Спорт саламатлық ҳәм дослық елшиси

Спорт пенен турақлы шуғылланыў адам организмин саламат ҳам тетик етиў менен бирге, инсанның ақылый раўажланыўына да унамлы тәсир етеди. Әсиресе, ақылый мийнет пенен шуғылланатуғын кәсип ийелери ушын бул жүдә әҳмийетли ҳәм зәрүр болып есапланады. Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы судларында мийнет етип атырған судья ҳәм суд хызметкерлерин спортқа қызықтырыў, ғалаба спорт пенен шуғылланыўына кең шәраятлар жаратыў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, куни кеше Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының кубогы ушын волейбол бойынша өткерилген жарыс буның айқын мысалы.

 

Қарақалпақстан Республикасы судларының Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен шөлкемлестирилген нәўбеттеги жарысқа Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьялары, суд аппараты хызметкерлери қатнасты. Қызықлы ҳам кесин беллесиўлер тийкарында өткен жарыстың финал ушырасыўында Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының “Бирлик” ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының “ОКС” командалары өз-ара беллести. Нәтийжеде “Бирлик” командасы жеңиске ерисип, жеңимпаз болды.

       

 

 

 

 

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының кубогы ушын өткерилген жарыстың жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының “Бирлик” командасы биринши орынды ийелеген болса, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының “ОКС” командасы екинши орын ҳәм үшинши орын – Қарақалпақстан Республикасы экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясының судының “Туран” командасына несийп етти.

Жарыс жеңимпазлары кубок ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судларының Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен мүнәсип хошаметленди.

 

 

Уткиржон Сабиров

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы