Төрт дүканда урлық ислеген ҳаял  

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды тәрепинен усы жылдың 5-ноябрь күни көрип шығылған жынаят иси урлық пенен байланыслы.

1982-жылы туўылған Марзия (аты өзгертилген)  бир емес, еки емес, төрт дүканда сатыўшыларды алдап, олардың исенимине кирип,  пулларын алып кетеди.

Марзия өзиниң дәслепки жынайый ҳәрекетлерин 2021-жылдың 10-апрель күни кешки саат 17:00 лер шамасында Нөкис қаласында жайласқан “Дийхан базары” аймағындағы ҳаяллар кийим-кеншеклерин сататуғын саўда дүканынан баслады. Дүканға тап анық кийим алатуғын қарыйдар болып келип, кийимлерди көреди, биреўлерин анық алатуғын болып таңлайды. Сөйтип арада басқа қарыйдалар келип сатыўшы олар менен бәнт болған ўақытта әсте сездирмей кийим-кеншеклер жайылып турған прилавканың астында сатыўшы Г.Т ға тийисли 150 000 сумлық сумка ҳәм оның ишиндеги 1 500 000 сумлық нақ пулын жасырын алып кетеди.

Бул ўақыя “умыт болды аў” деп және 24-апрель күни “аңға” шығады. Ендиги олжа және Нөкис қаласында жайласқан “Дийхан базары” аймағындағы таўар яғный гезлеме сататуғын дүкан. Марзия дүканға кирип, сатыўшы менен тап таўар алатуғын адамдай ҳәр таўарды бир услап, ойласып өзине кереклисин излейди. Сөйтип сатыўшының да исенимине кирип, оған билдирместен 240 000 сумлық ҳаяллар сумкасы менен 3 500 000 сум нақ пулларын алып өтә кетти.

Арадан үш күн өтип Марзияға бул иси унап қалдыма, ямаса аңсат пул табыў жолын таптым дедиме қулласы және өзине қолайлы дүкан излеп, 27-аперль күни туслик ўақтында Орайлық базарға келип және бир дүканға карыйдар сыпатында кирип, ол жердеги исбилерменге 550 000 сумлық материаллық зыян жеткереди.

Өзи жаны қыйналмай таўып турған машаққатсыз пуллардан “алқымы кеңейген” Марзия енди төртинши дүканды гөзлеп, 2-май күни Нөкис дийхан базары аймағындағы ҳаял-қызлардың кийимлерин сататуғын саўда орнында сатыўшыны еплеп шалғытып Г.М ға 1 872 000 сумлық материаллық зыян жеткереди.

“Урлық түби қорлық” дегениндей Марзияның сиркесине суў қуйылып, бүгин суд залында ҳәммеден ислеген кылмысы ушын пушайман екенлигин билдирип кеширим сорады.

Суд Марзияға жаза тайынлағанда оның айыбын толық мойынлап, шын кеўилден пушайман екенин, бурын судланбағанын, келтирилген зыянлар толық қапланып, жабиркешлердиң кеширим бергенлигин айыбының жениллестириўши жағдайлары деп, ал жынаятты ғәрезли нийетте ислегенлигин айыбын аўырластырыўшы жағдай деп таўып ҳүким етти.

Судланыўшы М.С  Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими “а” бәнти ҳәм 227-статьясы 2-бөлими “а” банти менен айыплы деп табылып, 3 жыл мүддетке азатлықтан шеклеў жазасы тайынланды.

 

Шарапат Шамамбетов

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы

 

Гүлайым Ғаниева,

журналист