МҮРƏЖАТЛАРДЫҢ КӨРИП ШЫҒЫЛЫЎЫ КЕПИЛЛЕНГЕН

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 40-статьясына муўапық ҳǝр ким тиккелей өзи ҳǝм басқалар менен биргеликте мǝмлекетлик уйымларға ҳәм де шөлкемлерге, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына, лаўазымлы шахсларға ямаса халық ўәкиллерине арзалар, усыныслар ҳǝм шағымлар менен мүрǝжат етиў ҳуқықына ийе.

 

Арзалар, усыныслар ҳǝм шағымлар нызамда белгиленген тǝртипте ҳǝм мүддетлерде көрип шығылыўы шǝрт.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 55-статьясына муўапық, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.

 

Ҳǝр кимге өзиниң ҳуқық ҳǝм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мǝмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳǝрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.

 

Ҳәр кимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, бийғәрез ҳәм де қалыс суд тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи.

 

Ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шәртнамаларына муўапық, егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға байланыслы барлық ишки қуралларынан пайдаланып болынған болса, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халықаралық уйымларға мүрәжат етиўге ҳақылы.

 

Ҳәр ким мәмлекетлик уйымлардың ямаса олардың лаўазымлы шахсларының нызамсыз шешимлери, ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли келтирилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыў ҳуқықына ийе.

 

Мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм мǝмлекетлик мǝкемелерге, сондай-ақ олардыӊ лаўазымлы шахсларына физикалық ҳǝм юридикалық шахслардыӊ мүрǝжатлары саласындағы қатнасықлар Өзбекстан Республикасыныӊ «Физикалық ҳǝм юридикалық шахслардыӊ мүрǝжатлары ҳаққында»ғы Нызамы (кейинги орынларда – Нызам деп жүритиледи) менен тǝртипке салынған.

 

Мүрǝжатларды көрип шығыўда нызамлылық, мүрǝжатларды өз ўақтында ҳǝм толық көрип шығыў, мүрǝжатларға қарата талаплардыӊ бирдейлиги, физикалық ҳǝм юридикалық шахслардыӊ ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерине ǝмел етилиўи, мүрǝжатларды көрип шығыўда бюрократизм ҳǝм әўерегершиликке жол қойылмаслығы, мүрǝжатларды көрип шығыўда мǝмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳǝм олардыӊ лаўазымлы шахслары искерлигиниӊ ашықлығы тийкарғы принциплер есапланады.

 

Нызамға муўапық мүрǝжатлар аўызеки, жазба ямаса электрон түрде болыўы мүмкин. Лекин, мүрǝжатлардыӊ түрлерине қарамастан бирдей ǝҳмийетке ийе есапланады.

 

Нызамныӊ ǝмел етилиўи, мүрǝжатларды көрип шығыў тǝртиби ҳǝкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, пуқаралық процессуал, жынаят-процессуал, жынаят-орынлаў, экономикалық процессуал, ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодекслер ҳǝм басқа да нызамлар менен белгиленген мүрǝжатларға, мǝмлекетлик уйымлардыӊ, сондай-ақ олардыӊ олар қурамындағы бөлимлериниӊ өз-ара жазыспаларына қолланылмайды.

 

Сонлықтан, барлық мүрǝжатларды көрип шығыў тǝртиби де атап өтилген нызам талапларына муўапық көрип шығылыўын аӊлатпайды.

 

Мүрǝжатлар процессуал болған ҳǝм процессуал болмаған мүрǝжатлар болыўы мүмкин. Яғный, процессуал болған мүрǝжатларды көрип шығыў тǝртиби судларда ҳǝкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, пуқаралық процессуал, жынаят-процессуал, жынаят-орынлаў, экономикалық процессуал, ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодекслери ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлери менен белгиленген болса, ал айырым  мǝмлекетлик уйымларда басқа нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.

 

Судлар тәрепинен мүрǝжатлар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Халық қабыллаўханалары ҳǝм виртуал қабылханасы арқалы келген мүрǝжатлар да қадағалаўға алынып, белгиленген мүддетлерде мүрǝжат ийеси менен жеке қабыллаўлар шөлкемлестирилип, мǝселелер унамлы өз шешимин таўып келинбекте.

 

Себеби, ҳәр бир мүрәжат артында инсан тәғдири бар болып, ҳǝр бир мүрǝжат Конституция ҳǝм нызамларда кепилленгениндей белгиленген тәртип ҳәм мүддетлерде ѳз шешимлерин табыўлары лазым.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы