Ендигиден былай ҳәкимшилик судларға арза ҳәм шағымлар электрон көринисте усынылады

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020 жыл 3 сентябрь күнги «Суд ҳәкимияты уйымлары искерлигин санластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4818-санлы қарары, 2020-2023 жылларда суд ҳәкимияти уйымлары искерлигин санластырыў Дәстүри ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.M.Мирзиёев басшылығында 2020 жыл 30 июнь күни кеӊейттирилген тәризде өткерилген видеоселектор жыйналысыныӊ 49-санлы Баянын орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2021 жылы 9-декабрь күнги РС-65-21-санлы «Республика судлары искерлигине «ADOLAT» мәлимлеме системалары комплексин енгизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бул Президиум қарарында соӊғы жылларда судлар искерлигине енгизилген мәлимлеме системалары саныныӊ артқанлығын итибарға алған ҳалда олардан пайдаланыў тәртибин әпиўайыластырыў, сондай-ақ информация ҳәм мағлыўматлар қәўипсизлигин тәмийнлеў иләжларын күшейттириў, мәлимлеме системаларыныӊ мағлыўматлар базасын оптималластырыў, еӊ дәслеп пуқаралар ҳәм исбилерменлер аралықтан турып судлардан мағлыўматлар алыў ҳәмде олар менен судлар ортасында электрон бирге ислесиў шеӊберин кеӊейттириў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин жәнеде асырыў, суд хызметлеринен электрон тәризде пайдаланыў имканиятларын санластырыў бул жөнелистеги тийкарғы ўазыйпалар екенлиги атап өтилди.

Судларда судлаў исин жүритиў процесслерин заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларына тийкарланған ҳалда санластырыў арқалы мийнет өнимдарлығын гезектеги басқышқа көтериў, сондай-ақ электрон ҳүжжетлер айланыўы системасын жетилистириў есабына қағаз ҳәм басқа канцелярия өнимлери пайдаланылыўын жәнеде қысқарттырыў мақсетинде мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымлары, хожалық басқарыў уйымлары, адвокатлар тәрепинен судларға даўа арза, арза ҳәм шағымларды тек ғана электрон көринисте усыныў тәртиби енгизилмекте.

Яғный, мәпдар шахслар тәрепинен арза ҳәм шағымларды көрип шығыў барысын онлайн тәризде гүзетип барыў, суд мәжлиси қатнасыўшылары тәрепинен мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди электрон формада жибериў, суд ҳүжжетлерин судлар искерлигиние еңгизилген мәлимлеме системасынан пайдаланған ҳалда автоматластырылған тәризде қәлиплестириў имканын бериўши «АДОЛАТ» мәлимлеме системалары комплекси ҳәм суд қарарларын ис бойынша тәреплерге онлайн тәризде, олардыӊ илтимаснамасы бойынша болса қағаз көринисинде усыныў әмелияты судлар искерлигине 2022-жылдыӊ 1-январынан баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар аралық ҳәкимшилик судлар искерлигине; 2022-жылдыӊ 1-июлынан баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиялары, районлар аралық, район ҳәм қала экономикалық судлары искерлигине; 2022-жылдыӊ 1-октябринен баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиялары, пуқаралык ислери бойынша районлар аралық, район ҳәм қала судлары искерлигине; 2023-жылдыӊ 1-январынан баслап Жоқарғы суд жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары жынаят ислери бойынша судлаў коллегиялары, жынаят ислери бойынша район ҳәм қала судлары искерлигине басқышпа-басқыш енгизиў белгиленди.

Сол мүнәсибет пенен, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы Ж.Аймағанбетова, Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды судьялары А.Салиев ҳәм Қ.Қыпшақбаевлар Қарақалпақстан Республикасы адвокатлар палатасының адвокатлары менен ушырасып, жана система бойынша түсиник жумысларын алып барды.

Улыўмаластырып айтатуғын болсақ, 2022-жылдыӊ 1-январынан баслап мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымлары, хожалық басқарыўы уйымлары, адвокатлар тәрепинен ҳәкимшилик судларға арза ҳәм шағымлар тек ғана электрон көринисте усынылады, бунда мүрәжаатлардыӊ қағаз көринисинде қабыл етилиўине жол қойылмайды.