2021-жыл 13-ноябрь күни «Нукус online» youtube каналынан жәрияланған “Сорлы судья” деп аталған видеомүрәжат бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының рәсмий мүнәсибети

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район судының баслығы Абибуллаев Елубай Онгарбаевич 2020-жыл 23-июльдан 24-август аралығында мийнетке жарамсызлық (больничный) дем алысы ўақтында усы судтың хызмет автомашинасы айдаўшысы Артықбаев Нагметулла Халықбаевич 2020-жыл 1-август күни хызмет автомашинаны емлеўханада жатырған баслығы Е.Абибуллаевтың рухсатысыз спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында басқарып жүргенинде жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлими хызметкерлери тәрепинен иркилген ҳәмде оған Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 131-статьясы 1-бөлими менен ҳуқықбузарлық баяннамасы толтырылғаннан кейин, өз қәлеўи менен жумыстан босатылған.

Соннан кейин Н.Артықбаев өзиниң айыбы менен жумыстан босағаннан кейин судья Е.Абибуллаевтың ҳәрекетлери үстинен наразы болып бир неше органларға, және блогерлерге арза менен мүрәжәәт еткен.

Н.Артықбаевтың арзасына тийкар, яғный видеомүрәжатта айтылған мәселелер бойынша судья Е.Абибуллаевқа хызмет тексериўи өткерилип, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары судьялары маманлық коллегиясының 2020-жыл 7-ноябрь күнги қарарына тийкар Өзбекстан Республикасы «Судлар ҳаққында»ғы Нызамының 76-статьясына муўапық қағыйдабузарлықтың әҳмийети ҳәм ақыбетлери, орынсыз ҳәрекетлердиң аўыр-жеңиллиги, судьяның шахсы, айыпкерлик дәрежеси инабатқа алынған ҳалда интизәмий жаза қолланылған.

Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 462-статьясында шахсқа тийисли мағлыўматларды нызамға қайшы рәўиште жыйнаў, системалаў, сақлаў, өзгертиў, толтырыў, олардан пайдаланыў, оларды бериў, тарқатыў, узатыў, ийесизлендириў ҳәм жоқ етиў, сондай-ақ, хабар технологияларынан пайдаланған ҳалда, атап айтқанда Интернет жәҳән хабар тармағында Өзбекстан Республикасы пуқараларының шахсына тийисли мағлыўматларына ислеў берилип атырғанда Өзбекстан Республикасы аймағында жайласқан техникалық үскенелерде ҳәмде Шахсқа тийисли мағлыўматлар базаларының мәмлекет реестрында белгиленген тәртипте дизимнен өткерилген шахсқа тийисли мағлыўматлар базаларында шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаўға, системалаўға ҳәм сақлаўға байланыслы талапларға әмел етпегенлик ушын да жуўапкершилик белгиленгенлиги ескертиледи.