Материаллық ҳәм руўҳый зыян түсиниги ҳәм оны өндириў тийкарлары

Кейинги жылларда елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекетти қурыў, әдил пуқаралық жәмийетти қәлиплестириў жолынан үлкен қәдемлер тасланып, дүнья шериклигинде беккем орын ийелемекте. Мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар өткизилмекте. Олардың нызамлы тийкары Конституцияда сәўлеленген, онда инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң үстинлиги, нызамлардың үстинлиги, ҳуқық ҳәм әдил судлаўды дурыс әмелге асырыўға қаратылған қағыйдалар, өз шешимин тапқан.

Ҳәр бир адамға өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлар, лаўазымлы шахслар, жәмийетлик бирлеспелердиң нызамсыз ис-ҳәрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик берилгенлиги ҳаққында Конституцияның 44-статьясында айрықша ҳуқықый норма белгиленип, бунда суд ҳәкимиятының басқа мәмлекетлик уйымлардан үстинлиги белгиленген.

Бирден-бир мәмлекетлик мәкеме суд сыяқлы тартыслы пуқаралық мәселелерди дурыс, әдил шеше алмаслығы суд ҳәкимиятының әҳмийетли тәреплеринен екенлиги көрсетилген.

Инсан турмысы даўамында ҳәр қандай кеўилсиз жағдайға ушыраўы ҳәм оның ақыбетинде материаллық ҳәм ямаса руўхый зыян көриўи ямаса басқаға усындай зыян жеткизиўи мүмкин.

Суд әмелиятында материаллық зыян ҳәм руўхый зыян ушын компенсация өндириў менен байланыслы ислер жылдан жылға артып бармақта.

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен 2020 жыл 9 айы даўамында матриаллық ҳәм руўхый зыян өндириў менен байланыслы жәми 77 ис көрилип тамамланған болып, соннан материаллық зыян ушын бир миллиард төрт жүз миллион сумнан аслам (1.401.946.292), руўхый зыян ушын 64.900.000 сум өндириў белгиленген болса, 2021 жылдың 9 айы даўамында жәми 217 ис көрилип тамамланған болып, соннан материаллық зыян ушын 3 миллиард үш жүз миллион сумнан аслам (3.396.732.934 сум), руўхый зыян ушын 527.400.000 сум өндириў белгиленген.

Усы статистикалық мағлыўматлардан өткен жылға салыстырғанда усы жылы бул категориядағы ислер саны ҳәм суммасы муғдары бир неше есеге артқанлығын көриўимизге болады.

Зыян дегенде, ҳуқықы бузылған шахстың бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы лазым болған қәрежетлери, оның мал-мүлки жойтылыўы яки зыянланыўы (ҳақыйқый зыян), сондай-ақ бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында әдеттеги пуқаралық қатнасығы шәраятында алыўы мүмкин болған, бирақ алалмай қалған дәраматлары (бай берилген пайда) түсиниледи.

Ҳуқықы бузылған шахс өзине жеткизилген зыянның толық қапланыўын талап етиўи мүмкин.

Руўхый зыян дегенде жәбирлениўшиге қарсы исленген ҳуқықбузарлық ҳәрекети (ҳәрекетсизлик) ақыбетинде ол басынан өткизген руўхый ҳәм материаллық (кемситиў, физикалық аўрыў, зыян көриў, қолайсызлық ҳәм басқа) азаплар түсиниледи.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 1022-статьясына көре, руўхый зыян пул менен қапланады. Руўхый зыянды қаплаў муғдары жәбирлениўшиге жеткизилген физикалық ҳәм руўхый азаплардың қәсийетине, сондай-ақ айып компенсация төлеўге тийкар болған жағдайларда зыян жеткизиўшиниң айыбы дәрежесине қарап суд тәрепинен анықланады. Зыянды қаплаў муғдарын анықлаўда ақылға уғраслық ҳәм әдиллик талаплары итибарға алыныўы лазым. Физикалық ҳәм руўхый азаплардың қәсийети руўхый зыян жеткизилген ҳақыйқый ҳалатлар ҳәм жәбирлениўшиниң жеке қәсийетлери есапқа алынған ҳалда суд тәрепинен баҳаланады. Руўхый зыян төлениўи лазым болған материаллық зыянға қарамастан қапланады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының “Руўхый зыянды қаплаў ҳаққындағы нызамларды қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 2000 жыл 28 апрель күнги 7-санлы Қарары менен руўхый зыян ушын компенсация өндириўде итибарға алынатуғын ҳалатлар бойынша түсиндирмелер берилген.

Яғный руўхый зыян дегенде жәбирлениўшиге қарсы исленген ҳуқықбузарлық ҳәрекети (ҳәрекетсизлик) ақыбетинде ол басынан өткизген руўхый ҳәм материаллық (кемситиў, физикалық аўрыў, зыян көриў, қолайсызлық ҳәм басқа) азаплар түсиниледи. Руўхый зыянның муғдарын белгилеўде жәбирлениўшиниң оған жеткизилген руўхый зыянның аўырлығына берген субъектив баҳасын, сондай-ақ талапкерге жеткизилген руўхый ҳәм физикалық азаплардың дәрежесин көрсетиўши объектив мағлыўматларды, қолқатылған объекттиң өмир ушын әҳмийетлилиги, пайдасы (өмири, ден-саўлығы, қәдир қымбаты, жеке еркинлиги, үй-жайдың қолқатылмаслығы, үлкен қунға ийе болған мүлклери ҳәм басқалар), ҳуқықбузарлықтың аўырлығы ҳәм ақыбети (жақын ағайинлериниң өлтирилиўи, майыплыққа алып келген дене жарақаты жеткизилиўи, еркинликтен айырыў, жумыстан ямаса турақ жайдан ҳәм басқалардан айырыў), уялттыратуғын надурыс мағлыўматлардың характери ҳәм оларды қаншелли дәрежеде (шеңберде) тарқатылғанлығы, жәбирлениўшиниң жасаў шәраятлары, жеке қәсийетлери (хызмети, шаңарақлық, турмыслық, материаллық тәреплери, ден-саўлығының ҳалаты, жасы ҳәм басқалар), зыян жеткизиўшиниң ҳәм жәбирлениўшиниң айып дәрежелери, зыян жеткизиўши шахстың материаллық жағдайы ҳәм басқа итибарға ылайық ҳалатлары, зыянды қаплаў муғдарын белгилеўде әдиллик ҳәм ақылға уғрас талаплары итибарға алынады.

Суд әмелиятынан мысал

Талапкер А.Пирниязова жуўапкер Б.Сатбаевқа (адам атлары өзгертилген) қарата ден-саўлығына жеткизилген материаллық ҳәм руўхый зыян өндириў ҳақкындағы даўа талабы менен судқа мүрәжат еткен.

Судтың бийлиги менен талапкер А.Пирниязованың даўа талабы қысман қанаатландырылып, оның пайдасына жуўапкер Б.Сатбаевтан материаллық зыян ушын 7.865.432 сум, ал руўхый зыян 5.000.000 сум компенсация өндириў белгиленген.

Ис ҳүжжетлерине қарағанда, жуўапкер Б.Сатбаев 2020 жыл 18 октябрьде саат 10:30 лар шамасында өзиниң басқарыўындағы “Дамас” маркалы автомашинасын басқарып ҳәм светофордың қызыл шырағында тоқтап турып, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел қылмастан, өзине жасыл шырақ жанбай турып ҳәрекетленип, пуқара Ж.Отарбаевтың басқарыўындағы Нексия маркалы автотранспорт қуралы менен өз-ара соқлығысып жол транспорт ҳәдийсеси жүз бериўине себепши болған.

Нәтийжеде “Дамас” маркалы автомашинасы салоны ишиндеги жолаўшы талапкер А.Пирниязова ҳәм басқалар дене-жарақатларын алып медицина бирлеспесине түскен.

Өткизилген суд-медициналық экспертизасының жуўмақларына көре, талапкер А.Пирниязова “орта” дәрежели дене жарақатын алған.

Бул жағдай бойынша жынаят иси қозғатылып, жуўапкер Б.Сатбаевқа Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы, 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте гүмән қылыныўшы қатарында иске тартылған ҳәм жынаят иси тәреплердиӊ ѳз-ара жарасқанлығы мүнәсебети менен ѳндиристен қысқартылған.

Талапкер А.Пирниязова усы жол транспорт ҳәдийсесинен кейин бир неше мәрте емленип, дәри-дармақларын өзи сатып алып ҳәм бул жағдайлардан қыйналып материаллық ҳәм руўхый зыян көрген.

Жуўапкер Б.Сатбаев болса талапкер А.Пирниязоваға өз-ерки менен материаллық жәрдем бериўден бас тартқан.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 985-статьясы,  1-бөлимине көре, нызамсыз ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) ақыбетинде пуқараға яки оның мүлкине келтирилген зыян, сондай-ақ юридикалық шахсқа жеткизилген зыян, соның менен бирге бай берилген пайда зыян жеткизген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы лазым.

Сол себепли де суд бийлиги менен талапкер А.Пирниязованың даўа талаплары қысман қанаатландырылып, оның пайдасына жуўапкер Б.Сатбаевтан материаллық ҳәм руўхый ушын компенсация пуллары өндирип берилген.

Жуўмақластырып айтқанда, ҳәр бир инсан нызамларға ҳүрмет пенен қатнасықта болып, оларға әмел қылған жағдайда өзин ҳәм өзгелерди ҳәр қандай кеўилсиз жағдайдан қорғаған болатуғынлығын еслеткимиз келеди.

 

 

Абдимурат Керимбаев,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы