў, ҳәр қандай басымға ылайық жаза тайынлаў мәселесиде миллий нызамшылығымызда қатаң белгилеп қойылған. Яғный, көшеде бийтаныс адамды ақыретлеў ямаса оған дене жарақатын жеткериў қандай жуўапкершиликке тартылса, шаңарақта шахсқа қарата исленген зорлық ҳәм басым да тап солай жазаланады. Бундай жағдайдан жәбирленгенлерди әсиресе, хаял-қызларды реабилитация етиўде бүгинги күнде орынларда ҳәрекет етип турған реабилитация орайларының искерлигиде айрықша әҳмийетли.

Сондай-ақ, жасларға гендер теңлиги бойынша мағлыўмат берилер екен, баслы итибар гендер – ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар арасындағы мүнәсибетлердиң жәмийет турмысы ҳәм искерлигиниң барлық тараўлары, атап айтқанда, сиясат, экономика, суд-ҳуқық, мәденият, руўхыйлық, билимлендириў ҳәм илим тараўларында айқын көзге тасланатуғын социаллық қубылыс екенлигине қаратылды. Шаңарақта, жәмийетте, әсиресе ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, олардың орнын беккемлеўге қаратылып атырған кең көлемли реформалар, өзгерислер де жасларға таныстырылды.

   

Ушырасыўда судьялар студентлерге басым ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў, миллий нызамшылығымызда белгиленген ҳуқықый тийкарлар, гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарындағы исленип атырған жумыслар бойынша кең түрде мағлыўмат берди. Жасларды да әтирапта болып атырған ўақыя қубылысларға бийпәрўа болмаўға шақырды.

 

Гүлайым Ғаниева,

журналист

Басым ҳәм зорлыққа қарсы биргеликте гүресемиз

Кейинги жылларда Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳуқық ҳәм мәплери, гендер теңликти тәмийинлеў, шаңарақ, аналық ҳәм балалықты қорғаў, ҳаяллар исбилерменлигин раўажландырыў, оларға жаңа жумыс орынларын жаратыў, мийнет ҳәм турмыс шәраятларын жақсылаў, ҳаял-қызларға қарата басым ҳәм зорлықтың алдын алыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Бул мәселе мәмлекет сиясатының әҳмийетли жөнелисине айланды.

Мәмлекетимизде шаңарақтағы басым ҳәм зорлықтың алдын-алыў системасын жетилистириў бойынша 8 норматив ҳуқықый-ҳүжжет, сондай-ақ 2 нызам қабыл етилди.

Атап айтқанда, 2019 жыл 2 сентябрьде «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳақкында»ғы Нызам қабыл етилген. Бул нызам менен басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиниң ҳуқықлары ҳәм мүрәжат етиў тәртиплери, усы тараўда ҳуқық  қорғаў уйымларының ўәкилликлери ҳәм жәбирлениўшини қорғаў усыллары белгилеп берилген.

Нызамның 4-статьясына көре, басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшилер төмендеги ҳуқықларға ийе:

-өзине қарата басым ҳәм зорлық исленгенлиги яки оларды ислеў менен қорқытыў ҳаққындағы арза менен тийисли ўәкилликли уйымларға ҳәмде шөлкемлерге ямаса судқа мүрәжат етиў;

-арнаўлы орайларда, сондай-ақ бийпул телефон линиясы арқалы бийпул ҳуқықый мәсләҳәт, экономикалық, социаллық, психологиялық медициналық ҳәм басқа жәрдем алыў;

-ишки ислер уйымларына қорғаў ордерин бериў ҳаққындағы талап пенен мүрәжат етиў, қорғаў ордери шәртлери бузылған тағдирде оларды бул ҳаққында хабардар етиў;

-өткизилген басым ҳәм ислеенген зорлық нәтийжесинде өзине жеткизилген материаллық зыянның орнын қаплаў ҳәмде руўхый зыян ушын компенсация өндириў ҳақкындағы талап пенен судқа мүрәжт етиў.

Нызамның 3-статьясында басым ҳәм зорлықтың бир неше түрлери сәўлелеп берилген болып, олар жынсый басым, физикалық басым, экономикалық басым, руўхый басым ҳам басқалардан ибарат екенлиги көрсетилген.

Демек, басым ҳәм зорлыққа ушыраған шахстың ҳуқықлары нызам менен қатаң қорғалған болып ҳәм усы нызамды бузғанлық ушын жуўапкершилик белгиленген.

Сондай-ақ, Нызамның 23-статьясында қорғаў ордерин бериў ҳәм оның мүддетин узайттырыў тәртиплери белгиленген болып, Қорғаў ордери басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиге бериледи. Басым өткизген ҳәм (ямаса) зорлық ислеген яки оларды ислеўге мейил болған шахсқа қорғаў ордериниң нусқасы бериледи.

Қорғаў ордерин берген ишки ислер уйымының лаўазымлы шахсы басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахсты қорғаў ордериниң шәртлери ҳәмде оны орынламаўдың ақыбетлери ҳәм басым ҳәм зорлық өткизиў минез-қулқын өзгертиў бойынша дүзелиў бағдарламаларынан өтиў зәрүрлиги ҳаққында хабардар қылады.

Тийисли аймақта басым ҳәм зорлықтан жеке тәртиптеги профилактикасын әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ишки ислер уйымының лаўазымлы шахсы басым ҳәм зорлық факты яки оларды ислеў қәўипи анықланған ўақыттан баслап 24 саат ишинде қорғаў ордерин отыз күн мүддетке шекем береди ҳәм усы ордер рәсмийлестирилген ўақыттан баслап күшке киреди.

Егер қәўип еле сапластырылмаған болса, қорғаў ордериниң әмел етиў мүддети басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиниң арзасына көре көби менен отыз күнге шекем узайттырылыўы мүмкин.

Қорғаў ордерин бериў, узайттырыў яки қорғаў ордерин бериўди ямаса узайттырыўдан бас тартыў үстинен судқа шағым етиўи мүмкин.

Қорғаў ордери талапларының орынланыўы үстинен қадағалаў оны берген ишки ислер уйымы тәрепинен әмелге асырылады.

Қорғаў ордериниң формасы ҳәм оны бериў тәртиби Өзбексстан Республикасы Министрлер Кабинеети тәрепинен әмелге асырылады.

Нызамның 26-статьясында Қорғаў ордеринде нәзерде тутылған шеклеўлер ҳаққында айтылған болып, оған көре, Қорғаў ордеринде төмендеги шеклеўлер нәзерде тутылыўы мүмкин:

Басым өткизиўди ҳәм зорлық ислеўди қадаған етиў;

Басым өткизген яки зорлық ислеген шахстың басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшилер менен байланысын қадаған етиў (жумыс орынларында ҳәм билимлендириў мәкемелеринде басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиниң басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахс пенен тиккелей емес байланысына жол қойылады);

басым өткизилген ҳәм зорлық исленген жағдайда басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиниң ҳәмде басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахстың бир ханада бирге болыўын қадаған етиў;

басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахсқа басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшини емлеў, оған мәсләҳәт бериў, оны басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшилерге жәрдем көрсетиў бойынша арнаўлы орайға жайластырыў ушын қәрежетлердиң, жеткизилген материаллық зыянның орнын қаплаў, сондай-ақ руўхый зыянды компенсация қылыў миннетлемесин жүклетиў;

басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахстың қуралды (хызмет қуралы буннан тысқары) сақлаў ҳәм алып жүриў ҳуқықын қорғаў ордериниң әмел етиўи яки онда көрсеттилген мүддет дәўиринде шеклеў ямаса қадаған етиў, сондай-қурал сатып алыў ушын рухсатнама алыўға байланыслы ҳуқықын шеклеў.

Қорғаў ордериниң әмел етиў мүддети узайттырылған жағдайда усы статьяның 1-бөлиминде көрсетилген талаплардан тысқары, оған басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахстың зорлық минез-қулқын өзгертиў бойынша дүзетиў бағдарламасынан өтиўи ҳаққындағы шәрт мәжбүрий тәртипте киргизиледи.

Егер қорғаў ордерин бериў ҳаққындағы мәселени көрип шығыў ўақтында Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексинде нәзерде тутылған жынаят белгилери анықланса, қорғаў ордерин бериў ҳааққындағы мәселени көрип шығыў менен бир ўақытта ис материаллары жынайый жуўапкершиликке тартыў мәселесин шешиў ушын тийисли ҳуқық қорғаў уйымға жибериледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 19 майдағы «Басым ислетиўден жәбир көрген ҳаял-қызларды реабилитация қылыўға байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы Қарары басымға ушыраған ҳаялларға жәрдем көрсетиў системасын жаратыў, шаңарақлық-турмыслық басымның алдын алыў ҳәм оның унамсыз ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған өз ўақтында қабыл етилген қарар болды.

Усы ҳүжжет тийкарында Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жанында 29 ҳаялларды реабилитация қылыў ҳәм бейимлестириў орайы шөлкемлестирилди. Усы ўақытқа шекем реабилитация орайлары мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми сыпатында искерлик жүргизип келген болса, енди оның искерлиги толық Мәмлекет бюджети есабынан қаржыландырылыўы белгиленди.

Басым ҳәм зорлықтан жәбир көрген, өз жанына қаст еткен ямаса соған мейиллиги болған ҳаял-қызлар менен өз-ара байланыс орнатыў ҳәм қыстаўлы руўхый, психотерапевтикалық, ҳуқықый жәрдем көрсетиў, мәсләҳәт бериў ҳәм мағлыўмат бериў мақсетинде «1146» Исеним телефоны, “AZIZ-AYOL.UZ” бирден-бир интерактив миллий платформасы менен муўапықластырылды.

Ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери бузылғанлығы ҳақкында мүрәжат еткен 74 мыңнан артық ҳаял-қызға тараўдың жетик қәнигелери тәрепинен ҳуқықый жәрдем көрсетилди. «Ҳаяллар дәптери»ндеги басым ҳәм зорлықтан жәбирленген, социаллық машқалалары болған 71 мыңнан зыят ҳаял­-қызға маманлы психологиялық көмек берилди. Шаңарақлық басымтың алдын алыў ҳәм оннан жәбир көргенлерге әмелий көмек бериў бойынша Бас прокурор орынбасары басшылығында ўәкилликли мәмлекетлик кәрханалар баслықлары дәрежесиндеги Жумысшы топар искерлиги жолға қойылды.

Бүгинги күнде Парламент тәрепинен ўәкилликли мәмлекетлик кәрханалар менен биргеликте миллий нызамшылықты және де жетилистириў бойынша қатар усыныслар ислеп шығылмақта.

Ҳәр бир ҳаял-қыз басым ҳәм зорлықсыз турмыста қәўипсиз ҳәм бахытлы жасаўға ҳақылы. Оның бул ҳуқықларын аяқ-асты етиў, басым өткизиў нызам менен қорғалады.

Сондай екен ҳәммемиз, жоқарыда келтирип өтилген нызамның орынланыўын тәмийинлеўге ҳәм усы категориядағы ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятлардың алдын-алыў ҳәм олардың ислениўине себеп болыўшы шәраятларды сапластырыўға бирдей жуўаплымыз. Бул жолда ҳәмме ўақытта бирге ислесиўимиз, анықланған ҳәр бир жағдайдан бир-биримизди хабардар етиўимиз ҳәм исленген нызамбузыўшылық ҳалатларын тезлик пенен сапластырыўымыз, айыпкер шахсларға болса жуўапкершилик шаралары бар екенлигин тәмийинлеўимиз лазым болады.

 

 

Абдимурат Керимбаев,  

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                                                                                             

 

 

 

 

Жынаят иси тәреплердиң өз-ара жарасыўы менен өндиристен қысқартылды

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының судьясы Р.Каукышевтың басшылығында, судья жәрдемшиси Д.Юсупованыӊ хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокурорының орынбасары Д.Асқаров, қорғаўшы адвокат М.Жанызаков гүманланыўшы ҳәм жәбиркештиң нызамлы ўәкили қатарында қатнастырылған өмирлик жолдасының   қатнасыўында Қарақалпақ Мәмлекетлик университетиниң юридика факультетиндеги суд залында ашық ҳәм көшпели суд мәжилиси болып өтти. Онда дәслепки тергеў органы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыпланған М.Сның қарсысындағы жынаят иси көрип шығылды.

1992-жыл Нѳкис қаласында туўылған туўылған М.С Усы жылдың 28-сентябрь күни кешки саат 21:30 лар шамасында өз меншигиндеги «Ласетти» маркалы автомашинасын Нөкис қаласы Қарақалпақстан көшеси асфальт жолы бойында жайласқан «Кооператив колледжи» алдынан өтип турған асфальт жол бойлап шығыс тәрептен батыс тәрепке қарай бир ѳзи хәрекетленип баратырып, усы асфальт жолдың пиядалар ѳтиў жол белгиси орнатылған жеринен, жолды басқарыўшыға қарата арқа тәрептен қубла тәрепке қарай пияда кесип ѳтип атырған Нѳкис қаласы Пристин гузары кѳшесинде жасаўшы 1971-жыл туўылған пуқара С.Д ны автомашинасының алды тәрепи менен дүгип алған. Нәтийжеде пуқара С.Д дене жарақатын алып емлеўханаға түскен.

Өткерилген суд-медициналық экспертизасының 2021-жыл 27-октябрь күнги 70-санлы жуўмағында пуқара С.Д ның алған дене жарақатлары «Қарынның жабық жарақаты. Жеңишке ишектың тесилиўи (перфорация) ҳәм асқынған жарылыўы, асқынған жергиликли ириң (гной), токсик басқыштағы әсте раўажланып барыўшы шекленген перетонити менен, оң ийин сүйегиниң хирургия мойыншасының жабық майдаланып жылжып сыныўы. Бул жарақатлар ѳмир ушын қәўипли болған «Аўыр» дәрежели дене жарақатлар қатарына жататўғынлығы көрсетилген.

Сорастырыў дәўиринде жәбирлениўши С.Д ның нызамлы ўәкили қатарында қатнастырылған ѳмирлик жолдасы Ж.П Нөкис қалалық ИИО ЖМБ баслығы атына арза менен мүрәжат етип, олар өз арзасында гүманланыўшы М.С пенен жарасқанлығын, оны кеширгенлигин, өзлерине жеткизилген материаллық ҳәм мораллық зыян толығы менен қапланғанлығын билдирип, усы мүнәсибет пенен гүманланыўшы М.С ның қарсысындағы жынаят исин жарасыў арқалы өндиристен қысқартыўды сораған.

Суд, жарасыўдың ықтиярый екенин, оның себеплерин, гүманланыўшы өз айыбын мойынлағанын, өзи ислеген қылмыстың ақыбетлерин аңлағанын ҳәм жеткерилген зыянды толық қаплағанын, гүманланыўшы М.С, жәбиркеш С.Д ға сырттан тәсир болмағанын, өз ерклери менен жарасқанын итибарға алып, гүманланыўшы М.С Жынаят кодексиниң 661-статьясына тийкар жынайый жуўапкершиликтен азат етип, оныӊ қарсысындағы жынаят исин Жынаят процессуал кодексиниң 84-статьясы 4-бөлимине муўапық өндиристен қысқартыўды, уйғарыў нызамлы күшине киргеннен соң гүманланыўшы М.С қа тийисли айдаўшылық гүўалығын тилхат арқалы өзине қайтарып бериўди лазым тапты.

Сондай-ақ суд жәбиркеш С.Д ның нызамлы ўәкили қатарында қатнастырылған ѳмирлик жолдасы Ж.П ға Жынаят процессуал кодексиниң  583-статьясы 5-бөлимине тийкар усы жарасыў суд тәрепинен тастыйқланғаннан соң, усы ис бойынша ис жүритиўди қайта тиклеў ҳаққында илтимаснамалар бериў ҳуқықларын жоғалтыўын түсиндирди.

 

«Зорлыққа жол жоқ» сүўретлер таңлаўы

Жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы Л.Өтегенова, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды судьясы Ж.Аймаганбетова, Нөкис қаласы жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы Ш.Шамамбетов, Нөкис районлараралық экономикалық суды баслығы З.Хасанова,  Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы А.Сейтановлар тәрепинен Нөкис районындағы 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби оқыўшылары арасында сүўретлер таңлаўы өткерилди. Тийкарғы тема “Зорлыққа жол жоқ”.

          

Жас қәлемкешлер өзлери қыялларында сәўлелендирген ойларын ақ қағазға түрли реңлерде жайластырды. Кими шаңарақта аналарға, қызларға қарата басымға қарсы өз пикирин сүўретлеген болса, және биреўи қара думанлы булытлар астынан жарқырап шыққан қуяш ҳәм бахытлы шаңарақты сәўлелендирген. Улыўма бул таңлаў оқыўшылардың жәмийетте ушырасатуғын түрли зорлық ҳәм басымға болған мүнәсибетлерин көрсетти. Өзлери еле кишкене болса да бундай ис-ҳәрекетти қатаң қаралайтуғынын, жәмийетте теңликтиң тәрепдары екенлигин түрли реңлер айқулағында шебер көрсете алды.

  

Бул таңлаўға 30 ға жақын оқыўшының қатнасыўы да жасларымыздың әтирапта болып атырған ўақыя қубылысларға итибарсыз емес екенлигин билдиреди. Таңлаў жуўмағында ең тәсирли сүўрет салған оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ылайықлы хошаметленди.

 

       

Конституция- ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўдың тийкары

Конституция – мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ол өзинде мәмлекеттеги пуқаралардың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийнлеўши, мәмлекет ҳәкимияты уйымлары хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған ҳүжжет есапланады.

Санаўлы күнлерден соң Өзбекстан  Республикасы Конституциясы  қабыл етилгенлигиниң 29 жыллығын көтериңки рух пенен халқымыздың ең үлкен байрамларынан бири сыпатында белгилеймиз. Бул Конституция алғы сөзинен ҳәм дәслепки статьяларынан баслап оның ақырғы статьясына шекем ғәрезсизлик, адамгершиликли, тыныш-татыўлық, инсан ҳуқықы ҳәм еркинликлери, теңлик сыяқлы бир қатар идеяларды өз ишине алады.

Конституцияда Өзбекстан халқының демократия, инсан ҳуқықлары ҳәм социал әдалат идеяларына садықлығы жәрияланған. Демократия улыўма инсаныйлық принциплерге тийкарланады. Инсан оның турмысы, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа қол қатылмас ҳуқықлары ең жоқарғы қәдириятлар есапланады. Конституциямыздың ҳəр бир статьясы инсан ушын, оның материаллық ҳəм руўхый талап ҳəм мүтәжликлерин, мəплерин қанаатландырыў ушын, халқымыздың гүллеп- жаснаўы ушын хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳақыйқый демократиялық принциплерди өзинде сәўлелендирген конституция есапланады. Ол тарийхта сыналған улыўма инсаный қәдириятларды, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәмлекет суверенитетин, нызамлардың үстинлиги, демократияны, социаллық әдилликти, ҳалықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларының үстемлигин өз ишине алады. Жәнеде Конституция базар қатнасықларына өтиўде жеке мүлк қатнасықларың қәлиплестириў, көппартиялық, сиясий плюрализм, пуқаралық тынышлықты, ҳәкимиятлар бөлиниўи, улыўма демократиялық-ҳуқықый мәмлекет қурыў нормаларын жәмлеген.

Конституция  жәмийет ҳәм мәмлекеттиң барлық тараўларындағы қатнасықлар ҳәмде тийкарғы қағыйдалардан ибарат болып, басқа нызам, нызам асты актлеринде анық ашып бериледи. Барлық нызамлар ҳәм нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер Тийкарғы нызамдағы қағыйдалар тийкарында ислеп шығылады. Бунда нызамлар ҳәм нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлердиң бас дереги, тийкары Конституция есапланады.  Конституция  барлық нызамлардан үстин турыўшы жоқары юридикалық күшке ийе ҳуқықый ҳүжжет болып табылады.

Өзбекстан мәмлекет ҳәкимияты халықтың мәпи ушын республиканың Конституциясы және оның тийкарында қабыл етилген нызамлар арқалы, тек буған ўәкиллик берилген уйымлар тәрепинен ғана әмелге асырылады. Конституцияда халық ҳәкимияты мәселелери өзиниң оғада жақсы шешимин тапқан. Оның мәниси соннан ибарат, Өзбекстан халқын миллетине қарамастан оның пуқаралары қурайды. Демек, республика аймағында жасаўшы бәрше халықлар, миллетлер конституция алдында тең ҳуқыққа ийе ҳәм ол ҳәммениң мәпин бирдей қорғайды. Себеби мәмлекет төмендеги принциптен келип шығады: мәмлекет халықлардан турады, ал халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден бир дәреги.

 

Султанмурат Давлетмуратов,

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы         

 

 

 

Коррупция иллети ҳәм оған гүресиў мәселелери

Шымбай районындағы 8-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби мәжлислер залында район турғынларының қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Онда жынаят ислери бойынша Шымбай районы суды баслығы А.Хожанов, Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық суды баслығы М.Сапаев, Шымбай районлараралық экономикалық суды баслығы З.Бердимуратов ҳәм район прокуратурасы, район ҳәкимлиги ўәкиллери шығып сөйлеп, коррупция иллети ҳәм оған гүресиў мәселелерин кең түрде атап өтти.

Атап өтилгениндей, коррупция парахорлық, таўламашылық, алдаўшылық, мүлкти өзлестириў, жасырын қозғалаң ҳәм топалаң көтериў, ҳәкимияттан пайдаланыў, жағымпазлық, саўғалар, ағайиншилик ҳәм бирәдәршылық, қәўендершилик, қоңсы-қобашылық ҳәм басқа түрлерине ийе.

Мәмлекетимиз нызамшылығында бул түрдеги жынаятларға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясының (өзлестириў яки растрата жолы менен талан-тараж етиў) екинши бөлиминиң «г» бәнти, 168-статьясының (алдаўшылық) үшинши бөлиминиң «в» бәнти, 1929-статьясында (саўдада пара есесине аўдарып алыў) ҳәм 19210-статьясында (мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкеминиң яки басқа шөлкемниң хызметкерин пара есесине аўдарып алыў), 205-статьясында (ҳәкимият яки лаўазымынан пайдаланыў), 209-статьясында (лаўазым суўыққанлығы), 210-статьясында (Пара алыў), 211-статьясында (пара бериў), 212-статьясында (пара алыў-бериўде дәлдалшылық қылыў), 213-статьясында (Мәмлекет органының, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемниң яки пуқаралар өзин-өзи басқарыў органының хызметшисин пара есесине аўдарып алыў), 214-статьясында (Мәмлекет органы, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы хызметкериниң нызамға қайшы түрде материаллық байлықлар алыўы яки мүлкий мәпдар болыўы) жаза түрлери белгиленген.

Солай екен, коррупцияға қарсы гүрес ҳәр күни, ҳәр мәўритте, ҳәр бир пуқара тәрепинен әмелге асырылыўы керек. Инсанлардың усы иллетке қарсы қатаң пуқаралық позициясы пайда болыўы,  коррупция жағдайларын ақламастан, бул иллетти қаралаў ҳәм қабыл қылмаслық биринши орынға шығыўы, коррупциясыз жәмийет қурыўда ҳәр ким өз роли ҳәм ўазыйпаларын аңлап, жуўапкершиликти сезиўи керек.

Замир Бердимуратов,

Шымбай районлараралық экономикалық суды баслығы 

КЕПИЛЛИК ШӘРТНАМАСЫНАН КЕЛИП ШЫҒАТУҒЫН МӘЖБҮРИЯТЛАР

Кепиллик шәртнамасын қалай түсинемиз?

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң 292-статьясында нәзерде тутылған болып кепиллик шәртнамасы бойынша кепил басқа шахс өз мәжбүриятын толық яки қысман орынлаў ушын оның кредитор алдында жуўап бериўди өз мойнына алыў түсиниледи.

Кепиллик шәртнамасы келешекте жүзеге келетуғын мәжбүриятты тәмийинлеў ушында дүзилиўи мүмкин.

Кепиллик шәртнамасы жазба түрде дүзилиўи керек болып, егер жазба түрде дүзилиўине әмел етпеслик кепиллик шәртнамасының ҳақыйқый болмаўына алып келеди.

Бул кепиллик шәртнамасы көбинше суд әмелиятында кредит шәртнамасы бойынша көрилетуғын ислерде көриўде ушырайды.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Хожалық суды Пленумының 2006-жыл 22-декабрь күнги 13/150-санлы «Кредит шәртнамаларынан келип шығатуғын мәжбүриятлар орынланыўын тәмийнлеў ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўды айрым мәселелери ҳаққындағы» Қарарының 28-бәнтинде кепиллик — үшинши шахстың басқа шахс кредиторы алдындағы шахстың кредит шәртнамасынан келип шығатуғын мәжбүриятлары бойынша толық яки қысман жуўапкер болыўы мәжбүрияты есапланады.

Кепиллик шартнамасы басқа шахстың кредиторы ҳәм кепил ортасында дүзиледи. Кепиллик шәртнамасы бойынша мәжбүрияттың мазмуны қарыздар тийкарғы мәжбүриятын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанда кепилдиң қарыздар менен бирге кредитор алдында жуўап бериўи мәжбүрияты есапланатуғынлығы түсиндирилген.

Соның менен бирге Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң 293-статьясында кепилдиң жуўапкершилиги белгиленген болып, оған көре қыраздар кепиллик пенен тәмийнленген мәжбүриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўап беретуғынлығы, егерде нызамда яки кепиллик шәртнамасында кепилдиң субсидар жуўапкер болыўы нәзерде тутылған болмаса, егерде, кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, кепил кредитор алдында теңбе тең көлемде жуўап береди, соның менен бирге пайызларды төлейди, қарызды өндирип алыў бойынша суд шығынларын ҳәм қарыздар мәжбүриятын орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы себепли кредитор басқа зыяларды төлейтуғынлығы, егер кепиллик шәртнамасында басқа тәртип нәзерде тутылған болмаса, биргелесип кепил болған шахслар кредитор алдында солидар жуўап береди.

Бүгинги күнде усы категориядағы даўаларды көриўде кепил болған шахслар қарыздардың төлей алмай қалған қарызларын төлемейтуғынлығын айтып өз наразылықларын билдирип келмекте. Деген менен кепиллик шәртнамасы дүзилгенлиги, келешекте қарыздар қарызларын төлей алмай қалған жағдайда өзи төлеў мәжбүриятын мойнына алғанлығы себепли қарыздар ҳәм кепиллерден солидар тәртипте өндириў ҳаққындағы қарарлар шығарылмақта.

Кредит шәртнамасына муўапық, жуўапкер график тийкарында есапланған пайызлар ҳәм кредитин қайтарыў мәжбуриятын алған.

Жуўмақ орынында соны айтыў керек, ҳәр қандай кредит яки қарыз шәртнамасы бойынша кепил болыў ушын кредит яки қарыз алыўшының мақсетин, келешекте төлеў имканияты бар яки жоқлығын үйренип болғаннан соң кепиллик шәртнамасын дүзиў мақсетке муўапық деп есалайман.

 

Бердимурат Баймуратов,

Нөкис районлар аралық экономикалық

суды судьясы

 

Skip to content